90
Сондай-ақ, Бердақ усы шығармасында жасларды ақыл-парасатлы
болыўға, ҳалық мәпин ойлаўшы, оның келешегине жуўапкершилик пенен
қараўшы инсан болып жетилисиўге шақырады:
Ойлы жигит, жақсы билимпаз келер,
Айтқан гәплериңе түсимпаз келер,
Aқылсыздың қәсийети аз келер,
Aқмақлар ҳеш хызмет етпес ҳалық ушын [1:76].
Бердақтың “Балам” қосығы да ҳалқымыздың әзелден қәлиплескен
бала тәрбиялаў педагогикасының өзине тән өзгешеликлерин өзинде
жәмлеген болып, онда биринши гезекте ҳақыйкатлықты, расгөйликти
адамгершиликтиң тийкарғы белгиси сыпатында алып қарайды. Мәселен,
Бердақтың:
Oрынсыз жерге умтылма,
Биреўге жөнсиз жутынба,
Еки рет өтирик айтпа,
Ҳағына жүр бәрҳә, балам [1:110] –
деген дидактикалық пикирлериниң тәсири
белгили балалар шайыры
X.Сапаровтың дөретиўшилигинде төмендегише сәўлеленеди:
Aўыр истен буғып қашпа,
Қопал гәпке араласпа,
Тартынбастан ҳағына кел,
Өтирик сөз айтпа ҳасла [3:7].
Және де инсанлар арасындағы меҳир-мүриўбет, туўысқанлық,
кеңпейиллик пазыйлетлери ҳаққында X.Сапаровтың:
Xaбар ал жетим ҳалынан,
Aш адамға бер наныңнан,
Питкер мүтәж жумысларын,
Keлгендей болса қолыңнан –
деген қатарлары Бердақтың төмендеги шуўмағына үнлес келеди:
Жетим көрсең, қолыңды бер,
Aға болса, кейнине ер,
Өзиң бултыйып, болма шер,
Әлпайым болғыл, балам [1:110].
Сондай-ақ, Бердақ жас әўладты өнер-билим ийелеп, барлық күш-
жигерди ҳалық ийгилиги жолында жумсаўды нәсият етеди:
... Kүшиңди жыйна жасыңнан,
Ҳалкың қалмасын қасыңнан... [1:108].
... Қыянет ойлама журтқа,
Oңарыңа жақсы, балам [1:110].
Булaр, әлбетте, жасларды кәмилликке тәрбиялаўшы көркем қатарлар
болып есапланады. Себеби, “Aдамды ийман-инсап,
илим-билим, aқыл-
нәсият жоллары менен тәрбиялаў, тутас жәмийетти усы жоллар менен
раўажландырыў – әййемги заманлардан берли киятырған, түрли дәўир
91
сынақларынан өткен дәстүрли жоллардан. Сонлықтан, булaр бизиң руўхый
дүньямыздың ажыралмас ҳәм үлкен бир бөлегине айланып кеткен” [2:3].
Ғәрезсизлик дәўириндеги қарақалпақ балалар поэзиясында да
Бердақтыӊ кәмил инсан тәрбиялаў ҳаққындағы дидактикалық ой-
пикирлери бир қатар шайырларымыз тәрепинен даўам еттирилди.
Мәселен, шайыр Қ.Әметовтың төмендеги қосық қатарларында усындай
қәсийетлерди көриўимиз мүмкин:
Билимге жумсар күшин,
Жигит ол еси пүтин,
Xызметти
етер еле,
Eли ҳәм xaлқы ушын [4:123].
Aл, ҳәзирги поэзияда А.Реймовтың мына қосық қатарларында миллий
поэзиямызда ертеден қәлиплескен дидактикалық дәстүр жас баланың
ойлаў психологиясын ашып бериў ушын шебер қолланылған:
Жақсы оқыўды ойлайман,
Ойынды да қыймайман,
Балаға билим кереги,
Билгеннен соң мен оны,
Kитап оқып көбинше,
Aрасында ойнайман [5:191].
Бул шығармада автор Бердақ поэзиясында қәлиплескен нәсиятлаў
дәстүрин тиккелей қолланбайды, оны қайта ислейди ҳәм өз идеясын жас
баланың тилинен исенимли ашып береди. Әсиресе, бунда автор жас
баланың дурыс жолды таңлап, билим алыўға қызығыўшылығын көрсетиўи
арқалы қосықтың эстетикалық ҳәм этикалық тәсиршеңлигин арттырады.
Жуўмақлап айтқанда, ХХ әсир ҳәм ҳәзирги дәўир қарақалпақ
поэзиясында инсан тәрбиясы, әсиресе, жаслар тәрбиясы ең әҳмийетли
мәселе сыпатында сәўлеленип, онда ХIХ әсир қарақалпақ классикалық
поэзиясының, әсиресе, Бердақтың дидактикалық поэзиясының көркемлик
тәсири үлкен.
Пайдаланылған әдебиятлар
1. Бердақ. Таңламалы шығармалары. Нөкис, “Қарақалпақстан”, 1987.
2. Жәримбетов Қ. Бердақтың нәсиятлары – бизиң руўхый ғәзийнемиз.
Нөкис, 1998.
3. Saparov X. El perzenti. Nókis, 2007.
4. Әметов Қ. Қосықлар. // "Әмиўдәрья", 2013, №3.
5. Reymov A. Arasında oynayman. // Palımbetov K., Bekbergenova Z.
Balalar àdebiyatı. Nòkis, 2012.
Do'stlaringiz bilan baham: