238
Мыс, магний, титан, никел, цинк, қалайы ҳәм басқа реӊли металлар кӛп ҳалларда
бирикпелер компонентлери ҳәм легирлеўши қосымшалар сыпатында ислетиледи. Нодир
реӊли металлардан алынған бирикпелер арнаўлы қурылыс объектлеринде, архитектура
естеликлерин рестоврациялаўда ислетилиўи мүмкин. Реӊли металлар таза ҳалда кем
ислетиледи, себеби беккемлиги ҳәм қаттылығы талапқа жуўап бермейди.
Алюминий гүмис тәризли-ақ реӊли металл болып, тығызлығы 2,7 г
см
3
, ериў
температурасы 658
0
С, беккемлиги 10 МПа болады. Ашық ҳаўада алюминий бети
хиралашади, пайда болған жуқа беккем перде оксиди алюминийди агрессив орталықлардан
қорғайды.
Алюминий қурамына легирлеўши қосымшалар сыпатында мыс, цинк, марганец,
магний, темир, хром, бериллий киритилип, механикалық қәсийетлерин жақсылаў мүмкин.
Алюминий беккемлигин пластик деформациялаў, таплаў усыллары менен асырыў
мүмкин. Алюминий бирикпелери деформацияланатуғын ҳәм қуйма түрлерге бӛлинеди.
Деформацияланатуғын бирикпелер болса термикалық беккемленген ҳәм беккемленбеген
түрлерге бӛлинеди. Термикалық беккемленген бирикпелерге алюминий-магний-кремний,
алюминий-мыс-магний
ҳәм
алюминий-цинк-магний;
термикалық
беккемленбеген
бирикпелерге техникалық алюминий ҳәм еки компонентли бирикпелер-алюминий-марганец
ҳәм алюминий-магний киреди. Бундай пайда етилген дуралюминий бирикпелеринде мыс
алюминий беккемлигин асырады, бирақ пластиклигин ҳәм коррозияға шыдамлылығын
кемейттиреди.
Алюминий бирикпелериниӊ қәсийетлерин жақсылаў ушын хром, ванадий, титан,
цирконий сыяқлы легирлеўши элементлер қосылады.
Техникалық алюминий АД, АД I сыяқлы маркаланады. Бул жерде А-алюминий, Д-
дуралюминий типиндеги бирикпе, I-бирикпедеги алюминий муғдарын кӛрсетеди (АД да
98,8% ҳәм АД I да 99,3% алюминий бар). Жоқары беккемликтеги алюминий В95, В96;
қуймасы-АК6, АК8 ҳалда маркаланады. Бул жерде цифрлар легирлеўши элементлер
муғдарын (%) билдиреди. Термикалық беккемленбеген алюминий бирикпелери АДIM;
AмцМ; АМг2M; AМг2H2 ҳалда маркаланады. Бул жерде М-мягкий, Мц-марганец, Мг2-
қурамыда 2% магний болған бирикпе.
Алюминий бирикпелери маркалары цифрларда кӛрсетилиўи мүмкин: 1915, 1915Т,
1925, 1935Т. бул жерде биринши цифр бирикпе тийкары болған алюминийди, екинши цифр
компонентлер композициясын, ақырғы еки цифр бирикпениң ӛз топарындағы тәртип
номерин билдиреди.
Алюминий бирикпелеринен прокатлаў усылында швеллер, қоставр, мүйешлик, тегис
ҳәм толқын тәризли листлер, трубалар ҳәм басқа буйым ҳәм конструкциялар таярланады.
Олар тийкарында имарат ҳәм иншаатлар ушын жеӊил конструкциялар, витрина ҳәм терезе
торлары, үш-қатламлы ыссылық изоляциясы панеллери, аспа потолоклар ҳәм т.б. таярлаў
мүмкин.
Do'stlaringiz bilan baham: