§6. Жумыс орнын таярлаў ҳәм иске қосыў.
75. Жумыс орнын таярлаў бойынша нарядта көзде тутылған илажларды өзгертиў қадаған етиледи.
Жумыс орнын таярлаў бойынша илажлардың жетерлигине ҳәм дурыслығына ҳәм жумысты орындаўда қәўип мүмкинлигин бериўши гудок пайда болғанда, жумыс орнын таярлаў тоқтатылады.
76. Жумыс алып барыўшыға иске қосыўшы миннети бириктирилгенде, жумыс алып барыўшы жумыс орнын III-топарға ийе бригада ағзасы менен таярлайды.
77. Иске қосыўшы иске қосыўдан алдын жумыс орнын таярлаў бойынша техникалық илажлардыдың орынланыўына исениўи тийис. Өзиниң жеке көриўи, тез-ара журнал жазыўлары бойынша, тез-ара схема бойынша, тутыныўшы исшиси, тез-ара оңлаў исшиси, нәўбетшиниң хабарлаўы бойынша исеним қабыл етеди.
78. Жумыс басшысы ҳәм жумыс алып барыўшы (бақлаўшы) иске қосыўдан алдын, иске қосыўшыдан жумыс орнын таярлаўда қандай илажлар қабыл етилгенин анықлайды ҳәм таярлықты жумыс орны аралығында көзден өткереди.
Иске қосыўдан алдын таярланған жумыс орнын жумыс басшысы иске қосыўшы менен өз бетинше тексереди. Жумыс алып барыўшы жумыс басшысы ямаса иске қосыўшы менен биргеликте тексереди.
79. Наряд яки бийлик бойынша иске қосыў тиккелей жумыс орнында өткериледи.
Бийлик бойынша жумысқа иске қосыўда жумыс орнын таярлаўдың кереги жоқ жағдайда, иске қосыў жумыс орнында шәрт емес, ал ҳаўа линиясында, ҳаўа байланыс линиясында ҳәм кабель линияларында талап етилмейди.
80. Иске қосыў жумыс орнын таярлаўды тексергеннен соң әмелге асырылады. Сонлықтан ис-
ке қосыўшы:
Наряд ямаса бийликте көрсетилген бригада қурамының маслығын, аты жазылған гуўақнамасы арқалы тексериледи.
Көрсетпе өткереди: бригаданы нарядтың, бийликтиң мазмуны менен таныстырылады, жумыс орнының шегераларын көрсетеди, жумыс орнына жақын жердеги үскене ҳәм қоңсы жалғамдағы оңланып атырған ток өткизиўши бөлекшелерди, кернеўлик барма яки жоқпа, оларға жақынласып болмайтуғынлығын көрсетеди.
Бригадаға кернеўлик жоқлығын, қойылған жерге жалғағышлар ямаса кернеўлик жоқлы-
ғын тексериў менен дәлиллейди, егерде жумыс орнынан жерге жалғағыш көринбей-туғын болса, 35 кВ электр үскенелеринде ҳәм оннан киши кернеўликтеги электр үскенелеринде (конструктив ислениўи мүмкин емес) ток өткериўши бөлекшелерде қолын тийгизип дәлиллейди.
81. Бригаданы иске қосыўшыдан басқа иске қосыўдан алдын жумыс алып барыўшы көрсетпе өтеди. Ол жумысты қәўипсиз алып барыў илажлары бойынша, әсбап, масламалар, жүк көтериў машина ҳәм механизмлерди пайдаланыў ҳәм олардың технологиясы бойынша көрсетпе береди. Жумыс басшысы керекли жағдайларда көрсетпени тоқтатады.
Көрсетпе өткермей бригаданы иске қосыў қадаған етиледи.
82. Көрсетпе өткериў ҳәм иске қосыў, иске қосыўшы ҳәм жумыс алып барыўшының қолы менен сәне ҳәм ўақыт көрсетилип нарядтың №3 кестесине рәсмийлестириледи. Иске қосыўда өткерилген көрсетпе өткериў журналына рәсмийлестирилиўи талап етиледи.
83. Иске қосыў нарядтың еки нусқасына да рәсмийлестириледи, оның биреўи жумыс алып барыўшыға қалдырылады, ал екиншиси нәўбетши ямаса тез-ара оңлаў исшиси болған иске қосыўшыда болады.
Егерде жумыс алып барыўшы иске қосыўшы ўазыйпасына бириктирген болса, иске қосыў нарядтың бир нусқасына рәсмийлестириледи.
Бийлик бойынша жумысқа иске қосыў тез ара журналға ямаса наряд ҳәм бийликлерди есапқа алыў журналында рәсмийлестириледи.
Do'stlaringiz bilan baham: |