Тарийхый география


Өзбекстанның халық географиясы



Download 0,95 Mb.
bet52/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

3. Өзбекстанның халық географиясы
(ХХ әсирдиң 20-80-жыллары)

Орта Азияда миллий-аймақлық шегараланыў өткерилгеннен кейин де республика көп миллетли еди: Орта Азияда жәми 8131062 адам жасаған болса, бул халықтың 3963285и Өзбекистан ССР ына өтти. Олардан өзбеклер 3381579 адамды, яғный республика халқының 3/4 бөлегин қураған. Ҳақыйқаттан да, Орта Азия территориясында жасаўшы барлық өзбеклердиң дерлик 90 % Өзбекистан ССР территориясында еди.


1926-жылы республика халқының улыўма саны 4 миллион 621 мың адамға жетип, олардың 1 миллион 12 мыңы қалаларда, 3 миллион 657 мыңы болса аўыллық жерлерде жасаған. Улыўма халықтың қала халқы 21,9 % ти. аўыл халқы болса 78,1 % ти қураған. 1926-жылғы халық дизими бойынша бул жерде 490 мың тәжик, 130 мың қазақ, 81 мың қырғыз, 72 мың араб, 36 мың уйғыр ҳәм тағы басқалар жасайтуғын еди.
1930-жылларда Өзбекистан халқының улыўма саны 4 миллион 926 мың адамнан ибарат болып, олардың 1 миллион 12 мыңы қалаларда, 3 миллион 847 мыңы аўылларда жасаған.
Өткен әсирдиң 40-жылларына келип болса республика халқының улыўма саны 6 миллион 551 мың адам болып, олардың 1 миллион 606 мыңы қалаларда, 4 миллион 945 мыңы болса аўылларда жасаған. Қала халқы 25% ти, аўыл халқы 75 % ти қураған.
Сталин басшылығында орайлық ҳәкимият әмелге асырған миллий сиясаттың зыяны, әдалатсызлығы адамлардың репрессия етилиўи менен шегараланып қалмады. Көплеп халықлардың миллий мәмлекетшилиги бузылды, республикалар ҳәм автоном ўәлаятлардың ҳуқықлары аяқ асты етилди.
1937-1938-жылларда тоталитар дүзим зорлық пенен Россияның узақ шығыс үлкесинен 74500 кореец халқын мәжбүрий түрде көширип, Өзбекистан аймағына алып келинди. Узақ шығыс үлкесинен кореец халқы мәжбүрий түрде көширилиўине себеп СССР менен Япония ортасындағы қатнасықлардың кескинлесиўи еди. Себеби бул дәўирде Корея ярым атаўының бир бөлими Япония тәрепинен басып алынған болып, бул жердеги кореец халқы менен Узақ шығыс кореецлериниң этник келип шығыўы бир еди. Сол себепли Совет мәмлекети 1937-жылы 21-августта қабыл етилген «Узақ шығыс үлкеси шегара районларынан кореец халқын көшириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық 170 мың кореецлер Орта Азия ҳәм Қазақстан аймағына мәжбүрий көширип әкелинген еди. Бул дәўирде Өзбекистан ССР ының жәмийетлик-экономикалық имканиятлары соншелли көп муғдардағы кореец халқын қабыл етиў ҳәм жайластырыўға қурбы жетпес еди. Соған қарамастан Өзбекистан кореец халқына өзиниң миймандослығын, баўрыкеңлигин көрсетти. Оларды үй-жай, жумыс пенен имкан дәрежесинде тәмийнледи, мәдений орайлар жаратты, балаларының оқыўы ушын мектеплер қурып берди.
Өткен әсирдиң 40-жыллары орталарында Волганың төменги ағымы ҳәм Каспий теңизи бойларында жасаўшы қалмақлар, Арқа Кавказда жасаўшы қарачайлар, чеченлер, ингушлар ҳәм балқарлар, 1944-жылы болса қрым татарлары, греклер, кейинирек месхети түрклери де өз ўатанларынан Сибирь ҳәм Орта Азияға сүргин етилди.
Соның ишинде Өзбекистанға 175 мыңнан артық чеченлер, 157 мың ингушлар, 150 мыңнан артық крым татарлары, 4500 балқарлар, он мыңлап месхети түрклери, греклер көширилип әкелинди.
Өзбекистаннан екинши дүнья жүзилик урысқа атланғанлардан 263005 адам қурбан болды, 132670 адам бийдерек жоғалды, 60452 адам майып болып қайтты. Бул көрсеткишлер урыстан кейинги бир неше жыллар даўамында республикамыздың демографиясы ҳәм мийнет ресурсларына өзиниң кери тәсирин көрсетти.
50-жыллар орталарына келип республика халқының улыўма саны 7 миллион 170 мың адамды қурады. Олардың 2319000 ы қалаларда, 4851 000 ы болса аўылларда жасаған. Улыўма қала халқы 32,3 % ти, аўыл халқы болса 67,7 % ти қураған.
Өткен әсирдиң 70-жыллары орталарына келип республика халқының улыўма саны 13 миллион 778 мың адамды қурап, олардың 5 миллион 300 мыңы қалаларда, 8 миллион 430 мыңы болса аўылларда жасаған. Республика халқының 38,5 % қалаларда жасаған. Бул дәўирде Өзбекистанның барлық жеринде өзбеклер (63% ке жақын), руслар (13,6 % – тийкарынан қалаларда), Қарақалпақстан АССРында қарақалпақлар (2 % тен артық) жасаған. Тәжиклер (3,8%), қазақлар (3,8 %), сондай-ақ татарлар (5,5 %) ҳәм басқа халықлар да жасаған.
Өзбекистанда халық тығызлығы бурынғы СССР да ең жоқары болып, айырым жерлерде 1 кв. км. ге 400 адамнан туўры келген, шөл зоналарында (Қарақалпақстан АССР, Бухара ўалаяты) 1 кв. км. ге 3-5 адамнан туўры келген.
Орта Азиядағы ири қалалардың көпшилиги Өзбекистанда болып, 59000 нан артық халқы болған 14 қаладан 9 ы Өзбекистанда жайласқан. 1970-жылдың басларындағы мағлыўматларға қарағанда республика пайтахты Ташкентте 1385000 адам жасаған. Ол Волга ҳәм Каспийден шығыстағы ең үлкен қала, Орта Азияның ең ири экономикалық ҳәм мәдений орайы болған. Бул дәўирде Самарқанд, Бухара, Андижан, Наманган, Шыршық ҳәм Қоқанның ҳәр биринде 100 мыңнан артық халық жасаған. Соның менен бир катарда көплеген жаңа қалалар (Бекабад, Шыршық, Аҳангаран, Янгийул, Қувасай, Каттақорған, Наўайы ҳәм тағы басқа), Мырзашөлдиң суўғарылатуғын бөлиминде Гулистан ҳәм Янгиер қурылды.
Өткен әсирдиң 90-жылларына келип, республика халқы 20 миллион 322 мың адамды қурап, олардың 8 миллион 282 мыңы қалаларда, 12 миллион 40 мыңы аўылларда жасаған. Улыўма халыққа салыстырғанда қала халқы 40,8 %ды, аўыл халқы болса 59,2 % ти қураған.
Соның менен бирге, бул дәўирде Өзбекистанда жас балалар ортасында өлимшилик дәрежеси жоқары болған. Мәселен, 1975-жылы ҳәр мың адамнан туўылған баладан 53 и бир жасқа жетпей набыт болған. Бул жаман көрсеткиш 1985-жылда 45 ти қурағаны да жәмийетлик мәселелер толық шешилмегенлигин көрсетеди.

Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   48   49   50   51   52   53   54   55   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish