Масъул муҳаррир


ЕЛИМИЗДЕ ШАХС ҲӘМ МӘМЛЕКЕТ ҚАТНАСЫҒЫ



Download 7,57 Mb.
Pdf ko'rish
bet518/584
Sana22.02.2022
Hajmi7,57 Mb.
#82747
1   ...   514   515   516   517   518   519   520   521   ...   584
Bog'liq
10.Pedagogika yonalishi

10
ЕЛИМИЗДЕ ШАХС ҲӘМ МӘМЛЕКЕТ ҚАТНАСЫҒЫ
Орынбетова Гүлжамила Турдымуратовна
ҚР, Тахтакөпир районы 1-санлы улыўма 
орта билим бериў мектеби 
баслаўыш класс муғаллими
Телефон: +998(99)4113380
nietulla.orinbetov.1984@bk.ru
Аннотация: Мақалада шахс ҳәм мәмлекет түсиниклери, олардыӊ өз-ара байланысы 
ҳәм жуўапкершилиги, сондай-ақ, пуқара түсиниги, пуқара ҳуқықлары ҳәм миннетлери 
ҳаққында сөз етиледи.
Tаяныш сөз ҳәм түсиниклер: шахс, пуқара, мәмлекет, нызам, нызам үстемлиги, ҳуқық 
ҳәм миннетлер, жәмийет, пуқаралық жәмийети. 
Пуқаралар менен мәмлекет өз-ара ҳуқықлар ҳәм миннетлер арқалы тиккелей байла-
ныслы. Бул байланыс щахс ҳәм мәлекет қатнасығы түсинигиниң мәниси болып табыла-
ды. Шахс пенен мәмлекет арасындағы ҳуқықый байланыс пуқаралықты аңлатады. Шахс, 
жәмийет ҳәм мәмлекет- бул үш тийкарғы қәдирият Конституцияда белгилеп қойылған. 
Олар арасында турмыста ҳәр қыйлы тараўларда жүзеге келетуғын барлық қатнасықлардың 
ҳуқықый тәртиби Конституция қағыйдаларында өз көринисин тапқан [1].
Шахспуқаралық жәмийеттиң еркин саналы ағзасы есапланады. Пуқаралық 
жәмийети инсанның өзин-өзи жетилистириўине ҳәм де шахс мәплери, оның ҳуқық ҳәм 
еркинликлериниң әмелге асырыўына жәрдем береди. Мәмлекет, жәмийет ҳәм шахс мәплери 
ҳәм ҳуқықларының ғәрезсиз, халықшыл ҳуқықый қорғаўшысы есапланады.
Жәмийет – араб тилинен алынып, мәлим бир мақсет ҳәм талаплар тийкарында бирлескен 
яки жәмлескен адамлар яки топарлар жыйындысы. Пуқаралық жәмийети түсиниги дәслеп 
әййемги Греция ҳәм Римде жүзеге келген. Пуқаралық жәмийети кәмил пуқаралардан, 
яғный үзликсиз байланыста болған ҳәм де әдеп-икрамлылық, ҳуқықый ҳәм сиясий 
мәдениятқа ийе адамлардан ибарат жәмийет.
Алым М.Шарифхўжаев тәрепинен берилген тәрийпке көре, “пуқаралық жәмийети 
бул – еркин, демократиялық, ҳуқықый цивилизацияласқан жәмийет” [2, 20]. Пуқаралық 
жәмийетке мәмлекеттиң күшли тәсири талап етилмейди, керисинше мәмлекет бундай 
жәмийеттиң қадағалаўында болыўы керек. 
Мәмлекет – өз суверенитетине, аймағына, халқына, жоқары ҳәкимиятларына ийе болған 
басқа мәмлекетлер менен ҳәр тәреплеме қарым-қатнасық орната алатуғын ғәрезсиз сиясий 
шөлкем. 
Конституциялық қағыйдалар шахс ҳәм мәмлекеттиң өз-ара қатнасықлары қалай 
қәлиплесиўи лазым екенлиги ҳәм бул инсан турмысында қандай айрықша әҳмийетке ийе 
екенлигин түсинип алыўда жәрдем береди. 
Тийкарғы нызамымызда шахс ҳәм мәмлекеттиң өз-ара қатнасықларында шахстың 
ҳуқықый орны қатаң беккемленген. Шахстың мәмлекет алдындағы жуўапкершилиги ҳәм 
миннетлери Конституциялық қағыйдалар мазмунына сиңдирилген, яғный Конституциялық 
қағыйдалар шахстың мәмлекет пенен жүзеге келетуғын қатнасықларының ҳуқықый 
өлшемин, тәртибин анық ҳәм рәўшан тәризде белгилеп береди ҳәм орынланыўын талап 
етеди. Пуқара сыпатында шахс пенен мәмлекет ортасында басқаша қатнасық қәлиплеседи. 
Пуқара мәмлекет алдында нызам менен белгиленген миннетлемелерди орынлайды. Шахс 
пуқара сыпатында Конституциялық ҳуқықларға ийе болып, олардың әмелге асыўы ушын 
мәмлекет зәрүрли шәрт-шараятларды жаратыў миннетин алады. Усы тақылетте пуқара 
ҳәм мәмлекет өз-ара ҳуқық ҳәм миннетлерге ийе болады. Егерде шахс мәмлекет алдын-
да жуўапкершилигин ҳәм миннетин түсинип жетсе, оған ҳүжданлы қатнас жасап барса
мәмлекет раўажы ҳәм гүллениўи тәмийнленип барады. 
Шахс ҳәм мәмлекеттиң өз-ара қатнасығында мәмлекеттиң орны айрықша әҳмийетке 
ийе. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 2-статьясында былай делинген: 
«Мәмлекет халықтың еркин билдиреди, оның мәплерине хызмет етеди. Мәмлекетлик 
уйымлар ҳәм ҳәмелдар адамлар жәмийеттиң ҳәм пуқаралардың алдында жуўапкер». 


746
10
Бул қағыйда Конституциямыздың ең әҳмийетли өзгешелиги болып, мәмлекет алдын-
да шахс қәдирин тикледи. Бул қағыйданың мазмуны жәмийет ҳәм пуқаралар алдында 
мәмлекеттиң жуўапкерлиги нызамлы түрде беккемленгенлигин ҳәм кепилге алынғанлығын 
аңлатады. Соның менен бирге бул қағыйда да мәмлекеттиң жәмийетлик әҳмийетине ити-
бар қаратылып, оның мәниси халық мәплери тийкарында қурылған. Конституцияның 
бул нормасы республикадағы барлық лаўазымлы шахслардың жуўапкершилигин ҳәм 
мәмлекет раўажланыўындағы ўазыйпаларды да белгилейди. Лаўазымлы шахслардың 
жуўапкершилигин асырыў мәмлекетти беккемлейди ҳәм жәмийет турмысында ҳуқықтың 
үстемлигин тәмийнлеўде әҳмийетли роль ойнайды [3, 15]. 
Мәмлекеттиң жуўапкершилиги принципи елимиздиң Конституциялық раўажланыў 
тарийхында туңғыш мәрте беккемленип қойылған. Пуқаралар алдында мәмлекеттиң 
жуўапкершилигиниң белгиленип қойылыўы ҳуқықый мәмлекетке тән принцип болып 
табылады. Бул принцип пуқаралық жәмийети ушын әҳмийетке ийе болып, лаўазымлы 
шахслардың қорқытыўларынан қорғаўдың ҳуқықый кепили болып хызмет етеди. Соның 
менен бирге жәмийетлик жумысларды басқарыў ҳәм де шахсты басқа шахслар, уйымлар 
ҳәм шөлкемлердиң бассыныўларынан қорғаўда мәмлекеттиң орнын беккемлейди.
Өзбекстан Республикасы Конституциясының 14-статьясындағы қағыйдаға тийкарланып 
«Мәмлекет өзиниң жумысын адамның ҳәм жәмийеттиң абаданлығы мәплеринде социаллық 
әдиллик ҳәм нызамлылық принциплеринде қурады». Бул қағыйдадағы жәмийетлик әдиллик 
ҳәм нызамлылық принципи мәмлекеттиң еки қанаты есапланады. Оларды турмыста толық 
әмелге асырыў тек ғана мәмлекет искерлигин илгерилетип қоймастан, шахс турмысының 
абадан болыўында айрықша әҳмийетке ийе. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 
19-статьясындағы қағыйдада «Өзбекстан Республикасының пуқарасы ҳәм мәмлекет өз 
ара жуўапкершилик пенен байланысады. Конституцияда ҳәм нызамларда бекитилген 
пуқаралардың ҳуқықлары ҳәм еркинликлери булжымайды ҳәм судсыз булардан айырыўға 
ямаса шеклеўге ҳешкимниң ҳақысы жоқ» делинген. Соның менен мәмлекет пуқараларының 
Конституцияда беккемлеп қойылған ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин тәмийинлейди. Ҳәр 
бир пуқара өзиниң ҳуқық ҳәм еркинликлерин суд арқалы қорғаўына кепиллик бериледи. 
Соны да айтыў керек, мәмлекет ҳуқықты инам етпейди, бәлки пуқара еркинлик себепли 
өзине тийисли ажыралмас ҳуқықлар жыйнағынан саналы тәризде ҳәм жуўапкершилик пе-
нен пайдаланады.
Шахс ҳәм мәмлекеттиң өз ара қатнасында шахстың орнын айрықша көрсетип өтиў 
зәрүр. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 20-статьясындағы қағыйда бойын-
ша «Пуқараның өз ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин әмелге асырыўы басқа адамлардың, 
мәмлекеттиң ҳәм жәмийеттиң нызамлы мәплерин, ҳуқықларын ҳәм еркинликлерин 
бузбаўы тийис». Бул қағыйда тиккелей шахстың жәмийет ҳәм мәмлекет алдындағы 
жуўапкершилигин беккемлейди. Шахс өзиниң Конституциялық ҳуқық ҳәм еркинли-
гин әмелге асырыў барысында басқа шахслардың ҳуқықларын үстин деп билип, оларды 
ҳүрмет етиўлери керек. Егерде шахс өз мәпин үстин қойып, басқалардың ҳуқықларын 
кемситсе ямаса конституциялық қағыйдаларға қарсы рәўиште нызамсыз ислер арқалы өз 
жеке мәпине ерсиў жолында ҳәр қыйлы ҳәрекетлер жасаса, жуўапкершиликке тартылады. 
Шахс соның менен биргеликте мәмлекет ҳәм жәмийеттиң нызамлы мәплери, ҳуқық ҳәм 
еркинликлерине де зыянын тийгизбеўи зәрүр.
Пайдаланылған әдебиятлар
1. Өзбекстан Республикасы Конституциясы. Т.: 2019.
2. Шарифхўжаев М. Ўзбекистонда очиқ фуқаролик жамиятининг шаклланиши. –Т.: 
Шарқ, 2003. 
3. Қудайбергенова Т. ҳәм басқалар. Өзбекстан Республикасы Конституциясын үйрениў. 
–Н.: Қарақалпақстан, 2013 


747

Download 7,57 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   514   515   516   517   518   519   520   521   ...   584




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish