Matematika fakulteti



Download 3,57 Mb.
Pdf ko'rish
bet48/76
Sana15.06.2022
Hajmi3,57 Mb.
#673370
1   ...   44   45   46   47   48   49   50   51   ...   76
Bog'liq
Комп физ лек

BOIS
базалы киритиў
-
шығарыў системасы
 
BIOS - системаның программалық ҳәм аппарат бөлими арасындағы “аралық қатлам” болып 
есапланады. Көпшилик пайдаланыўшылар BIOS 
қурылмалар драйверлери
деп есаплайды.
BIOS –бул қурылмалар менен ҳәрекетлениў ушын арналған драйверлерден туратуғын, ядта 
орынланатуғын программалық тәмийнат. BIOS тың әпиўайы ПТ тан парқы оның функцияларының бир 
бөлими ПЗУ ға жүкленген, ал бир бөлими дисктен ОЗУ ға жүкленеди. Системалыдан тысқары жәнеде адаптер 
BIOSы бар. Ол системаның иске түсиўинде жүкленеди. 
Компьютерде BIOS тың бирнеше версиялары бар: 

Системалы плата ПЗУ; 

Кеңейтириў платалары ПЗУ (мәселен, видеоадаптер); 

Дисктен ОЗУ ға жүклеў (қурылмалар драйверлери). 
Биринши ПК жаратылғанда BIOS программалық тәмийнаты системалы платадағы ПЗУ 
микросхемасына жазылған системаның барлық қурылмаларының драйверлеринен ибарат еди. Бунда 
драйверлер алдыннан ядқа жүкленип ҳәм компьютер жумысының барлық ўақтында ашық еди. ПЗУ 
микросхемасында сондай-ақ POST (Power On Self Test — иске түсиўде тестлеў) программасы ҳәм өзин-өзи 
жүклеў программасы жазылған. Соңғысы дискет ямаса қатты дискте жүклеўши секторды тексерип операцион 
системаның жүклениўин баслайды. Жүкленгеннен соң операцион система ҳәр қыйлы системалы 
қурылмалардың өзара ҳәрекети ушын зәрүр болған төмен дәрежедеги BIOS процедураларына (қурылмалар 
драйверлерине) мүрәжат етеди. Компьютер эрасының басланыўында BIOS та қурылмалардың барлық 
драйверлери, соның ишинде клавиатура, видеоадаптер, избе-из ҳәм параллель портлар, жумсақ диск 
контроллери, қатты диск контроллери, джойстик ҳәм т.б. драйверлери сақланған еди.
Операцион система жүкленгеннен кейин қурылмалар менен ислеў ушын драйверлерди жүклеў талап 
етилмейди, себеби драйверлер алдыннан ПЗУ да жүкленген болады. Бул идея жаман емес, бирақ системаға 
драйвери ПЗУ да жоқ жаңа қурылма орнатылған жағдайда еки жол бар. Егер сиз жаңа адаптер платасын 
орнатсаңыз, ол драйверге ийе ПЗУ микросхемасына ийе болыўы мүмкин. Системалы платаның ПЗУ сы солай 
етип программаластырылған, адаптер ПЗУ ын анықлаў ушын ҳәм жаңа драйверлерди анықлаўда, жаңа 
функцияларды сәйкес бар болған BIOS пенен байланыстырады. Нәтийжеде, системалы плата ПЗУ ы бөлек 
адаптер ПЗУ ында сақланатуғын мағлыўматларды “топлайды”, соңында «коллектив» ўазыйпаға ерисиледи.
Драйверлерди қосыўдың бундай усылы бирқатар қурылмалар ушын пайдаланды, мәселен 
компьютерди қосқаннан баслап толық ўазыйпаға кирисиўи керек болған видеоадаптерлер ушын. Системалы 
плата ПЗУ ында сақланатуғын BIOS коды, тек ғана IBM компаниясының MDA монохром видеоадаптери ушын, 
сондай-ақ CGA реңли видеоадаптери ушын драйверди сақлайды. Басқа типли видеоадаптерди орнатқанда 
системалы плата ПЗУ ында сақланатуғын драйверлер пайдасыз болып қалады. Әлбетте, бул ҳеш қандай 
проблема келтирип шығармайды, егер жаңа видеоадаптер жеке ПЗУ микросхемасы менен тәмийнленген 
болса.
Егер басқа типтеги қурылма пайдаланса, BIOS драйверлери коллекциясына драйверди қосыўдың басқа 
усылы бар. Жүклеўдиң дәслепки этапларында операцион системаны жүклеў файлы (IO.SYS) қурылмалар 
драйверлери ҳаққында мағлыўматқа ийе болған конфигурация файлына (CONFIG.SYS) мүрәжат етеди. 
CONFIG.SYS файлы онда көретилген драйверлер менен бирге жүклеўши дискте жайласқан болыўы керек. 
IO.SYS файлы керек мағлыўматларды алғаннан соң, ол көрсетилген драйверлерди ядқа жүклейди ҳәм оларды 
BIOS пенен байланыстырады. Басқаша айтқанда, драйверлер ОЗУ ға жүкленеди ҳәм BIOS пенен байланысады 
ҳәм қәлеген ўақта оларды шақырыў имканияты пайда болады. Бул ўақытқа келип BIOS та системалы плата 
ҳәм адаптерлер ПЗУ ынан мағлыўматлар бар болады, сондай-ақ жүклеўдиң дәслепки этапларында дисктен 
ОЗУ ға жүкленген драйверлер бар болады. Солай етип, BIOS системаның үш ҳәр қыйлы орынларында 
жайласқан мағлыўматлардан ибарат, бирақ бунда бирпүтин болып ислейди, себеби, барлық программалар 
BIOS процедурасы орталығы менен байланысқан болады.
Солай етип, киритиў-шығарыў базалы системасы—бул барлық типтеги BIOS комбинациясы, сондай-ақ 
қурылмалардың жүкленетуғын драйверлери. Системалы плата ямаса адаптер платалары микросхемаларында 
жайласқан BIOS бөлими прошивка (
firmware) 
деп аталады (усы микросхемалардың болыўы себепли 
пайдаланыўшылар BIOS ты компьютердиң аппарат бөлимине киритеди). 
Компьютерлердиң раўажланыўы менен көплеген ҳәр қыйлы типтеги қурылмалар ҳәм олардың 
моделлери ислеп шығылды. Бул көплеген драйверлердиң алдыннан жүклениў зәрүрлигин билдиреди. 
Системалы плата ПЗУ ына драйверлерди қосыў—қыйын мәселе, себеби ПЗУ микросхемалары алынбайды, ал 
олардың көлеми шекленген.
PC архитектурасы 128 Кбайт системалы плата ПЗУ ын пайдаланыўды нәзерде тутады, бунда бул 
көлемниң көпшилик бөлими драйверлерди, POST процедурасын, BIOS Setup программасын, сондай-ақ жүклеў 
программасын сақлаў ушын хызмет етеди. Драйверди адаптер ПЗУ ына жазыў булда қыйын мәселе, ПЗУ 
көлемиде 128 Кбайт пенен шекленген, оның 32 Кбайты видеоадаптер тәрепинен пайдаланады. Сонлықтан 
көпшилик компаниялар системаның жүклениў ўақтында ОЗУ ға жүкленетуғын драйверлерди жазыўды 
келисти.
Ўақыт өтиў менен дисктен системалы плата ПЗУында сақланатуғын драйверлерди алмастыратуғын 
драйверлер жүкленетуғын болды. Мәселен, Windows 95 те системалы плата ПЗУ ында сақланатуғын 16-
разрядлы драйвер орынана пайдаланатуғын қатты дисктиң жаңа 32-разрядлы драйвери усынылды. Бунда 16-


55 
разрядлы драйвер тек ғана компьютерди қосыў моментинен баслап ОЗУ ға 32-разрядлы драйвер жүкленгенге 
шекем пайдаланды.
Заманагөй 32 ҳәм 64 разрядлы драйверлер тиккелей қатты дисктен системалы плата ПЗУындағы 
барлық драйверлерди алмастырып жүкленеди. Бул Windows XP, Vista ОС басқарыўында ислейтуғын қәлеген 
компьютерлерге тийисли. Системалы плата ПЗУ ы коды 32-разрядлы драйверлердиң ҳәм операцион система 
ядросының әўметли жүклениўин тәмийнлеў ушын ғана зәрүр, соң ПЗУ өшеди. Басқаша айтқанда ОС 
жүкленгеннен кейин барлық керек драйверлер оператив ядта жайласады. Компьютерди иске қосыўда BIOS 
функциялары ПЗУ ға жайласады, ал Windows XP жүкленгеннен кейин —система ОЗУ ына жайласады. Матплата 
ПЗУ ының тийкарғы функциясы – системаны жүклеў, системаның иске түсиўи ушын керек қурылмалардың 
инициализациясы, сондай-ақ системаға кириў ушын паролди тексериў ҳәм қурылмалардың тийкарғы 
настройкасын орынлаў.
Операцион система өз гезегинде BIOS арқалы тиккелей аппарат тәмийнатқа мүрәжат етеди. Бул 
байланыс қурылмалар драйверлери көринисинде иске асырылған. Қағыйда бойынша аппарат тәмийнат ушын 
драйверлерди шығарыў менен қурылма ислеп шығарыўшылар шуғылланады. Солай етип қурылма ислеп 
шығарыўшылар Windows, OS/2, Linux ҳәм т.б. операцион системалар ушын драйверлер ислеп шығарыўға туўра 
келеди. Көпшилик ОС лар бирдей ишки интерфейске ийе, айырым драйверлер бирнеше ОС ларға туўра келеди. 
Бирақ Windows 7/Vista системаларында ядро бираз өзгертилген, сонлықтан алдынғы версиялардағы 
драйверлерди оларда пайдаланыў мүмкин емес.

Download 3,57 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   44   45   46   47   48   49   50   51   ...   76




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish