Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети


-сҥўрет. Керамикалық гербиш ҳәм тас тҥрлери



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet36/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   32   33   34   35   36   37   38   39   ...   290
Bog'liq
ОМК

5.3-сҥўрет. Керамикалық гербиш ҳәм тас тҥрлери 
Гербиш: 
а
-әпиўайы, 
б
-модуллы, 
в
-ири.
Тас; 
г
-әпиўайы, 
д
-ири, 
е
-модуллы, 
ж
ҳәм 
з
-коваклери горизонтал жайласқан. 
Гербишлерде ӛлшемлерден шетке шығыў узынлығы бойынша 

5 мм, ени бойынша 


мм ҳәм қалыӊлығы бойынша 

3 мм ге шекем рухсат етиледи. Гербиш ҳәм тас нормал 
писирилген болыўы керек. Жетерли дәрежеде күйдирилмесе (алвон реӊли) беккемлиги 
тӛмен, суўға ҳәм суўыққа шыдамлы болмайды, жүдә пискен гербиш ҳәм тас болса жүдә 
тығыз, беккем, бирақ ыссы ӛткизиўшеӊлиги жоқары болады. 
Керамикалық гербиш ҳәм таслардыӊ сыртқы кемшиликлери тӛмендегише болады: 
ӛлшемлердеги ӛзгерислер, қыр ҳәм қабырғаларыныӊ тегис емеслиги, сынғанлығы, жарықлар 
ҳәм басқалар. Кемшиликли гербишлер улыўма гербишлер саныныӊ 5% нен аспаўы керек. 
Усы кӛрсеткишлер бойынша гербиштиӊ маркасын анықлаў 3.1-кестеде берилген. 
Қысылыўдағы ҳәм ийилиўдеги беккемлик шегарасы бойынша гербиш тӛмендеги маркаларға 
бӛлинеди: 75; 100; 125; 150; 175; 200 ҳәм 300. Гербиш ҳәм таслардыӊ суўыққа 
шыдамлылығы 15, 25, 35 ҳәм 50 цикл болады. Суў сиӊириўшеӊлиги 150 маркадағы толық 
гербиш ушын 8% тен кем емес, жоқары маркадағы толық гербишлер ушын 6% тен кем 
болмаслығы шәрт. Гербиш ҳәм таслардыӊ ыссылық ӛткизиўшеӊлик коэффиценти 0,71-0,82 
Вт


.0
С) әтирапында болады. 
Гербиш ҳәм таслар қурғақ ҳалда орташа тығызлығы бойынша 3 топарға бӛлинеди: 
- әпиўайы – орташа тығызлығы 1600 кг

м
3
қа шекем; 
- шартли-эффектив – орташа тығызлығы 1400-1600 кг

м
3
қа шекем; 
- эффектив – орташа тығызлығы 1400-1450 кг

м
3
қа шекем. 
Гербиш ҳәм таслардыӊ коваклери бетине салыстырғанда параллел ямаса 
перпендикуляр болыўы ҳәм коваклар еки тәрепи ямаса бир тәрепи ашық болыўы мүмкин. 
Ашық цилиндрик коваклардыӊ диаметри 16 мм ге шекем, тирқиш тәризли коваклардиӊ ени 
12 мм ге шекем болыўы керек. Эффектив гербиш ҳәм таслардыӊ ислетилиўи сыртқы дийўал 
қалыӊлығын кемейттиреди ҳәм материал сарпын 40% тӛменлетеди, имарат тийкарына 
түсетуғын күшти ҳәм транспорт қарежетлерин қысқартырады. 
Заводтан пайдаланыўшыға жиберилип атырған гербиш партиясы паспортында 
гербиштиӊ түри, орташа тығызлығы, суўыққа шыдамлылығы ҳәм бул кӛрсеткишлер 
анықланған Мәмлекет стандарты (ДС) кӛрсетиледи. 
Әпиўайы ҳәм модуллы толық пластик прессленген гербишлер ишки ҳәм сыртқы 
дийўаллар, цокол ҳәм фундаментлер, поллар қурылысында ислетиледи. Ярым қурғақ усылда 
алынған толық гербиш ҳәм ковакли гербишлер цокол ҳәм фундаментлердиӊ барқулла суў 
тийип туратуғын бӛлегинде ислетилмегени мақул. 


37 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   32   33   34   35   36   37   38   39   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish