Қосымшадағы хүжжетлер менен муўапықлық декларациясын көриў
-
-
3.10-сүўрет. Үшинши схема бойынша сертификатластырыў тәртиби.
Бесинши схема ислеп шығарылып атырған өнимди сертификатластырыўда қолланылады. Онда аккредитацияланған сынаў лабораторияларында өнимниң мәжбүрий көрсеткишлери бойынша сынаўлар өткериледи ҳәм өндирис процеси яки менеджмент системасы үйрениледи. Схемада инспекциялық тексериў өткериў нәзерде тутылған болып, онда өнимди сынаў менен бирге өндирис процеси яки менеджмент системасы үйрениледи.
Алтыншы схема менеджмент системасын сертификатластырыўда қолланылады. Бунда менеджмент системасы баҳаланады ҳәм кейин ала инспекциялық тексериў өткерип барылады. Бундай схема Европа мәмлекетлеринде көбирек қолланылады.
Жетинши схема өнимниң топарын сертификатластырыўда көп қолланылады. Бунда өним топарынан белгиленген тәртипте таңлап алынған үлгиси сынаўдан өткериледи (3.11-сүўрет).
3.11-сүўрет. Жетинши схема бойынша сертификатластырыў тәртиби.
Өзбекистанда жетинши схема бойынша сертификатластырыў белгили бир топардағы жергиликли ҳәм шеттен алып келинген өнимлер ушын исбилерменлар тәрепинен көп қолланылады.
Айырым ҳалларда өнимниң ҳәр бир данасының сертификатластырылыўы талап етиледи. Бундай ҳалат өнимниң аз санда болыўы, жүдә жуўапкершиликли болыўы ҳәм де тутыныўшының усындай талабы менен байланыслы болыўы мүмкин. Буның ушын сегизинши схема нәзерде тутылған.
Тоғызыншы схема өнимди сертификатластырыўда қолланылады ҳәм оның қәўипсизлик талапларына муўапықлығы декларациялаў арқалы әмелге асырылады. Бунда биринши тәреп (өним ийеси) өниминиң НҲ диң мәжбүрий талапларына муўапықлығын декларация арқалы мәлим етеди.
Белгиленген тәртипке көре, 3, 4, 5, 7, 8, 9-схемалар бойынша сертификатланған өнимлер муўапықлық белгиси менен ярлыкланыўы мүмкин.
Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 28-апрельдеги қарары менен муўапықлықты ислеп шығарыўшы тәрепинен мәлим етиў тәртиби енгизилди (3.12-сүўрет).
3.12-сүўрет. Муўапықлықты ислеп шығарыўшы тәрепинен мәлим етиў тәртиби.
Жоқарыда келтирилген қарарға тийкарланып шет ел сертификатларын тән алыў тәртиби енгизилди (3.13-сүўрет).
3.13-сүўрет. Шет ел сертификатларын тән алыў тәртиби.