Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet198/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   194   195   196   197   198   199   200   201   ...   290
Bog'liq
ОМК

Термореактив полимерлер 
тийкарындағы поллар жыйналмалы ҳәм монолит 
кӛринисте болады. Поллардың қалыӊлығына қарап полимер композициялар араласпа ҳәм 
бетон ҳалатында болыўы мүмкин. 
Полимер байланыстырыўшы сыпатында фенол-формалдегид, карбамид-формалдегид, 
фуран, эпоксид, полиэфир смолалары ислетиледи. Араласпа ҳәм бетон қурамына 
толтырғышлар, қатырғышлар, пластификатор ҳәм модификаторлар киритиледи. Араласпа 
ҳәм бетон таярлаў ушын қурамына
 
порошок
 
толтырғыш ҳәм 
мутаносиб равишда
майда ҳәм 
ири толтырғышлар қосылады. 
Полимер араласпа ҳәм бетон поллар 20-50 мм қалыӊлықта монолит ҳалда қуйылады. 
Олар алдыннан жақсылап тығызластырылған тийкар үстине қуйылады, тығызластырылады 
ҳәм 
юза
бӛлеги тегисленеди. 
Усы полимерараласпа ҳәм полимербетон композициялар тийкарында 300х300 мм, 
500х500 мм (ҳәтте 1000х1000 мм) ӛлшемлерде ҳәм қалыӊлығы 20-50 мм (100 мм) ли 
плиталар ислеп шығарылады. Бундай плиталар химиялық орталықларға шыдамлы болыўы 
менен бирге үлкен жүк ҳәм зорығыўларға да шыдамлы болады. Плиткалардың тәреп 
ӛлшемлери 500 мм ҳәм оннан жоқары болса, олар арматура торы ямаса дисперс талшық 
тәризли арматуралаўшы материаллар менен күшейтирилиўи мүмкин. 
Полимерараласпа ҳәм полимербетон монолит ҳәм жыйналмалы поллар (плиталар) 
тийкарынан санаат имаратларыда ислетиледи. Олар тийкарында кислота, силти, минерал 
тӛгинлер, майлар, органикалық ӛнимлер, биологиялық затлар ислеп шығаратуғын химия 
санаатында, складларда ҳәм агрессив шароит 
кузатиладиган
басқа орынларда (малханалар, 
гербецид ҳәм пестецид сақланатуғын бӛлмелер, силос сақлағышлар ҳәм басқ.) ислетиледи. 
Чоксыз полимер поллар
поливинилацетат, полимерцемент ҳәм полимер композиция 
тийкарында болып, тийкарға бир ямаса бир неше мастикалы қурамлары қаплап алынады. 
Мастикалар байланыстырыўшы, порошок толтырғыш, пигмент ҳәм айрым жағдайларда 
қатырғышлар, пластификаторлар, стабилизаторлар қосып таярланады. Чоксыз полимерли 
поллар алыўда тийкар жақсылап тегисленген болыўы шәрт. 
Поливинилацетат
поллар байланыстырыўшы қурамына порошок толтырғыш (кварц 
порошогы, күллер ҳәм т.б.) пигмент ҳәм суйылтырыў ушын суў қосылып арнаўлы 
қарығышда 4-5 минут жақсылап араластырылады. Алынған мастика тийкарға бүркегиш 
жәрдеминде 2-3 қатлам себиледи. Бунда кейинги қатлам алдыӊғы қатлам кепкеннен кейин 
себилиўи керек. Олар жәмийетлик имаратлар, жеӊил ҳәм азық-аўқат санааты бӛлмелери 
полларын қаплаўда ислетиледи. Поливинилацетат поллар гигиена талапларына жуўап 
береди, бирақ ығаллы шараятда ҳәм соққылы тәсирлер 
кузатиладиган
орынларда ислетиў 
мүмкин емес. 
Полимерцементли
поллар портландцемент ҳәм силтили шараятда қататуғын 
полимерлер тийкарында алынады. Полимер байланыстырыўшы сыпатында поливинилацетат 
эмулсиясы, ацетон-формалдегид смоласы ҳәм оныӊ сополимерлери, СГС-65 ГП дисперсиясы 
ҳәм басқалар ислетилиўи мүмкин. Әдетде полимер мастикаға массасына қарай 5-7% цемент 
қосылады. Олар беккем, 
едирилишга
шыдамлы, суў ӛткизбейди ҳәм гигиена талапларын 
қанаатландырады. Поллар жәмийетлик ҳәм санаат имаратларында интенсив ҳәрекет 
кузатиладиган
орынларда ислетиледи. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   194   195   196   197   198   199   200   201   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish