Ӛзбекистан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги Қарақалпақ мәмлекетлик университети



Download 4,19 Mb.
Pdf ko'rish
bet157/290
Sana03.04.2022
Hajmi4,19 Mb.
#526039
1   ...   153   154   155   156   157   158   159   160   ...   290
Bog'liq
ОМК

Погонажлы асбоцемент буйымлар. 
Оларға узынына ӛлшеўли буйымлар-швеллерлер, 
терезе асты плиталары, парапет бӛлимлери ҳәм басқа экструзия усылында алынған 
буйымлар киреди. Швеллерлер дийўал ушын плита ҳәм панеллер каркасларын таярлаўда 
ислетиледи. 
Трубалар.
Асбоцемент тийкарында басымлы ҳәм басымсыз трубалар ислеп 
шығарылады. Басымлы трубалар 0,6-1,8 МПа жумысшы басымға мӛлшерленген болып, ВТ6, 
ВТ9, ВТ12, ВТ15, ҳәм ВТ18 классларда болады. Олар суў узатыў системаларында 
ислетиледи. Трубалар узынлығы 3 м ден 6 м ге шекем, диаметри 100-500 мм болады. 
Басымсыз трубалар (БНТ) нефт ҳәм газ узатыўда, канализация, дренаж, 
шығындыларын узатыў системаларында, телефон кабеллерин жатқызыўда, тутин ҳәм 
самаллатыў каналларында ислетиледи. Асбоцемент газ узатыў трубалары газ басымы 0,5 
МПа ға шекем болған системада ислетилиўи мүмкин. 
Газ узатыў трубалары ишки тәрептен полипропилен, полиэтилен сыяқлы 
термопластикалық орама материаллар ямаса эпоксид, полиэфир полимерлери тийкарындағы 
композицион мастикалар менен газ ӛткизбейтуғын қапламалы ҳалда ислеп шығарылыўы 
мүмкин. Суў узатыў ҳәм канализация трубалары асбоцемент муфталар менен 
бирлестириледи. Айрым ҳалларда шойын муфталар да ислетилиўи мүмкин. 
Арнаўлы асбоцемент буйымлар.
Асбоцемент тийкарында самаллатыў ҳәм ҳаўаны 
тазалаў системаларында ислетилетуғын қутылар (коробалар) таярланады. Қутылар домалақ 
ҳәм туўры тӛртмүйешли кесимли, бир бирине жалғаў мақсетинде еки тәрепи ямаса бир 
тәрепи ашық етип таярланады. Қутылар узынлығы 300х300 мм ге шекем, дийўал қалыӊлығы 
10 мм ӛлшемлерде болады. 
Арнаўлы асбоцемент буйымларға тӛмендеги басқа буйымлар киреди: труба узатыў 
системаларының ыссылық изоляциясы қатламын қорғаўшы ярымцилиндрлер, электр 
изоляциясы тахталары, жазғы үйлерди жабыўда ислетилетуғын ири ӛлшемли (5 м ге шекем) 
еки тәрепке қыялы листлер, басқа буйымлар ҳәм бӛлимлар киреди. 
Асбоцемент буйымлар ислеп шығарыўда пайда болатуғын (1-8%) шығындылар екинши 
мәрте кем муғдарларда буйымлар таярлаўда, экструзив усылда алынатуғын погонаж 
буйымлар алыўда ҳәм минерал пахта таярлаўда шийки зат сыпатында ислетиледи. 

Download 4,19 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   153   154   155   156   157   158   159   160   ...   290




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish