147
лы айтылған. Қорасан баба – қарақалпақ халқының
бас пири. Ислам динин үгит-нәсиятлағаны ушын
Қорасан бабаның әўладлары да «хожа» деген
ҳүрметли атаққа ийе болып, ҳәзирге шекем пир ту-
тылып киятыр.
Халықтың әўлийелерге, әрўақларға сыйыныўы –
ертедеги анимистлик түсиниклер менен барып бай-
ланысады. Бул дәстүр халық дәстанларында да
сәўлеленип қалған. Дәстан қаҳарманларының ата-
аналары да бир тырнаққа
зар болып, әўлийеден
әўлийе қоймай түнеп, пирлерден мәдет тилеп, өткен
бабаларға сыйынады ҳәм солардың аян бериўи ме-
нен
туўылажақ
перзентиниң
атын
қояды.
Алпамыстың, Қобланның дүньяға келиўи де усын-
дай ғайрытәбийий қубылыслар менен байланысты-
рылады. Балаға да усылай «ат-айдар» бериледи.
«Ат-айдар» уғымы халықлық лексикада «ат-
атаў» түринде де қолланылады. Бул сөзлердиң
екинши компонентиндеги «айдар», «атаў» лексема-
лары «лақап» яки «жарнақ ат» мәнисин емес, ал
ҳәзирги түсиниктеги «фамилия» дегенди аңлатады.
Халық тарийхындағы атақлы инсанлар исмине бай-
ланыслы
айтылатуғын
«Алламыз
берген
бу
баланың аты-айдары Аллаберген Әзизлан болғай!»,
«Пирлер нәпесинен дөреген баламыздың аты-атаўы
Хожалепес Сырлан болсын!» деген аңыз сөзлерден
ат қойыўдағы усы нызамлылықты түсинемиз.
«Ат-айдар» яки «ат-атаў» түсинигин тиркеп
айтыў дәстүри көбинесе шынжырлы әўладларда
сақланып
келген.
Алайық,
Қоблан
батыр
туўылғанда оған «Қубыл Қубылан»
деген ат-айдар
берилген болса, Қарақум ийшанның шын аты-заты
«Қутлыхожа Бухарлан», ал Шаңқай жыраўдың
ҳақыйқый ат-атаўы «Досмуҳаммед Орлан» деп
аталған. Қарақалпақ халқының әўладлық исмлери-
не, яғный, фамилияларына тиркелип айтылатуғын
дәстүрий
«лан»
қосымтасы
«улан»
сөзиниң
қысқарған түри болып, ол «уғлан» түсиниги
менен
қатар, «туқым», «урпақ», «зүрият» уғымларын да
аңлатады.
Ат-атаўды
қосып
айтыў
дәстүри
қарақалпақлардың
мысалға
алынған
айырым
қатламларында ҳәзир де усылай қолланылып кел-
мекте.
Перзентке азан шақырылып, ат қойыў – түрки
халықлары
ушын
ортақ
дәстүр.
Қарақалпақ
халқында бала ушын уламаларға китап аштыртып
яки шежире билимданы саналған жыраўларды
шақыртып ат қойдыртыў әдети болған. Соның ме-
нен бирге, биринши перзент туўылғанда – ат
қойыўды баланың дайы журтына усыныс етиў
дәстүри де сақланған. Бул салтқа байланыслы
көплеген
үрп-әдетлер
менен
ырым-сырымлар
атқарылады. Халық турмысында бала туўылмастан
алдын «ат таңлаў» үрдиси де ушырасып турады.
Ҳәттеки, туўыла сала шетинеп қалған балаларға да
ат қойылып шығарылады. Олар «ушпақы», яғный
«жәннетий» деп аталады.
Қарақалпақ халқының перзентке ат қойыўдағы
дәстүрлери қоңсылас халықлардан айырылып тура-
ды. Бундай өзгешеликлер Аралбойы ҳәм Бухара
қарақалпақларының
салт-санасында
айқынырақ
көринеди. Әсиресе, ул бала менен қыз баланың
атын қойыўда да белгили шәртлер бар. Усыған бай-
ланыслы «Улдың аты уйқас, қыздың аты қыйғаш»
деп айтылады. Егер, ул баланың аты бир-бирине
уйқасса, оның кейниниң де бала болыўы үмит ети-
леди.
Қызалаққа
берилетуғын
исмлердиң
уйқастырылмаўы,
олардың
соңының
да
қыз
болыўын шеклеў болып табылады. «Адамның
тәғдири оның аты менен шерик», «Инсанның неси-
беси
өз
исмине
қарай
бериледи»
деген
түсиниклерде де ат қойыўға байланыслы ҳәрқыйлы
исенимлер жәмленген.
Аралбойы ҳәм Бухара қарақалпақларында пер-
з ентке
а т
қойыў
дә стүр и
өз ине
тә н
этнофольклорлық өзгешеликлерге ийе ҳәм бул
салттың атқарылыўында жергиликли өзиншеликлер
де белгили дәрежеде сақланған.
Шығыс
халықларында
бесик
қурылмасы
«муқаддес мүлик» сыпатында қәдирленеди. Бала
бесигиниң қәдир-қымбаты ҳаққында дөретилген
аңыз-әпсаналар, тарийхый гүрриңлер, жумбақлар
менен нақыл-мақаллар, дәстүрий қосықлар ҳәм
ыр ым - с ыр ым л а р
б ул
бо йы нша
ба ҳ а л ы
мағлыўматларды береди. Түрки халықлары, соның
ишинде
қарақалпақ
фольклоры
да
бундай
материалларға бай. Бизиң соңғы ўақыттағы Арал-
бойы ҳәм Бухара қарақалпақлары арасында алып
барған бирнеше жыллық изленислеримиз түп мил-
лий қәдириятлар қатарында бесик ҳаққындағы
түсиниклеримизди де кеңейтти ҳәм бесиктаныў
мәселесиндеги жаңаша пикирлерди жүзеге келтирди.
Бесик – баланың гигиеналық жақтан таза ҳәм
жыйнақы болыўы ушын ең қолайлы және ең жайлы
маслама.
Пәклик
ҳәм
азадалық
гиреўи
болғанлықтан оны «ақ бесик» деп те атайды.
Қарақалпақ ҳәййиўлериндеги:
Айя, айя – ақ бөпе,
Ақ бесикте жат бөпе,
Ағаң келсе – қой сояр,
Ас пискенше жат бөпе
, - деген қатарлардан усы
пикиримизге мысаллар табамыз [Адж., 2007].
Do'stlaringiz bilan baham: