Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet197/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   193   194   195   196   197   198   199   200   ...   290
Bog'liq
ОМК

Тҥкли-тикма (тафтинг)-
тоқымасыз гилемлер ени 450 см ге шекем болған илмек ямаса 
қырқпа түкли 
мато
ямаса 
пояндоздан
ибарат болып, админстративлик, турақ жай ҳәм басқа 
имаратлар полларын қаплаўда ислетиледи. 
Ийне-
намат
гиламлер
синтетикалық талшықлардың бир ямаса бир неше 
қатламларынан ибарат орама материал есапланады. 
Намат
гилемлер 2-4 қатламнан ибарат 
болып, қалыӊлығы 2-6 мм ди қурайды. 
Ворсалин
(түкли линолеум) 
нотўқима
еки қатламлы орама материал болып, 
юзаки
қатламлы есилген полипропиленнен исленген 
сиртмоқ
түктен, астыңғы қатламы болса 
поливинилхлорид полимери орамасынан ибарат болады. 
Ворсалинниң узынлығы 12-20 м, ени 1 м ҳәм қалыӊлығы 4-6 мм, болған орама 
материал сыпатында таярланады. 
Сиртмоқ
түгиниң реӊине қарап ворсолин түрли реңлерде 
болады. 
Ворсалин жоқары сапалы ыссылық изоляциясы ҳәм даўыс жутыўшы, желиниўге 
шыдамлы, гигиена талапларына жуўап бериўши ӛним саналады. Ворсалин бӛлме полы 
тийкарына қурғақ ҳалда жатқызылады ҳәм ҳәр тәрептен арнаўлы плинтуслар менен 
беккемленеди. Ворсалин имаратлар полларын қаплаўда кеӊ кӛлемде ислетиледи. 
Плита 
материаллар. 
Полимер 
байланыстырыўшылар, 
толтырғышлар, 
пластификаторлар, пигментлер ҳәм модификаторлар (стабилизаторлар, қатырғышлар ҳәм 
т.б.) тийкарындағы композицион материаллардан түрли пол ушын плиталар таярланады. 
Полимер плиткалар тийкарында түрли безеўли, сүўретли, реӊли поллар жаратыў, 
жорий 
таъмирлашда
аӊсат алмастырыў, тасыў, сақлаўда қолайлықлар болады. Бирақ плиткалар 
тийкарындағы жыйналмалы полларда чоклардың кӛп болыўы гигиена қағыйдаларының 
бузылыўына алып келеди, поллардың узақ мүддет хызмет етиўин кемейттиреди. 
Плитка материаллары поливинилхлорид, инденкумарон, резина сыяқлы термопластлар 
ҳәм фуран, карбамид, эпоксид ҳәм т.б. термореактив смолалар тийкарында ислеп 
шығарылады. 
Поливинилхлорид
плиткалар реӊли ҳәм гүлли етип, 300х300 мм ҳәм 200х200 мм 
ӛлшемлерде ҳәм 1,5-3 мм қалыӊлықта таярланады. Олар суў, күшсиз кислоталар ҳәм майлар 
орталығына шыдамлы, ийилиўшең, отқа шыдамлы, желиниўге шыдамлы болады. Плиткалар 
турақ жай ҳәм жәмийетлик имаратларыныӊ асхана, санузел ҳәмде санаат имаратларыныӊ 
ӛндирислик бӛлмелери полларын қаплаўда ислетиледи. 
Инденкумарон 
плиткалар суў ҳәм басқа күшсиз агрессив орталықларға шыдамлы, 
едирилишга
ҳәм соққыға шыдамлы, беккем композицион материал болып, 300х300 мм ҳәм 
200х200 мм ӛлшемлерде ҳәм 3-4 мм қалыӊлықта шығарылады. Бул плиткалар интенсив 
ҳәрекет болатуғын бӛлмелер полын қаплаў ушын ислетиледи. Ығаллығы ҳәм температурасы 
ҳәр дайым жоқары болған бӛлмелерде ислетиў мақсетке муўапық емес. 
Резина 
плиткалар релин композициясы тийкарында 300х300 мм ҳәм 500х500 мм 
ӛлшемлерде, қалыӊлығы 3,5 ҳәм 10 мм ҳалда ислеп шығарылады. Плиткалар суў, кислота 
ҳәм силти орталықларына шыдамлы болады, ыссылық ҳәм даўыс изоляциясы, 
едирилишга
беккем ҳәм эластик материал есапланады. Олар санаат ҳәм жәмийетлик имаратларда, 
ығаллылық жоқары болған орынларда полларды қаплаў ушын ислетиледи. 
Термопластикалық полимерлер тийкарындағы плиткаларды желимлеп тийкарға 
жабыстырыў мақсетинде битум-резиналы ямаса инденкумарон каучукли мастикалар 
ислетиледи. Желимлер плитканың орқа тәрепине 0,5 мм қалыӊлықта сүртилип бир тегис 


181 
етип жабыстырылады, желим ҳәм мастика қалдықлары органикалық еритиўшилер 
(техникалық керосин, ацетон, бензин ҳәм т.б.) жәрдеминде тазаланады. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   193   194   195   196   197   198   199   200   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish