Шөлкемлестириў илажлары


IХ -бап. Генераторларды водород суйытқышларының



Download 0,81 Mb.
bet28/69
Sana18.07.2022
Hajmi0,81 Mb.
#821367
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   69
Bog'liq
2 5402436682131707811

IХ -бап. Генераторларды водород суйытқышларының
газ-май системасы элоктролиз үскенелери.
202. Генераторлардың газ-май системасына хызмет көрсетиўде қәўипли жарылыўшы газ араласпасының пайда болыўының алдын алыў керек, буның ушын төмендегилерге жол қо-йылмаслық керек:
генератор корпусы ишиндеги водород араласпасында кислород муғдары 1,2 процент-тен аспаслығы, попловок затворында, үплеўши бочкада ҳәм май тазалаўшы үскенениң водород ажыратыў багинде кислород муғдары болса 2 проценттен көп болмаслығы;
генератордың ток өткизиўши бөлиминде водород муғдары 1 проценттен көп, под-шипниклер картеринде болса 2 проценттен көп болмаслығы керек.
Май қуйылған бакте водород улыўма болмаслығы шәрт.
203. Генератордан водород ямаса ҳаўаны инерт газ бенен қысып шығарылыўы керек. Улыўма қысып шығарылған газларды машинадан шығыў жериндеги қалған муғдары төмендегише белгиленеди:
хаўа қысып шығрылғанда қалған карбонад ангдрид газ муғдары 85 процент ҳәм водород қысып шығарылғанда 95 процентти пайда етилиўи керек;
ҳаўа ҳәм водород қысып шығарылғанда қалған азот муғдары 97 процентти пайда етиўи керек.
Ҳаўа ямаса водород инерт газ бенен генератордан толық қысып шығарылғанлығын газды анализ етип тастыйықлайды.
204. Генератор ҳәм газ-май системасы аппаратларының корпусларын ашыўдан алдын водо-род инерт газ бенен инерт газы болса ҳаўа менен қысып шығарылыўы шәрт. Каптал тәреп шитлерин, люкларды ҳәм басқа жерлерди ашыўға тек карбонад ангидрид газ жоқ-лығы ямаса (азот қысып шығарылғанда) ҳаўада кислород араласпасының жетерлигине (улыўма көлемниң 20 проценттен көплиги) анықланғаннан кейин рухсат бериледи.
205. Корпустан водородты қысып шығармастан тоқтатылған синхрон компенсатордың кон-такт камерасын ашыўдан алдын, усы камераға инерт газ бермей турып компенсатор корпусынан оны бөлеклеп турыўшы ашып-жабыўшы үскенесиниң тығыз жабылғанын тексериў зәрүр.
Камерадағы водородты инерт газ бенен қысып шығарып жиберилгеннен кейин (кейни-нен ҳаўа менен де қысып шығармастан) газды анализ еткеннен кейин жумыс ислеў мүм-кин.
206. Газ-май системасы үскенелери ҳәм трубопроводларды оңлаўға шығарыўда трубопро-водлар бөлеклениўи ямаса өнланып атырған тармаққа водород ямаса инерт газ тығыз жабылмайтуғын ашып-жабыўшы үскенеден өтиўиниң алдын алыў мақсетинде заглуш-калар қойылыўы шәрт.
207. Қурамында водород болған газ-май системасынан 10 метрден кем аралықта, ашық от жағыў менен исленетуғын жумыслар (электр кепсерлеў, газ бенен кепсерлеў ҳәм басқа жумыслар) наряд пенен ислениўи, оның үстине нарядтың «бөлек көрсетпелер» қатары-на қәўипсиз алып барыўды тәмийинлеўши қосымша илажлар жазылыўы (қоршаў қойыў, ҳана ҳаўасында водород жоқлығын тексериў ҳәм басқалар) шәрт.
Водород пенен толтырылған генератор корпусында, трубопроводларда ҳәм газ-май ап-паратлары системасында от жағыў менен исленетуғын жумысларды ислеў қадаған ети-леди.
Генераторлар ҳәм газ-май системасы үскенелери жанында «Водород. Қәўипли жаныў-шы!» деген плакат қыстырылған болыўы шәрт.
208. Тоқтатылған генератордың газ-май системасындағы оңлаў жумыслары бийлик пенен ислениўи мүмкин.
209. Электролиз үскенелеринде хызмет көрсетиўде водородты кислорд ямаса ҳаўа менен араласпасынан пайда болатуғын жарылыўшы араласпа пайда болыўына жол қоймаслық шәрт.
Водородтың тазалығы 98,5 проценттен, кислордтики болса 98 проценттен кем болмас-
лығы шәрт.
210. Басымды регулировкалаў аппаратларының көргизбе айнасында суйықлық барлығы кө-ринбесе, электролизлерди ислетиў қадаған етиледи.
Водород ҳәм кислород системалары арасындағы басымның максимал парқы 1961,4 Па (200 мм, суў бетинен) дан көп болмаслығы шәрт.
211. Электролиз үскенелериниң аппарат ҳәм трубопроводларын иске түсириўден алдын қы-сылған азот пенен тазаланыўы шәрт. Усы аппаратларды карбонад ангидрид газ бенен тазалаў қадаған етиледи. Электролиз үскенелери ресиверлери азот ямаса карбонад ан-гидрид газ бенен тазаланыўы мүмкин.
Бир ресивер ямаса ресиверлер топарының ишин көзден өткериў зәрүр болғанда олардың ишиндеги водород ангидрид газы ямаса азот газы жәрдеминде тазалаў, басқа ресиверлер топарынан оларды фланцдан сыртқа шыққан қуйрықлы металл қақпақ ямаса зулфин арқалы металл заглушкалар менен ҳәмде ашып-жабыўшы үскенелерден бөлек-леў ҳәм оннан кейин болса басым астында таза ҳаўа менен тазалаў талап етиледи. Реси-верлерди инерт газы, ҳаўа ҳәм водород пенен үплеп тазалаўда олардағы компонентлер-диң тойыныўы усы қағыйданың №7 қосымшасындағы көрсетилген дәрежегеше жеткизилиўи зәрүр.
Егер 0,05 процент углерод оксиди болған карбонад ангидрид газының техник сорты-нан тазалаў ушын пайдаланылса оны каронад ангидрид газының азық-аўқат ушын пай-даланылатуғын сортынан бөлек сәклаў зәрүр.
212. Егер электролиз үскенелер 4 сааттан артық өширип қойылса оның аппаратлары ҳәм трубопроводларын азот пенен тазалаў шәрт. Система 1-4 саат аралығында өшип турса оны водород ямаса кислорд басымы (9,807-19,614)103 Па (0,1-0,2 кгс/см2) астында қал-дырыў мүмкин. Үскен 1 саатқаша өширилген тәғдирде аппаратлардың газ басымы ас-тында қалдырыў мүмкин, бунда водород ҳәм кислород басымы парқын билдириўши басым регуляторындағы сигнализация өширилмеслиги шәрт.
Егер электролизер ушыўының технологик режиминиң бузылыўы менен байланыслы
болса электролизерден электролитти сорып шығарып алыў керек болса, ол жағдайда аппарат ҳәм трубопроводларды азот пенен үплеп тазалаў шәрт.
213. Электролиз үскенелериндеги қурылмаларды ашыў менен байланыслы кепсерлеў ҳәм оңлаў жумысларын ислегенде водородтың жүриў жолы бойынша ең ақырғы ноқатын-дағы водород толық шығарылмағанша электролиз үскенесиндеги тазалаўды даўам еттириў зәрүр.
214. Электролиз үскенелери ханасында ашық өрт пенен ислеў үскенени өширгеннен кейин ханадағы ҳаўада водород жоқлығын тексерилгеннен ҳәм хананы тоқтаўсыз самаллатыў-ды шөлкемлестирилгеннен кейин ислениўи мүмкин.
Оңлаў ушын мөлжелленген үскенелер жайласқан ханаға аппаратларда ашық өрт пенен байланыслы жумысларды ислеўде усы ханада жайласқан ислеп турған үскенелер трубо-проводларын оңлаўға шығарылған үскенелерден бөлеклеп сол жерге (заглушка) дүмли қақпақ қойыў зәрүр. Ашық өрт пенен исленетуғын жер қоршаўлар менен қоршаланыўы шәрт. Водород пенен толтырылған аппаратларда онлаў жумысларын алып барыў қадаған етиледи.
215. Музлап қалған трубопроводлар ҳәм ашып-жабатуғын үскенелерди тек пуў ямаса ыссы суў менен ысытыў мүмкин. Газ шығатуғын жерди газ шығыўын табыўшы арнаўлы ап-парат ямаса сабын көбиги жәрдеминде анықлаў мүмкин.
Газ шығып атырған жерди излеў ҳәм музлаған жерди ысытыў ушын ашық өрттен пайдаланыў қадаған етиледи.
216. Электролиз үскенелери ханасында ресиверлер жанында шегиў, ашық өрт, электр ысы-тыў әсбаплары ҳәм көшпели жақтыландырыў лампаларынан пайдаланыў қадаған етил-еди. Аппаратларды қадағалаў ҳәм оңлаў ўақтында олардың ишки бөлимлерин жақты-ландырыў ҳәм көзден кешириў ушын жарылыўшыдан қадағалаўға металл сеткалар ме-нен қәпланған кернеўи 12 Вольтқаша болған көшпели жақтыландырыў лампалардан пайдаланыў шәрт.
217. Электролиз үскенелери ханалары ишинде ҳәм есиклеринде Мәмлекетлик стандартқа муўапық ашық өрттен пайдаланыўды қадаған етиўши қәўипсизлик белгилери қысты-рылыўы шәрт; водород ресиверлеринде болса «Водород. Қәўипли жаныўшы!» деген
жазыў болыўы керек.
218. Электролиз үскенелери ханаларында тез жанатуғын жарылыўшы затларды сақлаў қада-ған етиледи.
219. Электролит пенен ислеў ўақтында арнаўлы қорғаў кийимлеринен ҳәм көз әйнеклерден пайдаланыў зәрүр.
Суйық ямаса қатты щелоч териге, шашқа, көзге түссе күйдирип аўыр аҳўалға келти-риўи мүмкин.
220. Электролит тығызлығын тексериўге суйықлықтан анализ алыў тек ишиндеги басым толық түсирилгенде ғана ислениўи шәрт.
221. Электролизерге, оның ақырғы плиталарына қорғаў қуралларысыз тийиў мүмкин емес.
Беккемлеўши болтлардың изоляцион втулкаларына ҳәм монополяр плиталар астында изоляторларға суйық щелоч түсиўине жол қойыў мүмкин емес. Усы элементлер изоляциясы бузылса электр дугасы пайда болып нәтийжеде өртке ҳәм аварияға алып келиўи мүмкин.
Электролизер алдындағы пода резиналы гилемлер төселген болыўы керек.
222. Электролиз үскенелери ҳәм трубопроводлары ресиверлер ҳәм ресиверлер менен маши-на залы арасындағы трубопроводлар бөлекленбеген электр системасые пайда етиўши ҳәм жерге жалғаў үскенелерине жалғаныўы шәрт. Электролиз үскенелери жанында ап-паратлар ҳәм трубопроводлар ең кеминде еки жерден жерге жалғаныўы зәрүр.
223. Сақлағыш клапанларын тексериў ушын үскене өширилиўи ҳәм азот пенен үплеп таза-ланыўы керек.Ислеп турған үскенеде сақлағыш клапанларын тексериў қадаған етиледи.
224. Басым астында болған аппаратлар ҳәм арматуралардың болт ҳәм гайкаларын беккем-леў қадаған етиледи. Шланг ҳәм штуцерлер беккем беккемленген болыўы керек.
225. Монтаждан, толық оңлаўдан ямаса узақ ўақыт ислемей турған электролиз үскенелерин жумысқа таярлаў жуўапкер инженер-техник хызметкер бақлаўында әмелге асырылыўы шәрт. Үскенедеги оңлаў жумыслары наряд пенен ислениўи шәрт.

Download 0,81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish