Шөлкемлестириў илажлары


III. Наряд бойынша көп шынжырлы ҳаўа линиясында, ҳаўа линиясы



Download 0,81 Mb.
bet21/69
Sana18.07.2022
Hajmi0,81 Mb.
#821367
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   69
Bog'liq
2 5402436682131707811

III. Наряд бойынша көп шынжырлы ҳаўа линиясында, ҳаўа линиясы
кесиспесинде, ҳаўа линиясының басқа бөлимлеринде жумыс ислеў.
128. Ҳәр бир ҳаўа линиясына, ал көп шынжырлы ҳаўа линияларда ҳәр бир шынжырға бөлек наряд бериледи. Бир неше ҳаўа линияларға (шынжырға) бир наряд бериўге төмендеги
жағдайларда рухсат етиледи:
ҳәмме шынжырдан кернеўлик алынғанда ямаса көп шынжырлы ҳаўа линиясының ҳеш бир шынжырынан кернеўлик алынбай жумыс ислегенде;
ҳаўа линиясының кесилискен орынларында жумыс ислегенде;
1000 В дейинги ҳаўа линияларда гезекпе гезек жумыс ислегенде, егерде сол ҳаўа линиялары кернеўлик алыўшы трансформатор пунктлери ямаса комплект трансфор-матор пунктлери өширилген болғанда;
өширилиўи талап етилмейтуғын ток алып барыўшы бир неше ҳаўа линиясында бир типли жумыслар ислегенде.
129. Қайсы ҳаўа линиясы оңланып атырған ҳаўа линиясы менен кесилисиўи, өширилиўи ҳәм жерге жалғаныўы нарядта көрсетилиўи талап етиледи (ҳәрекеттеги қағыйданың 168-бәндине байланыслы жумыс орнына жақынлығында ҳәм жерге жалғағыш қойып исленеди). Бундай көрсетпе ҳаўа линиясына қатнаслы нарядта көрсетилиўи тийис, оңлаў өткерилип атырған ҳаўа линиясы жанынан өтиўши, егерде жумыс шәрти бойынша өширилиўи талап етилсе. Бундай жағдайда ҳаўа линиясын жерге жалғаў оң-лаў жүргизилип атырған ҳаўа линиясы менен кесилискенде ҳәм жанынан өткенде иске қосыў жумыс басламастан алдын орынланыўы тийис. Жумыс тамам болғанша жерге жалғағышты алыў қадаған етиледи.
130. Өширилген ҳаўа линиясы бөлимдеги бригаданың жайласыўынан 2 км көп болмаған узақлыққа рухсат етиледи, үлкен узынлықтағы еки анкер аралағы аралығында сым, трос монтаж ҳәм түсирип жыйнаған жағдайлардан басқа жумысларда. Бундай жағдайларда бир бригаданың жумыс бөлиминиң аралығын наряд бериўши белгилейди.
131. Бир наряд бойынша ҳаўа линиясы бағананың басқа бөлиминде жумыс ислегенде бри-гаданың бир жумыс орнынан екинши жумыс орнына көшиўи расмийлестирилмейди.
VI-бап. Техникалық илажлары.
§1. Техникалық илажлар. Өшириўлер:
132. Кернўлик алыўды талап етилетуғын жумыста жумыс орнын таярлаў ушын төмендеги тәртипте техникалық илажлар орынланыўы тийис:
тийисли өшириўлер әмелге асырылып ҳәм коммутацион аппаратуралардың өз бетинше ямаса қәтелесип қосылып кетиўине иркиниш жасайтуғын илажлар қабыл етиў;
қадаған етиўши плакатларды аралықтан басқарылатуғын коммутацион аппара-туралары гилти ҳәм привод тутқаларына кыстырыў;
адамларды электр тоги урыўынан қорғаў ушын жерге жалғаныўы тийис ток өткериў-ши бөлекшелерде кернеўлик жоқлығын тексериў;
жерге жалғағыш орнатыў;
керек деп табылған жағдайларда жумыс орнын қоршалаў ямаса кернеўлик астындағы ток өткериўши бөлекшелерди қоршалаў ҳәм қоршалаўларға қәўипсизлик плакатларын қыстырыў.
133. Кернўлик алыўы тийис, ток өткериўши бөлекшелерде жумыс ислегенде, өширилиўи тийис:
жумыс өткерилиўи тийис ток өткериўши бөлекшелер;
ҳәрекеттеги қағыйданың №2 қосымшасында көрсетилген аралыққа жүк көтериўши механизм ҳәм адамлардың жақынласыўы мүмкин болған қоршалмаған ток өткериўши бөлекшелер.
Өширилген ҳаўа линияларда жумыс ислегенде, усы ҳаўа линиясының элементлериниң жақынласыў мүмкиншилиги, басқа кернеўлик астындағы ҳаўа линиясының ток өткериўши бөлекшелерине ҳәрекеттеги қағыйданың №2 қосымшасында көрсетилген аралықтан аз аралыққа жақынласқанда, кейинги ҳаўа линиясы өширилиўи тийис. Оңлаў жүргизилип атырған ҳаўа линиясына биргеликте асылып турған байланыс линиясыда өширилиўи тийис.
134. 1000 В жоқары электр үскенелери ҳәр бир тәрепинен, коммутацион аппаратурасы арқалы жумыс орнына кернеўлик берилиўи мүмкинлигинен сым ҳәм шинаны алып таслап яки босатып алыў менен, разъединительлерди өшириў, сақлағышларды алыў, сондай-ақ күшлениў өширгишлерин ҳәм ажыратқышларды өшириў арқалы көринерлик узик болыўы тийис.
Кернеўлик трансформаторы ҳәм күш трансформаторының жумыс ислеўи ушын байланыслы ажыратылған электр үскене бөлимшеси 1000 В қа дейинги кернеўлик тәрепиненде, кейинге өткериў трансформациясын болдырмаў ушын өширилиўи тийис.
135. Жумыс орнын таярлаў барысында қол менен басқарылатуғын күшлениў өширгишлери ҳәм разъединителлер өширилгеннен кейин шунт бериўши жалғаўлардың жоқлығы ҳәм олардың өшкенлигин жоқарыға қарап исеним қабыл етиўи тийис.
136. 1000 В жоқары электр үскенелеринде коммутацион аппаратлардың өз бетинше яки қәтелескенликтен қосылып кетиўинен, жумыс орнына кернеўлик берилиўиниң алдын алыў ушын төмендеги илажлар қабыл етилиўи тийис:
ажыратқышлардың (отделителлердиң), разъединителлердиң, күш өширгишлердиң привод тутқалары өшик жағдайда механикалық қулып пенен қулпырылыўы тийис;
бир полюслы разъединителли электр үскенелерде, олардың қәтелескенликтен қосы-лып кетиўиниң алдын алыў мақсетнде разъединитель пышақларына қәнийгелестирил-ген диэлектрик қалпақлар кийгизиўге рухсат етиледи;
оператив штанга жәрдеминде басқарылатуғын разъединителлерде, стационар қорша-лаўлар механикалық қулып пенен қулпырылыўы тийис;
аралықтан басқарыўға ийе коммутацион аппаратлар приводлары, күш ҳәм басқарыў шынжырларынан өширилген, ал пневматик приводлар буннан басқа қысылған ҳаўаны алып барыўшы трубопроводтың жаўылыўы ҳәм задвижка механикалық қулыпқа қул-пырылыўы, қысылған ҳаўаны шығарыў клапанлары ашық жағдайда қалдырылыўы тийис. Пружиналы ҳәм жүк пенен ислеўши приводларда, өшириў жүги ямаса өшириў-ши пружиналар жумыссыз жағдайға келтирилиўи керек. Шығарылатуғын тележкаға ийе комплект бөлистириў үскенесиндеги коммутацион аппаратуралардың қәтелесиўден қосылып кетиўиниң алдын алыў илажлары ҳәрекеттеги қағыйданың 243, 244-бәндле-
рине мас қабыл етилиўи тийис.
137. 1000 В жоқары электр үскенелеринде жумыс алып барылатуғын ток өткериўши бөлек-шелериниң ҳәмме тәрепинен, қол менен ислеўши приводлы коммутацион аппаратура-ларды өшириў арқалы кернеўлик алынады, схемада сақлағыш бар болса ол алынады. Схемада сақлағыш жоқ болса коммутацион аппаратлардың қәтелесип қосылып кетиўи-ниң алдын алыў илажлары қабыл етилиўи тийис. Шкаф қапысы ямаса тутқасы қулпырыўы, кнопкалар жабылыўы коммутацион аппаратуралары контактлары арасына изоляциялаўшы накладка қойылыўы ҳәм басқалар, аралықтан басқарылытуғын комму-тацион аппаратлар арқалы кернеўлик алынғанда, қосыўшы катушкалар өширилиўи тийис. Егерде аппараттың конструктив ислениўи ҳәм жумыс характери имканият бере-туғын болса жоқарыда көрсетилген илажлар, жумыс жүргизилетуғын үскенелерден яки коммутацион аппаратлардан, кабель, сымларды жаздырыў ямаса шиналарды алып тас-лаў менен алмастырылыўы мумкин.
138. Кабельди, сымды жаздырыў ямаса шиналарды алып таслаўды, жумыс орнын таярлаўда нәўбетшиниң ямаса тез-ара оңлаў исшиси бақлаўы астында, III-топарға ийе тез-ара оңлаў исшиси орынлаўы мүмкин.
Жумыс орнына жақын жердеги ток өткериўши бөлекшелерге тийип кетпеўи мүмкин-лиги болса, кернеўлик алыныўы тийис яки қоршалаўы керек.
139. Контактларын көриў мүмкин емес 1000 В дейинги коммутацион апаратлардың өшкен-лик жағдайы (шықпайтуғын автоматлар, пакетлер, выключатель, жабық исленген ру-бильниклер) оларда кернеўлик жоқлығы, олар зажиминде яки шығыўшы шиналарында, сымларда ямаса электр үскенелерде тексерилиўи менен анықланады.

Download 0,81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   17   18   19   20   21   22   23   24   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish