Жобаcы
1. Эстетиканың предмети.
2. Эстетика ҳәзирги илимий билимлер системасында.
3. Эстетикалық теория ҳәм оның жәмийетлик турмыстағы роли.
Әдебиятлар
1. Каримов И.А. Ўзбекистон: буюк кележак сари. Т., 1998,
2. Каримоа И.А. Өзбекстан ХХI әсирге умтылмақта. Н., 1999.
3. Гулыга А.В. Принципы эстетики. М., 1987.
4. Борев Ю.Б. Эстетика. М., 1989.
5. Умаров Э., Пал А.С. Эстетика. Т., 1990.
6. Джанабаева Г. Эстетика мәселелери. Н., 1993.
7. Маҳмудов Т. Эстетика и духовные ценности. Т., 1993.
Белгили, қәлеген илимди үйрениў оның предметин анықлаўдан басланады. Анаў я мынаў илимниң предметин анықлаў процеси ҳақыйқатлықтың сол илим танып билиўге бағдарланған тәрепин ашыў менен байланыслы. Бул деген сөз, ең алды менен ол илим шуғылланатуғын нызам ҳәм нызамлықлар топарының шегараларын ашымайрық қылыў. Сонда ғана бул илимниң тек өзине тән специпфкалық өзгешеликлери, искерлик сферасы ҳәм ўазыйпалары конкретлеседи.
Бул айтылғанлардың эстетикаға байланыслы зәрүрлиги жүдә күшейеди. Неге дегенде, эстетика бойынша жазылған арнаўлы әдебиятларда оның предметине байланыслы елеге дейин турақласқан пикир жоқ.
"Эстетика" терминин биринши мәртебе илимий айналысқа түсирген немец философ-алымы А.Баумгартен (1714-1762) "Эстетика" атамасындағы китабының тийкарына гректиң "естезис" (аисштесис) сөзин алған. Бул сөз сезиў, сезиў арқалы қабыллаў дегенди аңлатады. Гәп сонда, Ўатанласларымыз (1646-1716) А.Баумгартен Г.В.Леибниц ҳәм Х.Вольфтиң (1679-1754) тәлийматларының избасары сыпатында олардың рационалзимниң изи менен пүткил руўхый турмысты үшке бөледи: ақыл-ой, ерк, сезим. Ақыл-ой, ойлаў қашаннан логиканың (грекше "логос" сөзинен алынған), ал ерк этиканың (грекши "этос" сөзинен алынған) изертлеў обьектлери.
Усылай екен, А.Баумгартен пикир етти: сезиўлик билиўди үйрениў ушын да айрықша илим керек ҳәм ол эстетика болыўы тийис. Басқаша айтқанда оның пикиринше, егер жоқары дәрежедеги билиў (ақыл-ой) логиканың изертлеў обьекти болса, төменги дәрежедеги билиў (сезиўлик билиў)-эстетиканың изертлеў обьекти болады. Усыннан ақ, көринип турыпты, А.Баумгартенде эстетика гносеологияның бир шақабы сыпатында түсиндириледи. Ҳәттеки эстетиканың мақсетин алым жетилиўди, демек гөззаллықты сөзиўлик билиўдиң жәрдеминде танып билиў деп тастыйықлайды. Деген менен буннан А.Баумгартенди эстетиканың тийкарын салыўша сыпатында пикир жүритиў ол илимниң еки ярам жылдан ҳәм көбирек тарийхын есапқа алмаў менен бара бар. Соның менен бирге А.Баумгартен "Эстетика" терминин илимий айланысқа түсирип, эстетиканың өзинше бир философиялық бағдардағы илим сыпатында қәлиплесиўине сезилерли дәрежеде үлес қосқаны ҳақ. Усылар менен бир қатарда соны да айтыўымыз керек, оның тарийхындағы А.Баумгартеннен кейинги эстетиканың философияның өзинше бир тараўына айланыў этабын да ҳәм А.Баумгартен тутқан жол немец философиясы ҳәм көркемлик мәдениятының ири ўәкиллери-Кант, Гердер, Шиллер, Гете, Шеллинг, Гегель тәрепинен қоллап-қуўатланылды. Дурыс, ХIХ әсирдиң басында романтикалық ҳәрекет тәрепинен ағартыўшылардың роционалистлик-метафизикалық санасына жетпеген искусствоның көп ғана нызамлықларының ашылыўы менен эстетика бираз байыды. Бирақ өзлериниң антирационалистлик бағдарланыўы менен эстетикалық системаның илимий теория сыпатында тийкарының белгили дәрежеде пәсейип кетиўине тәсир етти. Бирақ Гегель ақыл-ойдың (Разум) имканиятларын тиклеп, билиўдиң диалектикалық жолын оған ашып, илимий эстетика ушын бул қәўипли тенденцияларды сапластырыўға, сөйтип теориялық анализди адамның көркемлик искерлигине, оның пүткил мәденияттың раўажланыўындағы орнына тарийхый көз-қарас пенен органикалық бирликте қарайтуғын оғада уллы эстетикалық концеясияны ислеп шықты.
Эстетиканың буннан кейинги раўажланыў дәўирлери ҳәм ҳәр түрли методологиялық ҳәм идеологиялық бағдарланыўлардың өткир ҒалсыўларынаҒ ийе. Булар бурынғы Аўқам тусындағы жазылған мийнетлерде көбирек идеологиялық гүреслердиң қарама-қарсылығы тийкарғы принцип етип алынған үш топараға бөлинип еди. Әлбетте буларды анализлеў эстетикалық ойдың тарийхына байланыслы темаға тийисли болғанлықтан ўазыйпамызды шеклеп, дыққатты тийкарғы оны мәселени түсиниўге бағдарлаймыз.
Тийкарғы мәселеге-эстетиканың предметин анықлаўға айналып келетуғын болсақ буған байланыслы көп түрли көз-қараслардың ишинен екеўиниң эстетика қәнигелери тәрепинен тилге тийек етилетуғынлығы белгили болып отыр. Гейде бул еки көз-қарасты эстетиканың предметин анықлаўдағы еки линия деп қараў ҳәм бар. Бул, белгили дәрежеде, эстетиканың предметин анықлаўға байланыслы сфералық бағдарланыўлардан ҳәм көринеди. Мәселен, эстетика бир-бири менен байланысқан еки қубылыслар топарының-адамның дүньяға спецификалық баҳалық қатнасын аңлататуғын эстетикалық сфераны ҳәм адамлардың көркемлик сферасының өзине тән көринисин изертлейтуғын илим сыпатында қарағанымызда бул еки линия тәўир-ақ ашымайрықланады. Неге дегенде, эстетика булай анықлаўда бул еки тараўының ара қатнасының тарийхтың барысында бираз өзгерислерге түскенлиги анық. Эстетика бирде "искусство философиясы", енди бирде "гөззаллық философиясы" болып түсиндирилетуғын еди. Бириншиси бойынша эстетика гөззаллық туўралы илим ямаса гөззаллық философиясы. Бул көз-қарас белгили дәрежеде, ескерткенимиздей ақ, дәстүрийликке ийе. Ақыры, гөззаллық эстетикалық баҳалықлардың ишиндеги ең бириншиси, баслысы. Әййемги Египет, Вавилон, Ҳиндистан ҳәм Қытайдан басланған эстетикалық ой пикирлердиң тарийхына нәзер салсақ, оларда ең алды менен гөззаллық мәселеси пикирлеўлердиң обьекти болмағаны жоқ десек лап болмас. Деген менен гөззаллық эстетикалық баҳалықлардың барлығын толығы менен қамтый алмайды. Ақыры эстетикалық баҳалықларға гармониялық, көтериңкилик, трагиклик, комиклик ҳ.т.б. киреди. Сондай-ақ соңғыларын гөззаллықтың ҳәр түрли көринислери деп тастыйықлаўға ҳәм тийкар жоқ.Себеби бундай көз-қарас ҳақыйқатлықтың байлығын ҳәм оған адамның эстетикалық қатнасының көп қырлылығын есапқа алмаў менен бара бар. Бул бир. Екиншиден, эстетиканы гөззаллық теориясы деп қараў оның искусствоның улыўма теориясы екенлигине нуқсан келтиреди. Бул ҳәм усы тақылетлес көз қарасларды тағы да конкретлестирсек ақыбетинде олар искусствоны гөззаллық пенен шегаралаўға алып келеди. Эстетиканың предметин искусство менен шеклейтуғын екинши концепция да белгили артықмашлықлар менен қоса бир тәреплемеликке ийе. Артықмашлығы сонда, бул көз-қарас эстетикалық ойды биринши гезекте эскусствоның ең улыўма нызамларын танып билиўге бағдарлайды. Усы себепли ҳәм дәстүрийликтиң басын эстетикалық ойдың тарийхында орны елеўли. Шеклениўшилиги мыналар менен байланыслы. Материллық ҳәм руўхый искерлигимизде эстетикалық фактор жүдә енискен ҳәзирги дәўиримизде дизайн сияқлы өзинде искусство ҳәм "искусттво емеслерди" көркем ҳәм көркем емес (утилитарлық) искерликти ушластырыў бар. Егер бул еки көз-қарасқа анағырақ нәзер салсақ, оларда бирин-бири биротала бийкарлағандай қарама-қарсылықты көрмеймиз. Қайтама, олардың өз-ара енисиўи, үйлесииўи, бирин-бири толықтырыўы зәрүрликтей. Айтайық гөззаллық, бул сөз жоқ, бурын ескерткенимиздей ақ, тийкарғы эстетикалық баҳалық, эстетика илимииниң тийкарғы категориясы, искусство болатуғын болса, ҳақыйқатлыққа эстетикалық қатнастың ҳәм эстетикалық искерликтиң оғада жәмленген ҳалатына ийе.
Усылай екен, эстетиканың предметин анықлаўға байланыслы жийи-жийи қолланылып жүрген "эстетикалық қатнас", "ҳақыйқатлықты эстетикалық менгериў" "эстетикалық искерлик", "эстетикалық сана" түсиниклериниң белгили парыққа ийе болыўына қарамастан жақын, туўысқан түсиниклер екенлигин ҳәм булардың ишиндеги ҳақыйқатлықты эстетикалық менгериўдиң басқаларынан кеңлигин есапқа алсақ, эстетиканы адамның ҳақыйқатлықты эстетикалық өзлестириўиниң мәниси ҳәм нызамлықлары туўралы илим деп анықлаў дурыслыққа келсе керек. (Қараңыз: И.Умаров, И.Пал Эстетика Т. 1990 5-б).
Қәлеген анықламының ҳақыйқатлықты уңқыл-шуңқылына дейин, ҳеш нәрсе қалдырмай сәўлелендириўи мүмкин емеслигин нәзерде тутсақ, эстетиканы ҳақыйқатлықты эстетикалық менгериў сыпатында қараўдың ҳәм жеткиликсизлиги түсиникли болса керек. Деген менен бул анықламада илимниң преметиниң реаль мазмуны басқа анықламаларға қарағанда бираз айқынлыққа ийе. Бириншиден, эстетика өзиниң изертлеў ўазыйпасын гөззаллық пенен шеклемейди, екиншиден, исскусствоның тәбиятын билиў менен шекленбейди. Үшиншиден, философиялық бағдардағы илим екенлиги ашым айрықланады. Себеби эстетика философияның изи менен адамзаттың ҳақыйқатлыққа қатнасының белгили формасын изертлейди.
Бул көз-қарастың тағы бир артықмашлығы сонда, ал эстетикалық ой ушын пүткил эстетикалық баҳалықлардың, улыўма эстетикалық моменттиң адамзат болмысындағы орнын ҳәм ролин танып билиўге жол ашып береди. Онда ҳәм ең алды менен дыққатты искусствоны танып билиўге бағдарлаўға жәмлейди. Ақары, искусство сөз жоқ, әдетте эстетикалық баҳалықларды тийкарғы жаратыўшы ролин атқарады. Соның ушын ҳәм искусствоны танып билмей турып эстетикалық искерликтиң басқа түрлерине илимий қатнасты әмелге асырыў күтилген нәтийжеге алып келмейди. Бул мәселениң бир тәрепи. Екинши тәрепи соннан ибарат, искусствоның, улыўма көркем дөретиўшиликтиң тәбиятын ҳәм мәнисин танып билиў бул сфералардың нызамларын танып билиўди белгилеў менен шекленбейди ал бул процесс белгили дәрежеде методологиялық функцияны ҳәм атқарады. Мәселен, ол эстетикалықты тарийхыйлық пенен логикалықтың бирлигинде қарай отырып, оның пацда болыў қәлиплесиў ҳәм раўажланыў имканияты бар адамзат искерлигиниң барлық сфераларындағы орнын ролин танып билиў ушын бирден-бир гилт бола алады.
Әлбетте эстетикалық тоерияның бүгинги жағдайына нәзер тасласақ оның бир неше бағдарларға ийе, көп тармақлы билимлер тараўы екенлигиниқ гүўасы боламыз. Олар:
1. искусствоның улыўма теориясы
2. эстетикалық илимниң өзиниң методологиясы тараўындағы изертлеўлер
3. материаллық-өндирислик искерликтиң эстетикасы
4.инженер-конструктурлық искерлик пенен илимий дөретиўшиликтиң эстетикасы
5. тәбият эстетикасы
6. адам қарым-қатнасының эстетикасы
7. турмыс ҳәм минез-қулық эстетикасы
8. спорт эстетикасы ҳ.т.б.
Мәселен, эскусствоның улыўма териясында эсскусствоның тәбияты, мәниси ҳәм оның раўажланыўының, өмир сүриўиниң улыўма нызамлары қаралса, эстетикалық илимниң өзиниң методологиялық бағдарға ийе изертлеўлеринде оның предмети, илимий статусы, тийкарғы функциялары, қолланылатуғын методлардың ара қатнасы бир-бири менен тығыз байланысқан пүтинликте көринис табады.
Мийнет процесси ҳәм оның шәраятлары менен нәтийжелериндеги эстетикалық баслама материаллық-өндирислик искерлик эстетикасының изертлеў обьекти. Тәбият эстетикасында тәбиятқа эстетикалық қатнастың ҳәм тәбиятты пайдаланыў бойынша эстетикалық фактордың өзгешеликлери қаралады. Соның менен бирге бул ҳәм усы тақылетлес басқа да изертлеў бағдарларының келешекте эстетикалық цикл қамтыйтуғын өзинше дисциплиналар болып қәлиплесиў имканияты арнаўлы әдебиятларда бираз дәлийлли орныққан пикирлер қатарына киреди. Деген менен бул процессти бир тәреплеме түсиниў натуўры. Ақыры, эстетика да, өз гезегинде, эстетикалық искерликтиң конкрет түрлерин изертлейтуғын өзиниң методологиялық ролин күшейтеди.
Әлбетте, бул мәселелерди конкретлестириў эстетиканың басқа да илимий билимлер системасындағы орнын ҳәм ролин танып билиў менен тиккелей байланыслы. Бул бойынша эстетиканың ең алды менен философия менен өз-ара байланысы сөз етилгени жөн болса керек. Ақыры, эстетика әзелден дүньяға көз-қараслық жүклемеге ийе, философиялық илимлер қатарына киреди. Дурыс, бул пикир оның өзине тән изертлеў предметине, түсиник аппаратына ийе екенлигин бийкарламайды. Деген менен философияда эстетика ушын ол шешиўи тийис болған барлық тийкарғы проблемаларға методологиялық принциплер бар. Соның ушын философия эстетика ушын ҳәм теориялық ҳәм методологиялық тийкар бола алады. Айтайық, ҳақыйқатлықты эстетикалық ҳәм көркемлик жақтан өзлестириў процессинде диалектиканың обективлик методының талапларын бийкарлаў қыйын. Сондай-ақ, бул қубылыстың ҳәмме тәреплерин олардың раўажланыў процессинде қараў оларды танып билиўде конкрет-тарийхый қатнас ҳәм практиканың ениўи ҳ.т.б. талаплардың сақланыўы жүдә зәрүрли.
Усылар менен бир қатарда искусствоның дүньяны танып билиўлик тәбияты, конкретирек айтқанда, дүньяны көркем образлық танып билиў ҳәм оның илимий билим менен улыўмалығы өзгешеликлери, ҳақыйқатлықты сәўлелендириўдеги көркем дөретиўшилик сыяқлы мәселелердиң ҳәм изертлениўиниң реаллыққа адекватлығында улыўма философиялық методологияның орны айрықша.
Сондай-ақ философиядағы жәмийетлик болмыс ҳәм жәмийетлик сана проблемасын оның илимий шешилиўин ҳәм эстетикалық сананың, ҳәм искусствоның олардың жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм социаллық функцияларын анықлдаўда әҳмийети үлкен. Ақыры эстетикалық сананың тәбиятын ҳәм спецификасын түсиниўде жәмийетлик сананың шекли еркинлиги, жәмийетлик сананың формаларының өз-ара қурамалы байланысы, материаллық ҳәм руўхыйлық туўралы илимий философиялық жуўмақлар үлкен рольге ийе.
Әлбетте илимлердиң, соның ишинде эстетиканың да улыўма философиялық методологияны басшылыққа алыўы олардағы бурыннан топланған изертлеўлердиң тийкарында исленип шығылған принцип, установкалардан пүткиллей ўаз кешиўи емес. Тарийхыйлық принципин есапқа алайық. Тарийхыйлық, бириншиден, қубылысларды раўажланыўда, екиншиден, мәлим қубылысты басқалары менен байланыста, үшиншиден, тарийхты заманагөйликтиң тәжирийбелеринен келип шыққан ҳалда тарийхый жоқарғы формаларын өткендегилерди түсиниў ушын гилт сыпатында қараўды талап етеди. Ақыры, мәлим қубылыстың спецификасын ашыў оның раўажланған формасын о бастағысы менен, тийкарғысы менен салыстырыўға бағдарланады ҳәм олардағы улыўмалық ол қубылыс ушын тийкар, мәнис болады. Эстетикада бул принцип диалектиканың қәдеси сыпатында басшылыққа алынар екен, ол эстетиканың өз предметин бираз адекват сәўлелендириў зәрүрлигинен иске түседи. Искусствоның бүгинги ҳалаты ҳәм оның нызамлары қәлиплескен. тарийхый пайда болған, ал оның келешектеги жағдайы қәлиплесип атырған көркемлик процесс сыпатында көз алдымызға келеди.
Сөз жоқ, тарийхыйлық принципи теория менен практиканың байланысына жол ашады. Ақыры тарийхый-теориялық дәрежеге жеткен илимий ойлаў, искусствоның майда-шүйде фактлар менен түсиндирилиўи емес, ал керисинше ойдың фактлардың тийкарында раўажланыўын талап етеди.
Эстетикада тарийхыйлықты толықтырыў ушын структуралық анализ ҳәм қолланылады. Бул метод көркемлик қубылысты горизонталлық аспектте қарағанлықтан ол элементлердиң белгили системасы сыпатында қаралады. Мәселен кеңислик, ўақыт, текст, контекст ҳ.т.б.
Қулласы өткени ғана емес, ҳәзигиси де келешекке қаратылған тарийхыйлық принципи пүтин эстетикалық теорияның раўажланыўы ушын зәрүрли қурал болып табылады.
Әлбетте эстетикаға философия ғана емес эстетика ҳәм философияға тәсир етеди. Айтайық, гносеологияның мәселелериниң келешекте изертлениўи көркем билиўдиң процесслерин улыўмаластырмай, түсиндирмей мүмкин емес. Материаллық ҳәм руўхый баҳалықлардың илимий теориясы эстетикалық қатнас ҳәм эстетикалық категорияларды анализлеў менен байланыслы.
Соны да айтыў керек, жәмийетлик сананың шекли еркинлиги мәселеси көп жадайда искусствоны үйрениў барысында қәлиплескен. Эстетика философия менен бир қатарда илимий билимлердиң көп ғана салалары менен тығыз байланыслы. Оның социолгия менен байланысын алып қарайық.
Социология социаллық билиўдиң тәўир-ақ кең сферасы сыпатында өз ишине тийкарынан, үш дәрежени киргизеди: улыўма социологиялық дәреже, жеке социаллық, социологиялық теориялар, конкрет-социологиялық изертлеўлер.
Биринши дәрежени, яғный социаллық қубылыслар менен процесслерди изертлеўлердиң улыўма социологиялық теориясы ҳәм методологиясын социаллық философия атқарады. Оның эстетикаға байланысы жоқары да айтылды. Орта дәрежедеги изертлеўлер менен, мәселен эстетиканың искусство социологиясы менен байланысын алып қарайық.
Искусствоны изертлеўдиң ўазыйпаларынң бири искусствоның ҳәм жәмийеттиң көп түрли байланысларын, оның социаллық белгиленгенлигин, функцияларын ашыў. Мине усында искусство социологиясынының социологиялық билим сыпатындағы ўазыйпасы көринис табады. Айырмашылық сонда,эстетика тек искусствоның социологиялық аспектлерин үйренип қоймастан ҳақыйқатлықты эстетикалық өзлестириўдиң барлық формаларын изертлейди. Сондай-ақ искусттвоны эстетикалық изертлеў искусствоның спецификасын изертлеўге, ал искусствоны социологиялық изертлеўдиң ўазыйпасы улыўма социологиялық нызамлардың искусство сферасында көриниўиниң механизмин ашыўға бағдарланған.
Искусство социологиясының категориаллық аппараты ҳәм өзгешеликке ийе. Мәселенкиден, "жәмийеттиң көркемлик турмысы" түсиниги көбирек социологиялық жүклемеге ийе. Себеби онда улыўма социологиялық нызамлардың ийилиўи эстетикалық илимдеги ҳалаты менен салыстырғанда бираз айқынырақ. Деген менен эстетиканың социологиялық проблемалары менен социологияның оған сәйкес тараўы арасындағы айырмашылықлар бираз шәртли характерге ийе ҳәм олар искусствоның социаллық қубылысы, сыпатында мәнисин, тәбиятын изертлеўде бири-бирине өтлесип кеткен жағдайды көрөмиз.
Конкрет социологиялық иезертелўлерге келсек, олардың көпшилигиниң дерлик эстетикалық бағдарланыўы, айқынласқан дәрежеде. Бул, әсиресе, эстетикалықты, көркемлиликти авдамлардың тәўир көриўиниң, унатыўының яки оған зәрүрликтиң параметрлери бойынша мағлыўматлар жыйнаў ҳәм оларды қайта ислеў менен байланыслы. Мәселенкиден, адамның мийнет искерлигин ҳәм оннан тысқары ўақтының структурасындағы искусттвоның орны ҳәм роли, адамның эстетикалық мәденияты менен мийнет искерлигиндеги табыслары арасындағы байланысы ҳ.т.б.
Эстетика менен психологияның өз-ара байланысына келсек, ҳақыйқатлыққа эстетикалық қатнасты қурайтуғын ҳәмме элементлер-эстетикалық сезимлер, эстетикалық талғамлар, көркем дөретиўшилик процесси, көркем қабыллаў ҳ.т.б. өзлеринде психологиялық моментлерди жәмлеген. Соны ҳәм айтыў керек эстетикалық ойдың тарийхының ҳәмме дәўирлеринде ҳәм буған дыққат ҳеш ҳәм болмай қалған емес. Ақыры, тек гөззаллықты ғана емес, эстетикалықтың ҳәмме қубылысларын сезим арқалы қабыллаў процессинде ғана анықлаймыз. Бул деген сөз, сезим арқалы қабыллаў бизде анаў я мынаў предметке байланыслы эмоциялық реакция болдырады ҳәм усы бир эстетикалық қәсийет сол предметке "таңылады". Айтайық, адамда қуўаныш, шадланыў я керисинше жеркениш сезимлери пайда болыўы мүмкин.
Сол нәрсени нәзерде тутыўымыз керек, реаль дүньяны сезимлик демек эстетикалық қабыллаў дәўиринде адамда болып өтетуғын психологиялық процесслерди ҳәр тәреплеме изертлеўдиң бирден-бир обьектине айналдырмай турып, оның эстетикалық өзгешеликлерин шын мәнисинде танып билиў қыйын. Бүгинлигинде психология жүдә кең тармақлы илим дәрежесине көтерилип отыр. Ол физиология менен ушласатуғын эксперименталлық психологиядан баслап философиялық проблемалар менен тиккелей өтлескен теориялық психологияға дейинги аралықты қамтыйды. Бул тараўлардың қай қайсысында да қосқан үлесиниң орны гиреўли белгили орыс психологлары Л,Выготский, Д.Узнадзе, Д.Леонтьев, Б.Ананьев М.Ярошевский ҳ.т.б. өзлериниң изертлеўлеринде ҳақыйқатлыққа эстетикалық қатнастың, көркемлик дөретиўшилик қатнастың барлық элементлерин дыққат пенен үйрениўдиң зәрүрлигин ең алды менен психология илиминиң проблемаларын изертлеўге байланыслы зәрүрликтен келтирип шығарады. Шынында да, эстетикалық-бул адамның психологиялық маментлериниң ең қурамалы ҳәм нәзик тәреплерин өз ишине алады. Деген менен эстетикалық илиминиң көп ғана тараўлары психологиялық илимниң мағлыўмат ҳәм жуўмақларын системалы түрде улыўмаластырып барады. Сөәйтсе де искусстовоны изертлеўдиң психологилық аспектлери эстетиканың орнын баса алмайды.
Эстетика педагогика менен де байланыслы. Педагогика адамларды эстетикалық тәрбиялаўдың ҳәр қыйлы конкрет формалары менен усылларын изертлесе, эстетика эстетикалық тәрбияның философиясы сыпатында оның улыўма принциплерин ислеп шағады. Бул деген сөз эстетика, эстетикалық тәрбияның улыўма концепсиясына көбирек дыққат бөлсе, педагогикада турмыстың конкрет тараўларына байланыслы адамлардың дүньяны эстетикалық менгериўи көринис табады.
Соны да айтыўымыз керек, эстетикаға ҳәзирги жағдайларда кибернетика, семиотика (белги системаларын салыстырмалы түрде изертлейтуғын илим) математика ҳ.т.б илимлердиң усыл ҳәм қуралларының енисиўи бираз жеделлесип отыр. Бул нызамлы ҳәм прогрессив процесс, әлбетте, абсолютлендирилмеген жағдайда, басқаша айтқанда, аталған дисципиналардың усыл ҳәм қураллары эстетикалық ҳәм көркемлик сфераның нормаль ҳәрекет етиўине, жеделлесиўине, байыўына имканият бергенде ғана оларды қолланыў пайдалы есапланады.
Эстетика жеке искусстволық дисциплиналар менен, мәселен, әдебияттаныў, музыкатаныў, театртаныў ҳ.т.б. тығыз байланыслы. Бул биринши гезекте искусствоның улыўма теориясына тийисли. Себеби ол искусствоның ҳәмме түрлерине тән нызамлықлар менен шуғылланады. Ал искусствоның жеке теориялары искусствоның мәлим түриниң мәселен, әдебият музыка, тәспирлеў искусствосының басқаларын қайталамайтуғын өзгешеликлерин ашады.
Тағы бир момент. Егер искусствоның улыўма белгилериниң қәсийетлериниң таза түринде өмир сүрмейтуғынлығын жеке искусттволардың өзине тән өзгешеликлери арқалы әмелге асатуғынлығын есапқа алсақ, эстетиканың реаллыққа адекват дәрежеде улыўмаластырыўларға мудамы ийе болып барыўы ушын жеке искусттво таныўлық дисциплиналардың изертлеўлерине сүйенеди. Усылар менен бирге эстетика бул жеке искусстволық дисциплиналар ушын тийкарғы теориялық ҳәм методологиялық принциплер болар екен, улыўма искусство таныў буларсыз бир-бири менен я байланыслы я байланыссыз фактлардың әпиўайы сыпатламасынан ары өте алмайды.
Қулласы, буннан сол нәрсе анық болып отыр, жеке искусствотаныўлық дисциплиналар ушын болыў ушын эстетика искусствоның улыўма теориясы ғана болмастан, оның ҳақыйқатлықты эстетикалық менгериўдеги улыўма нызамлықларын изертлейтуғын тараўлары ҳәм үлкен әҳмийетке ийе.
Эстетиканың илимлер системасындағы орнына байланыслы бирпара авторлар оның медицина, экология менен байланысына ҳәм дыққат аўдарған. (Қараңыз: Жаңабаева Г. Эстетика мәселелери Н.Билим 1993 11-41 бетлер).
Шынында да гөззаллықты денсаўлықсыз көз алдыға келтириў қыйын. Әсиресе бул медицина тарийхында врачлардың адамларды емлеў практикасындағы искусство қуралларынан пайдаланыўынан анығырақ көринеди. Арнаўлы әдебиятлардың көрсетиўинше, ўақтында музыка, мәселен көп ғана халықлар медицинасында зәрүрли компонент болған. Ҳиндстанда бир неше жүз жыллықлар даўамында қосық айта билиў емшиниң шеберлигиниң тийкарғы белгилериниң бири сыпатында қаралған. Ҳәттеки врачлар айтатуғын "медициналық қосықлар" ҳәм болған.
Музыканың жәрдеминде врачлық етиўге дыққат пифагоршылар мектебине ҳәм (б.э.ш.VI-әсирде Қубла Италияның Кротон қаласында Пифагор тәрепинен дүзилген) тән.
Жерлеслеримиз, илимпаз-энциклопедистлер Ибн Сина ҳәм Жәмийдиң музыкалық тәрбияның эстетикалық өзгешелигин илимий тастыйықлап бериўде орны гиреўли. Ибн Синаның "Шыпа табыў китабы", Жәмийдиң "Музыка ҳаққында трактаты" тыңлаўшыларда қуўаныш пенен қайғыланыў, түңилиў менен үмитлениў ҳ.т.б. кейиплердиң пайда болыўында музыканың роли ҳаққында үлкен теориялық ҳәм практикалық әҳмийетке ийе жуўмақлары жәмленген.
Емлеў мақсетинде искусстовоның ҳәр қыйлы түрлерин табыслы қолланыў бүгинлигинде кең тарқалған усыллардан есапланады. Ҳәттеки көп ғана еллерде музыканы медицинада қолланыў бойынша илимий жәмийетлер дүзилген. Мәселен, Англияда музыкалық терапия ҳәм емлеў музыкасы жәмийети ислеп тур. АҚШ та музыкотерапияның миллий ассоциациясы бар. Австрияда музыко терапевтлер таярлайтуғын институт ҳәм шөлкемлестирилген.
Қулласы, адамның ден саўлығын қәлпине келтириў ҳәм сақлаў ушын искусствоның басқа да түрлериниң, мәселен, театр, архитектура живопись, скульптураның орны ҳәм роли айрықша екенлиги күнделикли практика барысында қайта-қайта тастыйықланып отыр.
Әлбетте эстетика менен медицинаның менен өз-ара байланысы ҳаққында гәп кетер екен, медицина хызметкерлериниң өзлериниң эстетикалық мәденияты, жоқары адамгершилиги мәселелери ҳәм көтериледи. Бул медицина эстетика ҳәм этиканың өз-ара байланысы, бирлиги мәселелери менен ушласады. Әлбетте бул мәселе эстетиканың экология менен өз-ара байланысынан ҳәм оншелли қашық емес. Неге дегенде, тәбияттаныў илими кем-кемнен дүньяны эстетикалық қабыллаў дәрежесине шекем көтерилсе, эстетикалық тәбиятқа экологиялық көз қарас пенен үнлеседи. Басқаша айтқанда, экология ҳәм тәбият эстетикасы өзлерине тән усыллар арқалы изертлеў обьектин өзлестиргени менен оларға тән улыўмалық бар. Ол ҳәм болса тәбийий гармания принципи. Айтайық, экология тәбийий процесслери қараўды улыўмаластырыў барысында оларды қурайтуғын элементлерге тән гөззаллықты излейди ҳәм эстетикаға бир адым болса ҳәм жақынласады. Тәбият эстетикасы болатуғын болса өз гезегинде, тәбияттағы қубылыс ҳәм процесслерди образлы бийнелеп тәбияттаныў илимине қарай илгерилейди.
Әлбетте, экология ҳәм эстетиканың өз-ара байланыслы бул айтылғанлар менен тамамланбайды. Ақыры, ҳәр қандай гөззаллықтың тийкары тәбият болар екен, оны эстетикалық өзлестириўдиң сыпаты оның практикалық өзлестирилиўи менен бирликте болыўы мудамы талап етиледи. Бирақ бул процесс адамзат тарийхында мудамы әмелге асқан емес.
Шынында да жекелик ғәрезлиликке тийкарланған әййемги жәмийет адамларын күн көрисинен баслап усы бүгинги космосты менгериўге дейинги аралықты басып өткен дәўирге адамзаттың болмысына бир нәзер салып қарасақ, оның тәбиятты эстетикалық менгериўиндеги соншелли алға кетиўиниң гүўасы боламыз. Бул искуссттво дөретпелиринде өз сәўлелениўин тапқан. Деген менен бүгинлигинде тәбият пенен жәмийеттиң бир-биринен ғәрезлилигиниң күшейгенлиги соншелли, кишигирим-ақ қурылыстың басланыўы я егислик жерлерди не менен азықландырыў тәбиятқа я жәмийетке унамлы унамсыз тәсири көз-қарасынан баҳаланатуғын ҳәм соған ылайықлы ис алып барылатуғын болды. Булсыз ҳәзирги цивилизацияның әдеттегише өмир сүрип қалыўы кем-кем гүман астында болып баратыр. Бул деген сөз экологиялық дағдарыс белгили дережеде экологиялық-эстетикалық дағдарыс. Ақыры бул адамның өзиниң эстетикалық қатнасының обьектинен-гөззаллықтын маҳрум болыўға бағдарланыў деген сөз. Мәселе тағы да қурамаласып, экологиялық, этикалық, эстетикалық, медициналық ҳ.т.б. машқалалардың бир-бирине өтлесиўиниң гүўасы боламыз. Әсиресе адамның экологиялық санасының экологиялық-эстетикалық мәдениятының қәлиплесиўи бул ушын экологиялық билимлерге ийе болыўы ҳәм оларды күнделикли өмирде батыл қоллана билиў зәрүрлиги пайда болып отыр.
Бул бойынша, пииримизше, әсиресе биология пәнин оқытыў бойынша топланған көп жыллық тәжирийбелер тийкарында метеплерде, колледжлерде ҳәм жоқарғы оқыў орынларындағы экологиялық билим бериўден көп үмит етсе болады.
Бул ҳәм усы тақылетлес машқалалардың унамлы шешилиўи эстетикалық теорияның жәмийетлик турмыстағы ролин тәўир-ақ кең түсиниў менен байланыслы. Эстетика ҳақыйқатлыққа қандай реаль тәсирге ийе, социаллық қурыўдағы, дөретиўшиликтеги оның қатнасының параметрлери қандай дәрежде деген сораўларды жуўапсыз қалдырсақ, эстетиканың илим сыпатында минезлемеси толық қамтылмай қалған болар еди. Соның ушын бул мәселеге бираз сергек қатнас жасап, ең алды менен эстетикалық теорияның искусствоға, көркем дөретиўшиликтиң күнделикли болмысқа, пүткил көркем мәдениятқа тәсирине, үстиртинлеў болса да, тоқтап өтиўди мақул деп ойлаймыз.
Белгили, бурынлары көп ғана эстетикалық теорияларға эстетиканың нормативлик ҳәм түсиндириўшилик функцияларын қарама-қарсы қойыў тән болды. Мәселен, классицизм ушын эстетиканың ўазыйпасы ақылға салынған норма, принциплерге хужожниктиң бағыныўына бағдарланды.
Классицизм эстетикасы көркем стиль ҳәм соған сәйкес эстетикалық теория сыпатында Францияда ХVII-әсирде (ХIХ әсирдиң 30 жылларына дейин даўам етти) авсолютизм идеологиясы ҳәм Р.Декарттың (1596-1650) дуалистлик ҳәм рационалистлик философиясының шешиўши дәрежедеги тәсиринде қәлиплести. Оның тийкарғы белгилери француз сатерик шайыры Никола Буалоның (1636-1711) қосық пенен жазылған "Поэтикалық искусство" атлы трактатында ашымайрықланған. Трактат шайырдың дүньяға көз-қарасының өзине тән кеңлигин, искусстовоның тәғдири ушын жан күйдириўлерин сәўлелендирген менен онда классицизмге тән академиялық талаплар, соның ишинде, нормативизмниң культы басым болып келе береди. Мәселен, онда "ҳақыйқат сыяқлыллық" түсиниги "ҳақыйқатқа" қарсы қойылып, нормативлик установка иедалластырылады. Жанр теориясын ҳәм усы бағдарда кескин түрде "жоқарғы ҳәм төмен" деп бөлинген устанаовканы конкретлестире отырып, имканияты барынша, жаңа формалардың, мәселен реализмниң нашаны болған раман жанры ушын орын ҳәм қалдырмады.
Қулласы, классицизм эстетикасына нормативизм тән. Бул антикалық дәўирдиң жеке адамға байланыслы иедалын қайта тиклеў, сондай-ақ дәўирге тән көз-қараслардың метафизикалық ҳәм механикалық характеринен келип шығады. Бул классицизмниң тийкарғы принципи логикалық жақтан шөлкемлескен ҳәм ақыл-ой тәрепинен ҳасылланған тәбиятқа садықлық пепен жүдә үйлеседи.
Классицизм художниклер басшылыққа алыўы тийис қәделерди талап етиў менен бирге индивидтиң , жеке адамның оннан жоқарғы, мәмлекетлик басламаға бағыныўын тастыйықлады.
Дурыс, үш әсирге созылған классицизмди бир текли, мәселен, жүдә жабық қубылыс сыпатында түсиниў ҳәм натуўры. Қыйыншылықлы болса ҳәм оның борокко, рококо, сентиментализм, романтизм бағдарлары менен байланысы көркем процесс тарийхынан белгили.
Позитивистлик линия болатуғын болса, эстетика көркемлик процессти тек түсиндириў ҳәм сыпталаўлар менен ғана шеклениўи тийис деген установканы басшылыққа алды. Бул бағдар ХIХ әсирдиң 30-жыллары Францияда пайда боды. Оның тийкарғы тезиси: ҳақыйықый (позитив) билимниң бирден-бир дәреги тек ғана конкрет (эмпириялық,эксперименталлық) илимлер болыўы мүмкин. Усы себепли философияның өзинше илим сыпатында билиўлик имканиятлары бийкарланады. Ақыры философия адам тәжирийбесинен сыртта турған затлардың тийкарын шешилмейтуғын проблемалардың мәнисин ашыўға бағдарланған.
Социаллық турмыстың, соның ишинде искусствоның процесслерин тәбияттанўдан алынған категориялар ҳәм жуўмақлар тийкарында ғана түсиндириў мүмкин. Мәселен, француз тарийхшысы, философы, ҳәм искусство изертелиўшиси И.А.Тэнниң (1828-1893) искусство философиясы ботаникаға уқсас, ал француз жазыўшысы ҳәм эстетикада натуралистлик теория теоретиклериниң бири Э.Золя (1840-1902) ушын романистиң искусствосы-клиникалық изертлеўдиң бир түри, ал Ш.Леурнода эстетика-антроплогияның бир бөлеги.
Қулласы, позитивизм эстетикасының характерли белгиси-искусствоның дерегин адамның психикасының тәбийий талапларында көриўге умтылыў, ал социаллық ортаны көркемлик искерликтиң сыртқы шәрияты сыпатында қараў.
Бүгинлигинде эстетика илими бул көз-қараслар ғана емес ал ҳәдден тысқары идеологияласыўы социаллық турмыста аўыр ақыбетлерге алып келген марксизстлик тәлийматтың, соның ишинде, оның эстетикалық теориясының ҳәм бир тәреплемелигинен, шеклегенлигинен ўаз кешип отыр. Бул бир. Екиншиден өтмишли характерге ийе эстетикалы көз-қарасларды улыўмаластырыўдағы искусствоның, көркем турмыстың пайда болыў, қәлиплесиў ҳәм раўажланыў нызамларын қатаң сақлаў олардағы үзликсизликти, мийраслылықты ҳеш ҳәм бузбайды. Бул бийғәрез елимиздиң руўхый турмысының раўажланыўындағы өтмиш, ҳәзирги ҳәм ертеңгиниң ушласыў моментлеринен анық көремиз.
Эстетиканың практикалық бағдары оның әдебий, көркем сынға қатнасы арқалы ҳәм әмелге асады. Бул байланыс сынның "ҳәрекеттеги эстетика" (В.Г.Белинский) екенлигин дәлийллейди. Ақыры, сыншы искусство дөретпелерин анализлегенде диалектиканың обьективлик, эстетиканың спецификалық илимий принциплерине сүйениўи тийис. Егер буның қарама-қарсысы әмелге асса, онда сынның субьективликке қарай бой урғаны.
Дурыс, әдебий-көркем сын зәрүрли, бирақ эстетиканың илим менен искусство практикасы арасында ол жалғыз ғана байланысшы емес.
Эстетикалық теория художник ушын илимий дүньяға көз-қарастың әҳмийетли факторы.
Шеберликсиз, талапшаңлықсыз, мийнеткеш болмай, сондай-ақ тоқсан тоғыз проценти мийнетти қурайтуғын талант болмаса, ҳақыйқый дөретиўшиликке ийе болыў мүмкин емес. Бирақ бул тийкарғы ҳәм зәрүрли сапалар дүнья туўралы көркем концепциясыз, пүтин көз-қарассыз, образларға айналған эстетикалық принциплердиң тутас системасысыз ҳеш нәрсеге турмай қалыўы тәәжип емес.
Эстетиканың тийкарғы жуўмақларын ядлап алыў бул еле көркем дөретиўшиликке менгериў емес. Дурыс, әдетте логиканың нызамларын билмесек те, логикалыққа ийе ойлай аламыз. Бирақ логиканың нызамларын тереңирек үйрениў барысында адам өзиниң пикирлерин саналы түрде қурыў мүмкиншилигине ийе болып қәте я дүзиўин тексерип алыў, жуўмақ шығарыў имканиятына ийе болады. Эстетикада да сондай. Эстетика нызамларын үйрениў художниктиң дөртиўшилигине тәсир етеди. Әсиресе ол талант ҳәм дағды бирлескен көркем дөретиўшиликке саналы қатнас жасаўға имканият береди.
Эстетика тек художник ушын ғана емес ал тутыныўшы ушын ҳәм-оқыўшы тамашагөй тыңлаўшы ушын ҳәм әҳмийетли. Теориялық жақтан раўажланған сана дөретпени тереңирек қабыллайды. Эстетика искусство туўралы билим берип ғана қоймастан оқыўшыда, көриўшиде, тыңлаўшыда көркем дөретиўшиликтиң қаншелли қурамалы, қыйын процесс екенлигин аңлап жеткизетуғын ҳүрмет ҳәм қәлиплестиреди..
Сондай-ақ эстетикалық теория тек художник ушын ғана емес искусствоны басқарыўды әмелге асырыўшылар ушын да зәрүрли. Бул салада болып туратуғын унамсыз ҳәрекетлердиң, мәселен, субектимизмниң дәреги көбинше эстетикалық саўатсызлық пенен искусствоның раўажланыўының обьектив нызамларын билмеў менен яки оларға немқурайлы қатнас пенен байланыслы. Бир мысал. Өткен әсирдиң 60-жылларының бас шенинде "Қарақалпақ музыкасы туўралы бир-еки аўыз сөз" атлы мақаласы ушын жас искусство изертлеўши А.Алламуратов тәўир ақ қысқыға түсти. Мақалада итибарсызлықтың ақбетинде миллий мәденияттың, соның тишинде музыканың өзиншелик эелементлериниң жоғалып баратырғанлығы ҳәм оны қайта тиклеў бойынша бирли-ярым пикирлер айтылған еди. Бул искусствоға "жуўап берип отырғанларға" жақпай қалды. Ҳәттеки автордың Нөкистиң орайындағы жалғыз ғана дем алыс паркине қара үй тигип, ишине дуўтар, қобыз илип қойса бул әсбапларды шертип үйрениўди қәлеўшилер ушын жақсы болар еди деген пикири өтмишке, патриархаллық-феодаллық өмирге қайтыўға шақырық сыпатында қаралды. (Қараңыз; Халық ушын, коммунизмниң уллы иси ушын ылайықлы шығармалар дөретейик //Әмиўдәрья 1963 N 3 8- б.)
Эстетика тигиншиге ҳәм, жайдың еденин қағатуғын ағаш устасына да машинаны жаратыўшы инженерге ҳәм керек. Неге дегенде, олар тәрепинен дүньяны менгериў ҳәм өзгертиў сулыўлық нызамы арқалы да әмелге асады. Булар қаншелли тарийхый ҳәм миллий өзегешиликке ийе бола берсин, қурылысшы материаллардың қарсылығы нызамы бойынша ҳәм сулыўлық нызамы бойынша ҳәм дөретеди. Ал карнавалдың қатнасыўшысы комикликтиң нызамы бойынша, өзиниң жақынын жерлеп атырған адам қайғылылық нызамы бойынша, ал мәртлик, батырлықты болдырып атырған адам көтириңкилик нызамы менен дүньяны дөретеди. Искерликтиң бул формаларынң барлығы ҳәм эстетика нызамларына бағынады. Олардың бирде-бири адамның жанындағы, руўҳындағы эстетикалық басламынң белигили дәрежеде, раўажаланыўысыз иске аспайды. Эстетика мийнетке, көркем дөретиўшикке, турмысқа улыўма алғанда искерликтиң барлық сфераларын ениседи. Ол адамда дөретиўшилик басламаны қәлиплестиреди. Сулыўлықты қабыллаў ҳәм оннан ләззетленеди искусствоны түсиниўди ҳәм баҳалаўды үйретеди.
Искусство ҳәм эстетика өзлериниң дыққатын улыўма адамзатлық машқалаларға бағдарлай отырып, халықлардың жақынласыўына, түсинисиўине имканият жаратады.
Халықлардың жақынласыўы, олардың бир-бири менен түсинисиўи, байытыўы адамлардың ҳәзирги улыўма адамзатлық ғалабалық машқалаларды шешиўде, нәтийже де дүньяны ҳәр қыйлы қәўиплерден сақлап қалыўда зәрүрли алғы шәрт болады.
Do'stlaringiz bilan baham: |