Шөлкемлестириў илажлары


§8. Басқа жумыс орнына көшириў



Download 0,81 Mb.
bet15/69
Sana18.07.2022
Hajmi0,81 Mb.
#821367
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   69
Bog'liq
2 5402436682131707811

§8. Басқа жумыс орнына көшириў.
88. 1000 В жоқары электростанция, жәрдемши станция электр үскенелеринде бригаданы басқа жумыс орнына көшириўди иске қосыўшы әмелге асырады. Егер наряд бериўши нарядта бөлек көрсетпе қатарына киргизип көрсетпе берип жазғанда көшириў жумысларын жумыс басшысы яки жумыс алып барыўшы әмелге асырыўы мүмкин.
89. Бир ҳаўа линиясының, байланыс ҳаўа линияларының, кабель линиясының ҳәр түрли жумыс орынларында ҳәм электростанция, жәрдемши станцияның 1000 В төмен электр үскенелеринде басқа жумыс орнына көшириўди, нарядта рәсмийлестирилместен, жумыс алып барыўшы әмелге асырады.
90. Басқа жумыс орнына көшириў нарядтың №3 кестесинде рәсмийлестириледи, көшириўди нәўбетши яки тез-ара оңлаў исшилеринен болған иске қосыўшы әмелге асырады ҳәм нарядттың еки нусқасына рәсмийлестиреди.
91. Электростанция ҳәм жәрдемши станция электр үскенелеринде, үскенени өширмей жумыс ислегенде, нарядтты рәсмийлестириў тек ғана бригаданы бир бөлистириў үскенесинен басқасына өткергенде әмелге асырылады.
Ҳәмме электр үскенелеринде бийлик бойынша жумыс ислегенде басқа жумыс орнына көшириўди рәсмийлестириў талап етилмейди.
§9. Жумыстың тамам болыўын ҳәм тәнеписти рәсмийлестириў.
92. Жумыс күни даўамында жумыста тәнепис ўақтында (түсликте) бригада жумыс орнынан шығарылыўы, бөлистириў үскенеси қапылары жаўылып, қулыпланыўы тийис.
Наряд жумыс алып барыўшыда (бақлаўшыда) қалдырылады. Бригада ағзалары тәнепис-тен соң жумыс алып барыўшысыз, (бақлаўшысыз) жумыс орнына қайта оралыў ҳуқықы-на ийе емес.
93. Жумыс күниниң тамамланыўына байланыслы, жумыста тәнепис болғанда, бригада жу-мыс орнынан шығарылыўы тийис.
Плакатлар, қоршаўлар, байрақшалар, жерге жалғағышлар алынбайды.
Жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) нарядты иске қосыўшыға тапсырады, иске қосыўшы болмаған жағдайда нарядты ҳәрекеттеги нарядлар папкасына салып қояды.
Жергиликли нәўбетши жоқ электр үскенелеринде жумыс күни тамам болғаннан кейин жумыс алып барыўшыға (бақлаўшыға) нарядты өзинде қалдырыўға рухсат етиледи.
Жумыстын тамам болыўын жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) өзиндеги наряд нусқасына қол қойып рәсмийлестиреди.
94. Кейинги күнлери таярланған жумыс орнына қайтадан иске қосыўды иске қосыўшы яки оның рухсаты менен жумыс басшысы әмелге асырады. Бундай жағдайларда иске қосыўға жоқары тез-ара исшисиниң рухсатнама бериўи талап етилмейди.
Жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) иске қосыўшының рухсаты менен бригаданы бурын-нан таярланған жумыс орнына иске қосыўы мүмкин, егерде усындай тапсырма нарядтың бөлек көрсетпе қатарына жазылған болса.
Нәўбетши ямаса тез-ара оңлаў исшилеринен болған иске қосыўшы тәрепинен орынланған иске қосыўлар нарядтың еки нусқаларынада рәсмийлестириледи, егерде иске қосыў жумыс басшысы ямаса жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) тәрепинен әмелге асырылса, жумыс алып барыўшыдағы (бақлаўшыдағы) наряд нусқасына рәсмийлестириледи.
95. Келеси күни жумыс қайта басланғанда жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) қалдырылған плакатлардың, қоршаўлардың, байрақшалардың сақланғанлығына ҳәм пүтинлигине, сондай-ақ жерге жалғағышлардың исенимлигине исеним қабыл еткеннен соң бригаданы жумысқа иске қояды.
96. Жумыс толық тамамланғаннан соң, жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) бригаданы жумыс орнынан шығарады, бригада тәрепинен қойылған ўақытша қоршаўлар, плакатлар ҳәм жерге жалғағышларды алады, электр үскенесиниң қапылары жаўылып қулып басылады ҳәм нарядта жумыстың толық тамамланғанлығына өзиниң қолын қойып рәсмийлес-тиреди. Жумыс басшысы жумыс орнын тексергеннен соң жумыстын толық тамам болғанлығын нарядта рәсмийлестириледи.
97. Жумыс алып барыўшы (қадағалаўшы) жумыстың толық тамамланғанлығын ҳәм ҳәре-кеттеги қағыйданың 96-бәнди талапларының орынланғанлығы ҳаққында иске қосыўшы-ға, оның жоқлығында жумыс орнын таярлаўға ҳәм иске қосыўға рухсатнама бериўши
исшиге хабарлаўы керек.
98. Жумыстың толық тамамланғанлығы рәсмийлестирилгеннен соң жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) нарядты иске қосыўшыға тапсырыўы тийис оның жоқлығында наряд ҳәре-кеттеги наряд папкасында қалдырылады.
Егерде жумыс толық тамам болғаннан соң нарядты тапсырыў қыйын болса, иске қосыўшының яки жумыс орнын таярлаўға ҳәм иске қосыўға рухсатнама бериўши исши рухсаты менен, жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) нарядты өзинде қалдырыўы мүмкин. Жумыс алып барыўшы иске қосыўшы миннетин биргеликте алып барған жағдайларда жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) ертеңги жумыс күнинен кешиктирилмеген ҳалда нарядты нәўбетши ямаса наряд бериўшиге, алыс бөлимшелерде административ-техника-лық исшиге тапсырылады.
99. Иске қосыўшы жумыстың толық тамамланғанлығын рәсмийлестирилген нарядты алған-нан соң жумыс орнын көзден өткериўи тийис ҳәм жумыс орнын таярлаўға ҳәм иске қосыўға рухсатнама бериўши исшиге жумыстың толық тамам болғанлығын ҳәм электр үскенесин иске қосыўға болатуғынлығын хабарлайды.

Download 0,81 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   11   12   13   14   15   16   17   18   ...   69




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish