Масъул муҳаррир


РУЎХЫЙЛЫҒЫМЫЗ ҚОЛЫМЫЗДА ЖЕҢИЛМЕС КҮШКЕ АЙЛАНСЫН



Download 7,57 Mb.
Pdf ko'rish
bet519/584
Sana22.02.2022
Hajmi7,57 Mb.
#82747
1   ...   515   516   517   518   519   520   521   522   ...   584
Bog'liq
10.Pedagogika yonalishi

10
РУЎХЫЙЛЫҒЫМЫЗ ҚОЛЫМЫЗДА ЖЕҢИЛМЕС КҮШКЕ АЙЛАНСЫН
Орынбетова Дилнара Турдымуратовна
ҚР, Қараөзек районы 13-санлы улыўма 
орта билим бериў мектеби оқытыўшысы 
Телефон: +998(97)3558201
Аннотация: Мақалада руўхыйлығымыздыӊ қайта тиклениўи ҳәм жәмийетте бүгинги 
күндеги әҳмийети, жаслар тәрбиясы, оларды ана ўатан сүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, 
әсиресе миллий қәдириятларымызды билиўи ҳәм оларды ҳүрмет етип сезиниўи, ҳаққында 
сөз етиледи.
Tаяныш сөз ҳәм түсиниклер: қәдирият, руўхыйлық, миллий мийрас, халық аўыз еки 
дөретпелер, тәлим-тәрбия, шаӊарақ, жәмийет.
Мәмлекетимизде руўхый-ағартыўшылық ислерди системалы шөлкемлестириў, 
бул бағдарда әмелге асырылып атырған шара-илажлардыӊ нәтийжелилигин асырыў, 
халықтыӊ, әсиресе, жаслардыӊ интеллектуал қәбилетин, ақыл санасын, ҳәм дүнья қарасын 
жетилистириў, идеологиялық иммунитетти беккемлеў, ўатансүйиўшилик, халыққа мухаб-
бат ҳәм садықлық сезими менен жасайтуғын жетик әўладты тәрбиялаўға айрықша ити-
бар қаратылмақта [1]. Бул бағдардағы әмелге асырылып атырған ислердиӊ орайында 
руўхыйлығымыз тийкарғы фактор есапланады. 
Себеби, руўхыйлығымыз арқалы миллетимиз қәдири, абырой даңқы тикленди. 
Булардың ҳәммеси мәмлекетимиз келешеги болған жас әўлад ушын ўатан сүйиўшилик ҳәм 
пидайылық, елим деп, журтым деп жанып жасаўдың, миллет келешеги ушын қайғырыўдың 
белгиси есапланады [2]. Халқымыздың руўхыйлығын жоқарыға көтериўди мәмлекет 
сиясатының баслы бағдарына айлантырыў мақсетинде 1994 жыл 23-апрельде Прези-
дент Пәрманы менен Республика «Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық» жәмәәтшилик орайы 
шөлкемлестирилди. Соның менен бирге халқымыз арасында руўхыйлық-ағартыўшылықты 
кең түрде үгит-нәсиятлаў ушын «Тафаккур» журналы баспадан шығарылып барылмақта.
Барлық орынларда руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислерине үлкен итибар берилип 
кең көлемли ислер алып барылды. Жоқары оқыў орынларында «руўхыйлық тийкарлары» 
қәнигеликлери, ал барлық оқыў орынларында руўхый ағартыўшылықты кең түрде нәсиятлаў 
ушын директордың руўхый ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымы қайта 
енгизилди. Әсиресе келешегимиз болған жаслардың руўхый дүньясын байытыў, әсирлер 
бойы бабаларымыздан мийрас болып киятырған руўхый қәдириятларымызға садық әўлад 
болып жетилсиўи мақсетинде барлық билимлендириў мәкемелеринде «Руўхыйлық тий-
карлары» сабақлығы киргизилди. «Руўхыйлық тийкарлары» ҳәм «Тарийх» пәни арқалы 
жасларымыз ең дәслеп руўхый мийрасымыз, мәдений қәдирияларымыз, тарийхый есте-
ликлеримиз, илим-пән, дин, Наўрыз байрамы, әдебият, көркем-өнер, халық аўыз еки 
фольклорлар, мәҳәлле, шаңарақ булардың ҳәммеси руўхыйлық екенлигин терең түсинип 
жетиўи лазым. Сондай-ақ өзликти аңлаў тарийхымызды терең билиўден басланады. Себе-
би, ҳәр бир халықты биз оның руўхыйлығы ҳәм тарийхы арқалы билемиз.
«Тәлимди тәрбиядан, тәрбияны тәлимнен ажыратып болмайды» деп атап өткен 
еди И.Каримов. Ҳақыйқатында да ҳәр бир дәўирде мәмлекетте тәлим тәрбия мәселеси 
әҳмийетли ўазыйпа болып келген [3].
Оқыў орынларында биз педагоглар тәлим менен бирге руўхый ағартыўшылықтыда жасла-
рымыз санасына сиңдирип барыўымыз парыз. Себеби, руўхый ағартыўшылықты нәсиятлаў 
ҳәр бир зыялының ҳүжданлы миннетидур. Руўхыйлығымыз тиккелей тәлим-тәрбия ме-
нен байланыслы. Халқымыздың ертеңги күни қандай болыўы, перзенлеримиздиң бүгин 
қандай тәлим-тәрбия алыўына байланыслы. Бүгинги күнде айырым оқыў орынларында 
тәлим ҳәм руўхый ағартыўшылық ислери төмен дәрежеде алып барылыўы нәтийжесинде 
айырым жасларымыз жаратылып атырған кең имканиялардан пайдаланыў орнына жаман 
иллетлерге араласып қалмақта. Мектеп оқыўшыларының жасы инсан раўажланыўындағы 
белгили бир басқышы есапланады. Бул басқыш тийкарынан жас өспиримлердиң керекли 
билим ҳәм көнликпелерди ийелейтуғын басқыш есапланады. Бул дәўирде тийкарынан ең 
үлкен орынды шаңарақ ийелейди. Тилекке қарсы, айырым ата-аналарда өз ўазыйпаларына 


748
10
бийпарўа қараўы ақыбетинде балалардың жаман жолға түсиўи ҳәм ерте турмыс қурыў 
сыяқлы унамсыз ақыбетлер азда болса да жүз бермекте. 
Оқыў орынларында руўхый-ағартыўшылықты кең түрде нәсиятлаўда барлық 
оқытыўшылар белсенди қатнасыўы шәрт. Тәлим ҳәм руўхылық-ағартыўшылық ислери 
жоқары дәрежеде болған оқыў орынларында жынаятшылық, ерте турмыс курыў, ғалабалық 
мәденият сыяқлы басқа да жат иллетлерге орын жоқ. 
Жуўмақластырып айтқанда тәлим менен бирге руўхыйлық-ағартыўшылық ислерин кең 
түрде алып барып жасларымызды ўатанға садық, кәмил инсан етип тәрбиялаў парызы-
мыз есапланады. Билимге қуштар зийрек жасларды таўып, оларды ўатанға пидайы қылып 
тәрбиялаў мухаддес ўазыйпамыз болыўы керек. 
Пайдаланылған әдебиятлар
1.«Маънавий-маърифий ишлар самарадорлигини ошириш бўйича қўшимча чора-
тадбирлар тўғрисида»ги ПҚ 2019 йил 3-май
2.«Өзбекстан Республикасы билимлендириў ҳаққында» ғы нызамы ҳәм «Кадрлар 
таярлаўдың миллий дәстүри» 1997 жыл 29-август
3. И.Каримов «Юксак маънавият-енгилмас куч» Тошкент «Маънавият» 2008 й.


749

Download 7,57 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   515   516   517   518   519   520   521   522   ...   584




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish