170
Валахия ҳәм Молдавияның экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўы
.
XIV-XV әсирлерде Валахия ҳәм Молдавияда экономиканың раўажланыўы
байқалады. Дийханшылық, әсиресе жузимгершилик, бағшылық, мал
шарўашылығы, өнерментшилик, саўда раўажланды ҳәм жетилисти. Ески
қалалар өсиўин даўам етти. Жаңа қалалар пайда болды. Краковтан Львов ҳәм
Сучаву арқалы Қара теңизге шығатуғын молдавия саўда жолы халық аралық
әҳмийетке ийе болды. Дәраматлар орайлық ҳәкимиятты беккемлеўге
жәрдемлести. Жердиң барлығы феодаллардың қолларында болды. Олардың
жоқары қатламын боярлар ҳәм төменги қатламын
-майда хызметкер адамлар
қурады. Олардың екеўи де мырзалардың вассаллары болды. Крепостной
дийханлар натураллық оброк төлеген ҳәм барщинада ислеген. XV әсирде
дийханларды крепостнойларға айландырыў процеси дерлик тамамланды.
Соның менен бир қатарда дийханлардың қарсылық ҳәрекетлери күшейди. XIV
әсирдиң ортасында дийханлар көтерилислериниң толқыны Трансильванияны
бойлап өтти. 1408-жылы Тимошоар дийханлары көтерилис жасады. 1434-1435-
жыллары Фагараша ҳәм Марамуреша ўалаятларының дийханлары көтерилди.
1437-жылы пүткил Трансильвания ҳәм арқа-шығыс Венгрияда дийханлар
ҳәрекетлери жүз берди. Оның орайы Альпарей аўылы болды. Олар қалаларды
ҳәм сарайларды басып алды ҳәм жеңиске еристи. Белгиленген төлемлерди
төлегеннен кейин бир феодалдан екинши феодалға еркин өтиў ҳаққында
дийханлардың талапларын феодаллар мойынлауға мәжбүр болды. Ўақыттан
утыў ушын венгер ҳәм немец феодаллары питимге қол қойды. Ҳүжимге өтиўге
таярлықлар баслады. Бирақ 1437-жылы олар және жеңилиске ушырады. 1438-
жылдың ақырында ғана феодаллар көтерилисти бастырды. 1490-1492-жыллары
Молдавияның шығыс тәрепинде көтерилислер жүз берди. Муха басқарған
дийханлардың 10 мыңлық армиясы Молдавиядан Галиция жерине атланды.
Жол-жөнекей
олар молдаван боярларын, поляк панларын өлтирди ҳәм
олардың жайларын өртеди. Көтерилис Польша короли ҳәм Тевтон ордени
рыцарьларының бирлескен күшлери жәрдеминде бастырылды. Валахия,
Молдаван ҳәм Трансильванияда феодаллық мәмлекеттиң дүзилиўи
қәлиплеседи.
171
XIV-XV әсирлерде Валахия, Молдавияда орайлық князьлық ҳәкимият
беккемлене баслады. Мәмлекетлик аппарат қайта шөлкемлестирилди, князьлық
армия күшейди, жаңа қалалар ҳәм корғанлар салынды. Ҳәр бир князьлықтың
басында мырза турды. Бирақ ҳақыйқатлығында валах ҳәм молдаван
госпадарьлары өз сиясатында боярлардың пикири менен есапласыўы мәжбүр
болды. Уллы боярлар қолында жоқарғы ҳүкиметлик уйымлар ҳәм лаўазымлар
болды. Жергиликли баскарыўды алып барған киши боярлар оларға
бағынатуғын еди.
Трансильвания XI әсирден баслап Венгрия үстемлиги астында болды. XIV-
XV әсирлерде феодаллардың артықмашылықлары анағурлым кеңейди. Венгер
короли найыбының трансильван воеводасының ҳәкимлиги дворянлар сейми
менен шекленди. Трансильваниядағы феодаллардың басым көпшилигин,
қалалық патрициаты венгерлер ҳәм немецлер қураған. Дийханлардың тийкарғы
массасын қураған вальхлардың жағдайы басқаша еди. Олардың ўәкиллери елди
басқарыўға қатнасқан жоқ. Цары Румыняски, молдавияның, поляк ҳәм венгер
феодалларына қарсы гүреси.
1389-жылы Косово майданында серб әскерлерин қыйратып, түрклер
Дунайдың шеп жағасына шықты ҳәм арқаға қарай жол алды.
Венгер короли
Люксембург пенен шәртнама жасасқан валах госпадари Мирченниң әскерлери
түрклер үстинен 1394 жылы жеңиске еристи. Бирақ, көп узамай ўақытша Цару
Ромыняски ийелеп алған түрк күшлери қысымы астында Мирче Түркия
султанын вассалы болыўга мәжбүр болды. 1444-жылы валах әскерлери
трансильвон воеводасы Янош Хуньядиниң тәрепинде Варна қасындағы
саўашқа қатнасты. Кейин ала Влад Ценеш 1456-1462- жыллары валах
әскерлери түрклер үстинен бир қатар жеңислерге еристи.
Түрклерден басқа, Молдавияға батыстан венгер короли ҳәм арқадан
поляклар қәўип туўдырып турды. Хәкимиятты беккемлеген Александр Добрый
тусында 1400-1452- жыллары жағдай және шийеленисти ҳәм тахт ушын гүрес
Молдавияда узақ ўақыт даўам етти. Стефан III 1457-1504-жыллары
хызметкерлер-дворянларға, қала халқына ҳәм еркин дийханларға сүйене
отырып Уллы боярлардың қарсылығын жеңди. Ол шексиз ҳәкимликке ийе
172
болғаннан кейин ҳәм тахт ушын гүрес тоқтады. Ол өзиниң барлық
қарсыласлары менен келисимге келди.
Польша менен келисимге келип, ол
1467- жылы Венгер короли Хуньяди армиясын қырды ҳәм оны питим жасаўға
мәжбүрледи.
1475-жылы сан жағынан Стефан армиясынан үш есе көп болған Мехмедтиң
12 мыңлық түрклер армиясы Васлуй қасында жеңилиске ушырады. Сол жылы
және бир неше рет жеңилип қалды. Бирақ күшлер тең емес еди. 1484-жылы
түрклер түслик қорғанларды Килия ҳәм Белгорадты басып алды. Оның үстине
1489-жылы поляк короли Казимир IV түрклерге қарсы дүзилген шәртнаманы
бузып ҳәм Молдавияға атланыўда таярлықлар көре баслады. Усылардың
барлығы Стефан III түрклер менен келисим дүзиўге мәжбүрледи. Бул
келисимге муўапық ол түрклерге ҳәр жылы 4 мың дунай төлеп турыўы лазым
еди. Ол венгер короли менен өз келисимин тастыйықлады. Усы ўақытлары
Стефан III ниң Москва менен де қатнасықлары беккемленди. 1497-жылы Ян I
Альбрехт баскарган поляк армиясы Козьма тоғай жанында (Ҳәзирги Черновцы
қаласы) қыйратылды. 1499-жылы Молдавия ҳәм Польша арасында жаңа
парахатшылық шәртнамаға қол қойылды.
Do'stlaringiz bilan baham: