111
«Бердақ шайыр ѳз дәўиринде «Шахнама»ның қәдир-қымбатын жетик
түсинген, озық ойлы
сѳз зергери еди» - деп жазады Ш.Аяпов ѳзиниң
«Сүймурық қанатындағы ғәзийне» деп аталған мақаласында.
Соны да айтыў керек, ҳәр қандай атаманы басқа
атама менен
алмастырыў перифраза бола бермейди. Алмастырылған атама менен
кѳркем сүўретлеў ортасында мазмуны жағынан қандай да
байланыс,
жақынлық болыўы керек. Соның менен бирге атамасы алмастырылатуғын
нәрсениң әҳмийетли тәрепи, қәсийети ҳаққында оқыўшы яки тыңлаўшыда
анық түсиник пайда болыўы керек.
Перифраза сѳйлеўдиң кѳркемлигин тәмийинлеўши қураллардың бири,
ҳәрқыйлы жасалыў қәсийетине ийе. Перифраза салыстырылыўшы ҳәм
салыстырыўшы компонентлер арасындағы ѳз-ара байланыс тийкарында,
мүнәсибетлерге эмоциональ-экспрессив баҳаға байланыслы пайда болады.
«Саҳра бүлбили» - перифразасында саҳрада жасаўшы қарақалпақ
халқына поэзия дүрданаларын
инам етип, кеўиллерге йош, илҳам
бағышлаўшы шайыр бүлбилге мегзетилген.
Шайыр ѳзи ҳаққында былай жазған еди:
Бердимурат ҳақтың қулы,
Саҳраның сары бүлбили.
…Бир ўақлары уллы Бердақ
дәртли бүлбил болып ышқынып сайрап,
ѳзиниң ләззетбағыш ҳаўазы менен мың жыллық ғәплет уйқысынан оятқан
саҳрада бүгин Ибрайым Юсупов бир әжеп қырмызы гүл болып ашылып,
оның кең жазық қойнын хош ийиси менен толтырып, оған гѳззаллық ҳәм
жағымлы кейип бағышлап, шешек атып жайнап турыпты (Ж.Нарымбетов
Саҳра гүли. Нѳкис,2001) – деп, Бердаққа
дәртли бүлбил, И.Юсуповке
саҳра гүли перифразасын қолланады.
Перифразалардың белгили бир бѳлеги аўыспалы мәниде болып, олар
мәниниң синтезинен ибарат бир түсиникти билдиретуғын сѳз бирлиги.
Булар сѳз дизбеклеринде пайда болыўшы семантикалық раўажланыўдың,
ѳзгеристиң нәтийжеси.
Перифразада
шахслардың
ѳзине
тән
бир
белгиси
ямаса
ѳзгешеликлери, қәсийетлери арқалы кѳрсетиледи. Оларды кѳркем
сүўретлеў қуралларының бир түри сыпатында авторлар кеңнен
пайдаланады: Бул дәўир қарақалпақ мәденияты тарийхына Күнхожа,
Әжинияз, Бердақ, Ѳтеш сыяқлы
белгили кѳркем сѳз шеберлерин алып
келди (К.Мәмбетов. Әжинияз. Нѳкис, 1994, 3-б.).
Әжинияз бенен Бердақ XIX әсирдеги қарақалпақ әдебиятының
қос
байтереги болғанлығы анық (К.Мәмбетов: 4-б.).
Байтерек – турпаты үлкен, узын бойлы, жапырағы қалың, қойыў
кѳлеңкели терек. Тилимизде байтеректиң усы қәсийетлерин усатыў арқалы
салыстырып перифраза жасалған:
Ана тәбият оны кѳгерткен ерек,
Әтирапында ѳскен нәлшелер дѳреп,
112
Әдебиятта бәрҳә жасыл Байтерек,
Әплатундай аты машҳур Бердақтың (Г.Дәўлетова).
Перифразалар оқыўшының сѳз байлығын асырады, тыңлаўшыны
ойлаўға, пикирлеўге ийтермелейди. Олардың жасалыўындағы және бир
усыл ‒ логикалық жақтан пайда болған кѳркем сүўретлеў. Логикалық
тийкарланыў нәтийжесинде пайда болған перифраза сѳз дизбеги, гәп
түринде шахс пенен байланыслы болған дизбеклердиң жүзеге келиўин
тәмийинлейди. Султан – мүлки жағынан теңсиз
инсан болса, Бердақ
шайырлықтың султаны екенлиги кѳз алдымызға келеди:
Заман дәртин дәстан етип тилиңе,
Халқыңның ар-намыс, ҳүжданы болдың,
Аяқтағы қарақалпақ елинде,
Шайырлық мүлкиниң султаны болдың.
Сен
саҳра бүлбили едиң сайраған,
Бағ таппаған жерде шеңгелге қонған… (И.Юсупов «Саҳра
бүлбилине»).
Сѳзи – полат семсер, ѳзи – шамшырақ,
Шайырлық тахтының султаны – Бердақ (Р.Ернашева).
Көркем сөз шеберлери көркем дүнья жаратыў ушын тилден тек
пайдаланып
қоймастан,
ал
оның
раўажланыўы,
стильлик
мүмкиншиликлериниң кеңейиўи ушын өз үлеслерин қосады. Кѳркем
сүўретлеў қуралының бир формасы болған
перифразалар илимий,
поэзиялық, публицистикалық мийнетлерди дѳретиў барысында авторлар
тәрепинен ойлап табылады. Перифразалар стилистикалық қурал
ретинде
кѳтериңкилик, образлылық бериўде жәмийет талапларына муўапық
дѳретиледи. Перифразалар объект, субъект ҳаққында толық
пикир
билдириў мақсетинде қолланылады. Шахсты аңлататуғын перифразаларға,
соның ишинде Бердақ шайыр шахсын тәриплейтуғын перифразаларға
тоқтап ѳттик. Шайыр дѳретиўшилигиниң еле кѳп қырлары ашылмады,
сонлықтан оның поэзиясын изертлеў барысында
перифразалар еле де
кѳплеп пайда болыўы анық.
Do'stlaringiz bilan baham: