12-лекция: Ислеп шығарылатуғын өнимлер ҳәм көрсетилетуғын хызметлерди сертификатластырыўдан өткериў тәртиби Реже



Download 1,62 Mb.
bet3/4
Sana26.06.2022
Hajmi1,62 Mb.
#707104
TuriЛекция
1   2   3   4
Bog'liq
Сертфикаттан откнру

Тексериў ушын сораўлар

  1. Сертификатластырыўдың тийкарғы схемалары қайсы ҳүжжетте келтирилген?

  2. Өзбекистан миллий сертификатластырыў системасы шеңберинде неше схема қабыл етилген?

  3. Сертификатластырыўдың биринши схемасы қандай жағдайда қолланылады ҳәм нелерди өз ишине алады?

  4. Сертификатластырыўдың екинши схемасы қандай жағдайда қолланылады ҳәм нелерди өз ишине алады?

  5. Сертификатластырыўдың үшинши схемасы қандай жағдайда қолланылады ҳәм нелерди өз ишине алады?

  6. Сертификатластырыўдың үшинши ҳәм төртинши схемаларының парқы неде?

  7. Сертификатластырыўдың бесинши схемасы қандай жағдайда қолланылады ҳәм нелерди өз ишине алады?

  8. Сертификатластырыўдың алтыншы схемасы қандай жағдайда қолланылады ҳәм нелерди өз ишине алады?

  9. Сертификатластырыўдың жетинши схемасы қандай жағдайда қолланылады ҳәм нелерди өз ишине алады?

  10. Өзбекистанда ең көп қолланылатуғын сертификатластырыў схемалары қайсылар?

  11. Қайсы схема бойынша сертификатластырылған өнимлер муўапықлық белгиси менен ярлыкланыўы мүмкин?

12.2. Ықтыярый ҳәм мәжбүрий сертификатластырыў.
Өзбекистан Республикасының “Өнимлер ҳәм хызметлерди сертификатластырыў ҳаққында”ғы Нызамында өнимлерди (өндирис процесслери, хызметлер, менеджмент системалары ҳәм хызметкерлерди) мәжбүрий ҳәм ықтыярый сертификатластырыў белгиленген.
Өзбекистан мәмлекетлик стандарты O’z DSt 5.5:2009 “Өз СМС. Тийкарғы атамалар ҳәм тәрийплер”де төмендеги тәрийплер келтирилген:
мәжбүрий сертификатластырыў – сертификатластырыў ўәкиллигине ийе болған мәкеме тәрепинен әмелге асырылатуғын, сертификатластырылыўының мәжбүрийлиги Өзбекистан Республикасының нызамшылығы тәрепинен белгиленген өнимлер (процесслер, хызметлер) диң стандартлар мәжбүрий талапларына, техникалық регламентлерге муўапықлығының тастыйығы;
ықтыярый сертификатластырыў – өнимлер (процесслер, хызметлер)ди ислеп шығарыўшы, сатыўшы яки тутыныўшының интасы менен ықтыярый рәўиште өткерилетуғын сертификатластырыў.
Мәжбүрий сертификатластырыўды өткериў жумысларын шөлкемлестириў «Өзстандарт» Агентлиги жуўапкершилигине яки оның тапсырмасына муўапық басқа сертификатластырыў органларына (оларды әлбетте аккредитация еткен ҳалда) жүклетиледи.
Сертификатластырылыўы шәрт болған өнимлердиң дизимин Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети тастыйықлайды.
Сертификатластырыўды әмелге асырыў ушын өнимлерге тийисли НҲлерде нызамшылықта белгиленген талаплар келтирилген болыўы керек. Адамлардың өмири, денсаўлығы, юридикалық ҳәм физикалық шахслардың мал-мүлкине ҳәм де қоршаған орталыққа зыян жеткизиўи мүмкин болған өнимлерди таярлаў, олардан пайдаланыў, оларды тасыў яки сақлаў қәўипсизлигин тәмийинлеўши талаплар болмаған жағдайда, «Өзстандарт» Агентлиги мәмлекетлик басқарыўдың тийисли органлары менен биргеликте бундай талапнамалардың кешиктирмей ислеп шығылыўын ҳәм әмелге киргизилиўин тәмийинлейди.
Мәжбүрий сертификатластырыў өндиристи тексериўди, өним қәсийетлериниң норматив ҳүжжетлер талапларына муўапықлығын анықлаў ушын они сынаўды, қадағалаў тәртибиндеги тексериўди ҳәм сертификатланған өним үстинен қадағалаўды өз ишине алады. Сынаўлар аккредитация етилген сынаў лабораториялары (орайлары) тәрепинен тийисли норматив ҳүжжетлерде белгиленген усылларда, бундай ҳүжжетлер болмаған жағдайда болса тийисли сертификатластырыў органлары ислеп шыққан усылларда әмелге асырылады. Мәжбүрий сертификатластырылыўы лазым болған, бирақ, муўапықлық сертификатына ийе болмаған өнимди үгит-нәсиятлаў, нызамсыз түрде муўапықлық белгиси басылған өнимлерди реализациялаў қадаған етиледи.
Мәжбүрий сертификатластырылыўы лазым болған өнимлер төмендеги ҳалатларда Өзбекистан Республикасы аймағында реализация етилиўи мүмкин емес:
сертификатластырыўға усынылмаған болса;
сертификатластырыў талапларына муўапық емеслиги себепли сертификатластырыўдан өтпеген болса;
егер сертификаттың әмел етиў мүддети тамамланған яки оның әмел етиўи тоқтатып қойылған (бийкар етилген) болса.
Мәжбүрий сертификатластырылыўы лазым болған өнимлерди реализация етиўши таярлаўшылар (исбилерменлер):
мәжбүрий сертификатластырылыўы лазым болған өнимди сертификатластырыўға усыныўы;
сертификатланған өнимди сертификатлаў органларының өзи яки олар тән алған органлар берген сертификат бар болған жағдайда ғана реализация етиўи ҳәм оның норматив ҳүжжетлердиң талапларына сай болыўын тәмийинлеўи;
сертификатланған өнимди, егер, ол норматив ҳүжжет талапларына муўапық келмесе, сондай-ақ, сертификаттың әмел етиў мүддети тамамланған ямаса оның әмел етиўи сертификатластырыў органының қарары менен тоқтатып қойылған яки бийкар етилген болса, реализация етиўди тоқтатып қойыўы яки тамамлаўы;
мәжбүрий сертификатластырылыўы лазым болған өнимди сертификатластырыўшы ҳәм сертификатланған өнимди қадағалаўшы органлардың лаўазымлы шахслары өз ўәкилликлерин тосқынлықсыз орынлаўы ушын шараят жаратыўы;
сертификатланған өним ислеп шығарыўдың техникалық ҳүжжетлерине яки технологиялық процесине киргизилген өзгерислер ҳаққында сертификатластырыў органын белгиленген тәртипте хабардар етиўи;
техникалық ҳүжжетте өнимниң муўапық келиўи лазым болған сертификатластырыў ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәм де норматив ҳүжжетлерди көрсетиўи ҳәм бул мағлыўматлардың тутыныўшы (қарыйдар, буйыртпашы) ға жеткерилиўин тәмийинлеўи шәрт.
Мәжбүрий сертификатластырылыўы лазым болған өнимлерди Өзбекистан Республикасына жеткерип бериў ушын дүзилетуғын контрактлар (шәртнамалар) шәртинде өнимлердиң белгиленген талапларға муўапықлығын тастыйықлаўшы, «Өзстандарт» Агентлиги тәрепинен берилген яки тән алынған муўапықлық сертификатлары ҳәм муўапықлық белгилери болыўы нәзерде тутылыўы керек.
Миллий муўапықлық сертификатлары ҳәм муўапықлық белгилери яки басқа мәмлекетлердиң «Өзстандарт» Агентлиги тәрепинен тән алынған муўапықлық сертификатлары ҳәм муўапықлық белгилери арза ийеси (өним жеткерип бериўши) тәрепинен бажыхана қадағалаўы органларына жүкке тийисли бажыхана декларациясы менен биргеликте усынылады ҳәм олар өнимди республика аймағына алып кириўге рухсатнама алыў ушын зәрүр ҳүжжетлер есапланады.
Шеттен алып келинип атырған өнимниң қәўипсиз екенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжети болмаған жағдайда бажыхана қадағалаўы органлары бул ҳаққында «Өзстандарт» Агентлигин хабардар етиўи керек ҳәм өнимди сертификатластырыўдан өткериў яки шет ел сертификатын тән алыў ҳаққындағы мәселе сертификатластырыў миллий системасы қағыйдаларына муўапық шешилгенге шекем бул өнимди шеттен алып кириўди қадаған етип қояды.
Сертификатластырылыўы шәрт болған өнимлерди Өзбекистан Республикасы аймағынан алып шығыў тәртибин Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети белгилейди. Сертификатластырылыўы мәжбүрий болған өнимлердиң дизими Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жыл 28-апрельдеги 122-санлы қарары менен тастыйықланған.
Нызамшылықта төмендеги мәжбүрий сертификатластырыў жумысларының мәмлекет тәрепинен қаржыландырылыўы белгиленген:
сертификатластырыўды раўажландырыўдың перспективалары, оны өткериў қағыйдалары ҳәм усынысларын ислеп шығыў;
сертификатластырыў тараўында рәсмий мағлыўматлар менен тәмийинлеў;
халықаралық (регионлық) сертификатластырыў шөлкемлериниң жумысларында қатнасыў ҳәм де шет ел миллий сертификатластырыў органлары менен биргеликте жумсылар өткериў;
сертификатластырыў бойынша халықаралық (регионлық) қағыйдалар ҳәм усыныслар ислеп шығыў ҳәм де оларды ислеп шығыўда қатнасыў;
сертификатластырыў бойынша улыўма мәмлекетлик әҳмийетке ийе илимий-изертлеў ислерин ҳәм басқа да жумысларды алып барыў;
сертификатластырыў қағыйдаларына әмел етилиўи үстинен ҳәм де сертификатланған өним үстинен мәмлекетлик тексериў ҳәм қадағалаў алып барыў жумыслары мәмлекет тәрепинен қаржылай тәмийинленеди.
Таярлаўшылар (исбилерменлер, сатыўшылар, орынлаўшылар)дың мәжбүрий сертификатластырыў қағыйдаларына әмел етиўи үстинен мәмлекетлик тексериў ҳәм қадағалаўды «Өзстандарт» агентлигиниң мәмлекетлик инспекторлары нызам ҳүжжетлеринде белгилеп қойылған тәртипте әмелге асырады.
Сертификатланған өним, сапаны басқарыў системалары, өндирис, аккредитация етилген сынаў лабораториялары (орайлары), сертификатластырыў органлары үстинен қадағалаў тәртибиндеги тексериўди сапа бойынша эксперт-аудиторлар «Өзстандарт» Агентлиги тәрепинен белгиленген тәртипте әмелге асырады.
Ҳәр қандай өним норматив ҳүжжетлердиң талапларына муўапық екенлигин тастыйықлаў ушын ол юридикалық ҳәм физикалық шахстың интасы менен ықтыярый сертификатластырыўдан өткерилиўи мүмкин.
Ықтыярый сертификатластырыўды «Өзстандарт» Агентлиги белгилеген тәртипте аккредитация етилген юридикалық ҳәм физикалық шахслар әмелге асырыўға ҳақылы. Ықтыярый сертификатластырыў системалары қағыйдалары ҳәм тәртибин аккредитация етилген органлар «Өзстандарт» Агентлиги менен келискен ҳалда белгилейди.

Download 1,62 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish