|
|
bet | 27/69 | Sana | 18.07.2022 | Hajmi | 0,81 Mb. | | #821367 |
| Bog'liq 2 5402436682131707811
VIII-бап. Генераторлар.
194. Усы бап ҳәм IX-бап талаплары синхрон компенсаторларынада тийисли деп есапланады.
195. Оятылмаған ҳәм электромагнит майданы автоматик өшириў қурылмасы өширилген (вал
айландырыўшы қурылма менен айландарылғаннан басқа) ҳалда айланып атырған гене-
ратор кернеў астында деп есапланыўы керек.
196. Генераторды сынаў ўақтында генератор схемасы блок схемасына ямаса оның схемасын-дағы бөлимлерге арнаўлы қысқа тутастырғыш қойыў ҳәм алыўды генераторға жерге жалғағыш қойылғаннан кейин, оның автоматик өшириў қурылмасы өширилген ҳәм оятыў обмоткадан кернеў алынған исши дәўирли частота менен айланып атырған генераторда ислеўи мүмкин.
197. Тоқтатылған блоклы генераторларда егер кернеўди көтериўши трансформатордың жо-қары кернеў тәрепи жалғамындағы жеке пайдаланыў трансформаторының төмен кернеў тәрепи жерге жалғанған болса трансформатор-генератор блок-схемада жумыс ислеген-де генератордан шығыўшы сымларға жерге жалғағыш қойыў талап етилмейди.
198. Оятылмай айланып турған электромагнит майданды автоматик өшириў қурылмасы өширилген генератордың статор тармағы қалдық кернеў муғдарын өлшеў, фаза ямаса полюслардың дәўир тәртибин анықлаў ҳәм басқа жумысларды ислеўге рухсат етиледи.
Бул жумысларды арнаўлы хызмет, лаборатория, сазлаў кәрханалары хызметкерлери нәўбетши хызметкерлер гүзетиўи астында ямаса наряд пенен электр қорғаў қуралларын пайдаланып ислениўлери шәрт.
199. Ислеп турған генератор роторының изоляция қарсылығын ҳәм оның валындағы қалдық кернеўди хызметкерлерден бири жеке ямаса бийлик пенен арнаўлы бөлимлер хызмет-керлериниң IV ҳәм III-топарға ийе болған еки исши өлшеўине рухсат етиледи.
200. Ротордың контакт қалдықларын егеўлеў ҳәм тегислеў, оятыў коллекторының тегисле-ниўи бийлик пенен электрик емес хызметкер жеке ислеўи мүмкин. Ислеп атырғанда қорғаў көз әйнегинен пайдаланыў шәрт.
201. Ислеп турған генератордың щетка аппаратларына хызмет көрсетиўши нәўбетши ямаса усы мақсетлер ушын ажыратылған III-топар хызметкерге жеке өзи илеўге рухсат етиледи. Бунда төмендеги қәўипсизлик илажларын көриў зәрүр:
машинаның айланып турған бөлимлерине илинип тартып кетпеўиниң алдын алып, хызметкер арнаўлы кийимлериниң сәдеплерин қадап ҳәм бас кийимде ислеўи;
диэлектрик қолғапты ислетпестен диэлектрик галошлардан ямаса диэлектрик гилемшелерден пайдаланыўы;
бир ўақытта ток өткериўши бөлимниң еки полюсына ямаса үскенениң ток өткизиўши
бөлимине ҳәм жерге жалғанған бөлимине тийгизбеслиги керек.
Do'stlaringiz bilan baham: |
|
|