Шөлкемлестириў илажлары


ХII-бап. Электр майданы тәсири дөгерегиндеги ашық



Download 0,81 Mb.
bet26/69
Sana18.07.2022
Hajmi0,81 Mb.
#821367
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   69
Bog'liq
2 5402436682131707811

ХII-бап. Электр майданы тәсири дөгерегиндеги ашық
бөлистириўши электр үскенелери ҳәм ҳаўа линияларындағы
жумыслар.
180. Электр майданы тәсири дөгерегиндеги ашық бөлистириўши электр үскенелери ҳәм 220 кВ ҳәм оннан жоқары кернеўли ҳаўа линиялары жумысларын орынлаўда Мәмлекетлик стандарт талабына тийкар ислеўшиниң усы майданда болыў ўақты шегараланып қойылыўы керек.
181. Электр майданы кернеўлиги 5 кВ/м шекем болған майданларда ислеўшилердиң ол жер-де болыў ўақты шегараланбайды. Электр майданы кернеўлиги 20 дан 25 кВ/м шекем болған майданларда ислеўшилердиң ол жерде болыўы 10 минуттан аспаслығы шәрт. Электр майданы кернеўлиги 25 кВ/м ден жоқары болғанда қорғаў қуралларын қолла-ныў керек. Бунда ислеў мүддети бир жумыс күни ўақты менен шегараланады.
Электр майданы кернеўлиги 5 ден 20 кВ/м шекем болған майданда (белгили бир кер-неўлик астында) болыўы мүмкин болған ўақыт Т саат, төмендеги формула менен есапланады, яғный

бул жерде, Е - қадағалаўға болған электр майданыны тәсирли кернеўлиги, кВ/м.
Көрсетилген формула менен электр майданы кернеўлиги 10 кВ/м болғанда турыў ўақты 180 минут, кернеўлиги 15 кВ/м болғанда болса 80 минутты пайда етеди.
Усы бәнд талаплары хызметкерлерге электр разрядының тәсир етиў мүмкинлиги улыўма жоғалтқан жағдайда күшли болады.

  1. Жумыс күни ишинде ислеўшилердиң электр майданында болыў ўақтын бир мәртебе ямаса бөлип-бөлип ислеў мүмкин.Жумыс ўақтының қалған ўақтында қорғаў қураллары-нан пайдаланыўлары ямаса электр майданы кернеўлиги 5 кВ/м ден кем болған май-данда болыўлары керек.

  2. Электр майданы кернеўлиги ҳәмде оның тәсир майданы ҳәм оны экранлаў шегарасы өлшеў нәтийжелери менен белгиленеди. Барлық жағдайларда жумысларды орынлаўда адамлар болыўы мүмкин болған майданды ҳәмме жеринде өлшеп атырған хызметкер тәсиринен сырттағы жерде анық өлшенетуғын электр майданының кернеўлиги өлшениўи шәрт.

Үскенелер ҳәм конструкцияларға минбей исленетуғын жумысларда кернеўликти өлшеў төмендегише әмелге асырылыўы шәрт:
қорғаў қураллары жоқ ўақытта – жер бетинен 1,8 метр бийикликте;
улыўма қорғаў қураллары ислетилгенде жер бетинен 0,5; 1,0 ҳәм 1,8 метр бийикликте өлшениўи зәрүр;
үскенелер ҳәм конструкцияларға минип исленетуғын (қорғаў қуралларының бар-жоқлығынан қаттий нәзер жумысларда өлшеў ҳәм жумыс орнының белгисинен 0,5; 1,0 ҳәм 1,8 метр бийикликте ҳәм жерге жалғанған ток өткизиўши үскенелер бөлиминен 0,5 метр қашықлықтағы аралық өлшениў шәрт.
184. Бақлаў жүргизилип атырған майданда болыў ўақты майдан кернеўлигиниң ең жоқары болған көрсеткишин есапқа алып белгиленеди.
185. Қорғаў қураллары түринде төмендегилерди ислеў мүмкин: беккем орнатылған көшпе-
ли ҳәм көширмели экранлаў үскенелер; машина ҳәм механизмлерге орнатылып, алы-ныўшы экранлаў үскенелери; экранлаў комплектлери.
Экранлаў үскенелери Мәмлекетлик стандарт талапларын қанаатландырыўы шәрт.
Жерге тутастырылған автомашина кабиналары ҳәм кузовларында, механизмлер, көшпе-ли устахана ҳәм лабораторияларда сондай-ақ темир бетон ямаса металл түриндеги темир бетон менен жабылған гербиштен исленген имаратларда, электр майданы болмаған қудық қақпақлары жерге жалғанған имаратларда ислегенде ол жерге қорғаў қуралларын қоллаў талап етилмейди.
186. Көшпели ҳәм қөширмели экранлаў үскенелери орнатылған жерлерде жерге жалғанату-ғын қурылмаларға ямаса оларға жалғанған металл конструкцияларға қалыңлығы кеминде 10 мм2 болған жумсақ мыс сым арқалы жерге жалғаныўы шәрт.
Машина ҳәм механизмлерге орнатылған, алыныўшы экранлаў үскенелерине гальваник жалғанған болыўы шәрт.
Машина ҳәм механизмлер жерге жалғанған жағдайда оларға орнатылған алыныўшы экранлаў үскенелериниң қосымша жерге жалғаныўы талап етилмейди.
Бөлек жеке экранлы комплектлерин жерге жалғаў арнаўлы ток өткизбейтуғын арнаўлы аяқ кийиминде ислениўи керек. Изоляцион тийкар үстинде (боялған металл, изолятор, ағаш төселме ҳәм басқаларда) турып ислегенде ямаса жерге жалғанған конструкциялар-ды ашық қол менен (қолғапсыз) тийиў керек болған жумысларда экранлаў кийимлери қосымша қалыңлығы 10 мм2 жумсақ арнаўлы мыс сым менен жерге жалғаў үскенелери-не ямаса усы үскенелерге жалғанған металл конструкцияларға жалғаныўы шәрт.
187. 1000 В кернеўгеше кернеў астына болған ток өткизиўши бөлимлерге тийип кетиў мүмкин болған ҳәмде электр үскенелерин сынаў ўақтында (жоқары кернеў астында сынаў өткерип атырған хызметкерлердиң тек өзи ушын) ҳәм электр кепсерлеў жумысларында экранлаў комплектлерин ислетиў қадаған етиледи. Бундай жағдайларда ислеп атырған ислеўшилерди экранлаў үскенелери менен қоллап қарғаў шәрт.
188. Өширип қойылған ток өткизиўши бөлимлердиң бөлимлеринде ислегенде кернеў тәси-ринде пайда болатуғын потенциалды алып таслаў ушын усы үскене жерге жалғаныўы зәрүр. Өширип қойылған жерге жалғанбаған ток өткизиўши бөлимлерге қорғаў қурал-ларсыз тийиў қадаған етиледи. Сондай-ақ жерден изоляцияланған ҳалда ислеў мүмкин болған оңлаў қураллары ҳәм үскенелери де жерге жалғаныўы шәрт.
189. Электр майданы тәсири дөгерегинде ҳаўа менен толтырылған дөнгелеклерде ислейту-ғын машина ҳәм механизмлер жерге жалғанған болыўы шәрт.
Усы транспорт қураллары электр майданы тәсири дөгерегинде ҳәрекет еткенде кернеў тәсиринде пайда болатуғын потенциялды алып таслаў ушын оның шассасына ямаса кузовына жерге тийип турыўшы металл шынжыр жалғанған болыўы зәрүр.
190. Электр майданы тәсири дөгерегинде машина ҳәм механизмлерге жанылғы ҳәм майлаў материалларын қуйыў қадаған етиледи.
191. Электр майданы тәсири дөгерегиндеги үскене ҳәм конструкцияларға миниў керек бо-лып қалғанда электр майданы кернеўлиги ҳәм жумыс ўақтының мүддетинен қаттый нәзер қорғаў қуралларынан пайдаланыў шәрт. Телескопик минара ҳәм гидроподъем-никте көтерилгенде оның көтерме корзинасы экран менен тәмийинлениўи керек ямаса экранлаў комплектинен пайдаланыў зәрүр.
192. Экранлаў майданында ашық бөлистириўши үскенениң конструкциялары ишинде сон-дай-ақ газ релеси, күш трансформаторындағы май дәрежесин көрсетиўши релеге зәнги менен көтерилиўде электр майданының тәсирине қорғаў қуралларын пайдаланыў шәрт емес.
193. Ашық бөлистириўши электр үскенелерин көзден өткериўге ҳәм жумыс орнына барыўда ҳызметкер усы мақсетлер ушын ислеп шығылған ҳәрекетлениў жолы бойынша жүриўи керек.

Download 0,81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   22   23   24   25   26   27   28   29   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish