Тарийхый география


Патша Россиясына қарсы миллий-азатлық гүреслери географиясы



Download 0,95 Mb.
bet45/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   41   42   43   44   45   46   47   48   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

2. Патша Россиясына қарсы миллий-азатлық гүреслери географиясы

Түркстанда патшашылықтың сиясий ҳәм экономикалық зулымлығына қарсы ҳәрекетлер ХIХ әсирдиң 70-жылларынан басланды. 1875-1876-жылларда Ферғанада Полатхан басшылығындағы көтерилис, 1871-жылдағы Жетимхан басшылығындағы Мыңтөбедеги ҳәрекетлер патша ҳәкимшилигин аўыр тәшўишке салды.


1892-жылы жазда Ташкентте де ири көтерилис болып өтти. Бул көтерилис тарийхқа «Оба көтерилиси» аты менен кирген. Қалада оба тарқалыўы менен 12 қәбристан жаўып қойылды ҳәм жаңадан 4 қәбристан ашылыўы ўәде етиледи. Ўәде етилген 4 қәбристан орнына тек 1 қәбристан ашылады. Нәтийжеде халық ғалаба көтерилиске шығады. Бирақ көтерилис қуралланған рус әскерлери тәрепинен бастырылды.
1898-жылы Андижанда Дукши Ийшан басшылығындағы көтерилис те патша Россиясының үлкедеги жәбир-зулымына қарсы көтерилген ғалаба ҳәрекет еди. Көтерилис басшысы Мухаммед Али ийшан 1898-жылы 17-май күни халықты патша Россиясына қарсы көтерилиске шақырады. Көтерилисшилер дәслеп Андижан әскерий лагерине ҳүжим етеди. Марғулан ҳәм Ош уездлериндеги әскерий гарнизонларына ҳүжим уйымластырыў әмелге аспай қалады. Себеби патша әмелдарлары буннан хабар таўып, қорғаныў ушын зәрүр илажларды көрип үлгереди. Көтерилис ҳаққындағы хабарлар Наманган уезди ҳәм Жетисуў ўәлаятына да жетип барды ҳәм бул жердеги халық тәрепинен қоллап-қуўатланды. Көтерилис руслар тәрепинен бастырылған болса да, бул азатлық гүресиниң жарқын үлгиси болып қалды.
Биринши дүнья жүзилик урыстың басланыўы Түркстандағы аўыр турмыстың және де аўырласыўына алып келди. 1916-жылы 25-июньде патша Николай II ниң мәрдикарлыққа алыў ҳаққындағы пәрманы жәрияланады. Оған муўапық, Түркстан халқынан да 250 мың адам мәрдикарлыққа алыныўы керек еди. Бирақ бул ҳәрекетке қарсы Түркстанда ири көтерилислер болып өтеди. 1916-жылы 4-июльде Хоженд халқы көтерилиске шықты, соның менен бирге, Самарқанд, Жиззах ҳәм Каттақорған районларында да көтерилислер басланды. Ферғана, Сырдәрья, Самарқанд, Жетисуў, Закаспий ўәлаятларында ҳәўиж алған көтерилислер кескинлесип, ири халық көтерилислерине айланды. Бирақ бул көтерилислер де патша ҳәкимшилиги тәрепинен аяўсыз бастырылған. Түркстан үлкесинен 1916-жыл сентябринен 1917-жыл февралына шекем 123 мың адам мәрдикарлыққа алынған. Патша ҳүкимети аўдарылғаннан соң 1917-жылы бәҳәринде мәрдикарлар арасында наразылық ҳәрекетлериниң күшейиўи нәтийжесинде Ўақытша ҳүкимет мәрдикарларды өз журтларына қайтарыўға мәжбүр болған.

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   41   42   43   44   45   46   47   48   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish