Адам скелетиниң дүзилиси Адам скелети тийкарынан үш топарға: Геўде скелети, қол - аяқлар скелети, ҳәм гелле скелетине бөлип үйрениледи. Геўде скелети Геўде скелетине омыртқа бағанасы ҳәм көкирек клеткасы сүйеклери жатады. Омыртқа бағанасы Омыртқа бағанасы (columna uerfebralis) адам скелетиниң ҳәмме бөлиминиң тийкарғы таянышы есапланады. Омыртқа бағанасы жаңа туўылған балаларда бираз ийилген оқ жай түринде болса, үлкен адамларда латынша S ҳәрибине усайды. Омыртқа бағанасы 33-34 омыртқаның биригиўинен пайда болып узынлығы 70-90 см қурайды. Омыртқалар шемиршеклер жәрдеминде биринен кейин бири сегментлер пайда етип биригеди. Олар жоқарыдан төменге қарай майдаланып барады, лейкин қуйымшақ омыртқалары адамда рудимент ҳалда болады. Омыртқа бағанасы, 7 мойын омыртқасы, 12 көкирек омыртқасы, 5 бел омыртқасы, 5 сегизкөз омыртқасы ҳәм 4-5 қуйымшақ омыртқаларының жыйындысынан дүзилген. Омыртқа тесиклери бирлесип омыртқа бағанасы каналын пайда етеди. Оның ишинде арқа мий жайласады, омыртқа бағанасының мойын, бел бөлимлери алдынға бираз бөртип шыққан болып лордоз делинеди. Көкирек ҳәм сегизкөз бөлимлери арқаға бөртип шаққан болып кифоз делинеди. Мойын лордозы бала 1,5-2 айлығында мойыны услап баслаўы менен пайда болады. Бел лордозы 11-12 айлықта бала тик турыўы ҳәм мәлим дәрежеде жүре баслаўы менен қәлиплесип барады. Бел лордозы сегизкөз кифозының қәлиплесиўине себеп болады. Базы бир жағдайларда бала партада натуўры отырыўы, наўқасланыўы, жарақатланўы ҳәм мийнет сабақларында гигена қағыйдаларына әмел қылмаўы нәтийжесинде омыртқа бағанасы жоқарыдағы тәбийғый ийилиў-лерден басқа қаптал тәрепке ийилиўи мүмкин. Бул сколиоз делинеди. Омыртқа бағанасы организмниң оқ скелети есапланады. Бала қәдди - қәўметиниң келисикли болыўында, омыртқа бағанасының туўры раўажланыўында гимнастика шынығыўлары, балалардың партада туўры отырыўы мийнет сабақларында организм жағдайын (позосын) өзгертип турыўы үлкен әҳмийетке ийе. Омыртқа бағанасындағы омыртқалар шемиршек дисклер жәрдеминде бир - бирине ҳәрекетшең биригеди. Омыртқаларара шемиршеклер ийилиўшең бел бөлиминде қалыңырақ болады. Омыртқалардың буўын өсимтелери бир - бири менен буўын пайда етип биригеди. Балалардың омыртқа бағанасы жүдә ийилиўшең болады. Оның бел бөлими басқа бөлимлерине қарағанда ҳәрекетшең болып онда бүгиў жазыў, шепке онға аўыў ҳәм бурылыў ҳәрекетлери иске асады, себеби бул бөлимниң омыртқаларында диск қалың болыўы менен бирге әтирапында сүйек тосық жоқ. Үлкен адамларда сегизкөз ҳәм қуйымшақ сүйеклери биригип кеткен болады. Омыртқа Омыртқа cүйек халқадан ибарат болып алдынғы бөлими жуўанласқан, бул оның денеси есапланады. Арқа бөлими шиңишке шеңбер тәризли болады. Омыртқаның денеси менен арқа бөлими қысылып омыртқа тесигин пайда етеди. Омыртқа тесиклери бир - бири менен қосылып омыртқа каналын пайда етеди. Омыртқа каналында арқа мий жайласады. Омыртқаның арқа бөлиминең 7 өсимте: бир арқа яки өткир қырлы өсимте 2 қаптал кесе өсимте 2 жоқарыға ҳәм 2 төменги буўын өсимтелери шығады. Омыртқаның денеси менен өсимтелери арасында омыртқа кесиги болып олардың қосылыўынан омыртқаларара тесик пайда болады. Омыртқаларара тесиклерден арқа мий нервлери шығады. Мойын омыртқалары буўын өсимшелери қыйсық, арқа өсимшелери айры түринде, омыртқа тесиги үшмүйешли майда ҳәм қаптал өсимтесинде қаптал тесик болыўы менен басқа омыртқалардан парқ қылады. Мойынның биринши омыртқасы атлант екинши омыртқасы аксис делинеди. Атлант халқа түринде болып денеси ҳәм өткир өсимтеси болмайтуғынлығы менен мойынның басқа омыртқаларынан парқ қылады. Атлантта арқа ҳәм алдыңғы ярым шеңберлер болып оларда алдынғы ҳәм арқа домбақлар бар. Омыртқа тесиги басқа омыртқалардикинен үлкенирек. Аксис яки екинши мойын омыртқасы тис тәризли өсимшеси болыўы, жоқарғы буўын өсимшелери болмаўы менен мойнының басқа омыртқаларынан парқ қылады. Мойын омыртқасының арқа өсимшеси узын, жуўан ҳәм екиге айырылмаған болып тири адамда тери астында билинип турады. Көкирек омыртқалары 12 болып 1-12 шекем ириленип барады. Омыртқа тесиги домалақ болады. Көкирек омыртқалары денесинде қабырғаның басы келип биригиўи ушын ҳәм қаптал өсимшесинде қабырға томпағы биригиўи ушын буўын жүзелери болады. Арқа өсимшеси узын, ушы қырлы болып, төменги бир- бириниң үстине мингесип турады. Бел омыртқалары - адам денесиндеги ең үлкен омыртқалар. Олар бесеў болады. Бел омыртқаларының денеси көкирек ҳәм мойын омыртқаларының денесинен үлкен болып лобия түрине ийе. Бел омыртқаларының арқа өсимтелери жалпақ пластинка формада болып, қаптал өсимтелери жиңишке, узын, буўын өсимтелери болса сагитал жайласқан. Биринши мойын омыртқасынан бесинши бел омыртқасына шекем омыртқалардың денеси үлкейип барады. Омыртқа бағанасындағы 7- мойын омыртқасы 1-көкирек омыртқасына 12- көкирек омыртқасы 1-бел омыртқасына усайды. Сегизкөз сүйеги (оs sасrnm) үшмүйешлик түринде адамның жаслық дәўиринде айырым омыртқалардан ибарат болады, кейинала олар бирлесип, бир пүтин сегизкөз сүйегин пайда етеди. Сегизкөз сүйегиниң жоқарғы тәрепи кең болып тийкары, ал төменги тәрепи тар болып ушы делинеди. Қаптал тәрепинде қулақтәризли буўын жүзи жайласқан. Сүйектиң алдыңғы ҳәм арқа тәрепинде сегизкөз тесиклери болады. Бул тесиклер омыртқа оймаларының қосылыўынан пайда болады. Омыртқалардың арқа өсимте-лериниң биригиўинен сегизкөздиң орта қыры, қаптал өсимтелериниң бирлесиўинен сегизкөздиң буўын қыры пайда болады. Омыртқа тесиклери бирлесип сегизкөз каналын пайда етеди. Сүйектиң жоқарғы арқа тәрепинде бир жуп буўын өсимтеси жайласқан. Усы өсимте менен 5-бел омыртқасы биригеди. Қуйымшақ омыртқалары адамда 4-5 болады олардың биригиўинен қуйымшақ сүйеги пайда болады. қуўымшақ сүйеги адамларда рудимент халда болып тек денеси ҳәм киши қаптал өсимтеси сақланған.