ҚАРАҚАЛПАҚ ЖАЗБА ӘДЕБИЙ ТИЛИНИҢ ҚӘЛИПЛЕСИЎИНДЕ
БЕРДАҚТЫҢ ХЫЗМЕТИ
Ш.Абдиназимов ҚМУ профессоры
92
Қарақалпақ әдебий тилиниң раўажланыўы ɵзине тән ɵзгешеликлерине
ийе. Ол карақалпақ халқының мәдений дәрежесиниң раўажланыўы менен
тығыз байланыслы. Қарақалпақ халқының жазба әдебияты ҳәм жазба
әдебий тили соңғы дәўирлерде пайда болған болса да әдебий тилдиң
аўызеки түри ɵзиниң бай тарийхына ийе. Халық тәрепинен әдебий тилдиң
аўызеки түринде дɵретилген фольклорлық шығармалар халық арасынан
шыққан шебер атқарыўшылар ‒ жыраў, бақсы, қыссаханлардың
атқарыўында әўладтан-әўладқа жетилисип, кɵркемлик дәрежеси артып ҳәм
тили ысылып барды.
Қарақалпақ әдебий тили ɵзиниң негизги дәреклерин қыпшақ
қәўимлери бирлеспесинде Алтын Орда, Ноғайлы Ордасы дәўиринде пайда
болған Асан қайғы, Соппаслы сыпыра жыраў, Доспамбет, Шалкийиз,
Мүйтен жыраўдың толғаў-термелери, Жийреншениң шешенлик сɵзлери
менен бай аўызеки әдебият үлгилеринен алды. Солай етип, қарақалпақ
жазба әдебияты пайда болмастан бурын-ақ, халықтың сɵйлеў тили аўызеки
әдебий дɵретпелерде ықшамланып, кɵркемлеп баянлаўдың усыллары
менен сɵз қолланыўдың ɵлшемлери қәлиплесе баслағанын, халықтың
аўызеки сɵйлеў тили қайта исленип белгили бир норма жаратыла
баслағанын кɵремиз. Әдебий тилдиң аўызеки формасында пайда болған
фольклорлық дɵретпелер менен қарақалпақ жыраўларының толғаў-
термелери тилинде халық тилиниң лексика-фразеологиялық байлықлары,
тилдеги сɵзлерден қолланыў ɵлшемлери қәлиплесе баслағанын ҳәм
турақласқан синтаксислик конструкцияларды кɵриўге болады. Бул әдебий
тилдиң нормаласыўының дәслепки кɵринислери болды. Әдебий тилдиң
аўызеки формасында әдебий шығармалар дɵретиў дәстүри қарақалпақ
халқында ХIХ әсирге шекем даўам етти.
XIX әсирде Орта Азияда жасаўшы барлық түркий халықлары ушын
ортақ болған әдебий тил ‒ Орта Азиялық түркий әдебий тили де
қолланылды. Орта Азияда жергиликли тиллер ушын баспа сɵз, мектеп ҳәм
медреселерде оқыў, оқытыў, жазыў ислери усы түркий тилде алып
барылды.
Шығыс классиклери Алишер Наўайы, Физулий, Мақтымқулы
шығармалары менен, Хожа Ахмед Яссаўий, Сулайман Бақырғаний
ҳикметлери ҳәм кɵп санлы халық дәстанлары усы түркий тилде жазылып,
мешит ҳәм медреселерде сабақлық сыпатында оқытылған. Қыссаханлар
тәрепинен той, мерекелерде атқарылып кеңнен тарқалды. XX әcирдиң
50-жыллары айырым илимпазлар қарақалпақ жазыўы, әдебий тили, жазба
әдебияты болған жоқ деп тастыйықлады ҳәм бул пикир қарақалпақ
халқының мәдений турмысында узақ ўақыт үстемлик етти. Филология
илимлериниң докторы Н.Дәўқараев сол жыллары-ақ бизиң әдебиятымыз
бенен әдебий тилимиз жоқ жерден, бирден пайда болмай, қандай да бир
тийкардан ɵсип қәлиплести. XIX әсирдиң басларында кɵп санлы дәстанлар
93
қарақалпақ тилине аўдарма жасалды, революцияға дейинги шайырлар
ɵзлериниң шығармаларын қағазға жазып, дүзетиўлер жүргизген ҳәм
қайтадан кɵширип бир-бирине оқып берген. Мине, булардың барлығы
«қарақалпақлар ɵзлериниң жазба әдебиятына ийе болмаған» деген надурыс
пикирлерди исенимли түрде бийкарлайды деп кɵрсеткен еди [1:6]. 70-
жыллары қарақалпақ жазба әдебиятының пайда болыўы туўралы
әдебиятшылар арасында бул мәселе және кɵтерилип академик
М.К.Нурмухаммедов
тарийхый
этнографиялық
мағлыўматларға
тийкарлана отырып, қарақалпақ жазба әдебиятының сағаларын XIV-ХV
әсирлер ноғайлы дәўири менен байланыстырса, И.Т.Сағитов қарақалпақ
әдебияты тарийхын Орхон-Енисей жазба естеликлеринен /VII-VIII
әсирлер/ баслаў зәрүрлигин айтады. Солай етип, қарақалпақ жазыўы, жазба
әдебиятының пайда болыўы туўралы қарама-қарсы еки бағдар пайда
болды. Олардан бириншиси, қарақалпақ халқының революцияға шекемги
дәўирде жазба әдебияты, жазыўы болғанлығын тән алмайды, екиншиси,
қарақалпақ жазба әдебиятының қәлиплесиў дереклерин әсиримиздиң VII-
VIII әсирлеринен баслаўды усынады.
Қарақалпақ жазба әдебияты ҳәм әдебий тилиниң қәлиплесиўи түркий
жазба әдебияты менен тығыз байланыслы. Орта Азиялық түркий әдебий
тили бул регионда жасайтуғын түркий халықларының барлығы ушын
ортақ болды. Бул жазба әдебий тилде түркий халықларының кɵп әсирлик
сɵз мәденияты жәмленди. Ҳәр бир түркий халқында бул тилдиң
жергиликли вариантлары қәлиплесип, онда сол тилде сɵйлеўши халықтың
сɵйлеў тили бирликлери айланысқа қосылды. XIX әсирдиң екинши
ярымында Орта Азиялық түркий әдебий тилиниң қарақалпақша варианты
қәлиплескенин юридикалық ҳүжжетлер менен классик шайырлардың кол
жазба нусқалары, халық дәстанларының қол жазба кɵширмелери
дәлиллейди.
Солай етип, XIX әсирдиң екинши ярымынан баслап жазба әдебий тил
менен қарақалпақ халқы сɵйлеў тилиниң жақынласыў процеси басланып,
бунда классик шайырлар, әсиресе, уллы қарақалпақ шайыры Бердақ
Ғарғабай улының дɵретпелери баслы орынды ийелейди ҳәм қарақалпақ
жазба әдебий тилиниң раўажланыў бағдарларын белгилеп берди. Бердақ
қарақалпақ халқының турмысында үлкен тарийхый ɵзгерислер болып
атырған дәўирде ɵмир сүрди. XIX әсирдиң басында қарақалпақ халқы
Хорезм ойпатына келип мәкан басқан болса, 1873-жылы Әмиўдәрьяның оң
жағалығын патша Россиясы жаўлап алып Түркистан генерал-
губернаторлығының Әмиўдәрья бɵлимин дүзгени тарийхтан белгили.
Шайырдың «Алпыс-жетпис жасқа келдим, Жети-сегиз ханды кɵрдим, үш
дәўир заманды кɵрдим, Заман шеп айланған екен» деп жазыўында да үлкен
мәни бар. Жәмийетлик ɵмирде жүз берген бул ɵзгерислер руўхый-мәдений
тараўға да күшли тәсирин тийгизеди. Әсирдиң басында дәслепки мешит
ҳәм медреселер ашылған болса, XIX әсирдиң ақырына келип
94
Қарақалпақстан аймағында сегиз жүзге шамалас мешит ҳәм медреселер
болды [2:170].
Кɵркем әдебий дɵретиўшилик фольклорлық дәстүрлер үлгисинен
енди жазба әдебиятлық сыпат алып Күнхожа, Әжинияз, Бердақ, ϴтеш ҳәм
басқа да шайырлар ɵз шығармаларын жазба түрде дɵрете баслады. Кɵркем
шығармалардың жазба түрде дɵретилиўи менен қарақалпақ жазба әдебий
тили қәлиплесе баслады. Қарақалпақ жазба әдебий тилиниң тарийхында
бул дәўирде тийкарғы еки бағдар пайда болды. Биринши бағдар ‒
қарақалпақ халқында бурыннан қәлиплескен улыўма халықлық сɵйлеў
тилине тийкарланып кɵркем шығарма дɵретиўдиң дәстүри, екинши бағдар
‒ бир неше әсирлерден берли түркий халықларының мәдений ɵмиринде
үлкен орын ийелейтуғын Алишер Наўайы тийкарын салған Орта Азиялық
түркий әдебий тилиниң үлгисиндеги кɵркем шығарма дɵретиў дәстүри
болды.
Бердақ ɵз дɵретиўшилигинде қарақалпақ халқының сɵйлеў тилин
тийкар
етип
алып,
жоқарыда
кɵрсетилген
еки
бағдардың
жетискенликлерин халықтың кеўлине қонымлы тәреплерин ɵзлестирип ɵз
шығармаларын жазғанының гүўасы боламыз. Ол Орта Азиялық әдебий
тилде түркий халықларының кɵп әсирлик мәдений байлықлары
жәмленгенин, пикирди кɵркемлеп жеткериўдиң кɵп әсирлик тәжирийбеден
ɵткен үлгилери бар екенлигин байқады. Сонлықтан да усы ўақытқа шекем
айырым илимпазлардың кɵрсетип келгениндей, шайыр бул тилден ‒
китабый тилден «қашқан жоқ», қайтама оның қарақалпақ халқының
уғымына сай жақларын ɵзлестирип, қайта ислеп ɵз шығармаларында
қолланғанын кɵремиз. Бул жерде шайырдың Алишер Наўайы
шығармаларынан қандай дәрежеде үйренип, оны ɵзине устаз санағанын,
ɵзиниң шайырлық саўатының ҳақыйқый мәнисинде уллы Наўайыдан
ашылғанын кɵрсетип ɵтиўдиң ɵзи жеткиликли.
Бердақ Ғарғабай улының әдебий дɵретиўшилик хызмети қарақалпақ
халқының жәмийетлик турмысы, әдебиятымыз бенен мәдениятымыздың,
қарақалпақ жазба әдебий тилиниң, қулласы, руўхый ɵмиримиздиң
тарийхында басқа классик шайырларға салыстырғанда айрықша орынды
ийелейди. Оның дɵретпелерин изертлеген илимпазлар менен кɵркем сɵз
шеберлери басқа шайырларға үлги боларлық оның ɵзине тән жолы менен
бағдары болғанлығын атап кɵрсетеди. Шайыр менен заманлас ϴтеш
Алшынбай улы «ϴтти дүньядан» қосығында:
«Неше сɵзлер айтты қорықпай залымнан,
Шайырлықта ɵтпес Мақтымқулы оннан»,-
деп жазып, оның XIX әсирдеги қарақалпақ шайырлары арасында
тутатуғын орнын жоқары баҳаласа, ϴзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халық
шайыры И.Юсупов:
Мен таза қан сап жүректе исленген,
Мен-Бердақтың жалғыз тамшы қаныман»,
95
-деп ɵзиниң уллы талант ийесине деген терең ҳүрметин билдиреди.
Бердақ бабамыздың да қарақалпақ жазба әдебий тилиниң
қәлиплесиўинде салмақлы орны бар. Бердақ халқымыздың аўызеки сɵйлеў
тилине тийкарлана отырып, Орта Азиялық түркий әдебий тилди халықтың
руўхый талапларына сай түрде қайта иследи. Оны қарақалпақ халқында
бурыннан қәлиплескен әдебий тилдиң аўызеки түри ‒ фольклорлық
шығармалардың тили менен қарыстырып ҳәзирги әдебий тилимиздиң
қәлиплесиўине
салмақлы
үлесин
қосты.
Сондай-ақ,
шайыр
шығармаларында қолланған сɵзлер арадан бир әсир ўақыттың ɵтиўине
қарамастан бүгинги күнде де сол мәнисинде жумсалмақта. Бул
факторлардың барлығы ҳәзирги қарақалпақ жазба әдебий тилиниң
негизлери Бердақ жасаған дәўирде, оның шығармаларында қәлиплесе
баслағанын кɵрсетеди.
XIX әсирдиң ақыры XX әсирдиң басында улыўма халықлық
қарақалпақ тилиниң тийкарында қарақалпақ жазба әдебий тили қәлиплесе
баслады. Бул процессте қарақалпақ халқының данышпан шайыры Бердақ
Ғарғабай улы орайлық тулға болды. Ол ɵзине шекемги әдебий тилдиң
аўызеки түринде дɵретилген кɵп санлы кɵркем әдебият үлгилери менен
Орта Азиялық түркий тилинде жазылған шығыс классиклери
шығармаларын терең ɵзлестирди. Оның қарақалпақ әдебий тили
тарийхындағы хызмети әдебий тилди халыққа жақынластырды,
қарақалпақларда бурыннан қәлиплескен әдебий тилдиң аўызеки түри
менен Орта Азиялық түркий тилдиң жетискенликлерин ɵзлестирип улыўма
халықлық қарақалпақ тилинде ɵзиниң кɵркемлиги жоқары, мазмуны бай
шығармаларын дɵретти. Халықтың сɵйлеў тилин шеберлик пенен қайта
иследи, мәнилик жақтан байытты ҳәм халық тилинен қалай пайдаланыў
зәрүрлигин кɵрсетти. Тилимиздиң кɵркемлик дәрежесин арттырып, оның
раўажланыў бағдарларын белгилеп берди. Шайырдың заманласы ϴтеш
Алшынбай улының «ϴтти дүньядан» қосығындағы «Бердақ еди
шайырлардың данасы» деген қосық қатары оның қарақалпақ халқы
мәденияты, жазба әдебияты менен бирге әдебий тили тарийхындағы
айрықша орнын, анық ҳәм дәл сәўлелендиретуғынын кɵремиз.
Пайдаланылған әдебиятлар
1. Дәўқараев Н. Бердақ шайыр. Нөкис. МБ, 1951.
2. Камалов С., Қощанов Ә. Қарақалпақстан тарийхы. Нөкис, Билим.
1993
Do'stlaringiz bilan baham: |