XIV-бап. Кабель линиялары. § 1. Жер қазыў жумыслары. 267. Жер асты имаратлары ҳәм жолларда жайласқан кабеллерди оңлаў ямаса кабеллерди жатқызыў менен байланыслы жер қазыў жумыслары, усы жер асты имаратлары ҳәм жолларын эксплуатация исленетуғын жуўапкер кәрхана ямаса цех баслығының жазба рухсаты менен ҳәм жумыс басшысы тайынлағанында алып барылады. Рухсатнамада жер асты имаратлары ҳәм жолларының жайласыўы ҳәм қазылған шуқырлығы көрсетил-
ген сызылма қосымшасы болыўы керек.
268. Егер сызылмада белгиленбеген кабель, трубопровод, жер асты имараты ҳәм сондай-ақ қурал-жарақлар табылса, оларды қайсы мекемеге тийисли екенлиги анықланғанша ҳәм тийисли мекемелерден жумысты даўам еттириўге рухсатнама алмағанша жер қазыў жумыслары тоқтатылыўы зәрүр.
269. Кабель трассасынан 5 метргеше жақын жайларда күш пенен уратуғын машина ҳәм механизмлерден, кабель линияларын қорғаў майданда болса жер қазыў машиналарынан пайдаланыў қадаған етиледи.
270. Кабель линияларының қорғаў зоналарында жер қазыў машиналарынан пайдаланыў, тек ғана қазыў ушын усы линияны эксплуатация ислениўи кәрхана хызметкерлерине рухсат етиледи. Қазыў жумысларын жер қазыў машиналары ҳәм пневматик машиналар ҳәмде лом ҳәм киркалар жәрдеминде, кабель үстинде оны қорғаў қатламына шекем 0,3 метр қалғанша әмелге асырыў мүмкин. Жердиң қалған қатламындағы топырақ бел жәрдеминде алып тасланыўы керек.
271. Қыc мәўсиминде жер қазыўға тек, топырақты ысытқаннан кейин кирисиў мүмкин. Бунда ыссылық орайы кабелгеше 15 см ге жақынластырыў мүмкин.
272. Ура, котлован ҳәм траншея қазылатуғын жерлер «Қурыс қәўипсизлик техникасы» КМК талапларын есапқа алған жағдайда қоршаланған болыўы керек. Қоршалаўда ескертиў-ши белги ҳәм жазыўлар, түнде болса ескертиўши жақтыландырыўшы сигналлар болы-ўы керек.
273. Қулаў қәўпи бар болған бос ямаса ығал топырақлы жерлерде траншеялар қазылып атырғанда олардың дийўаллары беккемлениўи керек.
Ағып кететуғын топыпақлы жерлердеги жумыслардың дийўаллары беккемленбей, оның шетине тәбийғый қыялық мүйешлик сақлаған жағдайда орынланыўы шәрт.
274. Жер асты суўлары жоқ тәбийғый ығаллы топырақлы жерлерде ҳәм жер асты имаратла-ры жақын жайласқан жерлерде траншея ҳәм котлованлардың беккемленбеген тик дийўалларының шуқырлығы: үйилген, қумлы ҳәм үлкен бөлекли жерлерде 1 метрден; қумлақ жерлерде 1,25 метрден; қумшыл ҳәм саз топырақлы жерлерде 1,5 метрден асыр-мастан қазыўға рухсат етиледи.
Тығыз жабысқақ топырақлы жерлерде тик дийўаллы траншеяларды роторлы ямаса әпиўайы экскаваторларда беккемлеў үскенелерин қоймастан 3 метргеше шуқырлықта қазыўға рухсат етиледи. Бундай жағдайда траншеяларға адам түсиўи қадаған етиледи. Адамлардың түсиўи зәрүр болған траншея бөлимлери откосланыў ямаса қаптал тәреп-лери тәбийғый қыялық жағдайында орынланыўы керек.
Қыс мәўсиминде жердиң музлаған бөлиминде (жердиң қурғақ топырақ бөлиминен басқа) жер қазылғанда оны откозсыз орынлаўға рухсат етиледи.
275. Жер қазыў жағдайы 274-бәндте көрсетилгенинен парық болатуғын жағдайларда ура ҳәм котлованлар қазыўда тик дийўалларын откос пенен беккемлеп ямаса тәбийғый қыялық сақлаған жағдайда баслаў зәрүр.
276. Шуқырлығы 3 метргеше болған ура ҳәм котлованларды қағыйдаға муўапық, типовой проект тийкарында беккемлениўи шәрт.