Гөззаллық дүньясы: оны билиўдиң тийкарғы парадигмалары Жобасы:
1.Гөззаллық эстетикалық ойдың тарийхында
2. Гөззаллықты теориялық түсиниўдиң тийкарғы парадигмалары
3. Гөззаллық ҳәм искусство.
Әдебиятлар
1. Каримов И.А. Ўзбекистон буюк келажак сари Т.,1998
2. Каримов И.А. Өзбекстан ХХI әсирге умтылмақта. Н., 1999.
3. Борев Ю.В. Эстетика М ., 1989.
4. Умаров Э., Пал И. Эстетика Т., 1990.
5. Эстетика Словарь М., 1989.
Ҳәр бир илим адамзаттың практикалық ҳәм билиў искерлигиниң жуўмақлары сәўлеленетуғын түсиниклер системасына ийе. Категориялар-реаль ҳақыйқатлықтың ҳәм билиўдиң тийкарғы, нызамлы байланысларын ҳәм қатнасларын сәўлелендиретуғын оғада улыўма фундаменталлыққа ийе түсиниклер. Ойлаў процесниң формалары ҳәм турақлы шөлкемлестириўши принциплери бола отырып, категориялар болмыстың ҳәм билиўдиң қәсийетлерин ҳәм қатнасларын ғалаба, оғада жәмленген формада сәўлелендиреди.
Эстетика да илим сыпатында өзиниң категориаллық аппаратына ийе. Онда адамның ҳақыйқатлыққа эстетикалық қатнасының тийкарға типлери сәўлеленген ҳәм дүньяның, адамзат искерлигиниө тийкарғы эстетикалық минезлемелери улыўмаластырылған.
Тийкарғы эстетикалық категориялар- гөззаллық, көтериңкилик, трагиклик, комиклик. Дурыс, бул түсиниклер топары менен пүткил эстетикалық категориялардың "дизими" шекленбейди. Соның менен бирге булар барлық эстетикалық түсиниклердиң тийкары есапланады.
Эстикалық категориялар философиялық категориялар сияқлы жүдә ҳәм ҳәрекетшең ҳәм өз-ара байланыслы, ҳәттеки олар бир-бирине өтлесип кеткен. Олар адамның ҳақыйқатлыққа эстетикалық қатнасына байланыслы тәреплерин, қәсийетлерин ҳ.т.б. сәўлелендиргенликтен белгили улыўмалыққа ҳәм ийе. Арнаўлы әдебиятларда бул улыўмалық "эстетикалық" түсинигиниң мәнисине барып тиреледи. Дурыс, "эстетикалық" түсиниги бойынша пикирлер ҳәм бир текли емес. Усыған қарамасатан, олардың қай қайсысында да адамның жәмийетлик мәнисииниң предметлесиўи, тәбияттың "адамийзатласыўы" ҳәм бул процесслердиң турмыслық баҳалық сыпатында қабылланыўының параметрлериниң қамтылыўы бар. Бул тек гөззаллыққа, көтериңкиликке ғана емес, трагикликке ҳәм комиклике ҳәм тән. Әсиресе, гөззаллық категориясын арнаўлы түрде қараў барысында буның гүўасы боламыз.
Гөззаллық, сөз жоқ, эстетиканың орайлық категориясы бул ушын дәлиллер жетерли. Ең баслысы: эстетиканың қәлеген проблемасы белгили дәрежеде гөззаллық пенен байланыслы. Мәселен, көтериңкилик мақсетке муўапықлық ҳәм зәрүрликти өзине жәмлеўи бойынша гөззаллыққа уқсас. Сондай-ақ, көтериңкиликтиң генезисиндеги санлық, гөззаллықтың тийкарындағы сапалық өзгешеликлер бирин-бири толықтырып турады. Соның ушын ҳәм И.Кант бул еки категория арасындағы айырмашылықлар менен қоса бирин-бири толықтырып турған параметрлерге, олардағы улыўмалыққа үлкен әҳмийет берген.
Бәлким, эстетиканы узақ жыллар гөззаллық туўралы илим, гөззаллық филоосфиясы деў ҳәм усыннан болса керек. Ахыры, гәп, мәселен, эстетикалық қатнас туўралы, демек эстетикалық обьект ҳәм эстетикалық субьекттиң қатнасы туўралы кетер екен, гөззаллықтың тийкарғы эстетикалық баҳалық ҳәм гөззаллықты қабыллаў уқыплығы эстетикалық субьекттиң тийкарғы қәсийети екенлиги мәселеси көтериледи. Бул эстетикалық санаға, оны қурайтуғын элементлерге ҳәм тән. Айтайық эстетикалық сезим гөззаллықты сезиў ал эстетикалық идеал болыўы тийис, нийеттеги, ойдағы гөззаллық. Эстетикалық талғамға келетуғын болсақ, ол ҳәм сондай. Жеке адам ҳәм жәмийет ҳәм гөззаллықты келисимсизликти қабыллағандай қабыллайды. Эстетикалық көз-қараслар ҳәм биринши гезекте гөззаллықтың мәниси ҳәм тәбияты туўралы көз-қараслар. Буннан жуўмақ сол: гөззаллық кең түсиник. Ол бир қарағанда бир-бири менен байланысы жоқтай болып көрингени менен анализдиң тереңлесиўи менен улыўмалығы тез анықланатуғын ҳәр қыйлы қубылысларды сәўлелендиреди. Айтайық, гөззаллық тәбиятта да, жәмиийетте де өмир сүреди. Гөззаллық- бул өмир деп түсиндириўлер ҳәм бәлким, усыннан. Бириншиден, гөзалллықтың дәреги-реаль өмир реаль искерлик. Екиншиден, гөззал дегенде өмирдиң белгилери анық ҳәм толық көринетуғын конкрет қубылысты нәзерде тутамыз. Сондай-ақ гөззаллыққа эстетикалық баҳалаў бергенимизде форманың мазмунға сйәкеслиги ғана емес оның унамлы характерге ийе болыўын да есапқа аламыз. Мәселен адамның әдеп-икрамлық сапасы оның ис ҳәрекетлеринде руўҳый келбетинде гормониялық көринис табады ҳәм сөйтип ғана гөззал болады.
Тәбияттағы гөззалық тәбият қубылысларының нызамлылығына, мақсетке муўапықлығына байланыслы. Мийнеттеги гөззаллық мийнетте еркли характерде дөретиўши адамның уқыбының жетилисииўинде, белигили бир материалды айтайық, устаның басында ойлағанының (ойлап тапқанының) адекват түрде әмелге асыўында. Жәмийетлик өмирдеги гөззаллық эстетикалық идеалды әмелге асырыў ушын гүресте көринеди. Искусстводағы гөззаллық болатуғын болса, алдыңғы идеаяылық пенен сабақлас. Ал гөззаллыққы қарама-қарсы келисимсизлик (безобразное) болатуғын болса, бул гормонияның бузылыўы, ең алды менен мазмун менен форманың бирлигиниң бузылыўы Айтайық, социаллық өмирде адамзат жеңип алған гуманистлик принциплерден бас тартыў келисимсизлике мысал болыўы мүмкин.
Әлбетте, эстетикалық ой-пикир гөззаллық мәселесине байланыслы көз-қарасларға бай екенлигин ҳәм айтыўымыз керек. Ахыры, сулыўлықтың, гөззаллықтың сыры ҳәм оны танып билиў адамзатты әсирлер бойы ойландырып киятыр. Егер филсофиялық ҳәм эстетикалық көз-қараслар сәўлеленген естеликлер қалдырған әййемги цвилизациялардың тарийхына бир нәзер салсақ, б.э.шекемги ХХV әсирде өз жазыўына ийе шумерлик цвилилизация дәрҳал көзге тасланады. Оның "Жаз ҳәм қыс ямаса Энлиль дийханның қудайын-қәўендерин таңлайды" атлы жазбаларының биринде пайдалылық пенен гөззаллықтың ара қатнасына байланыслы мәселе адамзат тарийхында биринши мәртебе қойылған ҳәм пайдалылық гөззаллық пенен теңлестирилиген. (#араңыз: Крамер С.И. История начинается в Шумере М., 1965 165-б). Бул көз-қарас, яғный утилетарлық пенен гөзалықтың теңлестирилиўи идеясы шумерлилердиң "Ианна күйеў таңлайды" поэмасында ҳәм бар.
Әййемги египетлилердиң әдебий естеликлеринде, қудайларға гимнлеринде фараонлардың өмир баянларында искусствоның ҳәм ҳақыйқатлықтың өзгешеликлери туўралы көп ғана теориялық дәреклер бар. Мәслеңкиден, Орталық патшалық деп аталатуғын дәўирге тийисли әййемги египетлик папирусларда Нилдиң сулыўлығы оның адамның күн-көрисине пайдалылығы тийкарында жырланады ҳәм улыўма сулыўлық өмирдиң дөретпеси сыпатында қаралады. Солай етип, әййемги египетлилерде гөззаллық өмирдиң өзи сыпатында тастыйықланады.
Әлбетте, әййемги адамлардың дүньяға қатнасында эстетикалық мәп талап өзинше сфераға айланғандай, олардың күнделикли практикалық искерлигинен еле ажыралмаған еди. Усы себепли олардық дүнья қәлеген қатнасы эстетикалың элементти өзинде жәмледи. Әййемги грек эстетикасы ҳәм усындай: еле бөлинбеген тутас билимлердиң бир бөлеги ғана. Оларда қәлеген минезлемеси эстетикалық баҳалаўды өзинде жәмлеген. Дәслепки натур- философиялық көз-қарсларда эстетикалық пенен космологиялық ажыралмас бирликте қаралады. Бул деген сөз гөззаллық-әлемдеги гармония, ондағы сулыўлық. Усыған байланыслы арнаўлы әдебиятлардың бир параларында "космос" сөзиниң дүньяны, әлемди ғана емес сулыўлық, тәртип, гармонияны аңлатыўын, "косметика" сөзи менен бир түбирлес екенлигин еслетип өтетуғынлығы жүдә ҳәм дыққатқа ылайық.
Дүньяның обьектив өмир сүриўи ҳәм оның гөззалығының реаллығы туўралы натур философиялық көз-қаравсты пифогоршылар ҳәм белгили дәрежеде мийраслады. Буны биз пифогоршылардың дүньяны минсиз космос, пүткил аспан-гармония ҳәм сан деп тастыйықлаўынан көремиз. Олар ҳәттеки музыкалық акустика менен шуғыллана отырып, сулыўлыққа математикалық жантасыўды әмелге асырыўға урынды. Әсиресе тонлардың өз-ара қатнасына есаплаў жүргизип бул бойынша октава, квинта ҳәм квартаның мүмкинликлерин санлы көрсеткишлерде тийкаврлап берди.
Сона да айтыўымыз керек пифогоршылар гармония мәселесине соншелли дыққат бөлип, әлемди гөззал сес шығаратуғын аркестрге уқсатқаны менен, бул процесс оларда динамикада емес ал статикада қаралды. Ал Гераклит болатуғын болса гармонияны оған ҳәрекет динимикалық ҳалат енгизип қарады. Бул бойынша Гереклитте орайлық образ бар. Ол ҳәм болса,-от. Оттың жалыны соншелли қүдиретке ийе, ол пүткил өмир сүрип, жасап турғанларды қуртып, күлге айналдырып жибериўи ҳәм тәәжип емес. Солай екен, Гераклит отты дүньядағы ҳәмме нәрсениң тәғдири менен салыстырады. Өйтпегенде туўылыў, оннан соң өлиў болмаған болар еди. Сондай-ақ ойшыл өмирдиң сулыўлығын, гөззаллығын гүрестиң сулыўлығы, гөззаллығы деп түсиндирди. Буның мәниси өмир мәңги өлим, мәңги қәлиплесиў, күлден барлық формаларда қайта тиклениў. Сонда сулыўлық, оттың қарама-қарсылықлардан туратуғын келешекке умтылған мәңги тәбияты. Қарама-қарсылық гармонияны жаратыўшы ҳәм гөззаллықтың өмир сүриўиниң шәрти. Мәселен, әййемги греклердиң тарлы музықалық әспабы-лирадағы гөззаллықтың келисими ҳәм қарама-қарсылықтың нәтийжеси. Оқжайдың ҳәм лираның сиресип тарнтылған еки тәрепи келисимли ҳәрекет бодырады.
Гераклит гөззаллықтың дүзилисин қарама-қарсылықлардың гүресиниң бирлигинде қарады. Бул бойынша оқжайдың образы жүдә әҳмийетли. Гейбир мағлыўматиларға қарағанда оқжай музыкалық сестиң тийкары, барлық тарлы әспаблар өзиниң келип шығыўында оған барып тиреледи екен. Гәп сонда, оқжайдың образында гармонияның модели көзге тасланады.
Гераклит гөззаллықты қабыллаўдың характерни туўралы мәселени ҳәм қойып, оны есаплаў жолы менен я улыўмалық, абстрактлик дәрежеде түсиндириўдиң надурыслығын ал сезиў арқалы ғана қабыллаўдың ҳақыйқатлыққа сәйкеслигин мақуллады. Сулыўлықтың өзи отқа мегзес екен, оны түсиниў ушын ойлаў ҳәм мисли отқа тәкаббил, диалектикалық характерге ийе болыўы тийис.
Қулласы, Гереклид ушын сулыўлықты танып билиў өмирдиң, туўылыў ҳәм өлиўдиң, гүрес ҳәм бирликтиң қарама-қарсы мәнисин ашыў менен бара-бар.
Космогония менен эстетиканың бирлиги тағы бир әййемги грек матералистине Эмпедоклға ҳәм тән. Ойшылдың пикиринше, дүньяның тийкарын төрт әлемент-от, ҳаўа, суў ҳәм жер қурайды. Оларды гормония ҳәм сулыўлықтың тийкары есапланатуын муҳамббат байланыстырып турады. Ал олардың бир-биринен ажыралыўы төрт эелменттиң пүтинлигиниң, тутаслығының бузылыўы ҳаос пенен келисимсизликти болдыратуғын душпанлық пенен байланыслы.
Эмпедоклдың натурфилософиясына, белгили дәрежеде эволюционизм идеясы ҳәм тән ҳәм ойшыл тиришиликтиң эволюциясын бул дүньяның эәстетикалық жетилиўи ҳәм оның сулыўлығының қәлиплесиў процесси менен байланыстырыўға урынды.
Демокрит эстетикалық ойдың тарийхында өзиниң гедонистлик концепциясы ҳәм оған үйлесимли өлшем түсинигин ислеп шығыўы менен орны гиреўли. Оның тастыйықлаўынша, ләззетленип жасаў керек. Онда ҳәм гөззаллық пенен, шамаңша, белгили шенге, өлшемге ылайық ләззетленип жасаў зәрүрли. Бул қәде, егер орынланбаса, ең жағымлы нәрсе ҳәм жағымсыз болып кетиўи тәәжип емес.
Платонның диалогларында сулыўлық, гөззаллық проблемасына ҳәр тәреплеме ҳәм терең аналыз жасалады. Мәселен ол өзиниң "Үлкен Гиппий" диалогында (Қараңыз: ПлатонВ 3-х М., 1968 Т-1 158-186 б.) Ол не гөззал деген сораўға жуўап бериўден гөре қандай нәрсе гөззал деген сораўға көбирек жуўап излейди. Бул гөззаллықтың тийкарғы мәнисин ашыўға умтылыў менен бара-бар еди. Ол өзиниң шығармасында Гиппий менен Сократты "соқлығыстырады". Сократ мудамы өзиниң гүрриңлесин проблеманың өзегине, оның дурыс шешилиў мүмкинлигине қарай бағдарлайды. Гиппий сулыў қызды гөззал лираны, сулыў атты ҳ.т.б гөззаллыққа мысал ретинде келтиреди. Бирақ Сократ гөззаллықтың жеккелик, кокретлик арқалы көринетуғын улыўмалық екенлигин, оның тийкарғы параметрлери салыстырыў арқалы анықланатуғынлығын тастыйықлап гүрриңлести жаңа жуўмақлар жасаўға бағдарлайды. Ахырсында гөззаллық бойынша пикири таластырыўшылар гөззаллықты қолайлылық, жарамлылық сыпатында анықлайтуғын жуўмаққа келеди. Бирақ Сократ пикит етеди: жүдә ҳәм зулым ҳәрекетлерди иске асырыўға қолайлы қубылыслар бар ҳәм олар гөззалыққа пүткиллей жат. Олай болса, гөзаллық бул жақсылықты, пайдалылықты әмелге асырыў ушын қолайлы, демек пайдалы нәрсе емеспе!?
Гөззаллықты анықлаўға байланыслы утилетарлық басламыны енгизген бул көз-қарас ҳәм бийкарланады. Жаңа, сенсуалистлик геодонистлик қатнас пайда болады ҳәм бул ләззеттиң дәреги сыпатында қаралады. Буннан соң гөззалықтың утилетарлық, сенсуалистлик-гедонистлик ҳәм этикалық анықламаларын ушластырыўға ҳәм умтылады. Бәрибир гөззаллық дикуссия пайытында ҳәртәреплеме анализленип, қаншелли тереңлстирлигенине қарамастан, Гипий ҳәм Сократ бир жуўмаққа келе алмайды.
Ең соңында өзиниң сезиўлик өзгеристеги дүньядан ажыралған мәңги идеясына садық Платон сулыўлықты, гөззалықты айрықшы эстетикалық идея, оны танып билиў ушын адам делбеликтиң, йоштың айрықшы ҳалатында болыўы керек деп түсиндиреди. Бул процесс, Платонның пикирининше, әлбетте өлмейтуғын жанның өлетуғын денеге кирместан бурынғы идеялар дүньясында турған ўақтын ядқа түсириў арқалы ғана әмелге асады. Бул көз-қарас оның сулыўлықты, гөззалықты қабыллаўға байланыслы пикирлеўлеринде ҳәм бираз анықлыққа ийе. Мәселен, ол гөззалықты сыртқы предметлердиң тәбийий қәсийтинен бийғәрез қарайды ҳәм адамның эстетикалық-руўхый қатнасының сыпатында түсиндириледи. Сөйтип бундай сулыўлықтың тәбийий емеслиги, руўхтың бириншилиги мойынланар екен, оның пайда болыў, қәлиплесиўиндеги жәмийетлик-тарийхый практиканың роли есапқа алынбайды.
Усылар менен бир қатарда соны да айтып өтиўимиз керек, Платон тәлийматында сулыўлық ҳәр тәрплеме минезлениў арқалы эстетикалық түсиники сыпатында тереңлестиреледи. Бул бир. Екиншиден, онда эстетикалық кеширмелердиң өзине тән өзгешеликлери туўралыҳәм ой бар. Мәселен, гөззаллық өзине тән "ләззетлениўлерди" ғана қоздыра алады.
Платон тәлийматының қунлылығының тағы бир тәрепи сонда, онда гөззаллық айрықшы қубылыс адамның, дүньяға руўҳый-адамзатлық қатнасы.
Аристотельде, керсинше, гөззаллық бул обьектив идея емес, ал затлардың обьектив қәсийети. Бул бир. Екиншиден, ойшыл гөззаллықтың дүзилисин ҳәм минезлей отырып оны қурайтуғын тәреп ҳәм қәсийетлерге- муғдар, көлем, пропорция, тәртип, избе-излик ҳ.т.б. дықққат бөледи. Буларды танып билиўде математиканың имканиятлары ҳәм есапқа алынады. Буннан сол нәрсе анық болып отыр, Аристотель гөззаллық мәселесин қараўда пифагоршылардың дәстүрин белгили дәрежеде, даўамлайды да.
Гөззаллықты анықлаўда Аристотель материяның санлық, кеңисликлик қәсийетлериниң ишиндеги өлшем түсинигиниң айрықша роль атқаратуғынлығын тастыйықлайды. Аристотельде өлшем түсиниги тек ғана затларға ямаса искусство шығармаларына ғана емес, адамға ҳәм тийисли. Адамның мүмкиншиликлерине олардың масштабларына өлшеми, шени сәйкес келетуғын қубылыс ғана гөззал. Аристотельдиң пикиринше гөззаллықтың тийкарында адам менен предметтиң сәйкес келиў принцпи бар. Оны ойшыл былай сыпатлайды: "ни чрезмерно малое существо не могло бы стать прерасным, так как обозрение его совершается не сразу, но едениство и целстбност его теряются для обозреваюших, например если бы животное имело десять тасяч стадий длины" (Қараңыз:Аристотель Поэтика. М., 1957 63-б.)
Солай етип, Аристотельдиң түсиндириўинше, бул гөззаллық, бул үлкен де емес, киши де емес. Бул бир қарағанда сададай болып көринетуғын әпиўайы ғана пикирде гениаллыққа ийе идеяның барлығын атап өтиўимиз керек. Ю.Боревтиң пикиринше, Аристотелдиң ойы сулыўлық өлшем ал ҳәмме нәрсениң өлшеми -адам. (Қараңыз: Борев Ю. Эстетика М., 1988 52 б). Солай екен, оның менен салыстырғанда гөззал предмет ҳәдден тысқары болмаслығы керек. Арнаўлы әдбиятларда гөззаллықтың бул концепциясының белгили дәрежеде антикалық дәўир искусствосы ушын теориялық негиз болғанлығы ҳәм бийкарланбайды. Мәселен, Афинадағы Парфенон храмы Египет пирамидалары менен салыстырғанда ҳәдден тысқары үлкен де емес киши де емес. Ол адамды таң қалдырып, оған қатты тәсир ететуғындай жеткииликли дәрежеде киши, ал оны қурған афиналылардың уллылығын сәўлелендириў ушын жетерли дәрежеде үлкен. Аристотель гөззаллық туўралы тәлийматында пүткил тәбийий ҳәм социаллық өмирди ҳәттеки әдалат, ерлик, жақсылық ақыллылық сияқлы адамзатлық қәсийетлерди қамтыўға умтылды. Бул жақсы идеяны мақуллай отырып бизда қоршаған дүньяның, адамның бир орында турмайтуғынлығын өзгеристе болатуғынлығын ҳәм ескертиўимиз керек.
Орта әсирлер тусында сулыўлықтың қудай тәрпинен дөретилгенлигин мақуллайтуғын концепция өмир сүрди. (Фома Аквинский, Тертулиан, Франциск Аскизкий).
Сонда ҳәм бир моментти нәзерде тутыўымыз керек. Қәнигелердиң пикиринше, Қытайда, Индияда, ҳәм араб дүньясы халықларының орта әсирлик эстетикалық ойы батысевропалық эстетикалық ойдан бираз алға кетти. Әсиресе ортаәсирлик мусылман Шығысы халықларының эстетикалық ойының өзи-ақ белгили дәрежеде буны дәлийллейди. Оның үстине, ҳақыйқатлықтың эстетикалық аспектлерине тийисли концепцияларынң тийкарғы мазмунының өзи гөззаллық категориясы болды. Ол оғада кең формада өзине ҳәўеслик шақыратуғын утилитарлық ойдан тазаланған сапа сыпатында түсиндирилди. Бундай көз-қарас Әл-“азалийдиң (1059-1111) "Диний илимлердиң жанланыўы" атлы мийнетинде системаласқан түрде сәўлеленген. Баҳалықлардың иеарархиясын Әл-”азалий муҳабаттың бес түри менен түсиндиреди. Бириншиcи адамниң өзиниң өмир сүриўине, жасаўына, оны жетик дәўирге, сақлаўға муҳаббаты. Екиншиси, оның өмир сүриўиниң, жасаўының даўамланыўы ушын имканият жасайтуғын, адамға муҳаббаты. Үшиншиси: оның адамлар ушын ийгилик жаратыўшыға муҳаббаты. Төртиншиси: оның я сыртқы формасы, я ишки дүньясы гөззал болса оған муҳаббат. Бесиншиси: ким менен ал астыртын ишки гормонияға ийе болса, соған муҳаббаты. (Қараңыз: Эстетическая мысль Т 2 М,1985, 94 б.) Бул аксиолоиялық схемада баҳалықлар тазалықтың, күшейтиўи менен байланыслы руўхланыўшылықтың ийгилик арқалы өмирдиң баҳалықларынан, оннан ийгилик әдеп-икрамлық ҳәм эстетикалық баҳалық арқалы муҳамббатқа өтиў бар. Әл-@азалийдиң пикиринше, бул ҳақыйқый уллы муҳаббат. Сулыўлыққа муҳаббат. Әль-@азалийде предметтиң гөззаллық болыўы жетилиў менен ушласады. Ўақтында бул гөззаллықты бундай түсиниў орта әсирлик Европада айрықша араблық анықлама деп жүргизилди. Мәселен Аль-Фарабидиң көз-қарасынша сулыўлық, безениў қәлеген предмет ушын өзиниң болмысын жүдә жақсы, толық жетилиўге ерисиў менен байланыслы. Гөззаллықтың усындай анықламаларын Ибн Синаның, Ибн Халдунның мийнетлеринен ҳәм көриў мүмкин. Бул анықламалардың жеке қолланылыўы исмайлит алым Насыр Қысраўдың пикирлеринде ҳәм көринеди.
Тутаслай алғанда Орта әсирлер мусылман шығысы ойшыллары гөззаллықтың мәнисин ҳәм ол тәрепинен алынантуғын ләззеттиң себеплерин түсинидириўде олардың тийкарын жүдә сырттан излей бермеди. Ҳақыйқатлықтағы гөззаллықты изертлеўде метафизикалық принциплерден гөре көбирек натуралистлик принциплерге сүйенди. Эстетикалық толғаныслардың обьектин ҳәм субьектин, олардыңи өз-ара қатнасын изертлеў буған мысал.
Батыс Европаның Орта әсирлик эстетикасында көп жағдайда теологияның тәсири басым. Орта әсирлик схоластлар сулыўлықты, гөззаллықты танып билиў ушын адам жердегиден, "гүналыдан" толық ўаз кешип, қудай менен бирлесиў зәрүрлигин тастыйықлады. Улыўма сезиўлик сулыўлық гүнә ҳәм оннан ләззетлениў қадаған етилген болып есапланды. Бул арқалы ҳәммесин тағы да теориялық жақтан беккемлеў ушын уллы схолост Фома Аквинский (1225-1274) Аристотельдиң тәлийматын католиклик ширкеўдиң догматлары менен келистириўге умтылды.
Бул бойынша Ояныў дәўириниң гуманистлери (Леонардо да Винчи, Микелеанджело Дюрер, Шекспир) пүткиллей қарама-қарсы позицияда болды. Искуствоны тәбият алдында тутатуғын мисли айна сыпатында түсинген Ояныў дәўириниң көркем өнер иелери тәбияттың өзиниң сулыўлығын ҳәм оны қабыллаўдың адамға соншелли қуўаныш, шадлық бағышлайтуғынлығын тастыйықлады.
ХVII-әсирде Францияда абсолютизм идеологиясы ҳәм Декарттың дуалистлик, рационолистлик фиолософиясының тәсиринде пайда болып, ХIХ әсирдиң 30-жылларына шекем даўам еткен эстетикадағы классицизм бағдары дүньяға обьектив тән сулыўлық-симметрия, пропорция, өлшем, гармония ҳ.т.б. Искусствода жетилген түрде антиклик үлгилер негизинде жаратылыўы тийис деп түсиндирди. Сулыўлықты, гөзаллықты түсиниў бойынша бундай нормативликти клацизмниң белгили ўәкили Буалоның гөззаллықты нәзикликке теңлестириўинен көремиз. Пүткил тәбият емес, ал күтилген тәбият ғана сулыў. Мәселенкиден, мудамы күтилип туратуғын парклер, қыябанлар, газонлар нормативликке садық классицизм искуствосының жоқвары предмети сыпатында жақсылық ҳәм мәмлекетлик мақсетке муўапықлыққа теңлестирилген сулыўлықты ғана есапқа алды. Егер клацисизм гөззалықтың шегарасын нормаға түсирип жүдә тарылтып таслаған болса, ХVШ әсир француз ағартыўшылары, мәселен, Вольтер, Дидро ҳәм басқалар қайтадан кеңетти. Оны пүткил ҳақыйқатлық деп қарады. Бул мәселен, Дидроға жүдә тән. Ол гөззаллықтың материядан бөлинбеслигин тийкарлады ҳәм оның дәрегин затлар арасындағы реаль қатнаслардан излейди. Сондай-ақ ол обьектив гөззаллық пенен адамлардың гөзаллық туўралы көз-қарасларын ажыратып қарайды.
Немец классикалық филолсофиясы ҳәм эстетикасы гөззаллықты түсиниў бойынша бираз диалектикалық идеяларды алып.келди. И.Кант (1724-1804) эстетикалық проблема ҳәм гносология менен этиканың, билиў менен практиканың сезиўлик пенен әдеп-икрамлықтың арасын байланыстыратуғын өткел жасаў ушын шуғыллана отырып, бул мақсетт искуствоны анализледи. Искусствода, оның пииринше, адам гөззаллық туўралы пикир менен байланысқан оғада қалыс рәҳәтке ийе. Деген менен Канттың гөзаллықты түсинидириўи қарама-қарсылықлардан қурыалақан емес. Мәселен, гөззалықты анализлеўде эстетикалықты әдеп-икрамлықтан бөлип қарайды. Ал. көтериңкилик категориясында бул екеўи бирлеседи. Сондай-ақ ол гөззалықты мәпдар емес қатнастың обьекти сыпатында ҳәм қарады.
Гегелдиң гөззалық категориясына қатнасы тарийхыйлыққа тийкарланған. Белгили жас ўақытларынан баслап-ақ Гегельдиң эстетикаға қызығыўы күшейеди ҳәм ол дәўирлерде оның философиясында жетекши рольди атқарады. 1796-жылы ол барлық идеяларды өзи ишине қамтыған ақыл-ойдың (Разум) жоқары акты бул-эстетикалық, "шынлық ҳәм жақсылық, туўысқанлық байлыныслары менен тек сулыўлықта ғана ушлаасады" деген еди. Соң ала, Гегельдиң пикиринше, философиялық илимдеги бириншилик эстетикадан логикаға өтеди. Эстетика абсолют руўхтың раўажланыўындағы оған бағынылы басышты аңлататуғын тискуство философиясы болады. Сөйтип абсолют руўхтың, демек жәмийетлик сананың иерархиялық жағдайы Гегельде дәслеп искусство, оннан соң дин ҳәм философия болады. Қулласы, гөззаллықта философ абсолют тдеяның ҳәрекетиниң бир басқышын көреди. Руҳх өз- раўажланыўында материалық форма менен гармониялық бирликке ийе болады ҳәм идея формада толық ҳәм адекват көриниске ийе ҳәм бул гөзаллық. Бундай ҳәлатқа обсолют идея классикалық искусмтво әсиринде (Әййемги Греция) әбден жетиседи.
Гегель ушын сулыўлық сферасы-искусство ғана. Гегель эстетикасының жаңалығы ҳәм сонда, искусство менен сулыўлықтың, гөззалықтың байланысы адамның искерлигине барып тиреледи. Сулыўлық Гегельдиң түсиндириўи бойыншща мудамы адамийзатлыққа ийе. Ҳайўанды ҳәм сулыў дегенимизде, биз оннан адамға үнлес қәсийетлерди табамыз. Олар: күш, батырлық, кең пейиллик ҳ.т.б.
Орыс ойшылы Н.Г.Чернышевский гөззалықты өмирдиң өзи деп оның обьектив дәрегин көрсетиў менен бирге ондағы субьектив моментти ҳәм нәзерде тутады. Ахыры, оның тәлийматы бойынша өмир қандай болыўы тийис деген түсиникалеримизге сәйкес келген өмир ғана гөззаллыққа ийе. Солай етип Н.Г.Чернышевский гөззаллықты идеал мәселеси менен байланыстырады. Чернышевский бул мәселени тағы да тереңлестирип гөззаллық бойынша иедалдың социаллық белгилениўшилигин айтты ҳәм буны ҳаялдың сулыўлығына байланыслы дийхан ҳәм помешиктеги идеаллардың өзгшликлери менен дәлилледи. Бул, тийкарынан еки түрли қатламның мийнетке еки түрли қатнасы менен байланыслы.
Сулыўлықты, гөззаллықты материалистлик түсиниўге бағдарланған бул концепция белгили дәрежеде антропологизмниң таңбасына ийе. Ахыры тәбияттағы гөззаллық Н.Г.Чернышевскийдиң пикиринше адамды алдын-ала күн бурын болжап қояды.
Материлстлик монизмге тийкарланған марксистлик эстетика гөззалықты танып билиўде жаңа басқыш болғанлығы ҳеш кимге де сыр емес. Бурын, гөззалықтың обьектиа тийкарларын ашыў ҳәм оған тарийхый қатнас бир-биринен ажыралған ҳалда еди. Марксизлик этика буны сапдластырўға урынды. Деген менен гөззаллықтың обьективлигин мойынлаў ақыбетинде, тийкарынан, материаллық фактордың ғана белгилеўшилигин есапқа алыў менен шеклене берди. Оның үстине идеологияласқан жәмийетлердиң пайда болыўы менен гөззаллық мәселеси ҳәм идеолгияласты.
ХIХ ҳәм ХХ әсирдиң аралығында бираз бастыс Европалық эстетикада аранўлы әдебиятлардың көрсетиўинше "субьектив иделистлистлик" бағдарлар атамасына ийе көз-қараслар пайда бодлды. Ҳақыйқатында, буларда белгили шеклениўшиликлер болыўына қарамастан, адамның активлигин мақуллаўға бағдарланыў бар. Мәселеңкиден, олардың пикиринше, адам эстетикалық қабыллаў процессинде эстетикалық жақтан нейтраль дүньяны руўхланыдырыўды ҳәм сулыўлықты сәўлелендириўге мәжбүрлейди. Тек индивид ғана тәбиятқа сулыўлық алып келе алады. Сулыўлық болатуғын болса, гөззаллықтың ҳәм келисимсизликтиң сыртында "эстетиклықтан тысқарыда", мораллықтан тысқарыда, "логикалықтан тысқарыда". Элбетте, гөззалықты түсиндириў бойынша бул көз-қараслардың ҳәм басқаларының қайсы-қайсысы да мәлим теориялық концеп2ияға топарланыў имканиятына ийе..
Россиялы эстетика бойынша белгили алым Ю.Борев сулыўлықты танып билиў бойынша көз-қарасларды топарлап, тийкарынан оларды бес түрли парадигма менен шеклейди.
Биринши парадигма бойынша гөззаллық қудайдың яки вбсолют идеяның кеонкрет затлардағы ҳәм қубылыслардағы жүзеге асыўы таңбасы. Буған Платон, Тертулиан, Фома Аквинский, Франциск Ассизский, Гегель тәлийматлары мысал бола алады.
Екинши парадигмада ҳақыйқатлық эсттикалық жақтан нейтраллыққа ийе, оның сулыўлығының дәреги-индивиддиң жанында (Т.Липпс, Ш.Лало Э.Мейман) ол қарыз бериў арқалы "Жан Поль" "сезиў арқалы" (В.Кроче) "адамның руўхый байлығын ҳақыйқатлыққа өткериў арқалы" (Н.Гартман) пайда болады. Сондай-ақ, сулыўлық субьект тәрепинен предметти актив қабыллаўдың нәтийжеси. (Ф.Брентано А.Меймонг ҳәм басқа да феноменололар).
Үшинши парадигма Сократ, Аристоетль, Чернышевскийлердиң көз-қарасларын бирлестиреди. Бул бойынша гөззаллық өмирдиң қәсимйетлерин адам менен салыстырып қараўдың нәтийжесинен келип шығады. Бунда адам сулыўлықтың өлшеми сыпатында оның пүткил практикалық талаплары ҳәм гөззал өмир бойынша көз-қараслары, әсиресе, идеалы есапқа алынады.
Төртинши парадигмада гөззаллық тәбият қубылысларының тәбийий қәсийети сыпатында қаралады. Буған Д.Дидро ҳәм басқа да француз материалистлериниң көз-қараслары тән.
Бесинши парадигма бойынша, гөззаллық бул жәмийетлик өндирис, практика арқалы адамның мәплериниң сферасына енискен тәбийий сапаларға ийе обьектив қубылыслар ҳәм олар адамзат ушын руўҳыйластырылған, мийнет тәрепинен адамийзатластырылған ҳәм еркинликтиң сферасына, демек адамның ҳаыйатлықты менгериў, өзлестириў сферасына айналған. Буған, тийкарынан, "гөззалықтың жәмийетлик концепциясы" атамасына ийе топардағылары киреди (Қараңыз: Ю.Борев Эстетика М., 1988 53-54 б.)
Бул келтирилген парадигмалардан-ақ көринип турыпты гөззаллық жүдә ҳәм көп қырлы қубылыс. Тәбияттағы гөззаллық жәмийеттеги утелитарлық-практикалық ямаса көркем дөретиўшик искерликтен парық қылады. Бәрибир, биринши гезекте, бизди қоршап турған дүньяның гормониялық ҳәм симетриялық қәсийетлериинң гөззаллық сыпатында қабылланатуғынын нәзерде тутыўымыз керек. Айтайық, микрокомостағы майда бөлешелер ҳәм олардың сәўлелениўи-антибөлекшелер атомның қурылысының тийкарын қурайды. Бул материяның фундаменталлық қәсийети-оның структурасының гормониясы ҳәм симметриялылығы дарақтың жапырағында ҳәм ҳәртүрли ҳайўанлардың дәнесинде ҳәм ҳәттеки адамның жүзинде ҳәм қайталанады. Дүньяның фундаменталлық тийкарында, оның материаллығында, оның қубылысларының ғалаба байланысында ҳәм өз-ара тәсиринде гөззаллықтың тәбийий тийкары жәмленген. Шынында да, тәбийий ҳәм жәмийетлтк өмир көп түрли қубылыслардың өз-ара ғәрезлилигинен, сабақласлығынан турады ҳәм бул өзгешелик оларды адам баласы тәрепинен менгериўдиң ҳәм өзлестириўдиң бирден-бир оьектине айландырады. Дүньяны меңгериў өзлестириў барысында адамлар өзлериниң искерлигин оның ишки нызамлары менен сәйкеслендиреди ҳәм оларға сүйенеди. Тәбият пенен жәмийеттиң өз-ара тәсири, мийнеттиң, өндриристиң тийкарында пайда болып, дүняьның обьектив қәсийети, оның предметлериниң адамзат ушын әҳмийети, адам тәрепеинен дүньяның менгирилиў сферасы, соның ушын еркинлик сферасы сыпатында сулыўлықты пайда етеди.
Белгили, адамлардың өзлерин ҳайўанлардан ажыратып билиўи ҳәрқашан олардың мийнет қуралларын жасаўынан басланады. Усы себепли ҳәм адамның ҳақыйқатлыққа эстетикалық қатнасының о бастағы негизи оның мийнет қуралларын жасап баслаўы менен байланыслы. Формасы атқаратуғын тийкарғы функцияларына сайма-сай келген мийнет қуралары адамды, сөз жоқ, рәҳәтлендиреди, ал мийнет болатуғын болса, адамларда оларды дөретиўшиликке уқыбына байланыслы мақтаныш сезимин оятады, шадландырады.
Адамның өзин қоршаған ортаны меңгериў ҳәм өзлестириў бойынша тәжирийбесиниң артыўы менен эстетикалық баҳалықлардың саны ҳәм көбейитп барады. Сөйтип адам тәбиятты, өзин ҳәм жәмийтти эстетикалық қабыллап ғана қоймайды баҳалайды да. Соны нәзерде тутыўымыз керек, дәслебинде қәўим я руў ушын қандай нәрсе пайдалы зәрүрли деп табылған болса, сол нәрсе күштиң, қүдиреттиң байлықтың негиз болады. Гөззалық ҳәм гөззаллық сыпатында баҳаланды.
Белгили, мийнеттиң искусстводан жасы үлкен. Усы себепли ҳәм дүньяға утилитарлық қатнастың қәлиплесиўи тийкарында ғана адамның ҳақыйқатлыққа эстетикалық қатнасы пайда болады. Мийнет искерлигиниң эстетикалық минезлемег ийе болыўы оның ҳақыйқатлықты дөретиўшилик пенен өзгертиўинде. Ҳайўанлар өзлери тийисли болған түрдиң зәрүрлигине ылайық, санасыз түрде ҳәрекет етеди. Ҳайўанның исерлиги, бириши гезекте, оның дене питимине ылайық әмелге асады. Тышқан ҳеш ўақытта да арыслан я пил болып ҳәрекет ете алмайды. Сондай-ақ ин қазған тышқан яки порсық ҳеш ўақытта да инниң жойбарына ийе болған емес. Ҳәммеси инстинкт пенен әмелге асады.
Адам пүткиллей басқаша ҳәрекет етеди. Конкретлирек айтқанда, адамның искерлиги саналылыққа тийкарланған. Белгили, бир идеяның дөгерегинде жоба жасап ғана ис алып барады ҳәм изинде бурын ойланылып қойылғанға ылайық нәтийжеге ериседи. Бул деген сөз ол тәбияттың затларын өз мақсетине ылайық пайдалана отырып мийнети менен дөреткен материаллық ҳәм руўҳый баҳалықлар аралы өзин тастыйықлайды да. Оның үстине адам предметтиң тәбиятына тийисли өлшемди ҳеш ашан ядтан шығармайды. Усы себепли де адам дүньяны сулыўлық нызамы бойына ҳәм дөретеди. Бул жерде өлшем түсинигине азы-кем түсиник енгизип кетейик. Әдетте оны тәбияттағы ҳәм оның нызамларындағы мақсетке муўапық уйымласқанлық деп түсиндириўлер бар. Бул пикир менен бир алдымлар келиссе, екиншилери келиспейди. Бул бойынша дискуссияға түспей-ақ, мынаны еслетип өткенимиз дурыс болса керек. Адам тәрепинен қайта өзгеритлген тәбияттың мәлим затының артық жери алынып, кемис жери толықтырылыўы оның тек ишки өлшемине ылайық әмелге асырылыўы ғана емес соның менен бирге оның адамның жәмийетлик талапларына сәйкеслиги менен де байланыслы. Айтайық әдетте, жекеннен қасық я табақ исленбейди. Олардың тийкарынан ағаштан ислениўи (каучук, метал шийше ҳ.т.б исленетуғынлығын ҳәм бийкарламаймыз) оның белгили дәрежеде тәбийий өлшемине сәйкеслигинде.
Солай екен, өлшем түсинигин предметтиң ишки мүмкиншиликлерин менгериў процесиндеги адамға хызмет етиўиниң оның талапларын қанаатландырыўдың нәтийжеси сыпатында қараў дурыс болса керек. Сонда өлшем предметтиң тәбийий өзгешеликлери менен адамның талапларларының жәмийетлик раўажланыўдың мәлим басқышындағы үйлесиўин аңлдатады.
Әлбетте бул айтылғанлар менен гөззаллық туўралы пикирлеўлер тамамланбайды. Гөззаллық улыўма адамзатлық баҳалық сыпатында басқа да көп ғана минезлемелерге ийе. Солардың бири предметлердиң "руўхландырылыўы" . Бул деген сөз, жәмийетлик өндирис тәбиятты адамның "органикалық емес денесине" айналдыра отырып ҳәзирги адамның руўхый келбетин сыртқы дүньяның предметлерине енгизеди ҳәм нәтийжеде соңғылар руўҳландырылады "адамийзатластырылыды".
Сондай-ақ, бурын ескрткенимидей-ақ гөззаллық бул адамның еркинлик сферасы. Басқаша айтқанда гөззаллықты ҳақыйқатлықтың меңгерилген, өзлестирилген, танып билинген қубылысы сыпатында қарар екенбиз, тәбиятта ол предметти танып билиў, менгериўге уқыплылықтың қәлиплесиўи менен, жәмийетлик өмирде болса, социаллық- экономикалық ҳәм мәдений сфераларының қай-қайсысында да адамлардың өз қатнасларына толық ийелик етиўи менен байланыслы.
Сулыўлық, гөззаллық, әлбетте, тарийхый қубылыс. Тек тәбият күшлерин еркин ийелеў әм оларды адамның ақылға сыйымлы практикалық мақсетине бағдарлаў процесси ғана адамда жоқыры эстетикалық ләззетти болдыра алады. Бул бир. Екиншиден тәбият қубылысларының ҳәм жэәмийетлик өмирдиң ҳәм эстетикалық қәсийетлери бир-биринен принципиаллыққа ийе дәрежеде бөлекленип турмайды. Екеўинде ҳәм эстетикалық қәсийетлер обьектив-материаллық жәмийетлик мәниске ийе.
Тағы бир момент. Искусство-дүнтяны сулыўлық нызамы бойынша меңгериўдиң, өзлестириўдиң жоқарғы формасы. Деген менен буны анағырақ түсиниү талап етиледи. Себеби, искустводағы гөззаллықты анализлеў барысында ғана искуствоның тәбиятын аңлаймыз. Оның үстине бул процесс айрықша методологиялық функцияны ҳәм атқарады. Ахыры, искусстводағы гөззаллықты аналазлеў тәбияттағы, жәмийетлик өмирдеги, улыўма адамзат мийнетиниңө продуктларындағы гөззалықты түсиниўдиң өзгеше айрықша гилти болып табылады. Бул бойынша искусстводағы гөззаллық пенен ҳақыйқатлықтағы, мәселен, тәбияттағы гөззалықтың ара қатнасы туўралы мәселе қойылмаўы мүмкин емес. Мәслелен, искустводағы гөззаллықты тәбияттағы гөззалықтан жоқары қоятуғын көз-қараслар ҳәм эстетикалық ойдың тарийхында жоқ емес. Айтайық, Гегель усындай көз-қарастың тәрепдары. Бул көз-қарастың белгили дәрежеде шекленгенлигин айтыў менен бирге гәптиң сәл басқада екенлигине ҳәм дыққат аўдарыўысыз керек. Ҳақыйқатына келсек, дүньяда ҳәмме нәрсе толығы менен гөззал бола алмайды, келисимсизлик ҳәм гөззалық пенен қатар жүреди. Бирақ искусствода олай емес. Себеби ол гөззаллықтың жәмленген көриниси болғанлықтын оны сулыўлық нызамы бойынша дөретиўшилик саласы десе болады. Жайдың салыныўы саналы түрде сулыўлық нызамына сәйкес әмелге асыўы да я әпиўайы ықтырманың дәрежесинде қалыўы ҳәм мүмкин. Сонда ҳәм жай функциясын атқара бериўи мүмкин. Искусствода бундай болмайды. Онда сулыўлық нызамын есапқа аламаў я оның бузылыўы искусствоның өз функциясын атқара алмаўына алып келеди. Солай етип искусттвода гөззалықты қандай компонетлер қурайды ҳәм ол қайсы факторлар тийкарында қәлиплеседи деген сораў ҳәм оған жуўап излеў зәрүрлиги пайда болады.
Искусство, әлбетте ең алды менен реаль өмирдеги гөззалықты сәүлелендиреди. Ҳақыйқатлық гөззалықтың таўсылмайтуғын дереги. Бирақ оны сәўлелендире билиўдиң дәрежеси талант ийесиниң эстетикалық дәллиги менен көбирек байланыслы. Ахыры, ҳақыйқый художник гөззаллықты басқалар сезе бермейтуғын жерден ҳәм сезе алады ҳәм сәўлелендирип биледи.
Искусствоның ҳақыйқатлықтың көп ғана эстетикалық қырларын ҳәм қәсийетлерин сәўлелендириў эстетикалық ойдың тарийхында мудамы мақулланған емес. Искусство тек жетилген унамлы эстетикалық баҳалыққа ийелерин ғана сәўлелендириўи ғана тийис деген көз-қарас болды. Ол, мәселен бурын қарағанымыздай-ақ, классицизм. Дурыс, классцизм методы тийкарында ҳәм пүткил жәҳән көркем өнерин байытқан. Искуссво дөретпелери болғанлығын да бийкарлаў қыйын. Олар Корнель ҳәм Расинниң трагедиялары, Ломаносов ҳәм Державинниң одалары Пуссен ҳәм Давидтиң картиналары, Баженов пенен Казаковтың архитектуралық ансамбльлери, Козловсикий менен Мартостық скульптуралары. Бирақ классицизмниң эстетикалық теориясы искусствоны тек гөззаллықты сулыўлық ҳәм бәлентликке бағдарлаў менен шеклеп таслады. Ақыбетинде искусство аристократиялық топардағы адамларды, ең алды менен, корольлер ҳәм әскер басыларды сәўлелендириўге тийисли болды ҳәм әпиўайы адамлардың күнделиикли өмириниң сәўлелениўи жоқары искусствоға мүнәсип емес деп қаралды.
Бундай көзқарастың тарлығы көп ғана ойшыллар тәрепинен сынға алында. Мәселен, орыс алымы Н.Г.Чернышевский искусствоның сулыўлығы сәўлелендириў предметинен тиккелей ҳәм миннетли түрде ғәрезлилике ийе емеслигин айтты. Ҳәттеки ҳақыйқатлықтың сулыўлығы искуствоның сулыүлығынан жоқары деген жуўмақ жасады.
Арнаўлы әдебиятлардың гей биреўлеринде бул пикир бир мәнисте ғана қабыллана бермейди. Тийкарынан, алымның пикири ҳақыйқатлықтағы сулыўлықтың гөззалықтың олардың иске асыўындағы сәўлелениўине қарата бириншилигине байланыслы дурыс екенин мойынлайды. Себеби ҳақыйқатлықта сулыўлық болғанлықтан ғана ол искуствода да бар. Ал Н.Г.Чернышевскийдиң искусстводағы гөззалықтан социаллық ҳақыйқатлықтағы гөзаллық жоқары деп тастыйқлаўы оншелли дурыслыққа келмейди. Неге дегенде, ҳақыйқый шын мәнисиндеги искусство ҳақыйқатлықтың өли, айнаға түскен сүлдери емес. Онда пүткил дүньяның сулыўлығы улыўмаластырылған ҳәм жәмленген түрде сәўлеленеди. Оның үстине искуство гөззалықты ҳәм, келисимсизликти ҳәм көтириңкиликти ҳәм пәсликти ҳәм белгили бир эстетикалық идеал көз-қарасынан ғана сәўлелендиреди.
Эстетикалық идеал искусстводағы гөззалықтың белгилеўши параметрлериниң бири сыпатында социаллық белгиленген ҳәм тарийхый характерге ийе қубылыс. Ол өзиниң конкрет ҳәм образлығына байланыслы искусствода адекват сәўлелениўге ийе.
Тағы бир әҳмийтли момент сонда, искусствода гөззалық ҳәм келисимсизлик ҳәм сәўлеленгени менен оның өзи искусствоның гөззаллық болыўын тоқтатпайды. Неге дегенде ол өзиниң бирден-бир элементи сыпатында эстетикалық идеалды, яғный гөззалықтың болыўы тийислилиги ҳаққындағы көз-қарасты өз ишине алады. Әлбетте идеал ҳәм ескерткенимиздей-ақ, тарийхый қубылыс. Искуствоның раўажланыўының ҳәмме басқышларында ҳәм оның социаллық белгиленгенлиги миллий өзгешиликлери көринис табады. Идаелдың да өзгериске түсип отырыўы усылар менен сабақлас. Соның менен бирге искусстводағы эстетикада идал эстетикалық қатнастың белгили бир түри сыпатында болыўы тийис ҳәм нийеттеги, ойдағы эстетикалық баҳалық сыпатында ҳәмме дәўирлер, халықлар, социаллық топарлар ушын тийисли адамның сулыўлығы, гөззалығы туўралы көз-қарасты аңлатады. Искусствода эстетиклаық идеалдың жүзеге асыўының еки жолы анық. Бириншиси унамлы қаҳарманлардың образын дөретиў, екиншиси нағыз идеалға қарама-қарсы қубылысларды сәўлелендириў арқалы алдыңғы идеяларды тастыйықлаў. Ең пәс қубылысларды гөззаллық позициясынан сәўлелендиргенде, ҳәр бир талант ийеси бундай өмирди әшкаралаўды емес, соның менн бирге оны улыўма адамзатлық баҳалықлар тйкарында өзгертиўди мақсет етип қояды.
Сондай-ақ искусстводағы гөззаллық дөретпелерде көркем шынлықтың дәл берилиўи менен байланыслы. Себеби, сулыўлықты өмирдиң ҳақыйқатлығынан ажыратыўға урыныў искусствоға унамсыз тәсир етип, оның дүньяны өзгертиўшилик имкниятларына жүдә ҳәм кесент береди. Усылар менен бирге искусстводағы гөззаллық ондағы форма менен мазмунның бирлиги менен тиккелей байланыслы. Адамның искерлиги тәбияты бойынша форма түр өзгертиўшилик характерге ийе. Жетилиўге, сулыўлыққа умтылыў искерлик бағдарланған хызметке, функциясына ҳәм оның мазмунына бағдарланыў менен байланыслы. Сулыўлық нызамы бойынша дөретиўшилик бундай форманы табыўды өз ишине алады. Әлбетте бул жерде гәп искусстводағы гөззалықтың керетерийи сыпатында форманың мазмунға сәйкес келиўи туўралы кетер екен, идеялық жақтан пәс, мазмун дөретпени гөззал ете алмайды. Соның ушын бул процессти социаллық әҳмийетли, идеялық -прогрессив, өмиршең, ҳақыйқый мазмун туўралы айтылғанда ғана дурыс деў мақыул.
Солай етип, искусстводағы гөззаллық оның сулыўлығы ҳәм жетилгенлиги көп аспектли, қурамалы системалы бирлик сыпатында, оның тийкарғы элементлери сәўлелениў обьектиниң сулыўлығы, эстетикалық идеалдың ҳақыйқыйлығы ҳәм прогрессивлиги, ҳақыйқатлықты танып билиўдиң ҳақыйқыйлығы ҳәм тереңлиги, көркем дөретиўшиликтиң шеберлиги. Усылардың ишиндеги система дүзиўшиси эстетикалық идеал, оның демократиялылығы, адамийзатлығы.
Do'stlaringiz bilan baham: |