Санитария-техника
буйымлары.
Санитария-техника
буйымлары
полиметилметакрилат, соққыға шыдамлы полистирол, полипропилен, полиамидлер,
шийшапластиклер тийкарында алынады. Олар тийкарында ванналар, поддонлар, сифонлар,
раковиналар, унитаз, жуўыў бачоклары, араластырғыш, вентиляция торлары ҳәм усы
сыяқлылар ислеп шығарылады. Пластмассалардан таярланған санитария-техника буйымлары
беккем, суўға шыдамлы, гигиена талабларын қанаатландырыўшы, тегис бетли,
занг
топламайтуғын қәсийетлерге ийе болады. Буйымлар дийўалы (ванна, мойка, раковина)
қалыңласса, полимер композициялар қурамына майда ҳәм ири толтырғышлар киритип,
полимер байланыстырыўшыны тежеў ҳәм қәсийетлерин жақсылаў мүмкин.
Ҥскенелердиң буйым ҳәм деталлары
пластмассалардан таярланған терезе ҳәм есик
тутқалары, жыйналмалы мебел фурнитуралары, терезе жалюзалары ҳәм басқа ӛнимлер
киреди. Олар түрли формаларда ҳәм реңлерде болыўы мүмкин. Бул буйымлар реӊли металл
сарпын кескин кемейттиреди.
Трубалар.
Пластмасса трубалар полиэтилен, поливинилхлорид, полипропилен сыяқлы
термопластлар ҳәм шийшапластикалық трубалар реактопластлар (полиэфир ҳәм басқ.)
тийкарында алынады.
Ҳәзирги күнде агрессив орталықларда ислеўге мӛлшерленген, фенол-формалдегид,
карбамид-формалдегид, фуран смоласы ҳәм т.б. тийкарында таярланған полимерараласпа
ҳәм полимербетон трубалар 6 дан 150 мм ге шекем диаметрде шығарылады, дийўаллардың
қалыӊлығы 2-8 мм. Олар 1,2 МПа ға шекем басым астында ислеўге мӛлшерленген. Олар
беккем, суў ҳәм агрессив орталықларға шыдамлы, эластик, жеӊил, ишки тәрепи тегис ҳәм
минерал затлар жыйналып қалмайды. Термопласт трубаларды аӊсат кепсерлеп бириктириў
мүмкин. Оларда суў шойын трубалардағыға қарағанда
равон
ағады (гидравликалық
қарсылық киши болады). Бул трубаларды ислетиў жумысшы температурасы 60
0
С ға шекем
болады.
Термореактив полимерлер тийкарындағы композицион материаллардан таярланған
полимерараласпа ҳәм полимербетон трубалар химия санааты, коллектор-дренаж
системасында, шахталарда ҳәм басқа сооружениелерде ислетиледи. Олардыӊ ишки диаметри
100 мм ден 1000 мм ге шекем, узынлығы 80 см ден 6 м ге шекем болыўы мүмкин.
Полимербетон трубалар байланыстырыўшыныӊ түрине қарап кислоталы, силтили, дузлы ҳәм
басқа агрессив орталықларға шыдамлы болады. Олар керамикалық ҳәм металл трубаларға
салыстырғанда нәтийжели ҳәм агрессив орталықларға шыдамлы болады.
183
Шийшапластикалық трубалар полиэфир полимери, шийша
матоси
, шийша жиплери
ҳәм т.б. лар тийкарында арнаўлы центрифугада таярланады. Олар беккем, 150
0
С жумысшы
температураға шыдамлы болады. Шийшапластикалық трубалар тийкарынан химия ҳәм
нефтти қайта ислеў санаатында ислетиледи.
Do'stlaringiz bilan baham: |