Joqarı nerv iskerliginin’ tipleri
Nerv sistemasının’ sha’rtli reflektor iskerligi onın’ individual qa’siyetine baylanıslı. Al nerv sistemasının’ individual qa’siyeti individumnın’ na’sil o’zgesheliklerine h’a’m onın’ o’mir ta’jireybesine baylanıslı. Bul qa’siyetlerdin’ jıyındısı joqarı nerv iskerliginin’ tipleri delinedi.
Nerv qublıslarının’ qa’siyetleri. İ.P.Pavlov nerv qublıslarının’ u’sh qa’siyeti joqarı nerv iskerliginin’ tiplerin anıqlap beredi dep esaplag’an. (nerv sistemasının’ tipleri).
Bul qa’siyetlerge: Ku’shi, yag’nıy nerv sistemasının’ ku’shli titirkendiriwshi-lerge to’tepki beriw (qarsı turıw) qa’siyeti. Ol nerv kletkalarının’ shıdamlılıg’ı h’a’m isshen’ligi menen xarakterlenedi.
Teppe-ten’liligi (uravnoveshennost) qozıw h’a’m tormozlanıw qublıslarının’ qatnası menen xarakterlenedi.
Jıldamlılıg’ı (podvijnost) qozıw h’a’m tormozlanıw qublıslarının’ almasıw tezliginin’ ko’rsetkishi retinde qaraladı.
Темперамент - инсан хызметинде оның нерв системасы типиниң айқынласыўы. Бул жекке адамдағы нерв процесслериниң күши, (мувозанати) теңлиги (ровновесие) ҳәм ҳәрекетшеңлиги мәлим болатуғын индивидуал психологиялық айырмашылықлардан ибарат. Нерв системасының типлерин темпераменттиң физиологиялық тийкары түринде түсинген усы тағлиматтың тийкарын салыўшы И.П.Павлов. Адам мийи пүтин бир нәрсе сыпатында ислейди. Оны пайда етиўши клеткалар өзлериниң атқаратуғын функцияларына бола орайға байланысқан.
Нерв орайы - бул мий қабығының айырым бөлекшеси емес ал функционал өз-ара тәсирде болған мәлим бөлеклердиң бирқаншасының жыйынтығы есапланады. Айырым бир нейронда яғный нерв клеткасында пүтин бир группасында ямаса нерв орайларында еки қарама-қарсы ҳәм актив процессс қозғалыў ҳәм тормызланыў өз-ара қоспалы тәсирде пайда болады. Бунда мий участкасының қандайда биреўиниң қозғалыўы басқа участкалардың тормозланыўына алып келеди. қозғалыў ҳәм тормозланыў процесслери бир-бири менен теңлескен болыўы яки характерли қозғалыў, яки керисинше тормозланыўды баянлаған ҳалда бири-екиншисинен аз яки көп дәрежеде үстинлик етиўи мүмкин. Олар ҳәр қыйлы жағдайда, ҳәр қыйлы күш пенен пайда болыўы, бир орайдан екиншисине түрли дәрежедеги жеңиллик пенен өтиўи ҳәм бир орайдың өзинде бири екиншиси менен алмасыўы яғный ҳәрекетшеңликтиң түрли дәрежесине ийе болыўы мүмкин.
Адамның белгили дәрежеде турақлы психикалық айырмашылығы болған темперамент адамның жүрис-турысында, ҳәрекетлеринде ойлаў хызметиниң айырмашылықларында көзге түседи. Темперамент адамның пүткил жүрис-турысына ҳәм минез-қулқына индивидуал түс береди.
Темперамент - бул адамның психикалық процесслери жүзеге келиўи динамикасында, улыўма ҳәрекетшеңлиги ҳәм эмоционал қозғалыўшаңлығында жүзеге шығатуғын индивидуал айырмашылықлар. Бул айырмашылықлар жоқарғы нерв хызмети типи, қозғалыў ҳәм тормозланыў процесслериниң пайда болыўы ҳәм өз-ара мүнәсебети менен белгиленген. Темпераментти тийкарғы төрт типке ажыратады: Холерик, сангвиник, флегматик ҳәм меланхолик.
Холерик темперамент - теги адамлар жаўынгер, йошлы, аңсат ҳәм тез тәсирленетуғын тип» деп жазған еди И.П.Павлов. Турмыста холерик темперамент мынадай бағдарда гезлеседи. Холерик темпераментли киси бир тәрептен бир иске зор инта менен кирисиўи мүмкин, екинши тәрептен гейде күтә әҳмийетсиз себеплерге бола онда тосаттан жаман кейфият, барлық нәрсеге бийпарўалық пенен қараў босасыўшылық пайда болыўы да мүмкин.
Холерик темпераментли адамның ис-ҳәрекетлери тасқын, йошлы болады. Егер жумыс оны қызықтырса ол өз дыққатын тез топлап алыўы мүмкиншилигине ийе. Сезим-туйғы тәрепинен холерик тез қозғалыўшаңлығы, зор ғалаўытланыўшылығы менен ажыралып турады.
Холерик темпераменттиң пайда болыўы көпшилик ўақытта адамлардың қызығыўшылығына, адамның тутқан бағдарына байланыслы. Холерик темперамент жәмийет мәплери менен жасайтуғын адамлардың басламасында, күш-ғайратында, принципиаллығында пайда болады. Руўхый байлықларға ийе болмаған турмыс шариятларында холерик темперамент көбинше унамсыз тәрептен бос қыял, әрман етиў менен байланысады.
Сангвиник темперамент - ҳәрекетшең, жаңа шәриятларға тез бейимлескиш, адамлар менен тез тил табысып кете алады.
Сангвиниктиң сезим-туйғылары аңсат пайда болады ҳәм өзгереди. Мимикасы бай, ҳәрекетшең баянлап бериўшилиги күшли. Ол қуўнақ, егер қайғылы ўақытлар болса да көбинше қуўнақ жүреди. Бирақ онда бул кейфиятлар тез өтип кетеди. Сангвеникте ўақытша байланыслар тез ҳәм аңсатлық пенен пайда болады, динамик стериотиптиң бузылыўы ҳәм қайтадан пайда болыўы аңсат жүзеге келеди.
Сангвиникте турақлы мақсет, терең пикир, творчестволық мийнет болмаған жағдайда онда жүзегейлик ҳәм турақсызлық пайда болады. Дурыс тәрбия бериў нәтийжесинде сангвеникте шаққанлық ҳәм меҳрибанлық, кең билим шеңбери, эрудиция (ақыл) аңсатлық пенен пайда етиў мүмкин.
Флегматик темперамент - ли адамларда шәртли рефлекслер әстелик пенен пайда болады. әдетте флегматик мөмин, жуўас болады. Оның ашыўын келтириў қыйын. Бирақ бул темпераменттиң өзине тән белгиси турмыста түрлише мәлим болады. Айырым жағдайларда флегматикте унамлы белгилер: өзин тута билиўшилик, салқынқанлық, пикир тереңлигин тәрбиялаў мүмкин. И.А.Крылов усындай флегматик темпераменттеги адам болған.
Гейпара жағдайларда флегматик темпераментли адамларда пассивлик, әтираптағы нәрселерге бийпарўалық пенен қараў, жалқаўлық ҳәм ийи бослық жағдайлары да пайда болыўы мүмкин. И.А.Гончаров дөреткен Обломов образы буған мысал.
Меланхолик темперамент - тиң реакциялары көбинше қозғаўшының күшине туўры келмейди. Бунда сыртқы тормозланыў айрықша күшли. Усы себепли меланхоликтиң дыққатын басқа жаққа бурыў аңсат. Ол барқулла дыққатын бир объектке топлап тура алмайды. Көпшилик жағдайда күшли тәсир меланхоликте даўамлы тормозланыў реакцияларын пайда етеди. Меланхолик турмыста жаңа шәриятқа түсип қалғанда өзин күтә жойтып қояды. Онда сезимлер күтә әстелик пенен пайда болады.
Турмыста нормал шәриятларда ҳәм дурыс тәрбия нәтийжесинде меланхолик әҳмийетли, мәнили турмыс ўақыяларына аңсатлық пенен төзе алатуғын адам болып шығады. Н.В.Гоголь меланхолик адамлар тайпасына кирген. Меланхолик надурыс тәрбия нәтийжесинде, әсиресе руўхый езилген ўақытлары ол адамларға араласпайтуғын, тартыншақ, қорқақ кисиге айланыўы мүмкин.
Усыны да ядта тутыў керек, адам минезinin’ ayırmashılıqlarına qarap barqulla temperamentti anıqlaw mu’mkin bola bermeydi, sebebi temperament belgileri turmıs sha’riyatları h’a’m ta’rbiya ta’sirinde xarakter belgileri menen nıqaplanıwı mu’mkin. Balalarg’a ta’lim-ta’rbiya beriw protsessinde bunı inabatqa alıw ayrıqsha a’h’miyetli.
Temperamenttin’ fiziologiyalıq tiykarların anıqlaw ku’ta’ erteden-aq dıqqatqa ılayıq edi. B.e. deyingi V-VH a’sirde jasag’an grek alımı Gippokrit temperament adam organizminde qan, qaqırıq shılımshıq zat (mokrota) qara o’t h’a’m sarı o’t qubılıslarına baylanıslı dep sheshken. Bulardın’ h’a’r biri o’z ayırmashılıqlarına iye bolıp sarı o’ttin’ qa’siyeti - denedegi qurıqlıqtı saqlaw, qannın’ qa’siyeti, - ıssılıe. Bunın’ isi organizmdi ısıtıp turıu. qara o’ttin’ qa’siyeti denedegi la’mlikti saqlap turıu. Al mokrota - shılımshıq zattın’ qa’siyeti suyıqlıe. Deneni suwıtıp turıwshılıe. Gippokrattın’ pikirinshe adamda usı to’rt zattın’ biri ko’birek u’stin turadı. Bul aralaspa latınsha temperamentlerden qaysısı u’stin, ko’p bolıwshılıg’ına qarap adamlar temperament jag’ınan h’a’r qıylı boladı. Xolerikte sarı o’t u’stin, sangveniklerde - qan. Melanxoliklerde - qara o’t, flegmatiklerde shılımshıq zat u’stin boladı dep ko’rsetedi. Gippokrattın’ usı to’rt tu’rli zatlardın’ aralaspası h’aqqındag’ı ta’g’liymatınan kelip shıqqan temperament so’zi a’yyemgi zamanlardan beri h’a’zirde saqlanıp keliwde.
Temperament ayırmashılıqlarının’ ilimiy sebepleri İ.P.Pavlovtın’ joqarg’ı nerv xızmeti tipleri h’aqqındag’ı ta’g’liymatında ashıp berilgen.
Do'stlaringiz bilan baham: |