Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet34/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   30   31   32   33   34   35   36   37   ...   290
Bog'liq
ОМК

5.2-сҥўрет. Ленталы вакуумлы пресс 
1-шнекли вал; 2-пресслеўши головка; 3-мунштук; 4-гилли брус; 5-паррак; 6-вакуум-камера; 7-
решетка; 8-гилди езиўши үскене. 
Бунда шийки зат массасы ығаллығы 40% ке шекем болады. Бул усылда қаплама 
плиткалар, санитария-техника буйымлары таярланады. 
Буйымларды кептириў.
Буйымлар писириўден алдын 5-6% ығаллылыққа шекем 
кептирилиўи керек, кери жағдайда олар тегис емес киришиши, жарылып кетиўи ҳәм 
формасы ӛзгериўи мүмкин. Буйымларды табийий ҳәм жасалма усылда кептириў мүмкин. 
Буйымларды табийий усылда 10-15 күн даўамында бастырмаларда кептириледи ҳәм 
кептириў процесси ҳаўаныӊ салыстырмалы ығаллығы ҳәм температурасына байланыслы 
болады. Буйымлар жасалма кептириў усылында дәўирли ҳәм турақлы түрде ислейтуғын 
арнаўлы кептириў камераларында әмелге асырылады. Камералар писириў хумдонлары түтин 
газлери, арнаўлы хумдонларда пайда етилген газлар (температура 120-150
0
С) менен 
ысытылады. Буйымлар 1-3 сутка даўамында кептириледи. 
Буйымларды писириў.
Писириў керамикалық буйымлар ислеп шығарыўдыӊ ақырғы 
ҳәм шешиўши процесси есапланады.
Буйым 100-120
0
С да қыздырылғанда оннан физикалық байланысқан суў шығып 
кетеди. Температура 450-750
0
С ға кӛтерилгенде буйымнан химиялық байланысқан суў 
шығып кетеди ҳәм органикалық араласпалар жанып кетеди, гилли минерал бузылып аморф 
ҳалатқа ӛтеди. 
Температура 800-900
0
С ға жеткенде аӊсат ерийтуғын бирикпелер ерийди ҳәм 
компонентлер бӛлекшелери бетлери шегарасында қатты фазаларда химиялық процесслер 
даўам етеди. Буйым 1000-1200
0
С температураға шекем қыздырылғанда тығызласады ҳәм 
масса киришади. Бул киришиш гилдиӊ түрине қарап 2-8% ти қурайды. Буйым әсте-ақырын 
суўытылады. Суўытылған керамикалық буйымлар тас тәризли ҳалатқа ӛтеди ҳәм беккем, 
суўға ҳәм суўыққа шыдамлы болады. 
Керамикалық буйымлар ҳалқа тәризли, туннел, тирқишли, роликли ҳәм басқа 
хумдонларда писириледи. 
Ҳалқа тәризли хумдон эллипс формасындағы тутас писириў каналы болып, шәртли 
түрде 16 дан 36 ға шекем бӛлинеди. Камераларда жүклеў, қыздырыў, писириў, суўытыў ҳәм 
хумдондан шығарыў процесслери әмелге асырылады. Ҳалқа тәризли хумдонда от орайы, 
арнаўлы үскене жәрдеминде, басқа зоналар сыяқлы писириў каналы бойлап тоқтамастан 
жылысады, писирилип атырған буйымлар болса қозғалмайтуғын ҳалатда болады. 
Ҳалқа тәризли хумдонларда тийкарынан гербиш ҳәм черепица писириледи. Писириў 
температурасы 900-1100
0
С болып, бул процесс 3-4 сутка даўам етеди. Халқа тәризли 
хумдонларда температура канал бойлап бир тегис бӛлистирилмегенлиги ушын буйымлар ҳәр 
түрли сапада писеди. Бул усылда қол мийнети кӛп болып, процессти механизацияластырыў 
қыйын. 


35 
Туннел хумдонларда (узынлығы 100 м ге шекем) буйым вагонеткаларда ҳәрекетленеди. 
Бул усылда буйымлар ҳәрекетленип писириў операциялары қозғалмайтуғын болады. 
Буйымлар жүклеў, қыздырыў, писириў, суўытыў ҳәм хумдондан шығарып алыў 
операциялары нәтийжесинде писирип алынады. Писириў процесси 18-38 саат даўам етеди. 
Бул хумдонлар ислеўин механизацияластырыў ҳәм автоматластырыў мүмкин. Туннел 
хумдонларда мийнет ӛнимдарлығы жоқары болып, брак ӛним кем болады. Туннел 
хумдонларда сырланған плиткалар, санитария-техника буйымлары, канализация трубалары 
еки мәртебе писириледи. Биринши мәрте писириўде арнаўлы конселлерде жайластырылған 
плиткалар 1240-1250
0
С температурада писириледи. Писирилген плиткалар сортларға 
ажыратылады, сырланады, капселлерге жайластырылады ҳәм екинши мәрте 1140
0
С 
температурада писириледи. Канализация трубалары, қаплама гербишлер ҳәм фасад ушын 
плиткалар кептирилгеннен кейин сырланады ҳәм бир мәртебе писириледи. 
Керамикалық буйымлар писирилиў дәрежеси, формасы, ӛлшемлери, сыртқы кӛриниси, 
түрли кемшиликлерине қарай сортларға ажыратылады. Писирилиў дәрежеси бойынша 
оларды нормал пискен, шала пискен ҳәм жүдә пискен буйымларға бӛлиў мүмкин. 
Керамикалық буйымлар складларда қурылыс объектлерине жиберилгенге шекем 
сақланады. Гербиш ҳәм керамикалық таслар металл тагликларга терилган ҳалда ашық 
майданларда, санитария-техника буйымлары комплектленген ҳалда арнаўлы яшиклерде 
жабық складларда сақланады. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   30   31   32   33   34   35   36   37   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish