Шөлкемлестириў илажлары


ХIII-бап. Аккумулятор батареясы



Download 0,81 Mb.
bet32/69
Sana18.07.2022
Hajmi0,81 Mb.
#821367
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   ...   69
Bog'liq
2 5402436682131707811

ХIII-бап. Аккумулятор батареясы.
256. Аккумулятор батареясы жайласқан хана ҳәмме ўақыт қулыпланған болыўы керек. Усы хананы көзден кешириўши ҳәм онда ислеўши адамларға гилт улыўма тәртипте бери-леди.
257. Аккумулятор ханада шегиў, ол жерге өрт пенен кириў, өрт шығыўы мүмкин болған электр ысытыў әсбабы, аппарат ҳәм инструментлерден пайдаланыў қадаған ети-леди (усы бәндтен басқа 266-бәнти қараң).
Аккумулятор ханасының есиклеринде «Аккумулятор ханасы», «Өртке қәўипли», «Шегиў қадаған етиледи» деген жазыўлар ямаса мәмлекетлик стандартқа сәйкес ашық өрттен пайдаланыўды ҳәм шегиўди қадаған етиўши қәўипсизлик белгилер асып қойы-
лыўы керек.
258. Үзликсиз самаллатыў үскенеси болған аккумулятор ханасында, самаллатыў үскенеси заряд бериў алдынан қосылыўы ҳәм зарядлаў тамам болғаннан кейин кеминде 1,5 саат өткеннен кейин, пайда болған газ толық шығарылып жиберилгеннен кейин тоқтаты-лыўы тийис.
259. Ҳәр бир аккумулятор ханасында:
электролит таярлаў ҳәм оны ыдысларға қуйыўға арналған 1,5-2 литр көлемдеги тумсықлы шише ямаса форфор ыдыс;
кислоталы батарея ушын ишимлик содасының нейтралластырыўшы еритпеси ҳәм щелоч батареясы ушын бор кислотасы ямаса сирке эссенциясы болыўы шәрт.
260. Ишинде электролит, тазаланған суў ҳәм нетралластырыўшы еритпеси болған барлық ыдысларда суйықлық атларын көрсетиўши жазыў болыўы шәрт.
261. Кислота, аўзы беккем жабылатуғын тығын менен бекитилген шише ыдысларда сақла-ныўы ҳәм суйықлық аты жазылған бирка менен үскенеленген болыўы зәрүр.
Батареяларды эксплуатация ислеўге арналған, ишинде кислота суйықлығы болған ыдыслар ҳәм бос ыдыслар аккумулятор батареясына тийисли бөлек ханада сақланыўы зәрүр. Ыдыслар полда арнаўлы карзинаға ямаса ағаш ящиклерге салып сақланыўы
керек.
262. Кислота, щелоч ҳәм қорғасын менен байланыслы жумысларды арнаўлы оқытылған, үйретилген адамлар ислеўи шәрт.
263. Ишинде кислота хам щелоч болған шише ыдысларды еки исши тасыўы керек. Шише ыдыслар корзинасы менен биргеликте саплы арнаўлы ағаш ящиклерде ямаса ортасында ойығы бар, әтирапы ағаш кетек пенен оралған ҳәм шише ыдысы 2/3 бөлиминде жайла-сыўы зәрүр болған (корзина менен биргеликте) арнаўлы зәмберде тасылыўы керек.
264. Электролит таярлаўда кислотаны, ишинде тазаланған суў болған ыссыға шыдамлы ямаса форфор ыдысқа әсте ақырын (еритпениң тез қызыўының алдын алыў мақсетинде) жиңишке етип жымбырлатып қойыў керек. Бунда электролитти бәрқулла таяқша ямаса шише трубка, кислотаға шыдамлы пластмассадан таярланған мешалка менен аралас-тырып турыў керек.
Кислотаға суў қуйып, электролит таярлаў қадаған етиледи. Таяр электролитке суў қуй-ыў мүмкин.
265. Кислота ҳәм щелоч пенен ислегенде костюм (кислота ушын қалың жүнли ҳәм щелоч ушын пахталы), резиналы етик (шалбар астынан) ямаса галош, резиналы фартук, қорғаўшы көз әйнек ҳәм резиналы қолғапларды кийиўи зәрүр.
Едкий щелоч бөлекшелери алдын қапшыққа орап, арнаўлы ажыратылған жайларда майдаланыўы зәрүр.
266. Аккумулятор ханаларында пластинкаларды пайкалаў жумысларын апарғанда төмен-деги жағдайларда рухсат етиледи:
зарядлаў тамам болғанына 2 сааттан артық ўақыт өткеннен кейин пайкалаўға рухсат етиледи. Турақлы зарядланыў тәртибинде ислеўши батареяларда пайкалаў жумыслары жумыс баслаўдан 2 саат алдын зарядландырыў тәртибине өткизилиўи шәрт;
жумыс баслаўдан алдын хана 2 саат даўамында шамаллатылыўы зәрүр;
пайкалаў ўақтында хана тоқтаўсыз самаллатып турылыўы керек;
пайкаланып атырған жер, басқа батареялардан өртке шыдамлы шитлер менен қоршаланыўы керек;
қорғасын ямаса оның бирикпелери тәсиринде зәҳәрлениўдиң алдын алыў ушын арнаўлы илажлар көрилиўи ҳәм аккумулятор батареяларды эксплуатация қылыў ҳәм оңлаў көрсетпесине сәйкес жумыс тәртиби белгилениўи керек;
жумыслар наряд-рухсатнама менен орынланыўы зәрүр.

Download 0,81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   28   29   30   31   32   33   34   35   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish