Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети


Тол - тери ҳәм гидроизоляциялық тол



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet169/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   165   166   167   168   169   170   171   172   ...   290
Bog'liq
ОМК

Тол
-
тери ҳәм гидроизоляциялық тол
техникалық картонды қатронларда сиңдирип, 
қатрон ҳәм минерал
 
порошок сеппесисиз алынады. Ол кӛпқатламлы гидроизоляция 
қапламасының тӛменги қабатларында ҳәм пуў изоляциясында ислетиледи. 
Қатронбитумлы орама материал техникалық картонды қатронға сиңдирип, еки 
тәрептен битум ҳәм минерал порошок себип таярланады. Олар кӛпқатламлы тӛбе 
гидроизоляция қапламасы тиклеўде ислетиледи. 
Тӛбе ушын ҳәм гидроизоляция орама материаллары суў сиңдириўшеңлик, суў 
ӛткизбеўшилик, ыссылыққа шыдамлылық ҳәм беккемлик бойынша техникалық талапларға 
сәйкес келиўи керек. Мәселен, шийшарубероидтың суў сиӊдириўшеӊлиги 5% ке шекем, 0,07 
МПа гидростатикалық басымда 10 мин даўамында үлги бетинде суў тамшылары пайда 
болмаслығы керек. 
Рубероид, шийша рубероид сыяқлы битум байланыстырыўшысы тийкарындағы орама 
материаллардыӊ ыссылыққа шыдамлылығы 80
0
С, толдики болса 45
0
С. ени 50 мм етип орама 
материалдан кесиб алынған үлгиниң созылыўдағы беккемлиги рубероид ушын 320-340 Н, 
шийшарубероид ушын 300 Н нан кем болмаслығы талап етиледи. 
Даналы гидроизоляция буйымлары.
Фасонлы битумлы листлер ЛБ-500 ҳәм ЛБ-600 
маркаларда ислеп шығарылады. Сиӊдирилген битумлы массаныӊ жумсаў температурасы 
60
0
С кем болмаслығы керек. Олар тӛбе қапламаларыныӊ бет бӛлегине ислетиледи. 
Арматураланған плиталар битумлы ыссы мастиканы ямаса ыссы асфальт араласпасын, 
металл тор ямаса шийша мато менен арматуралап, пресслеў усылында таярланады. 
Арматурасыз плиталар айнан сондай композициялар тийкарында арматурасыз 
таярланады. 
Усы 
плиталар 
қурылыс 
конструкцияларын, 
фундаментлерди 
гидроизоляциялаўда ҳәм деформацияланыўшы чокларды бекитиўде ислетиледи. 
23.2 Гидроизоляция мастикалары 
Мастика нефт битумлары ямаса қатронлар минерал жүдә майда толтырғышлар ҳәм 
модификациялаўшы қосымшалар тийкарында алынған пластик композицион материал 
есапланады. Мастикалар таярлаўда
 
порошок толтырғыш сыпатында майдаланған ҳәктас, 
доломит, мел, цемент, шлак, күллер, талшық тәризли толтырғыш сыпатында болса асбест, 
минерал пахта, шийша талшығы ҳәм т.б. ислетиледи. 
Порошок толтырғышлар мастиканың қаттылығын, ыссылыққа шыдамлылығын, 
талшық тәризли толтырғышлар болса ийилиўдеги беккемлигин асырады. Буннан тысқары 
битум ҳәм қатрон байланыстырыўшылары тежеледи. 
Мастикалар тӛмендегише түрлерге бӛлинеди: байланыстырыўшыныӊ түрине қарай 
битумлы, битум-резиналы, битум-полимерли; ислетилиў усылына қарай ыссы, суўық; 


158 
ислетилиў тараўына қарай желимлеўши, тӛбе ушын изоляциялаўшы, асфальтлы 
гидроизоляциялаўшы ҳәм антикоррозион. 
Ыссы мастикалар битум тийкарында 160
0
С температурада, қатрон тийкарында 130
0
С 
температурада таярланады. Суўық мастикалар органикалық еритиўшилер қосылып 
таярланады ҳәм орталық температурасы 5
0
С кем болмаған ҳалда ысытылмасдан, температура 
5
0
С кем болғанда 60-70
0
С ысытылған ҳалатда ислетиледи. 
Желимлеўши мастикалар кӛп қатламлы тӛбе қапламалары ҳәм қурылыс 
конструкцияларын гидроизоляциялаўда орама материалларды желимлеўде ислетиледи. 
Битум байланыстырыўшысы тийкарында таярланған орама материаллар (рубероид, 
пергамин ҳәм т.б.) битумлы мастикалар менен, қатронлы орама материаллар (тол, тол-тери 
ҳәм т.б.) болса қатронлы мастикалар менен желимленеди. 
Желимлеўши мастикалар ыссылыққа шыдамлылығы бойынша таңланады. Олардыӊ 
маркалари (23.1-кестеде) берилген. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   165   166   167   168   169   170   171   172   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish