Тарийхый география



Download 0,95 Mb.
bet49/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   45   46   47   48   49   50   51   52   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

Сораў ҳәм тапсырмалар

1. Орта Азияның патша Россиясы тәрепинен басып алыныўы ҳаққында лекция таярлаң.


2. Түркстан генерал-губернаторлығының дүзилиўи, шегаралары ҳәм административлик-аймақлық бөлиниўи ҳаққында нелерди билесиз?
3. Россия-Бухара (1868 ж) ҳәм Россия-Хийўа (1873 ж) урыслары нәтийжесинде шегаралар қалайынша өзгерди?
4. ХIХ әсирдиң 80-90-жыллары ҳәм ХХ әсир басларында Түркстан үлкесиниң административлик-аймақлық бөлиниўин картадан анықлаң.
5. Орта Азияның 1917-1920-жыллардағы тарийхый географиясына тийисли мағлыўматлар топлаң.
VII БАП.
ӨЗБЕКСТАННЫҢ ТАРИЙХЫЙ ГЕОГРАФИЯСЫ
(1924-1991-ЖЫЛЛАР)


1.Өзбекистанда миллий-аймақлық шегараланыўдың өткерилиўи. Өзбекистан ССР ының дүзилиўи

1924-жылы 15-сентябрьде Түркстан Орайлық Атқарыў Комитетиниң гезектен тысқары сессиясы ис баслады. Оның күн тәртибинде бир мәселе: миллий-аймақлық шегараланыў мәселеси турар еди. Бул мәселе бойынша Исламов баянат жасады. Улыўма бул баянатта дәслепки басқышларда алға сүрилген барлық идеялар ҳәм қағыйдаларды тәкирарлаўдан ибарат болды. Баянатта миллий-аймақлық шегараланыўды «миллетлер өз тәғдирин өзи белгилеў принципи»н толық әмелге асырыў, яғный «миллий мәмлекет дүзилиси»н дүзиў керек сыпатында түсиниў кереклигине тийкар салынды. Соның менен бирге Исламов баянатында миллий-аймақлық шегараланыў «халықтың қәлеўин билдириў акти», деген тезис биринши мәрте ашық айтылды: «Түркстан халыклары менен бирге Бухара ҳәм Хорезм халыклары да миллий шегараланыў туўрысында өз қәлеўин билдирди. Олар да барлық қырғызлар, өзбеклер, түркменлерди бир мәмлекетке бирлестириў жолы менен исленген әдалатсызлық ақыбетлерин дүзетиўге урынбақта». Бул 1924-жыл 16-сентябрьде Түркстан Орайлық Атқарыў Комитети сессиясында шегараланыў ҳаққында қабыл етилген қарарда өз көринисин тапты.


Бираз кейинирек тәжиклердиң миллий өз тәғдирин өзи белгилеў көриниси бираз өзгерди. 1924-жыл 4-октябрьдеги мәжилисте миллий-аймақлық шегараланыў бойынша Өзбекистан бюросы Тәжикстан комиссиясының Тәжикстан Автоном Республикасы ҳәм оның Өзбекистан аўқамлас Республикасына кириўи ҳаққындағы қарарына разылық берди. Мине усы мәжилистиң өзинде узақ тартысыўдан кейин Панжикент ҳәм Оратөбе районларының Тәжикстан қурамына кириўине қарар етилди.
1924-жыл 14-октябрьде РСФСР Большевиклер Орайлық Атқарыў Комитети II сессиясы Түркстан Республикасы Орайлық Атқарыў Комитетиниң миллий-аймақлық шегараланыў ҳаққындағы қарарын тәжик халқына қарата айырым өзгерислер менен тастыйықлады. Тәжик халқына Түркстан Орайлық Атқарыў Комитети сессиясы ҳәм улыўма Бухара қурылтай қарарында көрсетилгениндей, Өзбекистан Республикасы қурамында автоном ўәлаят емес, бәлки Тәжикстан Автоном Республикасын дүзиў ҳуқықы берилиўи мақсетке муўапық екенлиги айтылды. Усылайынша Большевиклер Орайлық Атқарыў Комитети сессиясы қарарына муўапық Орта Азияда Өзбекистан ҳәм Түркменстан республикалары, Тәжикстан Автоном Республикасы, Қарақалпақстан ҳәм Қырғызстан Автоном ўәлаятлары дүзилди.
1924-жылы 27-октябрьде СССР Большевиклер Орайлық Атқарыў Комитети II сессиясы Түркстан АССР Орайлық Атқарыў Комитети, Советлердиң улыўма Бухара V қурылтайы ҳәм Советлердиң улыўма Хорезм V қурылтайы гезексиз сессиясының миллий-аймақлық шегараланыў ҳәм жаңа республикалар ҳәм де ўәлаятлар дүзиў ҳаққындағы илтимасын қанаатландырыў ҳәм «мийнеткеш халықтың еркин қәлеўин билдириўи ең жоқары нызам» деген түсиник пенен тастыйықлады.
СССР Орайлық Атқарыў Комитетиниң «СССР Орайлық Атқарыў Комитети Басшылығына Орта Азияда жаңа дүзилип атырған республикаларды мине усы республикалар Советлер қурылтайлары қарарына муўапық рәсмийлестирилиўин әмелге асырыў» ўазыйпасы тапсырылды.
Солай етип, 1924-жылы сентябрь-октябрьде миллий-аймақлық шегараланыў Орта Азия республикалары, Россия Федерациясы ҳәм СССР мәмлекет ҳәкимияты жоқары органлары қарарларында нызам жолы менен рәсмийлестирилди.
СССР Большевиклер Орайлық Атқарыў Комитети II сессиясы қарарынан кейин қысқа ўақыт ишинде жаңадан дүзилген миллий дүзимниң ҳақыйқатта рәсмийлестирилиўи әмелге асырылды. Түркстан, Бухара, Хорезм республикаларының 1924-жыл ноябрьде болып өткен арнаўлы сессиялары өзин-өзи тарқатып жибериў ҳаққында қарар қабыл етти. Жаңадан дүзилген республикаларда революциялық комитетлер дүзилип, олар жаңа республикалар ҳәм ўәлаятлар съездлерин шақырыў бойынша таярлық жумысларына басшылық етти.

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   45   46   47   48   49   50   51   52   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish