Искусство ҳәм оның адамның руўхый раўажланыўындағы роли Жобасы:
1. Искусствоның келип шығыўы
2. Искусство жәмийетлик сананың формасы сыпатында
3. Искусствоныөң өзине тән өзгешелиги
4. Искусство ҳақыйқатлықты билиўдиң қуралы сыпатында
Әдебиятлар
1. Каримов И.А. Ўзбекистон` буюк келажак сари. Т., 1998
2. Каримов И.А. Өзбекстан XX8-әсирге умтылмақта. Н., 1998
3. Жаңабаева Г. Эстетика мәселелери. Н., 1993.
4. Умаров Э., Пал А.И. Эстетика Т., 1991.
5. Борев Ю. Эстетика. М., 1989
Искусствоның кең ҳәм көп мәнили түсиник екенлиги ҳеш кимге де сыр емес. Әййемги Грецияда искусство, тийкарынан, музыка, аяқ ойын, поэзия менен ғана шекленсе, орта әсирлер тусында ол живописьти, дәри-дармақ таярлаў өнерин де қамтыды. Бүгинлигинде ҳәм искусство ҳәр түрли мәниске ийе. Жоқарғы қәнигеликке ийе шеберликти, мәселен, шаштәрездиң, дийқанның, хирургтың шеберлигин де искусство деймиз. Оның үстине өз исиниң ҳақыйқый шеберине, устасына айналған қосықшыны ҳәм врачты ҳәм, оқытыўшыны ҳәм, шайырды ҳәм басқалардан бөлип көрсеткимиз келсе, белгили дәрежеде «художник» сөзи ислетиледи.
Буннан сол нәрсе анық` искусство адамның өз исиниң жетиги, шебери болыў менен, демек, кәсиптиң сырларын жетик билиў менен байланыслы. Мәселеге тағы да тереңлей берсек, искусствоның мәниси оның адам тәрепинен дөретилгенлигинде, демек оның дөретиўшилик болғанлығында көринис табады. Дөретиўшилик болғанда ҳәм ол сондай искерлик. адамның өткендегини қалай болса солай қайталаўы емес, ал оны өзиниң «мени менен» жанын берип жаңалаўы, жетилдириўи, онда адамның жеке адам сыпатында басқаларды қайталамайтуғын өзлигиниң көриниси.
Әдетте искусство кең мәнисте искусство шығармаларын (көркем баҳалықлар) оларды дөретиў (көркем дөретиўшилик) ҳәм тутыныў (көркем қабыллаў) процесслерин өз ишине алады.
Искусство - тарийхый процесс. Жәмийетлик раўажланыўдың белгили басқышында мәлим жәмийетлик талаплардың, зәриўликлердиң тийкарында пайда болған. Дүнья еллериндеги көп ғана таў жыраларына ойылған жабайы ҳайўанлардың бийнелери эстетикалық искерликтиң, әҳмийетли белгилерине ийе. Искусство бойынша қәнигелер буларда ырғақ, симметрия, гармония ҳ.т.б. моментлердиң қамтылғанлығын тастыйықлайды. Бул деген сөз, әпиўайы ғана бийнелеўлерде әйемги дәўир адамларының ҳақыйқатлықты сулыўлық нызамы бойынша дөретиўшилигиниң басламасы бар. Сол себепли ҳәм буларды ҳақыйқый искусствоның үлгиси деўге тийкар жоқ.
Көркем дөретиўшиликтиң бул урықлық ҳалатының ҳақыйқый искусствоға, сулыўлық нызамы бойынша дөретиўшиликкке айналыўы мийнет бөлинисиниң - ақыл-ой мийнетиниң физикалық мийнеттен ажыра-лыўы менен байланыслы.
Әлбетте, көркем дөретиўшиликтиң тийкары, зәрүрли алғы шәрти - мийнет. Антропогенез тарийхынан белгили, мийнет процессинде адамның қолының, сөйлеўге уқыбының жетилиўи, оның мийиниң толығыўын, раўажланыўын белгилеўши факторлар болды. Ал мийдың раўажланыўы оның пүткил сезимлериниң жетилиўи ушын жол ашып берди.
Солай етип, адамзаттың сезиминиң иңки әдептеги дәреги ҳәм оның жетилиўиниң бирден-бир шәрти мийнет, тәбияттың адамийзатласыў процесси. Айтаық, ырғақты аңлайтуғын қулақ, сулыўлықты сеезтуғын көз, қулласы адамзат ләззетлениўин әмелге асыратуғын сезимлер қәлиплеседи. Оның үстине енди-енди пайда болып киятырған искусство да адамның сезиўлик имканиятларын бираз күшейтиўге жағдай жасады. Ахыры, адамның музыкалық сезимин оятыўда музыканың өзине тең келгендей фактор болыўы мүмкин емес. Сондай ақ, мийнет процессинде ғана көркемлик идеялардың материалласыўын әмелге асырыў мүмкиншилигине ийе қураллар таярланады. Мәселеңкиден, тас қашаўсыз жүдә әпиўащы ақ орнаментти бийнелеў түўе, оларды тасқа қашап салыў ҳеш ҳәм мүмкин болмаған болар еди. Соның ушын да мийнеттиң искусстводан жасы үлкенлигин тастыйықлайтуғын пикирлер ҳақыйқатыққа жүдә ҳәм туўры келеди. Бул бир. Екиншиден, көркем искерликтиң басламаларының өзи де әзел бастан-ақ мийнет процессине тиккелей енискен. Көркем искерликтиң дәслепки, алғашқы дәўирлик формалары синкретикалық характерге ийе ҳәм онда мифологиялық мотив басым. Бул деген сөз, адамлардың өзлериниң тәбийий ҳәм жәмийетлик болмысын көркемлик жақтан улыўмаластырыўында, объект пенен субъектти, предмет пенен белгини, зат пенен сөзди, кеңислик пенен ўақытты ҳ.т.б. ажыратып билиўи бираз наанықлыққа ийе болғанлықтан, онда реаллық пенен фантазия, тәбийийлық пенен тәбийийлықтан тысқарылық, билим ҳәм исеним, ой ҳәм эмоциялар биротала бирлесип, дүньяның бирден-бир образлы картинасына айналған. Усы себепли де мифологиялық сана қарама-қарсылықлы характерге ийе. Онда адамның өзин қоршаған орта үстинен, мәселен, тәбияттың стихиясы үстинен ерискен жеңиси ғана емес, оның алдындағы әззилиги ҳәм сәўлеленеди. Дурыс, мифологияда қубылыслар, процесслердиң пайда болыўына ҳәм оның себеплерине байланыслы ең дәслепки болжаўларды, эстетикалық пикирлеўлердиң басламаларын, әдеп-икрамлықтың әпиўайы нормаларын, соның менен бирге, ҳәр қыйлы адасыўларды, қадаған етиўлерди ҳ.т.б. көриў мүмкин. Сондай-ақ, мифологиялық ойлаў менен диний көз-қарастағы улыўмалық моентлерди олардағы ҳақыйқатлықты иллюзорлық дәрежеде сәўлелендириў менен байланыстырыў арнаўлы әдебиятларда жоқ емес. Деген менен мифологиялық ойлаўда дүньяны материаллыққа ҳәм руўхыйлыққа бөлиўдиң болмағанлығын, артығырақ болсада, еслетип өтиўимиз керек. Бул деген сөз алғашқы дәўир адамы ҳәрдайым өзиниң «мениң» өзин қоршаған дүнья менен теңлестирип жиберген еди. Басқаша айтқанда, ол өзиниң ҳәрекетлерине, ойынларына, бийнелеўлерине енгизген магиялық мәнисти реаллық пенен теңлестирди. Ҳәттеки жабайы ҳайўанлар ҳәм оларға қадалған оқжайдың оғын бийнелеп, аң аўлаўдағы табысларын алдын-ала белгилеп қойғандай болады. Солай екен, ойлаўдағы диний мифологиялық элементлердиң басымлығы енди-енди пайда болып киятырған көркемлик искерликтиң басламасын белгилейди. Бул процесс, әлбетте, белгили дәрежеде ҳақыйқатлықты танып билиў де. Онда да көркемлик искерликтиң бул басланғыш ҳалатында биринши гезекте алғашқы адам ушын ҳақыйқатлықтың айрықша практикалық әҳмийетке ийе тәреплери қамтылады. Алғашқы дәўир мәдениятының естеликлерине нәзер салып қарағанымызда буның гүўасы боламыз. Таў жыраларына ойылған бийнелер, тийкарынан, ҳайўанларға, әсиресе аңшылық кәсиптеги жүдә әҳмийетлилерине арналған. Бизонларды, мамонтларды, суўынларды бийнелей отырып жоқарғы палеолит дәўириниң адамы бул бийнелеўлерде олардың жүдә ҳәм зәрүрли қәсийетлери туўралы билимлерин беккемледи ҳәм усыларға сәйкес ҳәрекет етиў бойынша өзлериниң уқып, дағдыларын жетилдирди.
Искусствоның басланғыш дәрежеси, сөз жоқ, күн кешириўдиң, жасаўдың мисли устазына, жас әўладтың тәрбияшысына айналды. Бийнелерде, әшекөйлерде, аяқ-ойынларда ҳ.т.б. адамзаттың топланған практикалық, әдеп-икрамлық, эстетикалық тәжирийбелери беккемленди ҳәм әўладтан-әўладқа мийрас етип қалдырылып отырды. Ҳәттеки бул процесс көп жағдайда алғашқы адамларды шөлкемлестириўшилик, бирлестириўшилик әҳмийетке ҳәм ийе болды. Ахыры, өмир сүриў, жасаў тек ғана жәмәәт болып күш салыўды талап етер екен, бул процесстиң эмоцияның, сезимниң көтериңкилигисиз әмелге асыўы қыйын. Буннан жуўмақ сол` эстетикалық искерликтиң басламасы адамларды бирлестириўдиң әҳмийетли факторларының биринен есапланады.
Солай етип, көркемлик искерликтиң басланғыш формаларынан-ақ искусствоға тән көп ғана белгилерди таба аламыз. Бирақ, әййемги дәўир санасының үйирлик характерге ийе екнлигин, ҳәр бир адамның руўға ҳәм қәўимге ғана тән сезим, түсиниклердиң шегарасынан шыға алмайтуғынлығын нәзерде тутсақ шын мәнисинде искусство туўралы гәп болыўы да мүмкин емес. Ахыры, адамның реаль дүнья менен бирлесип кеткенлиги соншелли, ол жеке адам сыпатында өзиниң «менине», демек, ишки дүньясына ийе емес. Бундай жағдайда искусство дөретиўшиниң - жеке адамның актив басламасының өзи жоқ. Оның үстине искусствоның тийкарғы объекти - адам. Адамның дүньяға қатнасы барысында қәлиплесетуғын, оның басқаны қайталамайтуғын айрықшалығының, индивидуаллық уқып, дағдыларының ҳ.т.б сәўлелениўи искусствоның жәмийетлик сананың формасы сыпатында өзиншелигин аңлатады. Усылай болғанлықтан ғана искусство адамның жеке адам сыпатында жетилиўине, раўажланыўына бағдарланған.
Қулласы, ҳақыйқатлықты шын мәнисинде образлы түрде сәўлелендириў процесси, оның объектине адамның енисиўинен басланады. Сондай-ақ, образды дөретиўши, көркемлик ийеси өзиндей адамларға тән белги, қәсийетлерди сәўлелендириўге қаншелли күш салып ҳәрекет етсе, оның көркемлик дөретиў бойынша индивидуаллық таңбасы соншелли айқынырақ көринис табады. Буларды конкретлестириў искусствоны жәмйиетлик сананың формасы сыпатында қараў менен тиккелей байланыслы. Ахыры, искууствоның тек булар емес, басқа да минезлемелери оның жәмийетлик сананың айрықша формасы сыпатында минезлемесине көбирек сүйенеди.
Жәмийетлик сананың барлық формаларына тән улыўмалықлар бар. Бул, ең алды менен, жәмийетлик сананың барлық формаларының жәмийетлик болмысты сәўлелендириўи менен байланыслылығында. Екиншиден, жәмийетлик болмыстың анық белгилеўшилик ролин көрсете отырып, сиясий идеялардың, искусствоның шекли еркинлигин бийкарлаўға болмайды. Айтайық, искусствоның раўажланыўы экономиканың раўажланыў дәрежеси менен сәйкес келе бермейди. Шекспир ҳәм оның дөретиўшилиги тусында Англияның материаллық турмысы айта қаларлық гүллениў дәрежесинде емес еди. Дерлик ҳәмме социаллық - гуманитарлық ойдың сейдинин өзине жәмлеген X8X-әсирдеги Россияның әдебий-публицистикалық ойы елдиң экономикалық жақтан артта қалыўына қарамастан жер жүзлик әдебий процесстен анағурлым алға кетти. Сондай-ақ, X8V-XV әсирлерде Мавереннахр халықлары беккем феодаллық өндирислик қатнасларды бастан кеширип атырған бир пайытта көркемлик мәденияттың әсиресе архитектураның дүньялық масштабта орны өзгеше үлгилерин дөретти. Олар` саманийлердиң мавзолейи, Бухарада Калиян минарасы, Самарқандтағы Шахинзинда комплекси, Улуғбектиң медрессеси ҳ.т.б.
Жәмийетлик сананың салыстырмалы шекли еркинлиги нызамлылық сыпатында белгили факторлар тийкарында түсиндириледи. ОларҮ жәмийетлик қатнаслардың конкрет характери ҳәм оған байланыслы социаллық гүрестиң ара қатнасы, жәмийетлик сананың ҳәр қыйлы формаларының өз-ара тәсийри, дөретиўшилик мийрастың, дәстүрлер техникалық дағды ҳәм усыллардың, өзине дейинги дәўирлерде топланған ойлаў ҳәм фактлық материалдың роли.
Жәмийетлик сананың формалары тек реаль өмирди сәўлелендирип ғана қоэмайды, ал оған кери тәсир етеди, оны өзгертеди де.
Әлбетте жәмийетлик сананың барлық формаларына тән бул үш моментти атап өтиў менен бирге олардың ҳәр бириниң басқаларынан ажыралып туратуғын өзгешеликлерин ҳәм нәзерде тутыўымыз тийис. Бул бойынша жәмийетлик сананың ҳәр бир формасы сәўлелендириў объектине ийе. Айтайық, философияда бул сана менен болмыс, моральда жеке адам ҳәм адамлардың ҳәр қыйлы топарлары, жәмийет арасындағы қатнаслар, жүрис-турыс нормалары. Тәбиятқа яки жәмийетке тән көп ғана машқалалар тәбияттаныў, жәмийетлик илимлердиң предмети болса, искусство пүткил ҳақыйқатлықты, тәбиятты, жәмийетти. адамларды, олардың ой-пикирлерин, ис-ҳәрекетин, сезимин индивидуаллық-эмоционаллық дәрежеде сәўлелендиреди.
Сондай-ақ, жәмийетлик сананың формалары сәўлелендириў формасы арқалы да бир-биринен ажыралып турады. Мәселеңкиден, илим ҳақыйқатлықты түсиниклер, гипотезалар, теориялар, модельлер ҳ.т.б , искусство көркем образлар арқалы сәўлелендирсе, динде тийкарғылары догматлар, моральда әдеп-икрамлық сезимлер ҳәм әдеп-икрамлық нормалар, баҳалықлар, идеаллар болады.
Булардан басқа жәмийетлик сананың формалары өзлериниң раўажланыў өзгешеликлери ҳәм атқаратуғын социаллық функциялары арқалы ҳәм ажыралып турады. Мәселен, илимдеги бшлиўдиң прогрессин искусствоның раўажланыўының тийкарғы өлшеми етип болмайды. Искусство өзинде билимниң илимий билиўден өзгеше айрықша типин жәмлеген. Искусствоның раўажланыўын түсиниў ушын илимде айта қаларлық рольге ийе емес эстетикалық өлшемлер жүдә әҳмийетли.
Сондай-ақ илим билиўлик ҳәм0практикалық функцияларды атқарады. Ахыры, ол тәбиятты, жәмийетти ҳәм адамды қайта қурыўдың, өзгертиўдиң дәреги. Ал искусство болса, билиўлик, идеологиялық ҳәм эстетикалық функцияларды атқарады.
Солай етип искусство жәмийетлик сананың басқа формаларына тән улыўмалық белги ҳәм қәсийетлерге ийе болыў менен бирге олардан өз предмети, ҳақыйқатлықты сәўлелендириў усылы, раўажланыў өзгешеликлери ҳәм атқаратуғын функциялары бойынша ажыралып турады. Ал булардың ҳәммеси жәмленген түрде искусствоны жәмийетлик сана, эстетикалық искефликтиң айрықша, өзиншеликке ийе формасы ете алады.
Усылайынша, искусствоның өзиншелигин минезлейтуғын тийкарғы параметрлер мәселесине ҳәм шығамыз.
Сөз жоқ, искусствоның өзине тән өзгешелиги оның айрықша продуктты, идеаллылықты-көркем образды дөретиў менен байланыслы. Бул процесс искусствоның реальлықты өзинше сәўлелендириўи, түсиндириўи ҳәм баҳалаўы менен характерленеди. Буны атап өтиў артық болмас деген үмиттемиз. Неге дегенде, ўақты-ўақты искусствоның мәнисин биринши тәбиятқа ғана емес, ал, «екинши тәбиятқа» ҳәм, демек адам тәрепинен дөретилген мәденият дүньясына ҳәм қарама-қарсы қоятуғын әпиўайы «эстетикалық реальлық» сыпатында түсиниўге умтылыўлар болып турады. Егер бул логикаға сүйенсек, көркем образ объектив реальлықтың сәўлелениўи емес, ал қалай болса солай художниктиң қыялынан дөреген қубылыс болады да қалады. Ҳәттеки искусствоны сыртқы дүньяға ҳәм адамзат тәбиятына қатнассыз, «зәрүрлик патшалығының» сорамындағы қубылыс сыпатында түсиндирилиўлер де жоқ емес.
Егер мәселеге шынтлап нәзер салсақ, искусствоның ҳақыйқатлық пенен байланысы жүдә ҳәм нәзик, қурамалы. Ахыры, бул процесс пайдаланылатуғын турмыслық материалдан да, тематикалық мотив ҳәм сюжетлердиң қурылыўларынан да бираз тереңирек мәниге ийе. Бул байланыс дөретпениң пүткил образлық системасына ҳәм структурасына өтип, художниктиң дүньяны танып билиўиниң, ол туўралы ойлаўының анаў я мынаў усылын ҳасыл қылады. «Бәнтленген Прометей» (Прометей - грек мифологиясында Олимптен қудайлардан отты урлап, оны адамларға инам еткен титан. Бул ушын Зевстиң буйрығы менен жартасқа бәнтленген) я «Антигонаны» (Антигона грек мифологиясындағы патша Фив Эдиптиң қызы, туўысқаны Полиниктиң денесин жерге берип, дайысы патша Креонттың қадаған етиўин бузғаны ушын зинданға тасланған ҳәм ол жерде өзин-өзи өлтиреди) жаратыўы ушын әййемги греклердиң қалай өмир кеширгенлигин сезиў керек. Бирақ бул өтип кеткен тарийхый реальлықты қалай болса солай әпиўайы ғана қайта жаңғыртыў менен шеклениў емес.
Дәўирлер өзгереди ҳәм оларды жаңаша сезип, жаңаша мәнисине жететуғын талант ийелери ҳәм пайда болады. Шекспир я Бетховен жаратқан образлардың сырын түсиниў ушын олар жасаған ҳәм дөреткен дәўирге «сүңгиў», өз дәўирине байланыслы өзинше үңге, даўысқа ийе болыўға кеўлиниң түпкирине дейин үңилиўге туўра келеди. Қулласы, бул жерде искусствоның образы менен оны дөреткен дәўирдиң арасындағы байланысты сезиў, түсиниў машқаласы пайда болады. Деген менен бул мәселелениң тағы бир тәрепи бар. Ол ҳәм болса искусствоның предмети. Бул жүдә зәрүрли мәселе. Ахыры, искусствоның өзиншелиги дүньяны сәўлелендириў бойынша айрықша көркем қуралларды пайдаланыў буған художниктиң өз руўхын, жанын салған тәжирийбеси айтылмастан бурын-ақ басланады. Буған искусствода дыққат айтарлықтай болмаса я ол дыққаттан шетте қалса, онда исъусство бола алмайды деген сөз. Буның мәниси мынада.
Әдетте, эстетикалық көз-қарастан искусствоның өзиншелиги оның адамның қоршаған ортаны эстетикалық қабыллаўын қәлиплестириўи ҳәм уйымластырыўы сыпатында түсиндириледи (Қараңыз. Ильенков Э.В. О»специфике» искусства // Вопросы эстетики. М., 1960. Вып.4. с.33) Бул шәрттиң бузылыўы искусствоның қәлеген түриниң - живопись пе, музыка ма я аяқ-ойынба, бәрибир, эстетикалық мәнистен ҳәм баҳалылықтан маҳрум болғанлығын аңлатады. Ахыры искусствода көркемлик мазмун ҳәм көркемлик идея басым. Эстетикалық сезимниң күши ҳәм сонда. ол дөретпениң өзине ғана тән болмысын табыўдың ҳәм сыртқа шығарыўдың усылы болады. Бул искусство жүзеге шығарған гөззаллық идеалына ҳәм тән. Ол жетилиўдиң образын аңлатып, бары менен болыўы тийистиң, тәбийийлик пенен руўхыйлықтың, сулыўлық пенен пайдалылық, эстетикалық пенен этикалықтың нийеттеги, тилектеги ойдағы бирлигин қурайды.
Сондай-ақ искусство адамның жүдә әҳмийетли талабын - дүньяны конкрет тутаслық, пүтинлик сыпатында көриў, қабыллаў талабын қанаатландырады. Усы себепли ҳәм искусство гносеологиялық планда конкретликти руўхый-практикалық билиўдиң ҳәм жаңғыртыўдың бир формасы сыпатында анықланады. Дурыс, мисли илимий ойлаўдағыдай искусствода да конкретлик көп түрлиликтиң бирлигин, мәлим улыўмаластырыўды аңлатады. Деген менен илимий ойлаўда бул процесс синтез, нәтийже, искусствода ҳақыйқатлықтың пүтинлиги, тиришиликтиң барлық формаларының көриниси сыпатында әмелге асады. Қулласы, көркемлик ойлаўға ҳәм образға тән объекттиң конкрет сезиўлик жаңғырыўы форма, мазмунлық, мәнислик өзгешеликлери менен ҳәм айрықшаланып турады. Мәселеңкиден, көркемлик ойлаў ҳәм образдың мазмунлық жағын нәзерде тутсақ, онда турмыстың көп түрли мазмунының реаль бирлиги адамның күш ҳәм уқып, дағдыларының байлығын ҳәм оған зәрүрликтиң жүзеге шығыўын аңлатады. Усы себепли ҳәм искусстводағы «қыялый болмыс» ямаса «мүмкин реальлық» художниктиң объектив дүнья туўралы көз-қарасы ушын дәрек болған тийкарғы объекттен ҳақыйқатлық жағынан кем емес. Бул процесс форма жағынан қарағанда пүтинликтиң образы, улыўмаластырыў, бир конкретликтен екиншисине өтиўде образды дөретиў мәнисти дөретиўде көринис табады.
Мәниси жағынан искусство ҳәр қашан белгили тоқыўлар, жан күйдириўлер сүйиниўлер, қулласы, көркемлик реальлықты дөретер екен, ол өзиниң ҳақыйқатлыққа практикалық тәсиринде тиккелей утилитарлық бағдарланыўға ийе емес.
Солай етип, искусствоны образларда ойлаў ҳәм көркем баҳалықларды дөретиўге бағдарланған тиккелей практикалық искерлик яғный дөретиўшилик искерлик сыпатында қарай отырып, оның өз предметине, мазмунына ҳақыйқатлықты сәўлелендириў усылына ҳәм жәмийеттеги ролине ийе айрықша қубылыс екенлигин ҳәм түсинемиз. Искусствоның бул өзгешеликлери жәмленген түрде, артық болса да тағы да еслетип өтемиз, оны жәмийетлик сананық ҳәм эстетикалық искерликтиң айрықша формасы ете алады.
Енди искусствоның предмети мәселесин бираз конкретлестирейик.
Ҳақыйқатлықтың қубылысларының тиккелей көркем дөретпелерде сәўлелениў сферасы жүдә ҳәм кең` тәбият, адамлар, олардың бастан кешириўлери, ойлары, қатнаслары, жасаў шәриятлары ҳ.т.б. Булардың ҳәммеси де художниктиң көркемлик танып билиўиниң ҳәм эстетикалық баҳалаўының объекти. Бирақ искусство, бурын бир неше мәртебе тастыйықланғанындай-ақ, бизди қоршап турған ортаның ең баслысын – адамды, оның пүткил жәмийетлик, жеке турмысын, қатнасларын, типлик характерин, сезим, ҳәрекетлерин предмет етип алады. Дурыс, искусствода, мәселен, тәспирлеў искуствосында адамның физикалық тәбияты, оның денесиниң сулыўлығы ҳәм жетилиўи сәўлеленетуғынлығын бийкарлай алмайсаң. Сонда да ең баслысы` искусствода адамның жаны, руўхы, оның ишки дүньясы, ойлары, сезимлери, кейпиятлары.
Белгили, ҳақыйқатлық ҳәм адам ўақыттан ҳәм кеңисликтен тысқарыда өмир сүрмейди. Олар конкрет, белгили социаллық-тарийхый шаяраятларда жасайды. Адам ҳәм ҳақыйқатлық жәмийетлик қатнаслардың белгили характери менен ажыралмас бирликте болады. Бул жәмийетлик қатэаслар ҳәр бир индивидтиң өзине, оны қоршаған адамларға, жәмийетке, ҳақыйқатлықтың өзине қатнасын белгилейди. Тап усыннан искусствоның предметин аныўлаў ҳәм келип шығады.
Солай етип, пүткил дүньяны сәўлелендирсе де, оның бас предмети адам ҳәм оның ҳақыйқатлыққа жәмийетлик байланыс ҳәм қатнасларының жыйындысы болады. Басқаша айтқанда, искусствода тийкарғы дыққат адамға, оның жәмийетлик ҳәм жеке қатнасларының мәнисиниң ашылыўына, мәлим дәўирдиң адамларының типлик характерин, идея, сезимлерин сәўлелендириўге қаратылған. Усы себепли де искусствоның қәлеген түри, ҳәр бир көркем дөретпе жәмийетлик турмыстың, адам болмысының белгили тәреплерин, ал гейде сәўлелендирип атырған дәўирдиң мәнисин кең ҳәм ҳәр тәреплеме ашып бере алады. Искусствоның бул өзгешелиги оның жәмийетлик сананың басқа формалары сияқлы адамның ҳақыйқатлықты танып билиўдеги бирден-бир қуралы екенлигин аңлатады. Өткен дәўирдиң искусствосы өзине дейинги дәўирлер ушын адамның, адамзаттың раўажланыўындағы материаллық ҳәм руўхый турмыстың баҳасы жоқ гүўасы болады ҳәм ондағы жәмленген пүткил жәмийетлик мазмунды түсиниўге жәрдем береди.
Искусство, сондай-ақ, ҳақыйқатлықты эстетикалық танып билиўдиң формасы, адамның эстетикалық искерлигинң бир көриниси. Бизди қоршап турған дүнья индивидуаллықларға ийе көп түрли предметлерден қуралған ҳәм олардың ҳәр бири мазмун менен фоманың бирлигине ийе. Бир түрге киретуғын бир неше предметлерди салыстырып қарағанымызда да олрдың биразында форманың мазмунға сәйкеслигин көремиз . Форманың мазмунға сәйкеслиги саналы түрде әмелге асырылыўы ушын адам тәрепинен исленип шығылған затлар, предметлерге ҳәм тийисли. Реаль ҳақыйқатлықта сулыў предметлер ҳәм қубылыслар, сулыўлық нызамы өмир сүреди. Бирақ сулыўлықты көриў оған ләззетлениў ҳәм оны сулыўлық нызамы менен дөретиў бул адамға ғана тән уқып, қәсийет. Ол жәмийетлик - тарийхый практика менен бирге пайда болады.
Гөззаллықты билиў оннан ләззетлениў ҳәм ҳақыйқатлықты сулыўлық нызамы бойынша дөретиў, бурын айтқанымыздай-ақ, адамның қәлеген искерлигине тән. Бирақ ол искуствода жүдә анығырақ көриниске ийе. Искусство өз раўажланыўы барысында тәбияттың ҳәм адамзат турмысының конкрет көринислериниң көп түрли форма, бояў, сеске ийе конкрет образларын сәўлелендире отырып, ҳақыйқатлықтағы гөззаллықтың көп түрлилигин ашады. Эстетикалық сезимди қанаатландырыў, адамларда көркем талғамды оятыўды ол өзиниң тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпаларының бири етеди.
Искусство дөретпелеринде ҳақыйқатлықты сәўлелендириўши көркем образ өзинде художниктиң ойын ҳәм сезимин жәмлей отырып, ҳәмме ўақыт белгили бир материалда жүзеге шығады. Әлбетте бул материал тез-тезден қайта исленеди. Бул ушын физикалық мийнет талап етиледи де. Бул, мәселен, әсиресе искусствоның скульптура, қолланба искусство, архитектура салалары ушын жүдә тән. Сол себепли искусствоның базы бир түрлерине тийисли көп ғана дөретпелер өз дәўириниң тек руўхый мәдениятының ғана емес, материаллық мәдениятының ҳәм естелиги болады. Деген менен искусствода идеаллық, руўҳый баслама жетекшиликке ийе.
Сондай-ақ искусствоның өзиншелиги ондағы форма ҳәм мазмун, арқалы да ашылады. Айтайық, искусствоның мазмунында предметлик-турмыслық, идеаллық ҳәм эмоционаллық тәреплер бир-бирине өтлесип, бирлесип ҳәм кеткен. Бул процесс арнаўлы әдебиятларда көбирек илимий ҳәм көркем дөретпениң мазмунын салыстырыў арқалы ашылады. Шынында да, егер мәлим жәмийеттиң өндирислик қатнасаларының тәбиятын изертлеўши алым-экономист, ол жәмийеттиң раўажланыўы бағынатуғын улыўма нызамлылықларды ашып ҳәм анализлесе, художник бул нызамлықлар көринис табатуғын конкрет шараятларды, конкрет адамларды олардың тәжирийбелерин, индивидуаллық қатнасларын өзиниң сәўлелендириўине тийкарғы объект етип алады. Көркем шығарманың мазмунында ҳәрқашан турмыслық конкрет индивидуаллық моментлер болады. Ол ҳәрқашан турмыслық факт, ўақыя, көңил-күй туўралы хабар береди. «Тыныш Дон», «Абай жолы», «Қутлы қан», «Маман бий» ҳ.т.б. көркем шығармаларда адамлардың индивидуаллық тәғдирлери арқалы пүткил халықтың тәғдири көринис табады.
Соның менен бирге, искусство дөретпеси идеологиялық жүклемеге ҳәм ийе. Ахыры оның турмыслық, өмирлик мазмунын идеялық уғыныў, түсиниўден ажыратыў мүмкин емес. Искусство дөретпесинде бәрқулла художник тәрепинен сәўлелениўшини баҳалаў болады. Бул көркем дөретпе ийесиниң күнделикли болмысқа мәлим топар көз-қарасынан позициясын ақлатады. Басқаша0айтқанда, искусство ҳақыйқатлықты тек сәўлелендириў ғана емес, соның менен бирге, ол художниктиң дүньяға көз-қарасының да сәўлелениўи. Усыларды есапқа ала отырып, бирпара сабақлықларда, оқыў-методикалық әдебиятларда искусствоның предметин кең мәнистеги ҳақыйқатлық, ал мазмунын бул ҳақыйқатлықты художниктиң мәлим көз-қарас, эстетикалық баҳалаўлар ҳәм эстетикалық идеал дәрежесинен көркемлик улыўмаластырыўы сыпатында түсиндириўлер ҳәм бар. Бул ҳәм усы тақылетлес пикирлеўлер белгили дәрежеде конкретелестириўлерди талап етиўине қарамастан искусствоның мазмунының объективлик пенен субъективликтиң, реаль өмир ҳәм оған художниктиң қатнасының бирлиги екенлигин тастыйықлайды. Сонда ҳәм искусствода жәмийетлик сананың басқа формалары менен салыстырғанда мазмунлық көринис формасы үлкен әҳмийетке ийе. Көркем форманы, шынында да, адамзат идеяларының ҳәм сезимлериниң сыртқы материаллық көриниси сыпатында қараўда жан бар. Искусство дөретпелеринде көрскемлик мазмунының пайда болыўы ҳәм жүзеге шығыўы художниктиң санасындағы спецификалық көркем форма менен байланыслы. Ахыры, дөретиўшилик процеси алдын-ала ойша таярланған мазмунды формаға қалай болса солай ендирип жибере бериў емес. Көркем дөретпениң формасы ҳәм мазмун менен бирликте жасалып, бирликте раўажланады.
Көркем дөретпениң формасына жанр, сюжет, композиция ғана емес, ал образды жүзеге шығарыўда теңи - тайы жоқ көркем тил ҳәм киреди. Мәселеңкиден, шайырдың образлық ойы қалай болса солай қосық бола бермейди, ол қосық болыўы ушын сөзлерде поэтикалық тил, ырғақ, уйқас ҳәм т.б. болыўы шәрт.
Жанр мәселесине келетуғын болсақ, ол дөретпелердиң тарийхый қәлиплескен түрлерин аңлатады. Олар бираз турақлылыққа ийе. Себеби искусствоның қәлеген түри ҳәм оның бөлимлери ҳақыйқатлықты көркемлик жақтан өзлестириўдиң конкрет мүмкинликлериниң көп түрлилиги менен белгиленген. Бул мүмкинликлерди теориялық түсиниўдиң тарийхында жанрлық бөлиўдиң тематикалық структурасының функционаллық аспектлери белгили. Искусствоны системалық анализлеў барысында оны жанрға бөлиўдиң бирнеше жоллары анықланып отыр ҳәм олардың ҳәр бири көркем дөретпениң қурамалы дүзилисиниң мәлим бир қырына ылайық өзгешеликке ийе. Бул көз-қарастан әдебяитта роман, повесть, поэма, қосық деп ғана емес, ал тарийхый роман, қызық ҳәдийсели роман, псизологиялық роман деп ҳәм, трагедия, комедия, мелодрама, водевиль, ҳәттеки ода, эпитафия, эпиграмма, памфлет деп ҳәм бөлиў бар. Сондай-ақ музыканы, тийкарынан, вокальлық ҳәм инструменталлық жанрларға бөлиў практикаға енген. Ал живописьте портрет, пейзаж, натюрморт ҳ.т.б. бөлиў бар.
Сюжет, тийкарынан, искусство дөретпесиниң динамикалық аспекти. Романда, сүўретте, пъеса ямаса фильмде сәўлелениўин табатуғын конкрет ўақыя, қаҳарманлардың конкрет ҳәрекети ҳәм бир-бирине тәсийри ҳ.т.б. сюжетти қурайды. Сюжеттиң негизинде, өзегинде ҳәр қашан адамлардың тәғдийри, оның басқа адамлар менен өз-ара қатнасы турады. Сондай-ақ көркем дөретпеде бир ғана сюжетлик мүмкинликлер менен шекленбейди. Әдетте бас сюжетлик линия менен бирге жәрдемши сюжетлик линияның болатуғынлығын, әсиресе, әдебиятшы алымлар бийкарламайды. Дурыс, бул художниктиң шеберлигине, жоқары әдебий мәдениятына байланыслы. Т.Ю.Қурбанбаеваның пикиринше, Т.Қайыпбергенов «Қарақалпақлар ҳақ-қында дәстан» трилогиясында Айдос бийдың характерин ашып бериўде жәрдемши сюжеттен ҳәм пайдаланған. Алымның көрсетиўинше, егер Айдос бийдың өз инилери менен конфликти шығараманың сюжетиниң бас линиясын аңлатса, Айдос бийдиң өзиниң Хийўа ханы менен гүреси жәрдемши линия есапланады ҳәм усылай ғана Айдос бийдиң ҳақыйқый образы ашылады. (Толығырақ қараңыз` Қурбанбаева Т.Ю. Ҳәзирги заман қарақалпақ прозасында сюжет ҳәм композиция. Т., 1991 31-б.).
Композиция да көркем форманың элементи ҳәм ол көркем шығарманың бөлимлериниң өз-ара қатнасын аңлатады. Усы себепли композицияны көркем дөретпениң қурылысының бир усылы сыпатында түсиндириў арнаўлы әдебиятларда бираз турақласқан. Композиция көркем шығармада өткенди әпиўайы гәп етиўге бағдарланып ҳәм оның басындағы эпизодлар жуўмағында қайталанып ҳәм қурылыўы мүмкин. Мәселен Т.Қайыпбергеновтың «#арақалпақ қызы» романында ўақыялардың берилиўи избе-изликке ийе. Басламадан баслап кульминацияға, демек раўажланыў точкасына дейин, оннан ақырғы нәтийжеге шекемги аралық қамтылады. Ал жазыўшының «Суўық тамшы» ҳәм «Уйқысыз түнлер» повестлери композицияның айналып өтиў принципине тийкарланған. Бастағы эпизодлар шығармалардың жуўмақларында ҳәм қайталанады.
Әлбетте, жоқарыда сөз еткенимиздей-ақ, искусствоның өзиншелиги оның сәўлелендириў предмети, мазмуны ҳәм формасы арқалы ғана емес, ал оның көркем образды дөретиўи менен ҳәм жүдә айрықшаланып турады.
Әдетте, «искусствоның өзиншелиги», «образлы ойлаўдың өзиншелиги» түсиниклерин жийи-жийи қолланамыз. Бирақ бул өзгешеликти, тиккелей художникке, демек көркемлик шеберине ғана тийисли деген жуўмақ жасаў ҳақыйқатлыққа келмейди. Неге дегенде, искусствоның болмысы, өмир сүриў мүмкинлигиниң өзи ҳәр бир адамда мәлим дәрежеде көркемлик шеберине тән уқыптың болыўы менен байланыслы. Буны, сөз жоқ, көркемлик дөретиўшилик пенен эстетикалық қабыллаўдың тығыз байланыслылығы, дерлик туўысқанлығы менен, бир нызамлылыққа бағынғанлығы менен түсиндириўге болады. Бирақ мәселеге шынтлап нәзер салсақ, бул дәлилимиз ҳәм жеткиликсизлеў екенлигин сеземиз. Ахыры, ҳәр бир адам өзин қоршаған дүньяны эстетикалық қабыллаў уқыбына ийе болар екен, бул дүньяның көркемлик сәўлелениўинде эстетикалық қабыллаў имканиятына ийе. Гәп ҳәм сонда, ҳәр бир адам ҳәм логикалық ҳәм көркемлик ойлаў уқыбына ийе ҳәм бул процесслер тарийхый жақтан да, методологиялық жақтан да өз-ара тығыз байланыслы. Айтайық, ҳақыйқатлықты теориялық өзлестириў процессинде адам жеккеликтен, конкрет қубылыслардан абстрактлыққа, кем-кем жоқары дәрежедеги улыўмаластырыўларға өтиў принципин басшылыққа алады. Деген менен соны нәзерде тутыўымыз керек, ҳақыйқатлықты билиў ҳәм қайта қурыў процессинде адам абстракт түсиниклер, категориялар менен емес, ал тиккелей реаль предметлер, конкрет қубылыслар, адамлар менен ис алып барады. Буннан сол нәрсе анық болып отыр, ҳақыйқатлықты руўхый өзлестириўди тек ғана теориялық ойлаў менен шеклеў бир тәреплемелик ғана. Ҳақыйқатлықты руўҳый-практикалық, соның ишинде, көркемлик- образлық өзлестириў процессинде адам тек алғышәрт я тийкарғы момент дәрежесинде қалмайды, ол бул процессти улыўмаластырыўдың реаль ҳәм ҳақыйқый элементи ролин атқарады. Бирақ көркемлик -образлық ойлаўдың теориялық ойлаўдан айырмашылығы бар. Ол мынада. Жеке адамар ҳеш ҳәм қайталанбайтуғын индивидиуумлар, ал ҳақыйқатлықтың ҳәдийселери, фактлары конкрет, индивидуаллық қубылыслар болады. Искусствоның өзине тән өзгешелиги көркемлик -образлық ойлаў ҳәм көркем образдың өзгешелиги менен тығыз байланыслы. Эстетикада көркем образ түсиниги адамның конкрет образын, мәселен Қудайберген шундый, Қунназар ақсақал, Маман бий. “одалақ ҳ.т.б аңлатыў менен бирге тәбияттың ҳәм образын аңлатады. Мәселен, қарақалпақ художниклери А.Қудайбер-геновтың. П.Еримбетовтың. Ф. Мадгазинниң. А.Өтегеновтың Қарақалпақ-станның тәбиятын көрсететуғын реңи ҳәм композициясы жүдә ҳәм нәзик ҳәм әжайып пейзажлары. Сондай-ақ Волгаградтағы Мамаев кургандағы ансамбльде бийнеленген жеңимпаз халықтың символикалық образы тахылетлеслер ҳәм көркем образдың ҳақыйқый мысаллары.
Әлбетте коркем образлық ойлаўдың ҳәм көркем образдың өзгешеликлери оның бир я еки белгисин бөлип көрсетиў менен анықланбайды. Олар әдетте искусствоны ҳақыйқатлықты танып билиўдиң айрықша формасы сыпатында өзиншелигин белгилейтуғын өз-ара тәсирдеги ҳәм пүтинликке ийе тийкарғы белгилердиң жыйындысын аңлатады. Буны еле де конкретлестириў ушын көркемлик-образлық ойлаўдың өзгешелигин, артығырақ болса да, теориялық ойлаў менен салыстырып көрейик.
Образ ҳәм түсиник ҳәм ҳақыйқатлықтың объектив сәўлелениўи. Екеўи де ҳақыйқатлықтың белгили бир тәреплерине байланыслы абстракция процессинде қәлиплеседи. Басқаша айтқанда, образ ҳәм түсиник ҳәм ҳақыйқатлытқың айнаға түскен сүлдери емес, ал анаў я мынаў дәрежеде ҳақыйқатлықтың гейбир тәреплерин ғана сәўлелендиреди. Мәселен, «азан», «қыс», «гүл» түсиниклерин Ф.Мадгазинниң «Әмиўдәрьядағы азан», А.Өтегеновтың «Шахамандағы қыс», М.Қудайбергеновтың «Ериктиң гүли» картиналары менен салыстырайық. Картиналар түсиниклерге қарағанда жүдә конкретликке ийе. Бирақ бунда ҳақыйқатлықтың мәлим тәрепи ириклеп алынғанлықтан конкретлиликти абсолютлендириў реальлыққа туўры келмейди.
Қулласы көркемлик дөретиўши (художник) илимий ойлаўдың эксперименталлық-теориялық, логикалық қураллары менен пайдаланбайды, ал өмирдиң формасындағы улыўмалықты конкрет сезимлик қасыл етилген образларды «көринислерде», өмирдиң өзиниң формаларында көрсетеди.
Улыўмалық ҳәм жеккеликтиң диалектикасы түсиникте ҳәм образда ҳәр қыйлы көриниске ийе. Айтайық, илимий билиўде «үш мүйешлик» түсиниги қолланылғанда үш мүйешке ҳәм үш тәрепке ийе, белгили геометриялық фигура ҳәм жеке үшмүйешлик нәзерде тутылады. Бул жерде улыўмалық пенен жеккеликтиң диалектикасы улыўмалық арқалы көринис табады. Бул диалектика көркем образда жеккелик-индивидуаллық арқалы көриниске ийе. X8X-әсирдеги орыс әдебиятындағы персонажлар- Онегин ҳәм Печорин жақын индивидуаллықлар. Булар олардың заманлахлары тәрепинен «артық адамлар» түсинигине ийе категориядағы адамларға киреди. Бирақ гәп ҳәм сонда, Пушкин ҳәм Лермонтов генийи дөреткен образлардың баҳалылығы, қудиретлилиги, олардың ҳәр бириниң қайталанбайтуғын индивидуаллықа, өзине ғана тән характер, тәғдийр, ойлаў образы ҳ.т.б. ийелиги менен байланыслы.
Көркем образлық билиў қубылысларды сәўлелендириў менен шекленбестен тийкарға, мәниске ҳәм киреди. Бирақ бул қубылыслардың жәрдеминде әмелге асады. Қубылыс нызамынан бай, улыўмалық тек жеккелик арқалы ҳүким сүреди, өзинде индивидуаллықтың пүткил байлығын жәмлейди. Қулласы, көркем образ-бул улыўмалықтың индивидуаллық арқалы, демек мәлим қубылысқа, мәлим адамға ғана тән қәсийет, сапа, белгилер ҳ.т.б. арқалы сәўлелениўи.
Әдетте ишки менен сыртқы, улыўмаластырыў менен индивидуалластырыўдың синтези көркем образдың ҳақыйқатлығын тәмийнлейди, көркем шығарманың анаў я мынаў персонажының реаль өмир сүриў, жасаўының реальлығының иллюзиясын болдыра алады. Усы себепли ҳәм реалистлик искусствода образ улыўмалық пенен жеккеликтиң, объективлик пенен субъективликтиң бирлигин қурап, ҳақыйқатлықтың эстетикалық сәўлелениўин аңлатады ҳәм натуралистлик көширме емес, көркем таңлаўдың, художниктиң тәсийрлениўиниң, дөретиўшилик пенен қайта ислеўиниң нәтийжеси болады.
Көркем образдың түсиниклерден айырмашылығы оның рационаллық пенен эмоционалылықтың бирлиги болыўы менен ҳәм байланыслы. Ахыры, адам өзин предметлик дүньяда тек ғана ойлаўда ғана емес, ал пүткил сезимлери менен де тастыйықлайды. Бул көркем дөретиўшиликте жүдә анық көриниске ийе. Мәселен, «үй», «кендирлик», « әтир суў», «түс» «шаршы», «бесик баласы», «сүт» түсиниклери белгили информацияға ийе ҳәм бизиң ақыл-ойымызға, ойлаўымызға қаратылған, Бирақ айрықша эмоцияларды, эстетикалық сезимлерди болдырмайды. Ал усы күнделикли өмирде жийи-жийи қолланылатуғын эмоционаллық рәң-бәрәңликке ийе емес-ақ түсиниклерден сүйикли ҳаялдың поэтикалық образы пайда болыўы мүмкин.
«Үйиңниң артындағы шоқ кендирликте,
Услап алғанымда туўладың жылап ...
Сол бир кендир ийисин мен ендиликте,
Ҳеш бир әтир суўдан таппадым бирақ.
Түсте жатсам уйқы бермеди шыбын,
Шаршыңды шештиң де, жаптың жүзиме,
Сол шаршыңнан шыққан шашыңның ийисин
Ҳеш бир әтир суўдан таппадым еле.
есик баласы бар үйге киргенде
Бир жыллы леп келер ҳәдден зыяда,
Сүт татыған сол аналық ийисиндей,
Әтир суў ҳеш қашан болмас дүньяда»
(И.Юсупов. Дәўир самаллары. Қосықлар ҳәм поэма. Н.,
Қарақалпақстан 1982, 68-69 бетлер)
Шайыр тәрепинен сүўретленген көринислер сүйикли ҳаялдың образын ашыўға жәмлениўи менен бизиң сезимлеримизге бағдарланған, экспрессивликке, эмоционаллыққа, тәсиршеңликке ийе, адамның сырлы, жасырын сезимлерин қозғап жибереди.
Сондай-ақ түсиник сәўлелендирген объекти бойынша тамамланған жуўмаққа ийе бола алмайды. Көркем образ, көркем шығарма адамлардың, образлардың, ўақыялардың ҳақыйқый реальлығының иллюзиясын жаратыўға имканияты болғанлықтан, олар дүньяны тутас қамтыўға умтылады. Мәселен, «Айгүл-Абаттағы» Айгүлдиң я Абаттың, «Сүймегенге сүйкенбедеги» Айсәнем, Әўез, “одалақ я «Балықшының қызындағы» Досберген, Айқыз, Аллаберген, Палеке, Елмуратлардың өмирде ҳақыйқый болғанлығына ҳеш ҳәм тийкар жоқ. Усыған қарамастан бул шығармалардағы сыпатланған ўақыялардың, образлардың реальлығына гүманланбаймыз.
Мәлим илимий билимлер системасын қәлеген формада баянлаў мүмкиншилиги бар. Мәселен салаыстырмалық теориясының әпиўайы, көрсетпели түрде ҳәм әпиўайы емес түрде де, тек ғана қәнигелерге түсиникли формулаларда баянланыўы да мүмкин. Бул жерде егер мазмунның объективлиги ҳақыйқатлыққа сәйкеслиги болар екен, баянлаўдың формасы оншелли әҳмийетке ийе емес. Ахыры, илимий информацияның тийкары, мәниси оның формасының өзгериси менен өзгере қоймайды.
Көркем образдың жағдайы басқаша. Онда мәлим мазмун тиккелей усы формада ғана өмир сүреди. Ҳәр бир жеке көркем образ тек усы көркем образлар системасында ғана өмир сүреди. Искусствода форма мазмунның көриниси, оның мазмуннан ажыратыў, бул, демек мазмунның өзин жоқ етиў деген сөз. Мазмунды формадан ажыратыў бул демек форманы қуртыў деген сөз. Джульеттаның Шекспирдиң трагедиясындағы. П.И Чайковскийдиң операсындағы, С.Прокофьевтың балетиндеги образларын мысалға алайық. Бул образлардың үшеўи де бир-бирине уқсас болғаны менен көп жағдайда ҳәр қыйлы образлар. Үш шығарманың, трагедияның, опера ҳәм балеттиң фабуласының улыўмалығына қарамастан олар бирдей емес.
Эстетиканың тарийхында бириншилерден болып бул моментти, көркем образдың көп мәнилилигин оның характерли өзгешелиги сыпатындап тастыйықлаған немец философ-алымы И.Кант болып табылады.
Көркем образдың көп мәнилилигине мысал. Гейбир мағлыўматларға қарағанда Г.Козинцевтиң картинасында И.Смоктуновский дөреткен Гамлеттиң образы, «даниялы принцтиң» кинодағы он сегизинши интер-претациясы екен. Ал образдың көп мәнилилиги оның көркем сында ҳәр қыйлы түсиндрилиўи ушын да мүмкиншилик жаратады. Айтайық, илимий дәреклерге сүйенсек, Добролюбов, Островский, Тургенев, Гончаровтың шығармаларынан көркем сын, оқыўшы масса жазыўшылардың ойлағанынан ҳәм узағырақты қамтыған жуўмақлар жасады. Бирақ булар Катерина, Дикий, Инсаров, Елена Стахова, Обломов ҳ.т.б. образларының мәнисинен нызамлы түрде келип шықты.
Бәлким усыннан да болар, белгили Қырғыз жазыўшысы Ч.Айтматов шығармаларының қаҳарманлары ҳаққында оқыўшылардан көркем сыннан басқашарақ пикир күтеди. «Обобщенные, выдуманные мной персонажи должны были бы существовать отвлеченно, в повестях, а не на земле. Но вот что получается. После публикации той или иной вещи я, как правило, жду откровенно говоря, не столько появления критических стапен, что тоже важно для автора, сколько читательских откликов, писем, почты. Содержание их таково` я хорошо знал человека, которого вы изобразили, он работает там то... Сообщаю вам, что ваша Джамиля живет хорошо, у нее трое детей, ни в чем не нуждается... Я тот самый дед Момун из «Белого парахода». Пока жив и здоров. А мальчик мой подрос. Да вот беда-попал в нехорошую историю, его зря осудили. Прошу вас помочь... Первый учитель-это я, русский человек, хотя у вас он-Киргиз...» (Аитматов Ч. Сачтье жить на белом севере// Известия 1984 10 марта).
Илимий теориялар гөнереди, жетиледи, ал көркем образлар гөнермейди. Гомердиң, Эсхиллдың, Сафоклдың образлары менен бирге Корнельдиң, Бальзактың, Бердақтың, Аяпбергенниң, Ибрайымның образлары пәрәўан өмир сүре береди.
Көркем образ ҳақыйқатлықты оның көп түрлилигинде, тосынлық пенен зәрүрликтиң, тийкар ҳәм қубылыстың бирлигинде сәўлелендирер екен, образда көркем деталь, психологиялық майда-шүйделерге ҳәм көп кеўил бөлинеди. Түсиникте булар есапқа алынбайды, шығарылып тасланады. Деталь, майда-шүйде образға өмирлик ҳақыйқыйлық тәбийийлик бере алады.
Күнделикли өмирде жийи-жийи ҳәр түрли тосынлықларға дус боламыз. Көркем дөретиўшиликте буларды сәўлелендириў жүдә зәрүрли. Мәселенкиден, антиклик трагедиялардың өзлеринде-ақ таныў, тыңлап турыў тийкарғы билиўге жәрдем береди. Реалистлик искусствода тосынлық ҳәр қашан нызамлылықты ашыўға хызмет етеди. Мәселен, Дездомананың орамалын жоғалтыўы күндлеикли өмир көз-қарасынан ҳеш нәрсеге де турмайтуғын тосын бир жағдай, оның болмаўы ҳәм мүмкин еди. Ал искусствада бундай жағдай зәрүрликтиң көриниси. Егер Дездемона орамалын жоғалтпағанда ҳәм Яго Отеллоның қызғанышын оятатуғын бир емес бирнеше сылтаўдың басына жип тағар еди.
Қулласы көркем шығарманың тартымлылығы усы «майда-шүйделерисиз» болмайды, себеби олар шығармада көтерилген проблемалардың баслысын екинши дәрежелисин ҳ.т.б. тереңирек ҳәм толығыррқ түсиниўге жәрдем береди.
Жәмийетлик сананың басқа формалары сыяқлы искуствода ҳақыйқатлықты тек сәўлелендириў емес, баҳалаў да бар, ҳәм бул өзгешеликке ийе. Илимде қаралып атырған қубылыслардың минезлемеси алымның тиккелей комментарийлеринде, пикирлеўлеринде бериледи. Егер түсиник баҳалаўды өзине киргизиўи ҳәм киргизбеўи ҳәм мүмкин болса, образ ҳәр қашан «ҳақыйқатлықтың үстинен ҳүким» болады.
Ҳақыйқатлықты белгили жәмийетлик эстетикалың идеалдың, гөззаллық ҳәм бәдбашарлық, трагиклик ҳәм комиклик, көтериңкилик ҳәм пәслик ҳ.т.б категориялардың тийкарында эстетикалық баҳалаў көркем шығармад сырттан алып келинбейди ал пүткил шығарманың пүткил образлық системасынан келип шығады.
Әдетте художник өзиниң комментарийлеринде, тиккелей пикирлеўлеринде, Атабек, Маман бий, Қунназар ақсақал ҳәм басқада персонажлар туўралы ҳеш нәрсе демесе де биз оның кимниң тәрепинде екенлигинин ҳәм кимге наразы екнлигин сезип отырамыз. Бул баҳалаўлар, әлбетте эмоционаллық характерге ийе ҳәм бизиң сезим, эмоциямызды қозғайды. Тек ғана, С.Хожаниязовтың «Сүймегенге сүйкенбе» пъесасының қаҳарманы “одалақтың атын атаўдың өзи ғана бизде гә күлки гә ғәзеп пайда етсе, Баҳадырдың, Ерполаттың ,Аруўханның атлары адамға деген мақтаныш сезимин күшейтип, жүрегимизди қуўанышқа бөлейди.
Ҳақыйқатлықты баҳалаў көркем образдың өзинде жәмленген. Ахыры, образ бул тек ҳақыйқатлықтың сәўлелениўи ғана емес, ал художниктиң сәўлелендириў объектине қатнасы да. Бул бойынша әдбетте художниктиң, дөретиўши субъекттиң жеке қәсийетлериниң роли басым. Ахыры, дөретпениң объектив мазмуны искусствода художниктиң буған субъектив қатнасы арқалы ашылады. Усы себепли де белгили көркемлик дөретиўшиниң индивидуаллық таңбасы туўралы биз тутас шығармаға байланыслы ғана емес, ал ол тәрепинен дөретилген ҳәр бир көркем образға қатнаслы да пикирлеймиз.
Солай етип, көркем образ индивидуаллық, айрықшалық ҳәм улыўмалық, рационаллық ҳәм эмоционаллық, объектив ҳәм субъективликтиң диалектикалық бирлигин қурайды. Әлбетте художниктиң индивидуаллығына, талантына, дүньяға көз-қарасына, эстетикалық позицияларына сәйкес аталған тәреплердиң өз-ара қатнасы бирдей болмаўы тәбийий. Деген менен реалистлик искусствода бул ара қатнаслық көркем өлшемге бағынады ҳәм оны бузыў я оның бир тәрепин улғайтып жибериў ҳақыйқатлықты сәўлелендириўдеги реаллықтан шетлеў деген сөз.
Көркем образдың тийкарғы өзгешеликлериниң бири оның көркемлик улыўмаластырыў, типлендириў процессинде дөрелиўи менен, демек индивидуаллық - қайталанбайтуғын форма арқалы тийкарғыны, нызамлыны ашып көрсетиў менен байланыслы.
Көркемлик-образлық типлендириўдиң мәниси детальлардың ҳақыйқатлығынан басқа типлик характерлердиң типлик шараятларда ҳақыйқый сәўлелениўин аңлатады. Шынында да жазыўшы өз шығармаларында мәлим адамның тәғдийрин ашып бере ме, художник өз заманласының сүўретин сала ма, композитор конкрет қаҳарманының ишки дүньясын, ойларын толқыўларын сәўлелендире ме, бәрибир, булар да көп ғана адамларға ҳәм олардың тәғдийрлерине тәнлик, ҳәрбир афам ушын үлги боларлық типлик бар. Ҳәттеки әййемги дәўирлерде-ақ искусство не болғаны ҳаққында емес, не болатуғынлығы, өйтеўир фактлар туўралы емес, ал усы фактлардың мәниси ҳаққында баянлап береди дейтуғын болған.
Жер жүзлик искусствоның көп ғана образларында ҳәмме адамларға тән белгилер, улыўма адамзатлық белгилер типлескен. Айтайық, Шекспирдиң Ромео ҳәм Джульеттасы, Лермонтовтың Демоны, Микеланджелоның Давиди, Гетениң Фаусты, Наўайының Фархады, Бердақтың Гүлими булардың ҳәммеси дх берилип сүйеди ямаса жүдә жек көреди, жақсылыққа, шынлыққа умтылады. Бул қәсийетлер ҳәр қыйлы дәўирдиң адамларына тән.
Деген менен улыўма адамзатлықты мәлим бир дәўир ушын конкрет-тарийхыйлықтан, өзиншеликтен бөлип алып қараў қыйын. Көркемлик дөретиўши өз дәўириниң адамларының социаллық белгилерин типлестиреди. Спартак, Степан Разин, Джалалатдин Мангуберди, Ерназар Алакөз дүньяға көз-қарасы, гүресиниң методлары бойынша ҳәр қыйлы тулғалар. Искусствода олар ҳәр қыйлы социаллық типлер сыпатында сәўлеленгенликтен характери ойлаў ҳәм сезим образы, минез-қулық, ис ҳәрекетлери бойынша өзиншеликке ийе. Бирақ оларды бирлестирип турған ер жүреклик, мәртлик, қаҳарманлық, массаны изине ериткен уқып бар.
Реалистлик искусствода бийнеленген адамлардың миллий өзгешеликлериниң типлендирилиўи ҳәм бар «Солдаттың әкеси» атлы фильминде әке - Махаршвилидиң образы арқалы грузин халқының миллийилиги тәўир-ақ айқынласады. Белгили әдебиятшы Г.Ломидзе Георгий Махарашвилидиң образын анализлей отырып, оның кинофильмде грузин халқының әсирлер бойы күн көринсиниң бирден-бир дәреги болған жүзимгершиликке қатнасына дыққат бөледи. Солдат Махарашвили душпан жеринде қараўсыз қалған жүзимди көрип, оны әсте сыйпайды, ҳәттеки оған баўырманлыққа, жақсы көриўге толы сөзлер айтады. Соңынан танк пенен жүзимди басып кетпекши болған солдаттың жағына шапалақ пенен урады
«Разве в этом поведении Махарашвили не запечатлены предствления, навыки именно грузинского народа? У якута, казаха или беларуса, нап-ример, виноградная лоза не вызвала бы подобных чувств, и не потому что для них недоступна эта сфера человеческих переживаний. Человек живет в определенных жизненэых условиях, что накладывает свой отпечаток на его психику, на весь комплекс его жизненных этических навыков и представлении «(Қараңыз` Г.Ломидзе. Судьбы национальных литератур. М., 1987, 52-б)
Искусствода ҳақыйқатлықтың эстетикалық белгилерин типлендириў турмыстағы гөззаллық ҳәм бәдбашарыықты, трагиклик ҳәм комикликти улыўмаластырыў үлкен әҳмийетке ийе. Типлендириў бул мәлим жәмийеттиң көп ғана адамларына тийисли, улыўма адамзатлық, социаллық. миллий, психологиялық ҳ.т.б. белгили қәсийетлерди конкрет индивидуаллық қайталанбайтуғын образларда ашыў ҳәм адамлар жасап ҳәрекет етип атырған ортаның тийкарғы белгилерин бериў болып табылады.
Типлендириў художниктиң ойлаў искерлигиниң кескинлиги менен қоса оның үлкен турмыс тәжирийбесин талап етеди. Бунда, әсиресе көркем қыялдың орны өзгеше. Художниктиң қыялы улыўмаластырыўға айрықшы форма енгизеди ҳәм бул ойдан табылған формада шынлықты, турмыстың терең шынлығын табыўға имканият береди.
Бурын айтқанымыздай-ақ көркем образлардың көпшилик бөлеги ойдан табылған, ахыры, образлардың ҳақыйқыйлығы, көркем дөретпедеги адамлардың реаль болғанлығы менен емес, ал ойдан табылған-ақ қаҳарманларда ўақыяларда адамлардың реаль өмир сүриўин, сүрип атырған адамлардың ҳәм ўақыялардың болыўы. Мәселен, Хлестаков болмаған, ал хлестаковшылық социаллық қуьылыс сыпатында болды. Григорий Мелехов Шолоховтың қыялының жемиси болғаны менен өз халқынан айра түскен адамның трагедиясы жазыўшы тәрепинен танып билинген, сәўлеленген. Т.Қайыпбергеновтың Меңлимураты ҳәм, Ч.Айтматовтың Едигеси бул тужырым менен белгили дәректе сабақлас. Ҳәттеки тарийхый адамларды сәўлелендиргенде ҳәм олардың келбетинде заманласлардың белги қәсийетлери типлендириледи, улыўмаластырылады. Шейлок ҳәм Гобсек, Дон Кихот ҳәм Гамлет, Идушка Головлева ҳәм Обломов, Беликов ҳәм Хлестаков Мәспәмбет ҳәм Қәмелбайлардың образларында адамлардың белгили категориясына тән болғанлықтан социаллық тип дәрежесине көтерилген.
Солай етип, көркем образлық реалистлик искусствода улыўмаластырыўдың тийкарғы принципи сыпатында турмыслық проблемаларды анығырақ көтерип, олардың ишки мазмунын ашыўға, реаль дүньяны, адамларды, жәмийетлик қатнасларды тереңирек танып билиўге имканият береди ҳәм искусствоны ҳақыйқатлықты танып билиўдиң қуралына айландырады. Шынында да искусство дөретпелери ҳақыйқатлықты ҳәм жәмийетлик адамды сәўлелендире отырып, адамды танып билиў уқыпларын раўажландырыўға ҳәм байытыўға имканият береди. Көркем образлар реаль ҳақыйқатлықтың сәўлелениўи бола отырып, объектив мазмунға толы. Усы себепли ҳәм В.Г.Белинскийдиң. Пушкинниң «Евгений Онегин» романы орыс халқы турмысының энциклопедиясы деўинде жан бар. Бул жерде ойшыл реаль ҳақыйқатлықтың сәўлелениўиниң объективлигин ғана емес, ал бул процесстиң кеңлигин, қамтылыўының ҳәр тәреплемелигин нәзерде тутады. Бердақтың дөретиўшилигин ҳәм қарақалпақ халқының социаллық-экономикалық ҳәм руўхый турмысын реаль сәўлелендириўи жағынан энциклопедиядан қалыспайды десек лап болмас. Бул бирпара мийнетлерде тастыйықланған да (Қараңыз` Сеитов П. Философияға кирисиў. Н., Қарақалпақстан 1992, 63-б.).
Бул айтылғанлар искусствоның ҳақыйқатлықты сәўлелендириў, оны танып билиўи бойынша әҳмийетли қурал екенлигин тастыйықлап, оның билиў функциясына анықлық енгизеди де. Шынында да искусствоның көплеген дөретпелери адамзат басып өткен узақ ҳәм шым-шытырық ўақыяларға толы, жүдә ҳәм қурамалы тарийхый процесс туўралы теңи жоқ дәреклер бере алады. Ахыры француз жәмийетиниң турмысы туўралы жазылған тарийхшылардың, экономистлердиң, статистика қәнигелериниң барлығының мийнетлерин қосып есалағанымызда ҳәм олардан гөри Бальзактың романлары арқалы көбирек билиў имканияты барлығын бирпара ойшыллар тастыйықлаған ғой Тағы бир мысал. Қарақалпақ жазыўшысы Т.Қайыпбергеновтың «Қарақалпақлар ҳаққында дәстан» атлы трилогиясында XVIII-XIX әсирлердеги қарақалпақ халқының социаллық-экономикалық, руўхый турмысы сәўлеленген. Онда тарийхымыздың ҳәр қыйлы ўақыялары ҳаққында жартыўсыз тарийхый фактлердеги айтылыўларына қарағанда бирқанша анық ҳәм толық жуўап алыў мүмкин.
Искусствоның билиўлик мүмкиншиликлери жүдә ҳәм мол, оны адамзаттың руўҳый турмысының бирде-бир сферасы менен алмастыра алмайсаң. Мәселен, илимниң өзлестириўи қыйын тәреплерин сәўлеленлириў имканиятына ийе Н2О илимий формуласында бул қубылыстың жасаў, өмир сүриў нызамы сәўлеленген. Бирақ қубылыс нызамнан бай екенлигин И.К.Айвазовскийдың суўдың формуласына сүйикли адамның сестин ядқа салғандай, суўдың сылдырлысы, толқынлардың жағаға урыўлары теңиздиң үстиндеги айдың жақтысы түсирген жол, ондағы стихияның қудиретин көрмеймиз. Суўдың көп түрли қәсийетлери оның барлық конкрет сезиўлик байлығы илимий улыўмаластырыўдың шегарасынан сыртта қалады. Искусство предметлик-сезиўлик дүньяның байлығын ҳақыйқый өзлестиреди, оның эстетикалық көп түрли көринисин ашады, белгили затлардан жаңаны, күнделиклиден әдеттегиден тысқарыны ҳ.т.б. процесслерди ашады.
Искусство бизиң сезимлеримизди ушлайды, шын мәнисинде адамға дүньяны қабыллаўды үйретеди. Ол мисли адамның көзи менен тәбият арасындағы цивилизацияның призмасы болады. Англия жазыўшысы О.Уайлд, (1834-1900) өp ўатанласы живописши У.Тернердиң (1775-1851) живописи Лондон думанларын болдырды деген екен. Бул афоризм-парадок онда искусствоның искерлик мәниси жәмленген. Басқаша айтқанда искусство адамның дүньяны сезиўин, көриўин, бояў ҳәм формалардың сулыўлығы менен ләззетлениўге уқыплы көзди, сеслердиң гармониясын тута алыўға уқыплы қулақты қәлиплестиреди.
Искуссствоның ҳәр бир түринде искерлик ҳәм билиўлик басламаның ара қатнасы ҳәр түрли. Искерлик баслама жетекши роль ойнайтуғын дөретиўшиликтиң түрлеринде тәсийрлилик, анықлылық (мәселен, архитектурада) ол билиў жетекшиликке ийелеринде тәспирлеўлик (мәселен, живописте) басым. Егер архитектор бинаны тәспирлеўлик принципинде сәўлелендириўге умтылса, бул өзиниң искусствосының спецификасын бузғаны деген сөз. Ал әдебият, кино, театр тәспирлеўликке ҳәм тәсийрлиликке ҳәм ийе. Сондай-ақ искусство тәжирийбе, фактлар ойлаўдың улыўмаластырыўдың, көз-қараслардың системасын бериўдиң қуралы сыпатында болады. Ол мисли өмирдиң сабақлығындай, оны басқа сабақлықларды жақтырмайтуғынлар ҳәм оқыйды. Искусствода жәмленген билиўлик информация жүдә ҳәм мол. Ол бизиң дүнья туўралы билимлеримизди тикеллей молайтады. Ҳәр бир искусство арқалы өзиниң жеке тәжирийбесин басқалардың тәжирийбеси менен салыстыра отырып, дүньяны танып билиўдиң ҳәм жеке адамның өзин-өзи танып билиўиниң қуралы хызметин атқарады.
Искусство информативлик - коммуникативлик функцияны ҳәм атқарады. Искусствоның коммуникативлигинде оны ҳәзирги белгилилик системасы сыпатында семиотикалық қараў тийкарланған. Бул деген сөз искусство мудами информацияға ийе ҳәм оны жеткизиўши байланыс тармағы. Ол усылайынша қатнаслардың индивидуаллық тәжирийбесин жәмийетлестириўге ҳәм жеке адам тәрепинен жәмийетлик тәжирийбени өзлестириўге хызмет етеди. Ўақтында Аристотель ҳәм көркем шығарманың информациялық жәмлениў имканиятын айтқан еди. Оның пикиринше художник шығармада болып өтиўи мүмкин нәрсени ғана сәўлелендиреди. Болмаған, бирақ болыў итималлығы мүмкин дей болғанның алдына қояды. Ҳәзирги информация теориясы көз-қарасынан итималлылығы бойынша мәлимлеў жүдә ҳәм баҳалылыққа ийе.
Искусство белгилилик системасы болар екен, ол тарийхый ҳәм миллий факторлар тийкарында қәлиплескен өзине тән ғана кодлық ҳәм шәртлилик өзгешеликлерге ийе. Халықлар арсындағы қарым-қатнасық ҳәм өткен дәўирдиң мәдениятын өзлестириў бул кодлар менен шәртлиликти ҳәммеге түсиникли ете алады ҳәм оларды пүткил адамзаттың көркемлик мәдениятының арсеналына енгизе алады. Художниктиң дөретпеде жәмленген пүткил шеберлигин ҳәм тәжирийбесшн, оны қабыллаўшының тәжирийбеси қарсы алып, дөретпениң мәнисин заманагөйлестирип, түсиникли етип ғана қоймастан оны байытады да. Дөретпени қабыллаў, қарым-қатнасық (общение) нызамы менен әмелге асады. Көркемлик қарым-қатнасық адамларға өз ойлары менен ортақласыўға, оннан дәўирлик ҳәм географиялық жақтан қашықлықтағы тарийхый ҳәм миллий тәжирийбеге араласыўға, енисиўге мүмкинлик береди. Нәтийжеде искусство адамзаттың руўхый потенциалын ҳәм бирлигин тағы да жоқарылатады.
Аяқ ойын, живопись, архитектура, скульптура, қолланба ҳәм безеўлик искусствоның тилинде берилген информация ҳәммеге түсиникли, басқа халықлар тәрепинен сөздиң тилиндеги информацияға қарағанда тез өзлестириледи. Көркемлик тилдиң информативлик мүмкинликлери кең ҳәм сапалық жақтан жоқары. Себеби искусствоның тили түсиникли ҳәм метафоралыққа, ийилгишликке ийе. Искусствоның тили парадокслылыққа, эмоционаллылыққа ийе. Тәбийий сөйлеў тилине қарағанда ол эстетикалық жақтан бай.
Искусство адамларды бирлестире алады. Гейбир мағлыўматларға сүйенсек, ҳәр түрли тилде сөйлейтуғын қәўимлер өз-ара питим жасағанында ырғақлары оларды бириктиретуғын аяқ-ойынларға түскен. XVIII-әсирдиң ахыры XIX-әсирдиң басында сиясатшылар Италияны майда мәмлекетлер графлық, князлықларға бөлип таслайды. Бирақ искусство неаполитанларды, римлилерди, ломбардлыларды туўысқанластырып, оларды өзлериниң бир миллет сезиниўине жәрдемлести. Әййемги Русь ушын бундай жағдай белгили дәрежеде характерли. XVIII-әсирдиң ахыры X8X-әсирдиң басында немецлер өзлериниң турмысында поэзияның бирлестириўши күшин жүлә сезди. Бүгинлигинде искуссство халықлардың өз-ара түсинисиўине жол салып атыр. Ол параҳат бирге жасасыў ҳәм бирге ислесиўдиң қуралы.
Қулласы, буннан адам руўхының искусство тәсийр етпейтуғын жери жоқ десек қәтелеспеймиз. Искусство пүтин жеке адамды қәлиплестиреди.
Эстетика тарийхынан белгили, пифагоршылар искусство адамды тазалайды десе, Аристотель катарсис категориясын ислеп шықты ҳәм оны эстетикаға енгизди. Мәселен, искусство аўыр сынақлардан өткен қаҳарманларды сәўлелендире отырып, адамларды оларға тилеклес болыўға мәжбүрлейди ҳәм усылай олардың ишки дүньясын тазалайды. Буларды Аристотель трагедиялық шығарманың материалының тамашагөйге тәсийринде көрди. Деген менен эстетика бойынша бирпара қәнигелердиң тастыйықлаўынша, катарсистиң комиклигиниң ҳәм Аристотельдиң «Поэтика» атлы мийнетиниң жоғалған бетлеринде болыў итималлығы бар. Неге дегенде, катарсистиң улыўма эстетикалық категория сыпатында искусствоның тәрбиялық функциясын сәўлелендириўи илимий түсиндириўлерде дәстүрийликке ийе. Бул бир. Екиншиден, искусствоның катарсислик ҳәм адамның руўхый гармониясына мүмкинлик жаратыўшы функциялары бир емес, бирнеше, мәселен, гедонистлик ойын-заўық, руўхый гармониялық катарсислик бағдарларды өз ишине алып, искусствоның жеке адамға тәрбиялық-қәлшплестириўшилик тәсириниң жүдә ҳәм әҳмийетли аспектлеринен есапланады.
Искусствоның жеке адамға тәсири эстетикалық идеал арқалы әмелге асырылғанлықтан, бул процесс жақсы, жаманның парқын ажыратыўда әпиўайы нәсиятлаў яки ақыл-кеңес бериў менен шеклениў емес. Ҳәттеки логикалық жақтан исендириў, көргизбели қураллар менен түсиндириўлерден де тереңирек усыллар менен әмелге асырылады. Ахыры, искусство көп ғана басқа адамлардың басынан кеширгенлерин мисли адамның өзиникиндей етип сынап көриўлерине, бастан кешириўлерине, басқалардың тәжирийбеси менен байыўға ҳәм оны өзиниң өмири, факты, өмирбаянының элементи етиўге мүмкинлик береди. Бул искусствоның түрли жеке адамға тәсириниң дәреги екнлигинен хабар береди. Искусствода да сәўлеленген адамның дүньяға мүнәсибети адамның реаль өмирлик тәжирийбесин көбейтеди ҳәм кеңейтеди. Бул процесс ҳәм сапалық өзгешеликлерге ийе. Искусство белгили тарийхый дәўирде жасап атырған жеке адамның тәжирийбесиниң тарийхый шекленген рамкасын кеңейтеди ҳәм оған адамзаттың тарийхый көп түрли тәжирийбесин бере алады. Сондай-ақ жеке адамды көркемлик жақтан таңланып алынған, тәжирийбеси менен саналы түрде түсиндирилген улыўмаластырылған тәжирийбе менен қуралландыра отырып, адамға өзиниң установкаларын ҳәм өмирлик жағдайларға байланыслы баҳалаў реакцияларын қәлиплестириўге имканият береди. Мәселен, бүгинги күнниң машқаласына арналған бир ярым, еки саатлық көркем фильм арқалы биз ондағы көп ғана сюжетлик линияларды күнделикли реаль тәжирийбелердегилер араласып кетеди ҳәм оған тағы да социаллық толясыўлық береди. Жоқары искусство тутас жеке адамның социалласыўына ҳәм өзин-өзи тастыйықлаўына бағдарланған. Әлбетте искусствоның функциялары булар менен тамамланбайды, арнаўлы әдебиятта жәмийетлик қайта қурыўшылық, көркемлик-концептуаллық, болжаўлық, тәсийрлик, эстетикалық, геодонистлик функциялары ҳәм аталады. Деген менен бул функциялардың ҳеш бири де ҳәм дара-дара ҳәрекет ете алмайды, олар реаль турмыста тығыз байланыслы ҳәм бир-бирине өтлесип кеткен.
Do'stlaringiz bilan baham: |