Kirisiw. O’siw h’a’m rauajlanıwdın’ ulıwma nızamlıqları. Реже: Adam organizminin’ bir pu’tinligi



Download 4,78 Mb.
bet4/65
Sana05.07.2022
Hajmi4,78 Mb.
#743009
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   65
Bog'liq
1-8-temalarlekciya

Tayanısh-h’a’reket apparatının’ jas o’zgeshelikleri h’a’m gigienası.


Лекцияның жобасы
1. Ҳәрекет тирек - таяныш аппаратының әҳмийети.
2. Адам скелетиниң дүзилиси.
3. Геўде скелети, омыртқа бағанасы.
4. Көкирек клеткасы сүйеклери.
5. Аяқ скелети
6. Қол скелети
7. Бас скелети
Тирек - таяныш сөз дизбеклери
Органикалық, анорганикалық, остеология, синдесмология остоецитлер, Говерс пластинкалары, оссеин, оссемукойд, диафиз, эпифиз, перехондраль, остеоцит, лордоз, кифоз, сколиоз, шын жалған ҳәм жетим қабырға, акрамион, латериал, медиал, дистал, проксимал, фаланга, сесама тәризли сүйек, Вит «Д» бирлемши сүйеклениў, екилемши сүйеклениў.
Ҳәрекет органлары туўрысында улыўма түсиник.
Ҳәрекет органлары системасына скелет, сүйеклер, байламлар ҳәм мускуллар жатады. Олар эмбрионның орта қабатынан раўажланады ҳәм денениң тийкарғы бөлими - соманы пайда етеди. Сүйеклер байламлар ҳәм буўынлар ҳәрекет органлары системасының актив болмаған (пассив) элементлери.
Ҳәрекет аппаратының актив бөлими мускуллар есапланады. Сүйеклер туўрысындағы тәлиймат остеология мускуллар туўрысындағы тәлиймат миология, сүйеклердиң бир-бири менен қосылыўы туўрысындағы тәлиймат синдесмология деп аталады.
Скелет ҳәм оның әҳмийети. Скелет организм сүйеклериниң комплекси жыйындысы болып, организмниң қатты негизин пайда етеди. Скелет мезенхимадан раўажланады ҳәм тийкарынан механикалық хызметти өтейди.
Скелет 200 ден аслам сүйеклерден қуралған болып, денениң таянышы есапланады ҳәм пассив ҳәрекет қылады. Скелеттеги бөлек-бөлек сүйеклер биригип органлар жайласатуғын бослық пайда етеди ҳәм оларды ҳәр қыйлы тәсирлерден қорғайды. Мысалы: Мий қутысында бас мий, омыртқа каналында арқа мий көкирек клеткасында жүрек, өкпе ири қан тамырлары жайласқан. Буннан басқа сүйеклердиң кемик (қызыл кемик) бөлиминде қанның формалы элементлери ислеп шығарылады. Скелет сүйеклери минерал дузлар алмасыўында қатнасады.
Сүйек (ОS) тиң дүзилиси. Сүйек бириктириўши тканнан қуралған болып нерв талалары ҳәм қан тамырлар менен тәмийинленген орган есапланады. Сүйек тканы қатты бириктириўши ткан болып, сүйек клеткалары остеоцитлерден қуралған. Сүйек клеткаларында көп өсиклер болып, олар бир-бирине қосылыўынан өз алдына пластинкалар Говерс пластинкалары пайда болады. Бул пластинкалардың тәртип пенен мингесип жайласыўынан Говерс үстиншилери - минарлары пайда болады. Олардың иши геўек болғанлықтан Говерс каналлары делинеди. Бул каналларда қан тамырлар ҳәм нерв талалары жайласады. Ҳәр қандай сүйектиң үстиңги бөлиминде сүйек клеткалары тығыз жайласып, сүйектиң қатты (компакт) қабатын пайда етеди. Бул қабат астындағы клеткалар сийрек жайласқан болады. Олар қурамалы дүзилген болып сүйектиң беккемлигин асырады. Бул қабат геўек қабат делинеди. Ол узын сүйеклердиң еки ушында жақсы көринеди. Геўек зат аралықларында сүйек мийи жайласқан көп муғдардағы жиңишке сүйеклерден дүзилген. Геўек зат сүйек тосықларының жайласыўы ҳәм бағдары жүдә нызамлы түрде болады ҳәм адам денесинде сол сүйектиң жайласыўына ҳәм сол сүйекке мускул тартыў күшиниң тәсир етиўине байланыслы болады. Жалпақ сүйеклердиң айырым бөлимлеринде мысал ушын көкирек сүйегинде бул қабат болмайды.
Узын сүйеклердиң ишинде сары сүйек мий сақланады. Базы бир сүйеклердиң иши геўек болып бул олардың беккемлилигин ҳәм жеңиллигин тәмийинлейди.
Сүйеклердиң үстиңги бөлими беккем бириктириўши тканнан дүзилген сүйек үсти пердеси менен қапланған болып, оннан сүйеклерге қан тамырлар ҳәм нервлер өтеди. Булар сүйеклердиң азықланыўында ҳәм өсиўинде үлкен әҳмийетке ийе.
Сүйеклердиң химиялық қурамы: Сүйек органикалық ҳәм органикалық емес затлардан дүзилген. Органикалық емес затларға: кальций, фосфор, магний ҳәм басқа минерал дузлар киреди. Сүйек органикалық емес затының 95% тиң калцийли дузлар қурайды. Сүйектиң қурамындағы оссейн ҳәм оссемукойд деген органикалық затлар болып олар себепли сүйек эластикалық қәсийетке ийе. Кеўдирилген ҳәм майсызландырылған сүйеклердиң 70% тин минерал дузлар 30% тин органикалық затлар қурайды. Органикалық ҳәм органикалық емес затлардың араласпасы сүйектиң беккемлилигин тәмийинлейди. Сүйектиң беккемлилиги мыстың қаттылығына жақын турады. Мысалы: тик қойылған сан сүйеги 1500 кг, тик қойылған үлкен балтыр сүйеги 1800 кг жүк көтереди. Сүйектиң қурамында химиялық затлар барлығын гүзетиў ушын жиңишке сүйек 10-15% ли сульфат кислотаға түсирилсе, дузлар ерип кетип, органикалық бөлими қалады. Бундай сүйек резина тәризли эластик болады. Егер сүйек күйдирилсе органикалық заты жанып органикалық емес бөлими қалады. Бундай сүйек морт болады. Жас организмниң сүйеклеринде органикалық затлар көп болады, жас минген сайын органикалық емес затлардың муғдары көбейип, органикалық затлар кемейип барады.
Адам скелетинде сүйеклердиң көриниси ҳәм үлкен кишилиги ҳәр қыйлы болады. Узын, қысқа ҳәм жалпақ сүйеклер ажыратылады. Қол ҳәм аяқ скелети тийкарынан денеси ҳәм еки ушы болған най - тәризли узын сүйеклерден дүзилген. Узын сүйеклердиң денеси диафиз ушлары эпифизлер деп аталады.
Жалпақ сүйеклер кең лента тәризли ҳәм басқа да көриниске ийе болып, оларда сүйек иши геўек бөлими кем ушырайды. Жалпақ сүйеклер көкирек клеткасында ҳәм мий қутысында болады.
Аралас сүйеклер бел гили бир формаға ийе емес. Ҳәр бир бөлими ҳәр қыйлы көринисте болады. Буларға шеке сүйеклери, омыртқалар мысал болады. Булардан басқа скелетте, бослықларында ҳаўа сақланатуғын пневматик сүйеклер ушырайды. Мыс: Гелле сүйегиндеги жоқарғы жақ, маңлай сүйеги ҳәм т.б. жатады.
Скелетте базы бир майда ҳәм еркин сүйеклер болып, олар сесама тәризли сүйеклер деп аталады. Мыс: дизе қақпағы сүйеклери ҳәм т.б.

Download 4,78 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   65




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish