Этиканың предмети ҳәм оның жәмийеттеги әҳмийети



Download 1,03 Mb.
bet10/11
Sana22.02.2022
Hajmi1,03 Mb.
#114204
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11
Bog'liq
Eтиka - Eстетикa-логика

Ой-жуўмағы


1. Ой-жуўмағы, оның дүзилиси ҳәм тийкарғы түрлери
2. Дедуктивлик ой-жуўмағы ҳәм оның тийкарғы түрлери
3. Индуктивлик ой-жуўмағы ҳәм оның тийкарғы түрлери
4. Аналогия, оның дүзилиси ҳәм тийкарғы түрлери

Ой-жуўмағы деп белгили пикирлерден, яғный тийкарлардан логика нызамларына бойсынған ҳалда жаңа пикир, яғный жуўмақтың алыныўын сәўлелендириўши ойдың формасына айтылады. Бул пикирлердиң айрымлары бизге белгили болса, ал айрымлары бизге белгисиз жаңа пикирди береди. Сол себепли ой-жуўмағы деп пикирлердиң бир пүтин жыйнағына, пикирлердиң тәртиплестирилген көплигине айтылады. Ой-жуўмағы тийкарлардан, жуўмақтан ҳәм тийкар менен жуўмақтың арасындағы логикалық байланыстан турады. Ҳәр қандай ой-жуўмағында белгили пикирлер арқалы берилетуғын информация посылкалар (тийкарлар) деп, ал логикалық жол менен тийкардан алынатуғын жаңа пикир - жуўмақ деп аталады. Белгили тийкарлардан жаңа жуўмақтың алыныўына өтиў процессин, яғный тийкар ҳәм жуўмақ арасындағы байланысты логикалық избе-излик деп атаймыз. Бул айтылған мазмунды төмендегише улыўма схема түринде көрсетиўге болады.


А
В
С
.
.
1
А, В, С .. берилген белгили тийкарлар
1 - жаңа ой-жуўмағы.
Бул жерде тийкарлар да, жуўмақ та пикирлер түринде бериледи. Ал логикалық избе-изликти болса логикалық байланыс деп те, логикалық жуўмақ деп те, логикалық өтиў деп те атайды. Логикалық избе-изликти басшылыққа алыўды төмендеги формула менен бериўге болады: А -> В (бул логикаға тийкарланған ҳалда ямаса логикалық жақтан келип шығады деген мәнини аңлатады).
А, В, С->1
Жоқарыда келтирилген мазмунға байланыслы "солай етип", "сол себепли", "буннан келип шығады" деген түсиниклер ой-жуўмақтың көрсеткиш белгиси болып табылады. Мысалы,
"Барлық адамлар(S) өледи (1) ". (S - 1).
" Азиза(S) -адам (P) ".(S -P).
Усыған тийкарланған ҳалда, сол себепли S ->1 болады. ("Азиза өледи").
Айрым жағдайларда ой-жуўмағында тийкар ямаса жуўмақ түсирилип қалыныўы да мүмкин. Мысалы, "Ҳәр қандай жынаят жуўапқа тартылады". ("Урлық жынаят"). "Урлық жуўапқа тартылады". "Урлық - жынаят" деген пикир түсирилип қалынған ямаса қысқартылған тийкар түринде берилген. Бундай жуўмақты энтимематикалық (яғный, бир пикирдиң қысқарылып қалыныўы түринде берилетуғын жуўмақ) жуўмақ деп айтыўға болады.
Логикалық избе-изликти басшылыққа алыў деп биринши пикирдиң ҳақыйқатлығы тийкарында екинши пикирдиң бәрқулла ҳақыйқат болыўын көрсетиўши пикирлер арасындағы қатнасқа айтылады. Олар "егерде р (тийкарғы шәрти) болса, онда 1 (логикалық нәтийже) болады" түринде бериледи. (р->1). Солай етип, логикалық байланыс логикалық нызамға бойсыныўды көрсетеди.
Ой-жуўмағының классификациясы
Ой-жуўмағын ҳәр қыйлы тийкарда классификациялаўға болады.
1) Методологиялық белгиси бойынша, яғный логикалық избе-изликти басшылыққа алыўдың бағдары бойынша ой-жуўмағы төмендеги түрлерге бөлинеди:
а) дедуктивлик ой-жуўмағы - улыўмалық билимнен дара билимге өтиў нәтийжесинде алынған ой-жуўмағы болып табылады.
б) индуктивлик ой-жуўмағы - жекелик билимнен улыўмалық билимге өтиў нәтийжесинде алынған ой-жуўмағы болып табылады.
в) анологиялық ой-жуўмағы - дара билимнен дара билимге өтиў нәтийжесинде алынған ой-жуўмағы болып табылады.
2) Логикалық белгиси бойынша, ямаса логикалық избе-изликти басшылыққа алыўдың қатаңлығын есапқа алыў дәрежеси бойынша ой-жуўмағын үлкен еки түрге бөлиўге болады.
а) демонстративлик ямаса зәрүрлик логикалық байланысы бойынша ой-жуўмағы, басқаша айтқанда, ой-жуўмағының бул түринде тийкардан жуўмаққа өтиў зәрүрлик характерге ийе болады.
б) итималлылық ой-жуўмағы ямаса демонстративлик емес ой-жуўмағы. Бундай ой-жуўмағында тийкардан жуўмаққа өтиў зәрүрлик қәсийетке ийе емес характерде болып, шынлыққа уқсаслық белгиси менен айрылып турады. Айрым жағдайларда буларды шынлыққа жақын ой-жуўмағы деп те атайды Бундай ой-жуўмағында логикалық өтиў, яғный тийкарлардан жуўмақтың алыныўы итималлылыққа бағдарланған ҳалда орынланады. Ой-жуўмағын биринши белгиси бойынша қараймыз.
Дедуктивлик ой-жуўмағы
Дедуктивлик ой-жуўмағы (дедукция термини латын тилинен алынып, келтирип шығарыў (выведение) дегенди аңлатады) деп улыўма билимнен дара билимге өтиў характери логикалық зәрүрликке ийе болған ой-жуўмағына айтамыз. Яғный тийкарлар менен жуўмақтың арасындағы байланыс формал логикалық нызамларды береди, сол себепли тийкарлар шынлыққа ийе болса, онда жуўмақ та ҳәмме ўақытта шынлыққа ийе болады. Дедуктивлик ой-жуўмағы ҳәр қыйлы болыўы мүмкин. Олардың ҳәр қыйлы болыўы тийкар ретинде қандай критерийдиң алыныўынан ғәрезли. Дедуктивлик ой-жуўмағын еки тийкар бойынша түрлерге бөлиўге болады.
1) Берилген пикирлерден жуўмақтың алыныўы пикирлер арасындағы логикалық байланыстың характери бойынша дедуктивлик ой-жуўмағын шәртли ой-жуўмақ, шәртли кескин ой-жуўмақ, бөлистириўши кескин ой-жуўмақ, шәртли бөлистириўши ой-жуўмақ түрлерине бөлиўге болады.
Шәртли ой-жуўмағы деп тийкары ҳәм жуўмағы шәртли пикирлер болған ой-жуўмағына айтамыз. Логикалық өтиў избе-излигиниң нәтийжеси тийкардың нәтийжеси болады деген қағыйдаға бойсынады. Шәртли ой-жуўмақ схемасы төмендегише бериледи:
Егер а, онда в
Егер в, онда с
Егер а, онда с
Бул схеманың символикалық жазылыўы:
(р ->1) . (1 ->4)
------------------
р ->4
Шәртли кескин ой-жуўмағы деп тийкарлардың биреўи шәртли пикир, ал басқа тийкарлар менен жуўмақ - кескин пикирлер болған ой-жуўмағына айтамыз. Бундай ой-жуўмағында екинши тийкар шәртли пикирдиң тийкары ямаса нәтийжеси менен сәйкес болыўы мүмкин ямаса бул шәртли пикир тийкардың яки нәтийжениң бийкарланыўы менен сәйкес болыўы мүмкин. Жуўмақта шәртли пикирдиң тийкары ямаса нәтийжеси менен, ямаса шәртли пикирдеги тийкар ямаса нәтийжениң бийкарланыў нәтийжеси менен сәйкесликке ийе болыўы мүмкин.
Бөлистириўши кескин ой-жуўмағы деп тийкарларының биреўи бөлистириўши пикир, ал екиншиси ҳәм жуўмақ кескин болған пикирлерден туратуғын ой-жуўмағына айтамыз. Бунда екинши тийкар бөлистириўши пикирдиң ағзаларының бири менен ямаса сол пикирдиң ағзаларының биреўиниң бийкарланыўы менен сәйкес болыўы мүмкин. Жуўмақта бөлистириўши пикирдиң ағзаларының бири менен ямаса оның бийкарланыўы менен сәйкесликке ийе болады.
Кескин бөлистириўши ой-жуўмағы деп тийкарлардың бири шәртли, ал басқасы - бөлистириўши пикир болған ой-жуўмағына айтамыз. Бундай ой-жуўмағы лемматикалық ой-жуўмағы деп те аталады.
Дедуктивлик ой-жуўмағын пикирлердиң ишки структурасына тийкарланған ҳалда (яғный кескин пикирлердиң дедуктивлик жуўмағы тийкарлардың санынан ғәрезлилиги бойынша) екиге бөлемиз. Биринши түри тиккелей ой-жуўмағы деп аталады, онда жуўмақ бир тийкардан алынады. Екиншиси қыя ой-жуўмағы деп аталады, онда жуўмақ еки тийкардан алынады.
Тиккелей ой-жуўмағында кескин пикир болып табылатуғын бир тийкардан ой-жуўмағы алынады (кескин пикир улыўмамақуллаўшы, улыўмабийкарлаўшы, дарамақуллаўшы, дарабийкарлаўшы атрибутивлик пикир болыўы мүмкин). Сол себепли тиккелей ой-жуўмағы тийкарды өзгертиўди талап етеди, ал жаңа билим (тийкарды өзгертиў нәтийжесинде алынған), яғный жуўмақ ой-жуўмағы болып табылады. Тиккелей ой-жуўмағына кескин пикирди өзгертиў, айландырыў, предикатқа қарсы қойыў, логикалық квадрат бойынша ой-жуўмағы киреди.
Кескин пикирди өзгертиўде сол пикирдиң сапасын өзгертиў предикатты оған қарсы болған терминге алмастырыў менен бирдей ўақытта алып барылады.
А. Барлық S -P болады.
Бирде S -Pемес болады.
3. Бирде S-P болмайды
Барлық S P емес болады
8. Айрым S-P болады
Айрым S-P емес болмайды.
9. Айрым S -P болмайды
Айрым S P емес болады.
Кескин пикирди өзгертиў операциясында субъекттиң берилген дәслепки пикирдеги предикатқа қарсы түсиникке қатнасын белгилеўге дыққат аўдарылады. Бундай операцияның жәрдеминде субъект предикатқа, ал предикат дәслепки пикирдеги субъектке айландырылады.
Айландырыў операциясы пикирлердеги терминлердиң бөлистирилиў қәдесине бойсынады. Бул қәде бойынша субъект улыўма пикирлерде бөлистирилген, ал дара пикирлерде бөлистирилмеген, предикат болса бийкарлаўшы пикирде бөлистирилген, ал мақуллаўшы пикирде бөлистирилмеген еди. Усы қәдеге байланыслы айландырыў әпиўайы айландырыў ҳәм тиккелей айландырыў болып екиге бөлинеди.
Әпиўайы айландырыў деп пикирлердиң санын өзгертпей айландырыўға айтамыз. Бундай усылда терминлердиң екеўиде бөлистирилген болса ямаса екеўиде бөлистирилмеген пикирлер болса айландырылады. Егерде дәслепки пикирде P бөлистирилмеген болса, онда ол жуўмақта (субъектке айланған ўақтында) бөлистирилген бола алмайды. Сол себепли оның көлеми шекленген. Бундай айландырыўды шекленгенлик менен айландырыў деп атаймыз.
Пикирлерди айландырғанда бир қәдеге тийкарланыўымыз шәрт - тийкарда бөлистирилмеген пикир жуўмақта бөлистирилген болыўы мүмкин емес. Себеби бул пикирде предикат бөлистирилген, сол себепли ол жуўмақта да бөлистирилген болыўы шәрт.
A. Барлық S P болады
Айрым S P болады
8. Айрым S P болады
Айрым P S болады
3. Бирде S P болмайды
Бирде P S болмайды
О. Дара бийкарлаўшы пикир айландырылмайды.
Предикатқа қарсы қойыўды предикатқа қарсы түсиниктиң дәслепки пикирдеги субъектке қатнасын анықлаў ушын қолланамыз. Яғный егерде, өзгертиў нәтийжесинде дәслепки пикирдеги предикатқа қарсы түсиникке субъекттиң қатнасы белгиленсе (S тиң P емеске қатнасы), ал айландырыў жәрдеминде предикаттың субъектке қатнасы белгиленсе (P ниң S ке қатнасы), онда предикатқа қарсы қойыўда жуўмақтың субъекти ретинде тийкардағы предикатқа қарсы турыўшы термин, предикаты ретинде тийкардың субъекти алып қаралады. Бундай ой-жуўмағында тийкарда, жуўмақта сапасы бойынша ҳәр қыйлы болады. Солай етип, предикатқа қарсы қойыў деп пикирлерди қайта өзгертиў жәрдеминде субъект ретинде предикатқа қарсы турыўшы түсиник, ал предикат ретинде дәслепки пикирдиң субъекти алып қаралатуғын ой-жуўмағына айтамыз.
Предикатқа қарсы қойыў өзгертиў ҳәм айландырыў операцияларының нәтийжеси ретинде алып қаралады, себеби дәслепки "S-P"ты өзгертиў жәрдеминде, "Sтиң P емеске" қатнасын аламыз. Өзгертиў жәрдеминде алынған пикирди айландырыў жәрдеминде "Pеместиң Sке" қатнасы пайда болады.
Предикатқа қарсы қойыўдың жәрдеминде алынған жуўмақ дәслепки пикирдеги санлық ҳәм сапалық көрсеткиштен ғәрезли болады. Предикатқа қарсы қойыўдың улыўма схемасы төмендегише:
Барлық S P болады-
Бирде P емес S болмайды.
Бирде S P болмайды-
Айрым P емес S болады.
Айрым S P болмайды-
Айрым P емес S болады.
Индуктивлик ой-жуўмағы
Дедуктивлик ой-жуўмағынан индуктивлик ой-жуўмағының парқы сонда, егерде дедуктивлик ой-жуўмағында тийкарлар менен жуўмақтың арасында логикалық өтиў қатнасы орын алса, индуктивлик ой-жуўмағында тийкарлар менен жуўмақтың арасындағы байланыс тийкарлардың тек жуўмақты мақуллаўшы түриндеги логикалық формалары жәрдеминде иске асырылады. Мақуллаўшы қатнастың белгиси- "╟", оқылыўы: мысалы, "Д╟В" Дның көп баянламаларын В баянламасы мақуллайды. Егерде Д баянламалары дурыс болса, онда Вның дурыс болыў (итималлылығы) дәрежеси жоқары болады.
Солай етип, индуктивлик ой-жуўмағы деп эмпирикалық улыўмаластырыў формасында, яғный жеке қубылысларда белгиниң қайталаныўы тийкарында оның қубылыслардың белгили класына тийисли екенлиги ҳаққында жуўмақ шығарыўшы ой-жуўмағына айтамыз.
Индуктивлик ой жуўмағының тийкарлары ретинде айрым қубылыслардың көпшилигинде турақлы қайталанатуғын белги барлығы ҳаққындағы тәжирийбе жолы менен алынған мағлыўматты сәўлелендиретуғын пикирлер (S1 S2..Sn) қаралады. Бул пикирлер бир классқа тийисли болыўы шәрт ҳәм ол төмендегише схемаға ийе.
Тийкарлар: S1 Pға ийе
S 2 Pға ийе
S n Pға ийе
S1 S2 Sn Kға тийисли
-------------------------------------------
Жуўмақ: K ниң ҳәр бир элементи Pға ийе.
Солай етип, индуктивлик ой жуўмағы тәжирийбелик изертлеўдиң нәтийжелерин улыўмаластырыўшы логикалық операцияларды береди.
Улыўмаластырыўшы индукция деп класстың жеке предметлери ҳаққындағы билимнен ямаса класстың подкласы ҳаққындағы билимнен класстың ҳәмме предметлери ҳаққындағы билимге ямаса класс ҳаққындағы билимге өтиўди тәмийинлейтуғын ой-жуўмағына айтамыз. Улыўмаластырыўшы индукцияның толық ҳәм толық емес түрлерин бөлип көрсетиўге болады.
Толық индукция деп класстың жеке предмети ҳаққындағы билимнен класстың ҳәмме предметлери ҳаққындағы билимге өтиўши ой жуўмағына айтамыз. Ямаса белгили класстың, қубылыслардың ҳәр биринде белгиниң қайталаныўы тийкарында бул белгиниң қубылыслардың ҳәмме классларына тийислилиги ҳаққындағы жуўмаққа ийе болыўшы ой жуўмағына айтамыз.
Толық индукцияның схемасы:
Тийкарлар:
S1 P ға ийе
S2 P ға ийе
Sn P ға ийе
S1, S2 , Sn K класын береди
---------------------------------- Жуўмақ: Kның ҳәр бир элементи P ға ийе.
Толық емес индукция деп класстың айрым предмети ҳаққындағы билимнен класстың барлық предметлери ҳаққындағы билимге өтиўди тәмийинлейтуғын ой жуўмағына айтамыз. Ямаса белгили класстың айрым қубылысларында белгиниң қайталаныўы тийкарында бул белгиниң қубылыслардың барлық класына тийисли екенлигин тәмийинлеўши ой жуўмағына айтамыз.
Толық емес индукцияның схемасы:
Тийкарлар: S1 Pға ийе
S2 Pға ийе
Sn Pға ийе
S1 , S2 , Sn K ға тийисли
----------------------------
Жуўмақ: K ның ҳәмме элементлери Pға ийе.
Толық емес индукцияның еки түри бар: бириншиси, популярлық индукция ямаса санаў жәрдеминде индукция деп аталады. Екиншиси, илимий (элиминативлик) индукция ямаса шығарып таслаў жолы менен иске асырылытуғын индукция деп аталады.
Аналогия
Аналогия бойынша ой-жуўмағы деп айрым белгилери бойынша еки объектлердиң уқсаслығынан олардың басқа белгилери бойынша уқсаслығы ҳаққында жуўмақ шығарыўшы пикирге айтылады. Яғный ой-жуўмағының бул усылы жеке предметке қандай да бир белгиниң тийисли болыўы ҳаққындағы жуўмаққа ийе болыў арқалы сол предметтиң ең әҳмийетли белгилериниң басқа жеке предмет пенен уқсас болыўына тийкарланады. Буны төмендегише схемада көрсетиўге болады:
А объекти а, в, с, д белгилерине ийе.
В объекти а, в, с белгилерине ийе.
В объекти д белгисине ийе.
Салыстырылатуғын объектлер ретинде дара предметлер де, предметлер системасы да алып қаралыўы мүмкин. Биринши жағдайда өтиўши белги ретинде қәсийетлердиң бар болыўы ямаса бийкарланыўы, ал екинши жағдайда қәсийетлерге ийе болыў ямаса ийе болмаў ҳәм де қатнасларға ийе болыў ямаса ийе болмаў алып қаралады. Биринши жағдайда қәсийетлер аналогиясы, ал екинши жағдайда қатнаслар аналогиясы орын алған. Предметлер ретинде реаль өмир сүриўши предметлер ҳәм қубылыслар да, ойлаў дәрежедеги предметлер де, сондай-ақ реаль ямаса ойлаў дәрежеде өмир сүриўши предметлердиң қәсийетлери ҳәм қатнаслары алып қаралыўы мүмкин.
Аналогия бойынша ой жуўмағының илимий емес (қатаң емес) ҳәм илимий (қатаң) деп аталатуғын еки түрин бөлип көрсетиўге болады.
Қатаң емес аналогияда жуўмақ предметлердиң характерине ийе болады ҳәм төмендеги қағыйдаларға бойсынады:
- салыстырылатуғын предметлерде мүмкиншилиги барынша көп (уқсас) улыўма белгилерди анықлаў керек.
- улыўма белгилер салыстырылатуғын предметлер ушын ең әҳмийетли белгилер болыўы тийис.
- бул предметлер ушын улыўма белгилер мүмкиншилиги барынша олардың айырмашылыққа ийе екенлигин көрсетиўи керек.
- бул белгилер салыстырылып атырылған предметлерге ҳәр тәреплеме сыпатлама бериўи керек
- улыўма белгилер өтиўши белги менен байланыслы болыўы тийис.
Бул қағыйдаларды орынлаў алынатуғын жуўмақтың дурысқа ийе болыў дәрежесин арттырады.
Қатаң аналогия жеткиликли жуўмақты береди ҳәм еки түрге бөлинеди.
Биринши түринде илмимий методология ретинде а, в, с белгилериниң өтиўши с белгиси менен байланысын түсиндириўши теория алып қаралады. Бул аналогияның түри улыўмалыққа тийкарланған илимий индукция менен уқсаслыққа ийе. Бул аналогияның түри моделлестириў методына тийкарланады.
Илимий аналогияның екинши түринде улыўма методология ретинде қатал емес аналогияда қолланылатуғын қағыйдаларға қосымша төмендеги талаплар қойылады:
- а, в, с улыўма белгилер салыстырылатуғын предметлерде бирдей болыўы шәрт.
- а, в, с белгилериниң д белгиси менен байланысы салыстырылатуғын предметлердиң спецификасынан ғәрезли болмаўы тийис.
Аналогияның тийкарғы функциялары:
Бириншиси - эвристикалық функция - аналогия жаңа фактлерди ашыўға жәрдем береди.
Екиншиси - түсиндириўши функция - дара қубылысларды түсиндириў ушын хызмет атқарады.
Үшиншиси - дәлиллеўши функция - қатаң аналогияны дәлиллеў усылы сыпатында қолланыўға болады ямаса ол дәлилге жақын аргументация хызметин атқарады.
Төртиншиси - гносеологиялық функция - аналогия билиў усылы сыпатында қолланылады.
Тәкирарлаў ушын берилетуғын сораўлар
Ой-жуўмағы дегенимиз нени аңлатады? Ой-жуўмағының қандай түрлери бар? Дедуктивлик ой-жуўмғының индуктивлик ой-жуўмағынан парқы неде? Дедуктивлик ҳәм индуктивлик ой-жуўмағының қандай түрлери бар? Аналогия бойынша ой-жуўмағының қандай тийкарғы түрлери бар? Аналогияның тийкарғы функциялары қандай?

Download 1,03 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   11




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish