Тарийхый география


Жергиликли мәмлекет ҳәкимияты органлары



Download 0,95 Mb.
bet60/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   56   57   58   59   60   61   62   63   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

Жергиликли мәмлекет ҳәкимияты органлары. Ўәлаят, районлар, қалаларда (районға бойсынатуғын қалалардан, сондай-ақ қала қурамындағы районлардан тысқары) ҳәкимлер басшылық ететуғын халық депутатлары Кеңеслери ҳәкимиятының ўәкиллик органлары болып, олар мәмлекет ҳәм пуқаралардың мәплерин гөзлеп өз ўәкилликлерине байланыслы мәселелерди шешеди.
Жергиликли мәмлекет ҳәкимияты тийкарлары Өзбекистан Республикасы Конституциясының XXI бабында белгилеп берилген.
Суд ҳәкимияты. Өзбекистан Республикасында суд ҳәкимияты нызам ҳәм атқарыўшы ҳәкимият, сиясий партия, басқа жәмийетлик бирлеспелерден ғәрезсиз хызмет көрсетеди. Өзбекистан Республикасында судлардың хызмети «Судлар ҳаққында» (2000-жыл 14-декабрь) ғы Өзбекистан Республикасының Нызамы менен тәртипке салынады.
Өзбекистан Республикасында Өзбекистан Республикасының Конституциялық суды, Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды, Өзбекистан Республикасы Жоқарғы Хожалық суды, пуқаралық ҳәм жынаят ислери бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы суды, пуқаралық ҳәм жынаят ислери бойынша ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы судлары, пуқаралық ислери бойынша районлар аралық, қала судлары, жынаят ислери бойынша район (қала) судлары, Қарақалпақстан Республикасы Хожалық суды, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы хожалық судлары, әскерий судлар бар.
Өзбекистан Республикасында жумыслардың топарларына қарап судлардың қәнигелесиўи әмелге асырылыўы мүмкин.
Улыўма юрисдикция судларына Өзбекистан Республикасы Жоқарғы суды, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы суды, ўәлаят судлары, Ташкент қаласы суды, пуқаралық ислери бойынша районлар аралық, қала судлары, Жынаят ислери бойынша район (қала) суды, әскерий судлар киреди.
Өзбекистан Республикасы Жоқарғы Хожалық суды хожалық судлаўы шеңбериниң жоқарғы судлаў ҳәкимияты органы есапланады.


4. Республиканың халық географиясы

Өзбекистан халқы 2002 жьл басында 25, 2 миллионға тең болған. Егер Орта Азия қурамына кирген төрт мәмлекет Өзбекистан, Түркменстан, Тәжикстан, Қырғызстан ҳәм де Қазақстанда жасаўшы жәми халықты 100 % деп алатуғын болсақ, бир ғана Өзбекистанда оның дерлик ярымы жасайды. ҒМДА мәмлекетлери ишинде Өзбекистан халқы саны бойынша тек Россия ҳәм Украинадан кейин үшинши орында турады.


Мәмлекетимиз халқы жылына дерлик 450 мың адамға көбеймекте. Ақырғы 100 жылдың 60 жылы ишинде республика халқы 2 есе көбейген болса, кейинги 2 есе көбейиў ушын 23 жыл керек болды. Буннан кейин туўылыў дәрежесиниң бираз пәсейип баратырғанлығын есапқа алатуғын болсақ, халықты 2 есе көбейтиў ушын 33 жыл керек болады.
Республика халқы өсиў дәрежесиниң басқа аймақларға қарағанда жоқарылап барыўы ҒМДА мәмлекетлери халқының улыўма санында республикамыз салмағы турақлы рәўиште артып баратырғанлығында анық көринеди. Мысалы, 1926-жылы Өзбекистан халқы ҳәзирги ҒМДА мәмлекетлери халқының 3% нен сәл көбирегин қураған болса, енди бул көрсеткиш 7 % тен асып кетти.
Өзбекистанда, әсиресе аўыл халқы тез өспекте. Бул жағдай тийкарынан аўылда туўылыўдың жоқарылығы менен сыпатланып, республикамыз ушын тән болған өзгешелик саналады. 1940-жылдан 2002-жылға дейин болған дәўир ишинде аўыл халқының саны үш еседен көбирек асты (1940-жылдағы 4945 мыңнан 2002-жылғы 15854 мыңға дейин).
Өзбекистан аймақлары бойлап халық тегис емес жайласқан. Халықтың орташа тығызлығы бойынша мәмлекетимиз ҒМДА қурамындағы қатар мәмлекетлер, тийкарынан Орта Азия республикалары ҳәм Қазақстаннан алдында турады. Мәмлекетимизде халық санының жыл сайын өсиўи себепли ҳәр бир кв. км. майданға туўры келетуғын халық тығызлығы да артып баратыр. 1999-жыл Өзбекистанда халықтың орташа тығызлығы ҳәр бир кв. км. майданға 46, 3 адам туўры келеди. Ҳәзирги күнге келип бул көрсеткиш 56 адамнан артып кетти. Мәлим болғанындай, халық тығызлығының өзгерип барыўы тийкарынан халық санының өзгериўи менен байланыслы.
Бирақ, халық тығызлығы бойынша республика аймақлары бир- биринен парқ қылады. Бул ең дәслеп, Өзбекистанның ҳәр түрли тәбийий климатлық шәраятлары менен, яғный республикада суўсыз қум шөллери, гөззал үлкелер, таўлы аймақлар барлығы менен байланыслы.
Халқының тийкарғы бөлими жасаў ушын бир қатар қолайлықларға ийе болған жерлерде көбирек жайласқан. Мысалы, Ферғана ойпаты ўәлаятларында республика халқының 1/3 жақыны жасайды. Майданы бойынша бул аймақ республиканың бар-жоғы 4 % көбирек бөлимин ийелейди.
Республикамыздың қумлықлардан ибарат болған батыс аймақларында халық тығызлығы жүдә төмен, яғный ол жерлерде халық аз жасайды. Мысалы, Қарақалпақстан Республикасында халықтың орташа тығызлығы ҳәр бир кв. км. майданға 9 адам, Наўайы ўәлаятында ҳәр бир кв. км. майданға 7 адам туўры келеди. Ферғана ойпаты ўәлаятларында халық жүдә тығыз. Андижан ўәлаятында ҳәр бир кв. км. майданға 536, 5 адам, Ферғана ўәлаятында болса 409, 2 адам туўры келеди.
Өзбекистан – көп миллетли мәмлекет. Ҳәзирги күнде республикамызда 100 ден артық миллет ўәкиллери жасайды. Халықтың тийкарғы бөлимин жергиликли халық – өзбеклер қурайды . Олардың улыўма халық санындағы салмағы жыл сайын артып бармақта.
Өзбекистан халқының дерлик ярымы 20 жасқа дейин болған жаслар қурайды. 55 ҳәм оннан жоқары жастағы адамлар жәми халықтың 8 % не тең.
Жыныс қурамында ҳаяллар көпшиликти қурайды. Ҳәзирги күнде улыўма халық арасында ҳаяллар салмағы дерлик 50, 1 % қурайды. Кейинги жылларда халықтың жыныс қурамында өзгерислер жүз бермекте, яғный еркеклер саны менен ҳаяллар саны арасындағы парқ әсте-ақырын кемейип бармақта. Мысалы, 1980-жыл мағлыўматлары бойынша Өзбекистанда ҳаяллар еркеклерге қарағанда 268 мың көп болған болса, 2002 –жылға келип 60, 6 мыңга түсип қалды. Мәмлекетимизде ҳәзир ҳәр мың еркекке 1006 ҳаял туўры келеди. Ҳаяллар саны менен еркеклер саны әсте-ақырын бир-бирине жақынласып барыўы көп тәрептен әҳмийетли орын ийелейди.

5. Санаат ҳәм аўыл хожалығы географиясы


Өзбекистан санаатында жетекши орынды аўыр санаат ийелейди. Мәлим болғанындай, бул санаат тармағына жанылғы-энергетика, металлургия, машинасазлық ҳәм қурылыс материаллары ислеп шығарыўшы тармақлар киреди. Мәмлекет жәми санаатының 2/3 бөлимин дерлик аўыр санаат тармақлары ийелейди. Аўыр санаат халық хожалығының қатар тармақларын жаңа техника қураллары менен тәмийнлейди ҳәм де санаат, транспорт ҳәм аўыл хожалығын қайта қурыўда тийкар болып хызмет етеди. Бирақ, аўыр санаат хызмети бул ислер менен ғана шегараланбайды. Оның тийкарғы мақсети барлық ислеп шығарыўшы тармақларын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, тутыныў товарларын көплеп таярлаўдан ибарат. Бир сөз бенен айтқанда, ең әҳмийетли есапланған аўыр санаат жеңил, азық-аўқат санаатлары ҳәм аўыл хожалығы тармақларының ислеп шығарыў негизлерин беккемлеўге алып келеди.


Өзбекистан санаатында машинасазлық тийкарғы тармақлардан есапланады. Бул санаат тармағы халық хожалығының қатар тармақларын техникалық жақтан қайта үскенелеў тийкары болып есапланады. Машинасазлық санааты кәрханаларында қатар жаңа материаллар, механизмлер, әсбап-үскенелер таярланады. Олар қатарына түрли пахта териў машиналары, пахта шигитин анық егетуғын сеялкалар, ийириў машиналары, пахтаны тасыйтуғын тиркемелер, суўғарыў машиналары ҳ. т. б киритиў мүмкин.
Республика пайтахты Ташкент қаласында авиация санаатының ири кәрханаларынан бири В. Чкалов атындағы авиация ислеп шығарыў бирлеспеси мәмлекетлик акционерлик жәмийети жайласқан. Усы ири санаат кәрханасы Москва жанындағы Химки қаласынан көширип келинген завод негизинде 1941-жылы ис баслаған. Бирлеспе қурамына Ташкент, Ферғана, Андижан заводлары да киреди.
Машинасазлық санаат тармағында онлап кәрханалар ҳәм бирлеспелер ислеп турыпты. Ташкент трактор заводы, Өзбекистан аўыл хожалығы машинасазлығы, Ташкент аўыл хожалығы машинасазлығы, Чирчиқ аўыл хожалығы машинасазлығы, Ташкент агрегат заводы сыяқлы кәрханалар усылар қатарынан есапланады.
Өзбекистан электр қуўаты ислеп шығарыў ҳәм оны пайдаланыў бойынша ҒМДА мәмлекетлери арасында Россия, Украина, Казақстаннан кейинги төртинши орында турады. Өзбекистанда шығарылатуғын электр қуўатының тийкарғы бөлими ыссылық пенен ислейтуғын (ТЭС) қатар ири станцияларға туўры келеди. Әне сондай ири станциялар қатарына Ташкент, Наўайы, Сырдәрья, Ангрен, Тахыятас электр станцияларын киргизиў мүмкин. Суў жәрдеминде ислейтуғын (ГЭС) қатар станциялар – Фархад, Чарвақ, Хожакент ҳәм Чирчиқ дәрьясында өткен жыллар даўамында бой тиклеген 19 станция да электр қуўаты ислеп шығарыўға өз үлесин қоспақта. Өзбекистанда бар болған энергетика системасы республиканың электр қуўатына болған мүтәжлигин толық қанаатландырады. 1999-жылы Өзбекистанда 45372 миллион киловатт саат электр энергия жеткерилген болса, 2001-жылға келип 47961 миллион киловатт-саат электр энергияны қурады. Өзбекистанда энергетиканы раўажландырыўдың 2010-жылға дейин мөлшерленген концепциясы ислеп шығылған.
Өзбекистан экономикасында әҳмийетли орынды жанылғы санааты ийелейди. Жанылғы – энергетика комплекси ҳәм оның раўажланыў дәрежесине қарап мәмлекеттиң күш-қүдирети белгиленеди. Бул санаат тармағына нефт, тәбийий газ, көмир қазып шығарыў киреди. Тәбийий газ қоры Өзбекистанда 2,5 триллион кубометрди қурайды, ол жылдан-жылға аспақта. Мысалы, 1991-жылы республикада газ қазып алыў 41, 8 млрд. кубометрди қураған болса, 2001-жылы 57,4 млрд. кубометрге жетти.
Кейинги ўақытларда жанылғы санаатында нефттиң әҳмийети артып бармақта. Бул бағдарда Қашқадәрья ҳәм Наманган ўәлаятларындағы нефт кәнлери үлкен әҳмийетке ийе. 1990-жылы республикада 2810 мың тонна нефт қазып алынды. Ғәрезсизликтиң дәслепки жылы – 1991-жылы Россия ҳ.б. қоңсы мәмлекетлерден 4,5 миллион тонна нефт ҳәм нефт өнимлери алып келинген. Ғәрезсизликтиң тарийхый қысқа дәўиринде республикада нефт қазып алыў 3 есе өсти ҳәм 2001-жылы оның көлеми 7256 мың тоннадан асты. Солай етип, республикамыз нефт бойынша ғәрезсизликке еристи.
Өзбекистан Республикасы өз қара металлургия санаатына да ийе. Мәмлекетимизде бар болған ҳәм 1946-жылы қурылып иске түсирилген бирден-бир металлургия комбинаты Ташкент ўәлаятының Бекабад қаласында жайласқан.
Республика халық хожалығында жетекши орынлардан бирин химия санааты ийелейди. Нефт, тәбийий газ, көмир, алтынкүкирт, озокерит, ас дузы ҳәм реңли металлургия шығындылары, қайта исленген пахта ҳәм кенап шығындылары химия санааты ушын шийки зат болып хызмет қылады. Пахташылықты минерал төгинлер менен тәмийнлеўде химия санааты әҳмийетли орынды ийелейди.
Санааттың бул тармағы минерал төгинлерден тысқары аўыл хожалығы егинлерин зыянкеслерден сақлаў ушын зәҳәрли затлар, ҳәр түрли жасалма талалар, бояўлар ислеп шығарады. Химия санаатының басқа бир шақапшасы халықтың күнделикли турмысында керек болатуғын өнимлер ислеп шығарады. Химия санаатына кириўши қатар кәрханалар республиканың Ташкент, Самарқанд, Ферғана, Чирчиқ, Наўайы, Алмалық сыяқлы көп ғана қалаларында бар. Соның менен бирге басқа санаат кәрханалары да иске түсирилди. Олар қатарына Қызылқум фосфорит заводы ҳәм «Химиятала» ислеп шығарыў бирлеспеси, қайта қурылған Андижан, Қоқан ҳәм Жаңажолдағы биохимия заводларын киргизиў мүмкин.
Өзбекистанда электротехника, қурылыс материаллары, жеңил ҳәм тоқымашылық, азық-аўқат санаатлары да бирқанша раўажланды. Ири дийқаншылық аймағы болған республиканың өзине тән шәраятында көп тармақлы жеңил санааты пахта таласы, жип ҳәм шайы гезлемелер, кенап таласы, еркеклер ҳәм ҳаяллар ушын аяқ кийимлер, трикотаж кийим-кеншеклер сыяқлы өнимлер ислеп шығарады. Оларда ислеп шығарылған гөззаллықта өзине тән болған хрустал ыдыслар жәҳән базарында беллесе алады.
Өзине тән тәбийий шәраятқа ийе болған Өзбекистанда аўыл хожалығы ҳәм оның жетекши тармағы болған пахташылықта тийкарынан жасалма суўғарыўдан кең пайдаланылады. Бирақ соны айтып өтиў керек, суўғарылатуғын жерлердиң салмағы онша үлкен емес. Олар барлық дийқаншылық жерлердиң 15 % ин қурайды. Басқаша етип айтқанда, суўғарылатуғын бундай жерлер 4,2 миллион гектарды қурайды. Дийқаншылық жерлердиң көпшилик бөлимин сахралар ийелеген. Соған муўапық мәмлекет аўыл хожалығы егинлериниң ҳәммеси жасалма суўғарылатуғын майданларға туўры келеди.
2001-жыл мағлыўматларына қарағанда аўыл хожалығында (тоғай хожалығын қосып есаплағанда) жумыс пенен бәнт болған барлық халықтың 33,5 % туўры келеди.
Өзбекистан аўыл хожалығында пахташылық жетекши тармағына айланған болып, соның менен бирге салыгершилик, бағшылық, жүзимгершилик, жипекшилик, шарўашылық та раўажланған. Аўыл хожалығында жетекши орын ийелеген пахташылық тәбийий ҳәм климат шәраяты, халық қолға киргизген ислеп шығарыў тәжирийбелерден өнимли пайдаланыўға имкан береди. Республикада пахтадан тысқары техникалық егинлерден кенап ҳәм жут егиледи. Бул егинлер тийкарынан, Ташкент ўәлаятында жетистириледи. Самарқанд ўәлаятындағы Ургут районы жоқары сыпатлы темеки жетистириў менен ат шығарған. Темеки аўыл хожалығының ең көп дәраматлы өнимлеринен бири есапланады.
Республиканың дерлик барлық аймақларында ғәлле егинлери, тийкарынан бийдай жетистириледи. Бирақ усы ўақытқа дейин мәмлекетимиздиң ғәллеге болған мүтәжлигин қанаатландырыў ушын республика көп муғдарда шет мәмлекетлерден ғәлле алып келиўге мәжбүр еди. Енди нәтийжели аграр сиясатты әмелге асырыў себепли ғәлле ғәрезсизлигине ерисилди. Егер 1990-жылы мәмлекетимизде 2 миллион тоннадан артығырақ ғәлле алынған болса, 2002-жылға келип 5миллион 400 мың тоннаны қурады. Өзбекистанда салышылық та жетекши орын ийелейди. Салы жетистиретуғын тийкарғы аймақлар Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты есапланады.
Мәмлекетимизде шарўашылық әсиресе, оның тийкарғы тармағы болған қойшылық жетекши орын ийелейди. Қойшылықта өзине тән орынды қаракөлшилик ийелейди. Бухара, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Самарқанд, Жиззах ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстан қаракөлшиликтиң тийкарғы аймақлары есапланады. Қаракөл терилерине жәҳән базарында талап күшли. Қаракөлди «жумсақ алтын» деп атаўлары қуры емес. Қаракөлшилик өзине тән қәсийетке ийе. Бул тараў менен суў тамтарыс ҳәм қурғақ жерлерде әсиресе, басқа тармақларды раўажландырыў имканы болмаған ҳәм халықты бәнт етиўде машқалалар жүзеге келетуғын аймақларда шуғылланылады. Тек қаракөл қойлар ҳаўаның кескин өзгериўи ҳәм суўсызлыққа сәйкеслестирилген. Өзбекистандағы жайлаўлардың 4/5 бөлими ашшы суў дереклерине ийе. Қаракөл қойлары әне сол суўларды ишеди.
Мәмлекетимиз аўыл хожалығының әййемги тармақларынан бири болған пиллешилик те үлкемиз экономикасында көзге көринетуғын орын ийелейди. Республика дүньяда адам басына пилле ислеп шығарыў бойынша биринши, улыўма өним көлеми бойынша 5-орынды ийелеп турыпты. Тармақ кәрханаларында 15 мың адам жумыс ислейди.
Экономиканың базар қатнасықларына өтиў шәраятында республикада фермер хожалықларының қатары кеңеймекте. Ҳәзир республикада бундай хожалықлар саны 55 мыңнан асып кетти. Экономикалық реформалар дәўиринде жеке жәрдемши хожалықларды да раўажландырыўға да итибар қаратылмақта. Жеке қыйтақ жерлерде айырым аўыл хожалығы өнимлери көплеп таярланбақта. Бул өнимлер арасында әсиресе, сүт-қатық, жүн, гөш, палыз егинлери әҳмийетли орын ийелейди. Ғәрезсизлик жылларында аўыл хожалығы тараўларында дийқанлардың меншик жерлерге болған итибары күшейди. Жер өзиниң ҳақыйкый ийесин тапты, оның әҳмийети ҳәр бир дийқан қәлбинде өзине тән орын ийеледи.
Аўыл халқына ажыратылған жер, жаратылған шәраятлар, қолға киритилген жетискенликлер себепли енди мәмлекетимизде қара маллар, сол қатарында сыйырлар, қой ҳәм ешкилер, таўықлардың тийкарғы бөлими дийқанлардың жәрдемши хожалықлары есесине туўры келеди. Улыўма алғанда, аўыл хожалығында жетистирилип атырған өнимлердиң 60% тен артығы меншик жерлер есабына туўры келеди.
Республикада 2001-жылы жетистирилген картошканың 85,1, палыз егинлердиң 62, 3, жүзимниң 38, 2 % дийқан хожалықларында жетистирилди.



Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   56   57   58   59   60   61   62   63   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish