Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet264/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   260   261   262   263   264   265   266   267   ...   290
Bog'liq
ОМК

Легирленген полатлар.
Кем легирленген полатлар қурылыс системасында кӛбирек 
ислетиледи. Бул полатлар қурамында углерод муғдары 0,2% аспаўы шәрт, кери жағдайда 
полаттың пластиклиги ҳәм коррозияға шыдамлылығы пәсейеди ҳәмде кепсерлениўи 
қыйынласады. Жоқары сапалы полатлар кепилленген қәсийетлерине қарай 15 категорияға 
бӛлинеди. Легирлеўши қосымшалар полат қәсийетине тӛмендеги тәризде тәсир етеди: 
марганец полаттың беккемлигин, қаттылығын ҳәм желиниўге шыдамлылығын асырады; 
кремний ҳәм хром беккемлиги ҳәм отқа шыдамлылығын; мыс полаттың коррозияға 
шыдамлығын асырады; никел болса полаттың соққыға беккемлигин асырады. Никел, хром 
ҳәм мыс пенен легирленген полатлар пластиклиги жоқары, жақсы кепсерленетуғын болады. 
Олар тийкарында санаат ҳәм пуқара қурылысы конструкциялары, кӛпирлердиң пролетлы 
қурылмалары ҳәм басқалар таярланады. 
Металл конструкциялар таярлаўда кем углеродлы, кем легирленген ВСт3сп5, 10ХСНД, 
15ХСНД, 09Г2С, 10Г2СД ҳәм басқа маркадағы полатлар ислетиледи. 
Орташа ҳәм кӛп легирленген полатлар қурамына хром-никел, хром-никел-марганец 
легирлеўши қосымшалар киритиледи. Бул полатлар коррозия орталығына шыдамлы болады. 


235 
35.6 Полат буйымлар 
Полат буйымлар таярлаў технологиясы тӛмендегилерден ибарат: прокатлаў, балғалаў, 
штамплаў, пресслеў ҳәм суўық ҳалда профиллеў. 
Прокатлаў.
Прокатлаў усылында профилленген полат буйымлар таярланады. Бул 
усылда полат қуйма прокат станның айланатуғын валлары арасынан ӛткизилиўи 
нәтийжесинде белгили профил формаға киреди. Полат суўық ҳәм ыссы ҳалатларда 
прокатланады. Прокатлаў процессинде полат загатовка созылады, қысылады ҳәм 
жиңишкелеседи. Ыссы ҳалатда полатты прокатлап домалақ, квадрат, мүйешлик, труба, 
швеллер, қоставр, профилли тәкирарланатуғын арматуралар ҳәм басқалар таярланады. 
Прокатлаўдың суўық ҳалда созыў усылында полат загатовка киши тесиклерден (филерлер) 
ӛткизип жиңишкеленеди. Созыў усылында сым, киши диаметрли трубалар ҳәм т.б. 
таярланады. 
Балғалаў. 
Бул усылда чўғланган полат загатовкаға балға соққылары менен ислеў 
берилип керекли формаға келтириледи. Балғалаў усылында болт, анкер, скоба ҳәм т.б. полат 
буйымлар таярланады. Бул усылдың кемшилиги жүдә анық ӛлшемдеги буйымларды алыў 
қыйынлығы. 
Штамплаў.
Штамплаў жүдә анық ӛлшемдеги полат буйымлар таярлаў усылы болып, 
балғалаў усылының бир түри есапланады. Бул усылда полат загатовка балға соққылары 
астында созылып, штамп формасына киреди. Штамплаў усылында кӛбирек полат листлерге 
ислеў берилип, түрли формадағы буйымлар ҳәм бӛлимлер таярланады. 
Пресслеў.
Пресслеў усылында полат матрицадағы арнаўлы тесик арқалы қысып 
шығарылып форма бериледи. Бул усылда қуйма ҳәм прокатланған загатовкалар дәслепки 
материал ўазыйпасын ӛтейди. Пресслеў усылында түрли кесимли профиллер, фасон 
профиллер таярланады. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   260   261   262   263   264   265   266   267   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish