Тарийхый география


XIX әсирдиң екинши ярымы – ХХ әсир басларында Түркстанда экономикалық турмыс



Download 0,95 Mb.
bet48/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   44   45   46   47   48   49   50   51   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

5. XIX әсирдиң екинши ярымы – ХХ әсир басларында Түркстанда экономикалық турмыс

Орта Азияны патша Россиясы басып алғаннан соң, үлкени арзан шийки зат дереги ҳәм рус санаат өнимлери сатылатуғын қолай базарға айландырыўға ҳәрекет етти. Үлкениң салықлар муғдары да жылдан жылға артып барды. Егер ХIХ әсирдиң ақырында жер салығы 4 миллион сумды қураған болса, 1914-жылға келип ол 75% ке көбейди. Россияның Түркстаннан алатуғын дәраматы 300 % ке асты ҳәм 1916-жылға келип 38329 сумды қурады.


Россия Түркстанды қысқа мүддетте өз санааты ушын шийки зат дерегине айландырды. Егер 1885-жылы пахта майданы 41,4 мың танапты қураған болса, 1915-жылға келип, ол 541,9 мың танапқа жетти, яғный 13 есеге көбейди.
Рус колонияшылары Түркстаннан 1914-1916-жыллар даўамында 59 млн пуд пахта, 8,5 млн пахта майы, 950 мың пуд пилле, 2925 мың пуд тери, 300 мың пуд гөш, 229 мың пуд сабын, 447 мың пуд балық алып кетти.
ХIХ әсир ақырларында үлкеде санаат ислеп шығарыўы тийкарынан халықтың күнделикли талапларына хызмет етиўши майда өнерментшиликтен ибарат еди. Санаат өзиниң қалақ басқышында еди.
ХIХ әсир екинши ярымында Россиядан санаат өнимлериниң алып келиниўи көбейген сайын жергиликли өнерментшилик ислеп шығарыўы кризиске ушырай баслады.
Үлке басып алынғаннан соң жергиликли санааттың раўажланыўы пахтаны қайта ислеў менен байланыслы болып қалды. 1880-1914-жыллар даўамында дерлик 220 пахта тазалаў заводы қурылды. Бундай заводлар Бухара әмирлиги ҳәм Хийўа ханлығында да қурылған. Мәселен, Бухара әмирлигинде 1905-жылы 9, 1913-жылы болса 26 пахта тазалаў заводы ислеп турған. Хийўа ханлығында болса 1917-жылы басларында 36 пахта тазалаў заводы, 4 май ҳәм сабын ислеп шығарыў заводлары болған.
Россияны үлке менен байланыстырған темир жоллар иске түсирилгеннен соң, рус ҳәм шет ел капиталының Түркстанған кириўи ушын үлкен имканиятлар ашылды. Орта Азия (1880-1898), Ташкент-Оренбург (1901-1906) темир жоллары мәмлекет бюджети есабынан, Ферғана (1911-1916), Бухара (1914-1916), Жетисуў (1912-1917) темир жоллары болса акционерлик жәмийетлер есабынан қурылды.
ХХ әсир басларында үлкениң санаат тараўында раўажланыўы Россияға қарағанда бир қанша төмен дәрежеде еди. 1908-жылғы санаат кәрханалары дизими мағлыўматларына қарағанда, бул жерде 378 санаат кәрханасы бар болып, ол пүткил Россия империясындағы барлық санаат кәрханаларының тек ғана 2 % ин қураған. Санаат кәрханаларының 60 % и үлкениң ири қалаларында жайласқан.
Усылайынша XIX әсирдиң ақыры – XX әсирдиң басларында Түркстан районлары өз-ара саўда қатнасықларына кеңирек тартыла баслады. Усы дәўирде Түркстанда бирден-бир ишки базардың қәлиплесиўи басланды. Бул процесс Россия менен экономикалық байланыслардың кеңейиўи, Орта Азия темир жолының қурылысы ҳәм Әмиўдәрьяда кеме қатнаўының раўажланыўын бирқанша тезлестирди. Патшашылықтың Түркстандағы саўда сиясаты соны көрсетти, Түркстан үлкесиниң саўда-сатық ислеринде пахташылық, жипекшилик ҳәм гезлеме өнимлери тийкарғы орынды ийелесе де, бирақ жетерли дәрежеде раўажланбады. Колониаллық шәраятта Түркстан базары улыўма империя базарының салмақлы бөлимин қурап, империя экономикасы мәплерине хызмет ететуғын еди.
1917-жылы гүзинен баслап үлкедеги ислеп шығарыў үстинен қатаң жумысшы қадағалаўы орнатыла баслады. Усы ўақытта Түркстан санаатының тармақларын миллийлестириў басланды. 1918-жылдың дәслепки айларында бул жердеги санааттың жетекши тармақлары – пахта тазалаў, май заводлары, баспаханалар, банклер, темир жоллар, көмир, нефть кәнлери ҳ. б. миллийлестирилип, мәмлекет қарамағына алынды. Олардың саны 330 ға жетти.
Сондай-ақ, жер ҳаққындағы декрет тийкарында жер-мүлклерди конфискация етиў ҳәм соң миллийлестириў процесиниң өткерилиўи де орынларда кескин наразылықлардың келип шығыўына себеп болды. Әcирлер даўамында жеке тәризде хожалық жүритип келген жергиликли халық бул илажларды жақсы қабыл ете алмады.
1920-жылдың ақырына келип, Түркстанда 1075 санаат кәрханасы зорлық жолы менен миллийлестирилди. Нәтийжеде мәмлекет кәрханалары барлық жумысшылардың 90 % ин ҳәм үлке санаатында бәнт болған механик двигателлердиң 80 % ин өз ишине қамтып алды. Жалпы санаат өнимлериниң дерлик 3/4 бөлими мәмлекет секторы үлесине туўры келетуғын еди. Үлке ислеп шығарыўының өзине тән әҳмийетли дәстүрий тармағы болған өнерментшилик ҳәм олардың түрлери де административлик усыллар менен бирлестирилип, өнерментшилик артеллерине айландырылды. 1920-жыл ақырларына келгенде Түркстанда 800 ге жақын өнерментшилик артеллери жумыс алып барды. Олар тийкарынан, мәмлекет ҳәм әскерий шөлкемлердиң буйыртпаларын орынлаған.
Советлердиң Түркстанда жүргизген экономикалық сиясаты үлке турмысын изден шығарып, миллионлап қала ҳәм аўыл халқының дәстүрий турмыс тәрзи негизлерин ўайран етти. Оны күтилмеген дәрежедеги материаллық қыйыншылықларға дуўшар етти.



Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   44   45   46   47   48   49   50   51   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish