|
12-лекция: Ислеп шығарылатуғын өнимлер ҳәм көрсетилетуғын хызметлерди сертификатластырыўдан өткериў тәртиби Реже
|
bet | 1/4 | Sana | 26.06.2022 | Hajmi | 1,62 Mb. | | #707104 | Turi | Лекция |
| Bog'liq Сертфикаттан откнру
12-лекция: Ислеп шығарылатуғын өнимлер ҳәм көрсетилетуғын хызметлерди сертификатластырыўдан өткериў тәртиби
Реже:
12.1. Сертификатластырыўдың тийкарғы схемалары
12.2. Ықтыярый ҳәм мәжбүрий сертификатластырыў.
12.3. Муўапықлықты декларациялаў тәртиби
12.1. Сертификатластырыўдың тийкарғы схемалары
Сертификатластырыўдың тийкарғы схемалары «Өзстандарт» агентлиги тәрепинен ислеп шығылған ҳәм Әдиллик министрлигинде 2005-жыл 18-мартта 1458-сан менен мәмлекетлик дизимнен өткерилген “Өнимлерди сертификатлаў қағыйдалары”нда келтирилген.
Өзбекистан мәмлекетлик стандарты O’z DSt 5.5:2009 “Өз СМТ. Тийкарғы атамалар ҳәм тәрийплер”де “сертификатластырыў схемасы – муўапықлықты сертификатластырыўды өткериўде үшинши тәреп жумысларының қурамы ҳәм тәртиби” екенлиги белгиленген.
Өзбекистан миллий сертификатластырыў системасы шеңберинде тоғыз схема қабыл етилген.
Биринши схема түрдиң үлгисин сертификатластырыўда қолланылады ҳәм онда аккредитацияланған сынаў лабораторияларында өнимди мәжбүрий (биринши нәўбетте қәўипсизлик) көрсеткишлери бойынша сынаўлар өткериледи. Бул схема өнимге анық бир НҲ болмаған ҳалда да қолланылыўы мүмкин.
Екинши схема түрдиң үлгисин сертификатластырыўда қолланылады ҳәм онда аккредитацияланған сынаў лабораторияларында өнимниң мәжбүрий көрсеткишлери бойынша сынаўлар өткериледи. Бул схема бойынша инспекциялық тексериў өткериў нәзерде тутылған болып, онда үлгилер саўда шақапшасында (тутыныўшыда) алынады.
Үшинши схема ислеп шығарылып атырған өнимди сертификатластырыўда қолланылады ҳәм онда аккредитацияланған сынаў лабораторияларында өнимниң мәжбүрий көрсеткишлери бойынша сынаўлар өткериледи ҳәм де өндирис процеси үйрениледи. Бул схема бойынша инспекциялық тексериў өткериў нәзерде тутылған болып, онда үлгилер өндиристен алынады (3.10-сүўрет).
Үшинши схема бойынша сертификатластырыў Өзбекистанда кең қолланылады, көпшилик жергиликли кәрханалар өз өнимлерин усы схема арқалы сертификатластырыўды мақул көреди. Өзбекистанға өнимлерин импорт ететуғын шет еллердиң кәрханалары да усы схемадан көбирек пайдаланады. Дәслепки сертификатластырыў ҳәм кейин ала инспекциялық тексериў процесслеринде үлгилердиң тиккелей өндиристен алыныўы, бул схеманың қолайлылығы есапланады.
Төртинши схема да ислеп шығарылып атырған өнимди сертификатластырыўда қолланылады ҳәм онда аккредитацияланған сынаў лабораторияларында өнимниң мәжбүрий көрсеткишлери бойынша сынаўлар өткериледи ҳәм де өндирис процеси үйрениледи. Бул схема бойынша инспекциялық тексериў өткериў нәзерде тутылған болып, онда үлгилер ҳәм өндиристен, ҳәм саўда шақапшасынан (тутыныўшыдан) алыныўы мүмкин.
Сертификатластырыў схемалары 3.1-кесте
Do'stlaringiz bilan baham: |
|
|