Шөлкемлестириў илажлары


ХI-бап. Коммутациялық аппаратлар ҳәм



Download 0,81 Mb.
bet30/69
Sana18.07.2022
Hajmi0,81 Mb.
#821367
1   ...   26   27   28   29   30   31   32   33   ...   69
Bog'liq
2 5402436682131707811

ХI-бап. Коммутациялық аппаратлар ҳәм
комплект бөлистириў үскенеси.

235. Аралықтан басқарылыўға ийе коммутация аппаратларына жумыс ислеўде иске қоспас-


тан алдын болыўлары тийис:
приводлардың күш жалғамлары ҳәм (басқарыў, сигнал бериўши, ысытыўшы) қосым-ша жалғамлары өширилиўи тийис;
өширгишлер багине ҳаўа жеткерип бериўши трубопровод задвижкасы жаўылған яма-са пневматик приводлары ҳәм ондағы ҳаўа атмосфераға шығарылып жиберилиўи, шы-ғарыўшы қақпағы, клапаны ашық жағдайда қалдырылыўы тийис;
қосыўшы жүк ямаса қосыўшы пружиналар ислемейтуғын жағдайға келтирилиўи тийис;
жаўылған задвижкаларға «Ашылмасын! Адамлар ислеп атыр» ҳәм аралыктан басқа-рыў гилтлерине «Қосылмасын! Адамлар ислеп атыр» плакатлары қыстырылыўы тийис.
236. Коммутацион аппаратларды оңлаў (наладка) ҳәм регулировкалағанда тексерип көриў ушын өшириў ҳәм қосыў ушын, привод күш жалғамларын ҳәм қосымша жалғамларды қысқа ўақытқа қосыўға рухсат етиледи, сондай ақ өширгиш ҳәм приводларға ҳаўа бериўге рухсат етиледи. Бундай жағдайларда «Қосылмасын! Адамлар ислеп атыр» ҳәм «Ашылмасын! Адамлар ислеп атыр» плакатлары илиниўи тийис.
Коммутацион аппаратларды тексерип көриў ушын аралықтан қосыў ҳәм өшириўди нәўбетшиниң рухсаты менен оңлаў ҳәм регулировка жүргизип атырған исши әмелге асырады. Жергиликли нәўбетши жоқ электр үскенелеринде бундай рухсатнама талап етилмейди.
Тексериў өткерилгеннен соң коммутация аппаратларда жумысты даўам етиў зәрүр болса нәўбетши ямаса жумыс алып барыўшы ҳәрекеттеги қағыйданың 235-бәнди талапларын орынлаўы тийис.
237. Ииши басым астындағы ҳаўа выключателине миниўге, наладка ҳәм сынаў ўақтында рухсат етиледи. Өширилген ҳаўа жыйнаўшы отделителине ҳаўа выключателине миниў, егер отделитель ислеўи басым астында болса қадаған етиледи.
238. Ҳаўа өширгишлердиң ығал өткермейтуғынлығын тексериў, завод көрсетпесине муўа-пық пәс басымда болғанында әмелге асырылыўы тийис.
239. Сынаў өткериўде ҳәм наладкада ҳаўа өширгишине шығыў ушын зәрүр:
басқарыў жалғамын өшириў;
жергиликли басқарыў кнопкаларын ҳәм иске қосыў кнопкаларын блокировкалаў ке-рек яки өширгиш жанына көрсетпе өткерилген бригада ағзасын қосыў, ол тек өширгиште операция ислеўге тек ғана жумыс алып барыўшы көрсетпесине муўапық тек белгилен-ген бир исшини қосыўын тәмийинлеўи тийис. Басым астындағы ҳаўа өширгишинде адамлар жумыс ислеп атырған ўақытлары бөлистириў ҳәм басқарыў шкафларында бәрше жумыслар тоқтатылыўы тийис.
240. Ҳаўа өширгишлерин сынаў, наладка ҳәм қосып көриў ушын өширип ҳәм қосыў ўақтында өширгиш жанында адамлардың болыўы қадаған етиледи. Выключателде сы-наў ҳәм наладка бойынша жумыс алып барыўшы командасын орынлаў бригада ағза-лары өширгиштен қәўипсиз аралыққа узақлатылғаннан соң яки жасырыныў жайларына орналастырылғаннан соң берилиўи тийис.
241. Ҳаўа жыйнаўшы ыдыс ишине түсип исленетуғынжумысларға рухсат бериўде төмендегилерди ислеўи зәрүр:
ҳаўа берилиўи мүмкин болған ҳаўаны өткериўши задвижкалар жаўылып оларды қу-лыплаў ҳәм задвижкаларға «Ашылмасын! Адамлар ислеп атыр» плакатлары қыстыры-лыўы тийис;
басым астындағы ҳаўа жыйнаўшы ишиндеги ҳаўа атмосфераға шығарылып, шығарыў клапаны ашық ҳалда қалдырылыўы тийис;
ҳаўа өткериўшини ҳаўа жыйнаўшыдан жаздырылып, тоқтатыўшы тосық орнатылыўы тийис.
242. Өткериўшилер багиндеги ҳаўа жыйнаўшыдағы манометрдиң нолди көрсетиўи қысыл-ған ҳаўаның жоқлығы болып хызмет етпейди.
Лаз қақпақларын ашқанда болт ҳәм гайкаларды тиккелей ашып алмастан алдын шығарыўшы клапан ҳәм задвижкаларды ашыў жәрдеминде басым астындағы ҳаўаның
жоқлығына анық исеним қабыл етиў мүмкин.
Шығарыўшы клапан ҳәм задвижканы жабыўға рухсат тек ғана лаз қақпағын қатырыў-
шы ҳәмме болт гайкаларын қатырғаннан соң бериледи.
243. Комплект бөлистириў үскенелери шкаф бөлимбелеринде жумыс ислегенде тележканы үскенеден шығарып кернеўлик астында қалған ток өткериўши бөлекшелер бөлимбе (отсек) шторкасы қулып пенен қўлпырылып «Тоқта! Кернеў» плакаты қыстырылып, ал жумыс алып барылып атырған отсекке «Усы жерде исленсин» плакаты қойылады.
244. Бөлистириў үскенеси сыртында ҳәм оған жалғанған үскенелерде яки кабель, ҳаўа ли-нияларда жумыс ислегенде тележканы өширгиш пенен биргеликте шкафтан шығарып қапысы ямаса шторкасы қулып пенен қулпырылып «Қосылмасын! Адамлар ислеп атыр» ямаса «Қосылмасын! Линияда ислеп атыр» плакатлары қыстырылады.
Бунда рухсат етиледи:
жерге жалғаўшы пышақлар ҳәм тележкалы өширгиш аралығында блокировка бар бол-ғанында тележканы қадағалаў жағдайға әкелип соң жерге жалғағыш пышақарын иске қосыў керек.
Комплект бөлистириў үскенеси шкафында жерге жалғағыш пышақлары ямаса блокировка жоқ жағдайда тележканы қадағалаў ҳәм шығарылған арасының орта аралық жағдайына қойылып оны қулып пенен қулыплаўы тийис.
Комплект бөлистириў шкафларында жерге жалғағыш орнатқанда ҳаўа линиясында жумыс ислегенде ҳәрекеттеги қағыйданың 168-бәнди талаплары есапқа алыныўы тийис.
245. Тексерип көриў ҳәм басқарыў шынжырларында қорғаў шынжырында жумыс ислегенде тележканы өширгиш пенен қадағалаў жағдайға орнатыў, сол жағдайларда рухсат ети-леди, егерде жумыс комплект бөлистириў үскенелери сыртында шығарыўшы ҳаўа ли-ния ҳәм кабель линия ямаса соларға жалғанған үскенелер, механизми менен қоса есап-лағанда электродвигатель менен жалғанған жалғамларда жумыс жүргизилмегенде ямаса комплекс бөлистириў үскенелери шкафларында жерге жалғағыш қойылғанда.

Download 0,81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   26   27   28   29   30   31   32   33   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish