168
басланды. Бул процесстиң тийкарын Рим қул ийелеушилик қатнасықлардың
азырақ тәсири астында алғашқы жәмийет дүзиминиң әсте-ақырын ыдыраўы
болған. Бул процесс дәслеп жүдә әстелик пенен барды.
Валах, транвсильвания, молдаван жерлериниң анағурлым феодалласқан
түслик ҳәм батыс славянлар мәмлекетлери менен байланыслардың
беккемлениўи нәтийжесинде
IX-X
әсирлердиң басында феодаллық
қатнасықлардың орнығыўы бираз тезлетилди. Бул дәўирде Дунай ҳәм түслик
Карпатлар арасындағы аймақ I Болгар патшалығы бағыныўында болады.
Болгар феодаллары қәўимлик жерлерди басып алды. Еркин қәўим ағзаларын
крепостной дийханларға айландырды. Болгарлар қол астындағы халықлар
христианлықты 865-жылы қабыллағаннан кейин бул жерлерде ширкеўлер
пайда болды. Оларда қәўимлик жерлерди басып ала баслады. Х-XI әсирлерде
бир қатар киши князьлықлар қәлиплеседи. Олардың басында князьлар турған.
Олар әскерий, суд ҳәм ҳәкимшилик басқарыўға ийе болған.
Бир неше
князьлықлар басшылығында воеводлықлар қуралған.
Ҳәзирги Румыния аймағында, феодаллық қатнасықлардың қәлиплесиўи
рустиң тәсири астында жүз берген. Валахлар ҳәм молдованлар менен бир
қатарда бул жерлердиң шығыс тәрепинде шығыс славянлар қәўимлери-уличлер
ҳәм тиверлилер жасаған. Олар шығыс славянлар аймағының ең түслик тәрепин
ийелеген. Олардың жайласқан орны толығы менен антлар қоныслаған тәрепте
сақланады.
Валахия, Молдавия ҳәм Трансильвания XI-XIII әсирлерде.
X-XI әсирлерде
молдаван ҳәм валах жерлериниң бөлеги славян князьлары ҳәкимлиги астында
болған. 1116-жылы князь Мономах бул жерлерге өзиниң найыпларын
жиберген. Әййемги Рус мәмлекети менен тығыз байланыслары нәтийжесинде
молдаван жерлеринде саўда-өнерментшилик орайлары Романов герг (Роман),
Сочава (Сучава), Сереет, Байя, Киши Галич (Галац) ҳәм Берлад Яський торг
(Яссы) қалалары пайда болды. Олар арқалы Византия қоңсы еллерге саўда
жоллары өтти. XI-XIII әсирлери Валахияда Арджеш, Тырговиште,
Кымпулунгте, Трансильванияда, Клуж, Альба Юлия, Орада Мааре, Сибиў ҳәм
басқа қалалар пайда болады.
169
Феодаллық қатнасықлардың раўажланыў барысында валах ҳәм молдаван
халықлары қәлиплести. Бул жердеги майда мәмлекетлер экономикалық жақтан
өз-ара әззи байланыста болды. Үзликсиз урыслар, венгерлердиң, XI әсирде
печенеглердиң, XII әсирде половец ҳәм татар-монголлардың шабыўыллары
турақлы байланысларды орнатыўға кесент жасады. 1241-1243-жыллары
даўамындағы тонаўшылықлардан кейин татар-монғоллар шығысқа шегинди.
Бирақ олардың анағурлым күши молдаван жерлеринде қалды. Жүз жылға
жақын бул жерлер татар-монголлар езиўшилигиниң азапларын шекти.
Татар-
монголлар шегиннен кейин Валахия анағурлым утымлы жағдайда болған. Бул
жерде киши князьлықлар ҳәм воеводлықлар ири князьлықларға биригиў ушын
қолайлы шараятлар дүзилди.
Do'stlaringiz bilan baham: