Тарийхый география


Транспорт ҳәм байланыс жоллары



Download 0,95 Mb.
bet61/64
Sana21.02.2022
Hajmi0,95 Mb.
#32103
TuriСабақ
1   ...   56   57   58   59   60   61   62   63   64
Bog'liq
Тарийхый география китап(1)

6. Транспорт ҳәм байланыс жоллары

Мәмлекеттиң социал-экономикалық раўажланыўы ҳәм халықтың турмыс дәрежесин көтериўде транспорттың орны ҳәм әҳмийети шексиз. Транспорт ислеп шығарыўдың әҳмийетли тармақларынан есапланады. Оның тийкарғы ўазыйпасы мәмлекеттиң түрли жүклерин ҳәм жолаўшыларын тасыўға болған мүтәжлигин қанаатландырыў, аймақлар арасында мийнет бөлиниўшилигин тәмийнлеў ҳәм сыртқы экономикалық байланысларды күшейттириўден ибарат.


Транспорт ислеп шығарыўшы күшлердиң мәмлекет бойлап жайласыўы ҳәм раўажланыўына үлкен тәсир көрсетеди. Соған көре, қүдиретли ҳәм анық ислейтуғын транспортсыз ҳәр қандай көлемдеги мәмлекеттиң нәтийжели жумыс алып барыўы қыйын. Транспорт ҳәм санаатта, ҳәм аўыл хожалығының түрли өнимлерин жетистириўде ҳәм оларды пайдаланыўшыларға жеткерип бериўде де актив қатнасады. Жолаўшыларды бир мәнзилден екинши мәнзилге жеткериўде орны үлкен. Транспорт аймақлар раўажланыўына үлкен тәсир көрсетиўи менен бирге транспорт раўажланыўының өзи де экономикалық раўажланыў есапланады. Техника раўажланыў дәрежеси менен тиккелей байланыслы.
Өзбекистан Республикасы транспорты темир жол, автомобил, ҳаўа транспорты, өткизгишлер ҳәм дәрья транспортын өз ишине алады. Республикадағы транспорт қураллары менен ҳәр жылы үлкен муғдарда жүклер ҳәм жолаўшылар тасылады.
Жүклер ҳәм жолаўшылар тасыўда темир жол транспорты жетекши орын ийелейди. Темир жол транспортының абзаллығы, оның жүклер ҳәм жолаўшылар тасыў қәбилети жүдә жоқары ҳәм жыл бойы ҳаўа-райының қандай болыўына қарамастан турақлы түрде жумыс ислейди. Усы тәрепи менен ол ҳаўа ҳәм дәрья транспортынан парқ қылады. Республикамыз аймақларын бир-бири менен байланыстырып қоймай өз шеңберинен тысқары болған аймақларды да байланыстыратуғын темир жол тармақлары қурылған.
Өткен әсирдиң 20-жыллары басында республика темир жолларының улыўма узынлығы 1589 км.ди қураған болса, енди ол 6,3 мың км. ге жетти. Өзбекистан темир жолларының узынлығы бойынша қоңсы Түркменстан, Қырғызстан, Тәжикстан республикаларын артта қалдырады ҳәм майданы үлкен болған Қазақстаннан кейинги екинши орында турады.
Темир жоллар арқалы Өзбекистанға тийкарынан тоғай өнимлери, металл ҳәм металдан жасалған қурылыс материаллары келтириледи. Өзбекистаннан шетке болса республика ушын дәстүрий болып қалған өнимлер: пахта таласы, жипек, өсимлик майы, тәбият инәмлары, мийўелер, палыз егинлери, қаўын-ғарбызлар менен бир қатарда автомобиллер ҳ. б. санаат өнимлери шығарылады.
Экономиканың базар қатнасықларына өтиў дәўиринде темир жол транспорты әҳмийетли орын ийелемекте. Айырым темир жоллар электрлестирилмекте.
Шет мәмлекетлерге, тийкарынан қубладағы мәмлекетлерге шығыўда Мешхед–Серахс–Тежен темир жолы курылғанлығы әҳмийетли. 1996-жылы 13-майда узынлығы 300 км болған усы темир жол иске түсирилди. Бул жол ең қысқа аралық арқалы Орта Азияны Парсы қолтығы менен байланыстырды ҳәм сыртқы саўда байланысларын раўажландырыўға имкан берди.
2002-жылы гүзде «Наўайы –Үшқудық –Мискин –Султан Ўайис –Нөкис» темир жолы иске түсирилди. 800 км. ге жақын узынлықтағы бул жол бар жоғы 5 жылда қурылып иске түсирилди. Аўқам дәўиринде аралық бираз қысқа болған Наўайы –Үшқудық темир жолын қурыў ушын 12 жыл кеткен еди.
Республиканың транспорт коммуникацияларын, Қашқадәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларын экономикалық ҳәм социаллық раўажландырыў ушын қолай шәрт-щараятлар жаратыў, жер асты кәнлерин өзлестириў жойбарлары әмелге асырылыўын жеделлестириў, мәмлекет қубла аймақларының социаллық инфраструктурасын раўажландырыў мақсетинде Өзбекистан Республикасының Министрлер Кабинети 2003-жылы 30-январьда «Тошғузор–Байсын–Қумқорған» жаңа темир жол қурылысын жеделлестириў ҳаққында қарар қабыл етти.
Усы жол мөлшерленген мәнзиллер арасындағы жолды дерлик 2 есе қысқартырып ғана қоймай, бәлким қоңсы Түркменстан аймағынан өтпейтуғын болады. Ҳәзирги темир жол вагонлары ең қубла аймақ болған Сурхандәрья ўәлаятына барыў ушын дерлик 200 км. ге жақын аралықты усы қоңсы мәмлекет аймағынан өтиўи керек болар еди. Нәтийжеде мәнзилге жетиў ушын көп ўақыт сарпланып қалмай, қәрежет те көбейип кетер еди. Жоқарыда айтып өтилген қарар тийкарында қурылып атырған жаңа темир жол мәмлекетимиз аймағын ғана басып өтеди. Бул болса жүклер тасыўға кететуғын жүклер баҳасын қысқартады. Нәтийжеде қаржы тежеп қалынады. Қурылысы тезлетилиўи лазым болған жолдың узынлығы 220 км. ден артығырақ болып, оның әтирапында экономикалық ҳәм социаллық имаратлар қурылмақта.
Жолаўшылар тасыўда автомобил транспорты жетекши орын ийелейди. 1990-жылы республикада автомобил транспортында 2555 мың халық тасылған болса, 2001-жылға келип 3169 мыңға жетти. Әне усы жағдайды итибарға алып, мәмлекетимиз ҳүкимети Ташкент-Ош жолының Ангрен суў сақлағышынан Ферғана ойпатына кирип бараман дегенше бөлимин қайта қурыў бойынша қарар қабыл етти. Усы мақсетти гөзлеп Қамшық ҳәм Резакта автомобил қатнаўы ушын мөлшерленген туннеллер қурылды. Қамшық туннелиниң узынлығы 890 м, Резак туннелиниң узынлығы 368 метрге тең. Усы туннеллердиң иске түсиўи себепли Қамшық арқалы бул мәнзилде дәслеп транспорт ҳәрекетинде жүз беретуғын қәўип-қәтерлерге шек қойылды. Туннеллер арқалы бир кеше-күндизде мыңлап автомобиллер өтиўине имкан жаратылды. Бул жол Ферғана ойпатын Өзбекистанның басқа аймақлары менен байланыстырып туратуғын ең жақын ҳәм ең қолай жол болып қалды.
Бүгинги күнде автомобил транспортында мәмлекетлик емес сектор жетекши орын ийелемекте. Мүлктиң мәмлекетлик емес түриндеги кәрханалар тәрепинен автомобил транспортында жүк тасыўлардың 70 % и ҳәм жолаўшы тасыўлардың дерлик 100 % и әмелге асырылады.
2010-жыл биринши шереги даўамында республиканың барлық автомобил транспорты қураллары менен жәми 203,6 миллион тонна жүк ҳәм 1 миллиард 198 миллион жолаўшы тасылып, усы көрсеткиш 2009-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 113,0 ҳәм 103,7 % ти қурады.
Жүк айланбасы 3 миллиард 488 миллион тонна км. ди (2009-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 104,7%), жолаўшылар айланбасы болса 13 миллиард 114 миллион жолаўшы км.ди (2009-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 108,1%) қурады.
Егер автомобил транспорты хызметиниң 2001-2009-жыллардағы тийкарғы көрсеткишлерди салыстыратуғын болсақ, онда 2009-жылы жуўмақларында жолаўшылар тасыў көлеми 2001-жылдағы көрсеткиштен 76,2 % ке өскен, жолаўшы айланбасы сәйкес түрде 2,6 есе көбейген.
Автомобил транспорты арқалы жүк тасыўлардың көлеми де усындай, 2009-жылы жуўмақларына көре жүк тасыў көлеми 2001-жылдағы көрсеткишке қарағанда 48,3 % ке өскен, жүк айланбасы сәйкес түрде 2,7 есе көбейген. Әсиресе, агросанаат ҳәм қурылыс жүклерин автомобил арқалы тасыў көлемлери өскен.
Барлық түрдеги транспортларда әмелге асырылатуғын тасыўлар ишинде автомобил транспорты үлеси жолаўшы тасыўда 97,9 % ке тең болып, бул республика жолаўшы айланбасының 88,5 % ине туўры келеди. Тасылған жүклер муғдары ҳәм жүк айланбасы автомобил транспортының салыстырмалы үлеси болса сәйкес рәўиште 89,2 % ҳәм 29,7 % ке тең.
2010-жыл биринши шерегиниң өзинде де Самарқанд ўәлаятында 190, Бухара ўәлаятында 50, Ферғанада 37, Ташкент ўәлаятында 22 ҳәм басқа ўәлаятларда жәнеде көп «ISUZU» маркалы автобуслар сатып алынып, халыққа хызмет көрсетиў ушын шығарылды.
Мәмлекетимизде ҳаўа транспорты да үлкен әҳмийетке ийе. Республикада ҳаўа транспортының пәрўазы 1924-жылы басланған еди. Сол жылдың 12-майында Ташкент–Бишкек–Алмата арасында ҳаўа транспорты арқалы жолаўшы тасылған. Сол өткен дәўир ишинде ҳаўа транспорты раўажланыўында үлкен өзгерислер жүз берди. Ҳәзир ҳаўа транспорты арқалы тийкарынан, жолаўшы тасылмақта.
Республика ғәрезсизлиги дағазаланғаннан кейин дүньяның қатар мәмлекетлери менен ғәрезсиз тәризде ҳаўа транспортын кең жолға қойыў имканы пайда болды. 1992-жылы январьда «Өзбекистан ҳаўа жоллары» Миллий авиакомпаниясы шөлкемлестирилди. Ташкенттен Нью Йорк, Токио, Лондон, Истамбул, Дели, Пекин, Тел-Авив, Сеул, Куала-Лумпур, Жидда, Урумши, Франкфурт, Каир, Мадрид сыяқлы дүньяның үлкен қалалары менен ҳаўа транспорты арқалы байланыслар орнатылған.



Download 0,95 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   56   57   58   59   60   61   62   63   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish