Масъул муҳаррир


НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАРДА СОЦИАЛ ПЕДАГОГИКА МӘСЕЛЕЛЕРИНИҢ



Download 7,57 Mb.
Pdf ko'rish
bet502/584
Sana22.02.2022
Hajmi7,57 Mb.
#82747
1   ...   498   499   500   501   502   503   504   505   ...   584
Bog'liq
10.Pedagogika yonalishi

10
НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАРДА СОЦИАЛ ПЕДАГОГИКА МӘСЕЛЕЛЕРИНИҢ 
СӘЎЛЕЛЕНИЎИ
Дауенова Дилбар
Кегейли районы 3-санлы улыўма билим бериў мектеби 
қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы
+998933694807
Аннотация:Мақалада қарақалпақ халық аўызеки дөретпелериниң бир болған нақыл-
мақаллардағы тәрбиялық әҳмийетке ийе болған үлгилер педагогикадағы социал педагоги-
ка мәселелери тийкарында анализге тартылады. 
Таяныш сөзлер: социал педагогика, нақыл-мақаллар, тәлим-тәрбия, мәдений-руўҳый 
турмыс.
Педагогикада социал педагогика тараўы тәлим тәрбия мекемелеринен тысқары алып 
барылатуғын тәрбия жумысларын өз ишине алады. Елимизде алып барылып атырған жас 
әўладты билимли, тәрбиялы, физикалық ҳәм руўҳый жақтан раўажланған жетик инсан 
етип тәрбиялаўға бағдарланған илажлар нәтийжесинде социал педагогика өз алдына илим 
тармағы сыпатында қәлиплести. Соны да айтып өтиў зәрүр, ҳеш бир илим тараўы бир-
ден, өз-өзинен пайда болмайды. Сол сыяқлы социал педагогиканың пайда болыўы тек 
ғана дәўирдеги жәмийетлик тарийхый шәраят тәсир етти деў бир тәреплемелик болары 
сөзсиз. Себеби, социал педагогика мәселелери ертедеги халық педагогикасында-ақ өз 
сәўлелениўин тапқан. Солардың бири халық аўызеки дөретпелериниң бири болған нақыл-
мақаллар болып, бул жанр басқа жанрлардан өзиниң тәрбиялық пикирлерди жәмлеўи ҳәм 
сәўлелендириўи менен ажыралып турады. 
Егер социал педагогиканы кеңирек түсиндиретуғын болсақ, жәмийет ҳәм жәмәәт, 
күнделикли турмыс тәрбиясы болып, илимде оның тәбиятқа муўапықлық принципи
мәдениятқа муўапықлық принципи, инсаныйлық принципи сыяқлы принциплери белгили 
ҳәм бул бойынша Я.А. Каменский, А.Дистерверг, В.Сухомлинский, К.Д.Ушинский ҳәм т.б. 
алымлар өз теорияларын жаратқан. Бул принциплердеги баланың тәбиятқа үйлесимлиликте 
тәрбияланыўы, бала жасап атырған орталықтағы турмыс-тәриз, қәдириятлар, дәстүрлер 
ҳәм баладағы инсаныйлық пазыйлетлердиң қәлиплесиўи, баланың туўылыўдан баслап 
руўҳый тәрбия мийрасларын сиңдириўге ҳәрекет етиў сыяқлы мәселелер қарақалпақ 
нақыл-мақалларында кеңнен орын алған. Мысалы:
Ҳадал кәсип аз емес,
Ықтыят бол ҳарамнан,
Жақсылықты үмит қыл,
Күлер жүзли адамнан. 
Тың тыңлаған тынбас,
Адам жаманлаған оңбас [2, 59].
Усы сыяқлы нақылларда инсанның өнип-өсиўине, жәмийетте беккем аяққа турыўына 
кесент ететуғын ғыйбат, өтирик, жала сөзлерге итибар қаратпаўды, жақсы менен жаманның 
парқын сөзге ерип емес, ал қеўил тазалығы менен сезе алдыўды мәслаҳәт етеди. 
Социал педагогиканың нсанның тәбият пенен үйлесимлилиги ҳаққындағы принципи де 
нақыл-мақалларда ҳәр түрли тәрбия мәселелери менен биргеликте дөретилген. Мысалы:
Қус жаманы саўысқан,
Адамның болар жаманы,
Гәптиң кейнин қуўысқан [2, 55].
Адамлардың өсек-өтирик гәплер менен араға суўыкшылық салыўын саўысқан кустың 
жаман қәсийетлерине салыстырыў арқалы береди. Сондай-ақ, бундай характердеги нақыл-
мақалларда орын алған пикирлер инсанды жақсылыққа, туўрылыққа, инсаплылыққа, 
меҳир-мүриўбетликке бағдарлайды. 
Ийт жақсысы саўын болмас,
Ийт түйнектен қаўын болмас,
Тамшы тамып жаўын болмас [2, 47]. 
Биреўге саясы түспейтуғын, өзинен басқаны ойламайтуғын инсанларды дурыс жолға 


721
10
салыўға бағдарланған жоқарыдағы нақылда да ҳайўан ҳәм тәбият қубылысларының сы-
патлары арқалы адамды тәрбиялаў мақсет етилген. 
Ғәрипшилик өлтирмес,
Олтирмесе де күлдирмес [2, 118].
Жарлы пақыр жаманар,
Жаманар да қуўанар [2, 119]. Жәмийеттиң социаллық жақтан жәрдемге мүтәж қатламына 
ҳәр тәреплеме дыққатлы болыў, ғәрип-қәсерлерге, жетим-жесирлерге қол созыў, оларды 
қоллап-қуўатлаў ушын талпыныўға шақырыўшы усы сыяқлы нақыл-мақаллар социал 
педагогикадағы перзентти жәмийетлик тәрбиялаў мақсети менен тиккелей үнлеседи. Се-
беби, баспасөз болмаған дәўирде халық арасында нақыл-мақаллар кең ен жайған, олар тек 
ғана дөретилип қоймастан, ҳәр күни, ҳәр бир қарым-қатнасықта шаңарақлық тәрбияның 
қуралы сыпатында қолланылып келинген. Нақыл-мақаллардың перзент тәрбиясына күшли 
тәсир ететуғын тәрбиялық әҳмийети бүгинги күнде де тәрбия процесинде өз әҳмийетин 
жоғалтқан жоқ. 
Нақыл-мақаллар сарқылмас ғәзийне болып, оларда ақыл-нәсият жолы менен тәрбиялаўға 
бағдарланған, жоқары әдеп-икрамлылық ҳәм адамгершилик нормаларын тийкар етип 
алған жәмийетлик тәрбия мәселелери кең түрде сәўлеленгенлиги себепли олардағы тәлим-
тәрбиялық әҳмийетке ийе ой-пикирлер тек ғана социал педагогиканың емес, ал улыўма 
тәлим-тәрбия процесиниң жетекши қуралы болары сөзсиз.

Download 7,57 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   498   499   500   501   502   503   504   505   ...   584




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish