Шөлкемлестириў илажлары


§6. Ҳаўа линияларына жерге жалғағыш қойыў



Download 0,81 Mb.
bet25/69
Sana18.07.2022
Hajmi0,81 Mb.
#821367
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   69
Bog'liq
2 5402436682131707811

§6. Ҳаўа линияларына жерге жалғағыш қойыў.

  1. 1000 В жоқары хаўа линияларында, линия өширилгенде ҳәмме бөлистириў үскенеси ҳәм секциялаўшы коммутацион аппаратурасы жерге жалғаныўы тийис.

Рухсат етиледи:
Шақапшаға ийе 35 кВ ҳәм оннан жоқары кернеўли ҳаўа линияларда сол шақапшаға жалғанған жәрдемши станцияда сол жағдайда жерге жалғағыш қойылмайды, егерде ҳаўа линиясы еки тәрептен жерге жалғанған, ал жәрдемши станцияда өширилген разъединитель алдыннан жерге жалғағыш қойылған болса 6-20 кВ ҳаўа линияларын жерге жалғаў тек ғана бир бөлистириў үскенеси яки сол бир секциялаўшы аппараты ямаса бөлистириў үскенесине жақын бағанада әмелге асырылады.
Сол кернеўликтеги линия өширилген ҳалда бөлистириў үскенесине ҳәм секциялаўшы аппаратларда сол жағдайларда жерге жалғағыш қоймаўға рухсат етиледи, егерде ҳаўа линиясында сол бөлистириў үскенеси ямаса секциялаўшы аппарат пенен жумыс орны аралығында жерге жалғағыш қойылған болса.
Ҳаўа линияларында көрсетилген жерге жалғағыш жерге жалғаўшы үскенесине ийе бағаналарда қойылыўы тийис.
1000 В дейинги ҳаўа линияларда жерге жалғағыш тек жумыс орнында қойылса жетерли.
169. Ҳәректтеги қагыйданың 168-бандинде көрсетилген жерге жалғағышларға қосымша, ҳәр бир бригаданың жумыс орнында ҳәмме фаза сымлары жерге жалғаныўы керек деп табылса тросларда жерге жалғаныўы тийис.
170. Жыйнаўшы металл роликлерде ямаса услап турыўшы зажимлерде жатыўшы сымлар
ушын ролик ямаса зажим қабы жерге жалғанса жетерли. Ролик ямаса зажим қабы аралығында тәбийғый металл контактине ийе болғанда, сондай ақ темир бетон бағанасы арматуралары жерге жалғанған болса қосымша ролик ямаса зажим қабы жерге жалғаў талап етилмейди.
171. Анкер аралықларында сымларды монтажлағанда, сондай ақ илмек жалғанғаннан соң анкер бағанасындағы сымы, тросы салынған ҳаўа линиясы бөлими, басланғыш анкер бағанасы ҳәм ақырғы аралық бағанасынан жерге жалғаныўы тийис.
172. Монтажланған анкер аралықлары, сондай ақ монтажланған ҳаўа линиясы бөлиминдеги ақырғы анкер бағанасы сымларын жерге жалғаў, таяр ҳаўа линиясы сымларынан келеси монтажланып атырған бөлимге гулдирмама разряды ямаса басқа аса кернеўликтен потенциялдың өтиўинен аўлақ болыў ушын сымларды жерге жалғаў қадаған етиледи.
173. Сымлары бөлинген ҳаўа линияларында ҳәр бир фазада тек бир сымды жерге жалғаўға рухсат етиледи, ал изоляциялаўшы тирепберди (распорок) бар болғанда ҳәмме фаза сымлары жерге жалғаныўы тийис.
174. Бир шынжырлы ҳаўа линияларда жумыс орнында жерге жалғағыш жумыс апарылып атырған яки қоңсылас бағанаға қойылыўы зәрүр. Жерге жалғағыш бригада жумыс ислеп атырған ҳаўа линиясы бөлиминиң еки тәрепине қойыўға рухсат етиледи, сол жағдайда егерде жерге жалғағыш аралықлары 2 км асып кетпей турған болса.
175. Бағанадан изоляцияланған шақмақтан қорғаў тросларында жумыс ислегенде, егерде сол тросларға 1 метр аралыққа жақынласыў талап етилсе, трос жерге жалғаныўы тийис. Жерге жалғағышты еки бағана аралығы тәрепинен қойылыўы тийис. Егерде сол троста музғалақты еритиў көзде тутылған болса, жумыс басламастан алдын трос өширилип ҳәм оған кернеўлик берилиўи мүмкин тәрептен жерге жалғаныўы тийис.
176. Көшпели жерге жалғағышлар металл бағаналар олардың элементлерине жалғаныўы керек, темир бетон бағана ҳәм ағаш бағаналарда жерге жалғаўшы түсерликлерине олардың пүтинлиги тексерилгеннен соң жалғанады.
Жерге жалғаўшы түсерликлери жоқ темир бетон бағаналарда жерге жалғағышларды бағананың металл бөлекшелерине хәм траверслерге жалғаў мүмкин. Нейтрал жерге жалғағышлы 1000 В дейинги электр тармақларда ноль сымларына қайта жерге жалғағыш бар болғанында, көшпели жерге жалғағышты сол сымларға жалғаўға руҳсат етиледи. Көшпели жерге жалғағышты жерге жалғаўшы өткизгишлерге жалғаў орынлары краскалардан тазаланыўы тийис.
Жумыс орнында көшпели жерге жалғағышты жерге 0,5 метрге дейинги вертикаль тығылған жерге жалғаўшыға жалғаў мүмкин. Жерге жалғаўшы үскенесин үйилген топырақ жерлерге орнатыў қадаған етиледи.
177. 1000 В дейинги ҳаўа линияларда изоляциялаўшы бөлеги жоқ телескоп вышка менен ямаса бағанада жумыс алып барылғанда жерге жалғағыш оңлаў жүргизилип атырған сымларға, сол бағанада асылған сымларға да қойылыўы тийис, сондай ақ изоля-цияланбаған радиотрансляция ҳәм телемеханика сымларынада қойылыўы керек.
178. Оңлаўға өширилген ҳаўа линияларында көшпли жерге жалғағышларды орнатыў, кей-нинен алыў, жерге жалғаўшы пышаққа ийе бағаналарда жерге жалғаўшы пышақты қо-сыўды нәўбетши ямаса тез-ара онлаў исшиси әмелге асырыўы тийис: бириншиси IV-то-парға ийе (1000 В жоқары ҲЛ) ямаса III-топарға ийе (1000 В дейинги ҲЛ), екинши исшиси III-топарға ийе болыўы керек.
Биринши исши есабында III-топарға ийе оңлаў исшиси, ал тутыныўшылар ҳаўа линия-да тутыныўшы исшисинен пайдаланыўға рухсат етиледи.
Жерге жалғаўшы пышақларды ажыратыўды әмелге асырыўды III-топарға ийе бир нәў-бетши ямаса тез-ара оңлаў исшисине рухсат етиледи.
Ҳаўа линияларда жумыс орнында жерге жалғағыш қойыўды жумыс алып барыўшы III-
топарға ийе бригада ағзасы менен әмелге асырады. Көшпели жерге жалғағышты алыўды жумыс алып барыўшының бийлиги менен III-топарға ийе еки бригада ағзасы алыўы мүмкин.
179. Ҳаўа линияларда кернеўлик жоқлығын тексергенде, жерге жалғағышты қойғанда ҳәм алғанда еки исшиниң биреўи жерде болып екиншиси үстинен бақлаў апарыўы тийис.



Download 0,81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   21   22   23   24   25   26   27   28   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish