«бердақ классикалық Әдебиятымыздың бийик шыңЫ»


ҲӘЗИРГИ ҚАРАҚАЛПАҚ ПОЭМАЛАРЫНДА БЕРДАҚ



Download 1,37 Mb.
Pdf ko'rish
bet24/63
Sana24.02.2022
Hajmi1,37 Mb.
#215161
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   63
Bog'liq
Топлам Бердак 190

 
ҲӘЗИРГИ ҚАРАҚАЛПАҚ ПОЭМАЛАРЫНДА БЕРДАҚ 
ДӘСТҮРЛЕРИ 
М.Нуржанов ҚМУ үлкен илимий
хызметкер-излениўшиси 
Бердақ дөретиўшилиги қарақалпақ әдебиятында белгили орын 
ийелейди. Ол XIX әсир қарақалпақ поэзиясын идеялық-тематикалық, 


72 
жанрлық, көркемлик жақтан байытты. Оның салмақлы идеяларға бай, 
көркем қуны жоқары шығармалары карақалпақ әдебиятының әсирлер бойы 
раўажланыўына унамлы тәсирин тийгизбекте. Шайыр өз халқының еркин 
ҳәм абадан турмыста жасаўын әрман етти. Усы мақсетте ол 
шығармаларында рәң-бәрең образлар галереясын жаратты. Халық 
азатлығы, халық мәпи, халық ар-намысы ушын жанын пидә еткен 
гүресшеңлер, 
халық 
қаҳарманлары 
образлары 
болса, 
Бердақ 
дөретиўшилигинде орайлық орынды ийелейди. Шайырдың «Амангелди», 
«Айдос баба», «Ерназар бий» поэмаларында елдиң ғәрезсизлиги, ар-
намысы ушын гүрескен халық қаҳарманларының образлары жасалған. Бул 
ҳаққында илимий әдебиятларда дыққатқа ылайық пикирлер айтылған [1]. 
Деген менен уллы шайыр шығармаларында қаҳарманлық образ жасаўдың 
бай поэтикалық тәжирийбесиниң ХХ әсир қарақалпақ әдебиятында, соның 
ишинде қарақалпақ поэмашылығында тутқан орны еле арнаўлы түрде 
изертленген жоқ. Сонлықтан, биз мақаламызда ҳәзирги айырым 
поэмаларда 
қаҳарманлық 
образлардың 
жасалыўында 
Бердақ 
дәстүрлериниң әҳмийетине тоқтаўды өз алдымызға мақсет етип қойдық.
Бердақ тәрепинен жаратылған қаҳарманлық образлар галереясы бул 
бағдарда қәлем тербетиўши шайырлар ушын үлкен бир көркем тәжирийбе 
хызметин атқаратуғынлығы тәбийғый нәрсе. Усы көзқарастан, қарақалпақ 
поэзиясының жанрлар системасында өзиниң салмақлы орнына ийе 
поэмаларда қаҳарманлық образ жасаўдың өзине тән өзгешелигин изертлеў 
мақсетке муўапық болып табылады. Өйткени, миллий фольклорымыз 
бенен XIX әсир қарақалпақ классикалық поэзиясындағы ҳәм ХХ әсир 
қарақалпақ әдебиятындағы қаҳарманлық образ жасаў бойынша топланған 
бай көркем тәжирийбеден ҳәзирги шайырларымыз қандай дәрежеде 
пайдаланып атырғанлығын, бул бағдардағы дәстүр ҳәм жаңашыллық, 
дөретиўшилик өзине тәнлик мәселелерин изертлеў поэма жанрының еле 
ашылмай атырған қырлары туўралы илимий-теориялық жуўмақлар 
жасаўға имкан береди.
Усы 
көзқарастан 
алып 
қарағанда, 
белгили 
әдебиятшы 
Қ.Жәримбетовтың «Уллы Ўатандарлық урыс дәўиринде қарақалпақ совет 
поэзиясы (1941-45-ж.ж.)» монографиясында [3], сондай-ақ «Ўатандарлық 
урыс поэзиясында Бердақ традициясы» [4] мақаласында алға сүрилген 
илимий-теориялық жуўмақлар мақаламыздың теориялық тийкарын 
дүзиўге жәрдем береди. 
Белгили рус әдебиятшысы А.Бочаровтың дурыс жазғанындай: 
«Қаҳарманлық ҳәрекетлер жүдә қыйын ҳәм қәўипли шараятлардан 
қаҳарманларша шығып кетиў зәрүрлигин талап қылады. Бул нәрсе улыўма 
абстракт қәделер менен емес, ал анық турмыслық шараятлар менен 
өлшенеди… Бирақ ерлик ислеў тек гуманистлик идеал менен байланыслы 
болып табылады, яғный қаҳарманлық ҳәрекет жәмийет ушын пайдалы 
болса ғана социал мәниге ийе бола алады» [8:237-258]. 


73 
1960-80-жылларда қарақалпақ поэмашылығында өтмиште жасап, өз 
халқының абаданлығы, еркинлиги ушын қаҳарманлық ислердиң басында 
турған әдебий тулғалардың көркем образларын жасаў бағдарында 
изленислер күшейди. Усының жемиси сыпатында И.Юсуповтың 
«Тумарис», Т.Сейтжановтың «Жайҳун жананлары», К.Каримовтың «Әсир 
әпсанасы», Ж.Избасқановтың «Қамал» ҳәм т.б. шығармалар жарық көрди. 
Ғәрезсизлик дәўирине келип бул тема О.Сәтбаевтың «Гүлдирсин», 
А.Реймовтың «Сүйинбийке толғаўы», Б.Генжемуратовтың «Мөде хан сөзи 
яки Шин жипегиндеги битик», М.Жуманазарованың «Сүйинбийке», 
Г.Нурлепесованың «Қумар ана», Г.Дәўлетованың «Алп ана», «Тумар қыз» 
ҳәм т.б. шығармалары басылып шықты. Биз жумысымыздың көлеми 
шекленгенликтен, тек Т.Сейтжанов, Ж.Избасқанов ҳәм Б.Генжемуратов 
поэмаларын көркем дәрек ретинде пайдаланыўды мақул көрдик. Дәслепки 
екеўи 1980-жылларда, кейингиси ғәрезсизлик дәўиринде жарық 
көргенлиги себепли, олар поэмашылығымызда қаҳарманлық образ 
жасаўдың эволюциясы туўралы белгили жуўмақлар ислеўге мүмкиншилик 
береди деп ойлаймыз. 
Қаҳарманлық образ жасаўда И.Юсуповтың «Тумарис», «Қарақалпақ 
ҳаққында сөз» ҳәм т.б. поэмаларының өз дәўири ушын әҳмийети туўралы 
қарақалпақ әдебияттаныў илиминде белгили дәрежеде сөз етилген [6].
Т.Сейтжановтың «Жайҳун жананлары» шығармасы автор тәрепинен 
«әпсанаўый поэма» деген айдар менен жарық көрди [7]. Расында да, поэма 
ертеклик, фольклорлық сюжетке қурылған. Патша ҳаял Қундызханға Иран 
шахы ашық болады, оннан бас тартқан ҳаялдың бекинисин душпанның 
шексиз әскерлери қамал қылады. Мәрт ҳаял патша басшылығында өз 
қаласын қорғағанларды душпанлар алты ай даўамында жеңе алмайды. 
Соңынан Иран шахы Қундызханға, егер, ол өз ерки менен берилмесе, 
пүткил қала халқын қырып таслайтуғынлығын айтады. Ҳаял патша буған 
ҳийлекерлик пенен: «Қала дәрўазасынан шыққан ҳаял ҳәм балаларға 
тиймейсең, қалған ер азаматлар менен урысып, оларды саўашта жеңсең 
ғана саған ҳаял болыўға разыман», - деп жуўап береди. Буған Иран 
патшасы қайыл болады. Ашылған дәрўазадан қапшық арқалаған ҳаяллар 
шығып кетеди. Қалаға кирген душпан ләшкерлери қаңырап бос қалған 
қорғанды ғана көреди. Ҳаяллар балаларын жетелеп, ерлерин қапшыққа 
салып арқалап алып кеткен екен. Ҳаял патша Қундызхан менен оның 
жақын ақылгөйи Темир палўан бийик минарадан дәрьяға бойын таслап, 
аман қутылады. Солай етип, Иран патшасы Жайҳун жулдызы 
Қундызханның ҳийлесине 
алданып 
тәслим болады, жеңилиске 
ушырағанлығының дәртине шыдай алмай өлип кетеди. 
Дыққатқа ылайық жери сонда, автордың өз елин қорғағанларды үлкен 
көтериңкилик пенен жырлаўда, душпан менен урыс майданында саўаш 
жүргизген Қундызханды, оның тәрепдарларын, мәрт жаўынгер Темир 
палўан ҳәрекетлерин сүўретлеўде Бердақ поэмаларына тән эпикалық руўх 


74 
сезилип турады. Өз халқы еркинлиги ушын гүрескен, қаҳарманлық 
көрсеткен персонажлардың ҳәрекетлерин тәрийплеўде гиперболизмди 
абайлаў қыйын емес. Буның үстине Бердақтың Асан, Амангелди, Ерназар 
батырлардың образларын жасаў барысында қолланған батырды 
көтермелеў, мақтаў қусаған сыпатлардан «Жайҳун жананлары» 
поэмасында да молдан пайдаланған. Демек, қарақалпақ каҳарманлық 
эпосында бул бойынша жыйналған бай көркем тәжирийбе Бердақ 
шығармаларында реализм талапларына сай қайта исленип ХХ әсир 
қарақалпақ поэмашылығына өткенлигин, бул нәрсе 1980-2010-жыллардағы 
қарақалпақ лиро-эпикалық поэзиясының раўажланыўында да үлкен 
әҳмийетке ийе болғанлығын абайлаўға болады. Буған биз «Жайҳун 
жананлары» поэмасында қаҳарманлық образ жасаўдың өзгешелигин 
таллаў барысында да исеним пайда еттик. 
1980-жыллар 
қарақалпақ 
лиро-эпикалық 
поэзиясында 
Ж.Избасқановтың «Қамал» [5:565-579] драмалық поэмасы белгили орын 
тутады. Бул шығарманы жазыўға автордың белгили таярлық пенен 
келгенлиги байқалады. Өйткени, буған дейин шайыр өзиниң «Өтемис», 
«Оқыўшыма хат» ҳәм т.б. поэмаларын дөретти. 
«Қамал» драмалық поэмасында Бухара ханының басқыншылық 
ҳәрекетине қарсы 1842-жылғы Шаҳрисабз қаласы турғынларының 
қаҳарманларша гүреси, әсиресе, қала беглербегисиниң, оның қызы 
Кенегесбегимниң өз халқын қутқарыў жолындағы ерликлери шебер түрде 
сүўретленген. Ең баслысы, батыр қыз Кенегесбегим ата-анасы, туўған-
туўысқанлары менен қала халқын қутқарыў ушын өзин жаў қолына 
тапсырады‒өз ерки менен басқыншы Насрулла хан шатырына барады, ең 
ақырында қыздың сулыўлығына ышқысы кетип, ерки босасқан ханды 
пышақлап өлтиреди, өзи де жаў әскерлери қолынан қаза табады. Демек, 
Кенегесбегим қара басын өлимге тигиў арқалы пүткил Шаҳризабс халқын 
қуллыққа түсиўден сақлап қалады. Демек, Кенегесбегим автор тәрепинен 
қаҳарманлық образ сыпатында сүўретленген. 
Б.Генжемуратовтың «Мөде хан сөзи яки Шин жипегиндеги битик» 
[2:144-150] 
атлы шығармасы да қаҳарманлық образ жасаўдағы 
жетискенлиги бойынша дыққатқа ылайық. Бундағы ўақыялардың кескин 
ҳәм өткир, инсан жүреги сескенерлик дәрежедеги мәртликке, батырлыққа 
қурылыўы қаҳарманлар образының ашылыўына өзгешелик бағышлап тур. 
Шығармада эпикалық ўақыяларды айрықша баянлаўдың тәбийғый ағысы, 
стили сезилип турады. Буның үстине шығармада эпикалық руўх, эпикалық 
дүньяға тән батырдың аты, жаў жарағы, сулыў ҳаял, алтын зер ҳәм т.б. 
атрибутлар да қолланылған.
«Мөде хан сөзи яки Шин жипегиндеги битик» поэмасының эпикалық 
сюжетинде бизиң эрамыздан бурынғы жыллары жасаған хуннлар 
қәўиминиң патшасы Мөде ханның мәртлиги жырланған. Мөде хан Қытай 
патшалығы менен саўашларда жеңиске ерисиў, батырларының еркин 


75 
темирдей етип беккемлеў мақсетинде оларға дәслеп өз тулпарын, соңынан 
өзиниң сулыў ҳаялын атып өлтириўди буйырады. Бул буйрыққа 
мойынсынбай, аяўшылық сезимлерине берилип, әззилик еткенлерди 
өлимге буйырып жибереди. Қараңыз: 
Арғымақ ат болды менде арыў қыздай толқыған. 
Кең далада айдай жүзди кең аспанда қалқыған. 
Батырларды сынаў ушын өз атыма жай тарттым. 
Қаңсылап оқ ушып кетти. 
Оқлар ушты артынан… 
Тулпарыма Лөкжал садақ‒сегиз мың оқ қадалды. 
Еки мың ер жай тартпады‒атылмастан оқ қалды… 
… Еки мың ер өлтирилди, 
бирлик ушын.
Сегиз мыңға унады! [2:145] 
Демек, поэмада он мың ләшкерден сегиз мыңы тири қалып, олар да 
тағы бир мынадай сынақтан өткерилген: 
Садақ тарттым арыўыма. 
Жылап-сыңсып ушты оқ. 
Ай тәнине, жүрегине әжел болып түсти оқ. 
Жети мың Алп‒жети мың Гүрт, 
қалтырамас қоллары. 
Гөззалымның пәк қанында‒жети мың оқ‒писти оқ. 
Атылмаған мың оқ қалды… 
Қалтыраған мың ердиң 
жанларын мен Көк‒Тәңириме 
саўға етип жибердим… [2:145-146]. 
Мине, булар шайырдың мәртлик, қаҳарманлық ҳәрекетлерге сәйкес 
тил қуралларын ислетиўдеги шеберлигинен, ең баслысы, шығарманың 
патриотлық руўхынан дәрек береди. Шығарманың улыўма баянлаў 
стилиндеги гиперболизм, объектив картиналық көринислер автордың 
көркемлик изленислериниң жемиси болып табылады. 
Улыўма алғанда, шығармада шайыр руўхының, патриотлық 
позициясының 
терең 
ашылыўы 
оқыўшыларды 
өзине 
тартқан 
факторлардың бири болып табылады.
Өз жери, өз ели, өз жақын-жуўығының аманлығы жолында жанын 
пидә еткен мәрт қызлар образлары фольклорымызда, классик 
әдебиятымызда, ХХ әсир қарақалпақ поэзиясында жүдә көп жасалған. 
Гүлайым ҳәм оның қырқ қызы, Бердақтағы Гүлим, И.Юсуповтағы Тумарис 
ҳ.т. басқалар буған мысал бола алады. Т.Сейтжановтың «Жайҳун 
жананлары», Ж.Избасқановтың «Қамал» шығармаларында да Қундызхан, 
Кенегесбегим образларын қаҳарманлық образ дәрежесине көтерип 
сүўретлеўде олардың авторлары гиперболалық сүўретлеўлерден, эпикалық 


76 
атрибутлардан, эпикалық стильге тән баянлаўлардан, эпикалық дүньяның 
тағы басқа элементлеринен шебер пайдаланған. Сондай-ақ, олар саўаш 
картиналарына, жекпе-жек гүреслерге үлкен итибар берген. Жақын-
жуўығынан, ел перзентлеринен айрылғаны ушын душпаннан өш алыў, 
патетикалық, көтериңки сүўретлеўлер ҳәм т.б. эпикалық сыпатлар биз 
таллап өткен поэмалардың ажыралмас бөлеги болып табылады. Мысалы, 
«Қамал» шығармасында Кенегесбегим өз халқының еркинлиги ушын 
мәртликке, қаҳарманлық иске қол урады‒басқыншы Насрулла ханды 
пышақлап өлтиреди, өзи де қаза табады. Бул қаҳарманлық ҳәрекет бизге өз 
елиниң қызларының ар-намысы ушын жан берген Асан бийдиң, сондай-ақ, 
оның өшин алған Амангелди батырдың, ханның көп малайларынан әкесин 
жалғыз өзи қорғаўға умтылған Гүлимниң ҳәрекетлерин көз алдымызға 
елеслетеди. Буған қосымша, бизиң көз алдымызға сырт ел 
басқыншыларынан елин қорғаў жолында шейит кеткен әпиўайы шопан 
Шырақтың аңызға айланған тулғасы да көз алдымызда турады. Булардың 
ҳәммеси ҳәзирги поэмашылығымызда қаҳарманлық теманың, қаҳарманлық 
образлардың 
сүўретлениўинде 
шайырларымыздың 
қаҳарманлық 
дәстанларымыздағы, қарақалпақ классик әдебиятындағы, әсиресе, 
Бердақтың дәстанларындағы поэтикалық дәстүрлерден өз дөретиўшилик 
индвидуаллығына сай түрде пайдаланғанлығын көриўге болады. Бул 
бағдарда ҳәзирги қарақалпақ поэмашылығын еле де тереңирек изертлеў 
тийисли илимий-теориялық жуўмақлар ислеўге имкан береди деп 
ойлаймыз. 
Пайдаланылған әдебиятлар 
1. Дәўқараев Н. Революцияға дейинги қарақалпақ әдебияты
тарийхының очерклери. Нөкис: «Қарақалпақстан», 1961; Сағитов И. Саҳра 
бүлбили. Монография. Нөкис: «Қарақалпақстан», 1974; Муртазаев А. 
Бердақ шығармаларындағы заманагөйлик ҳәм шеберлик. Монография. 
Нөкис: «Қарақалпақстан», 1993; Пирназаров А. Бердақ шығармаларында 
қолланылған дөретиўшилик усыллар. Монография. Нөкис: «Билим». 1998; 
Пахратдинов Ә. Бердақ шайырдың дәстанлық шығармалары. Нөкис: 
«Билим», 1987. 
2. Генжемуратов Б. Сайланды шығармалар. Нөкис: «Қарақалпақстан», 
2012 
3. Жаримбетов К. Каракалпакская советская поэзия периода Великой 
отечественной войны. 1941-1945 гг. Нукус: изд. НГУ, 1982. 
4. Жәримбетов Қ. Ўатандарлық урыс поэзиясында Бердақтың 
традициясы// «Әмиўдәрья», 1978, №1. 
5. Избасқанов Ж. Ақ қуслар. Нөкис: «Қарақалпақстан», 2014. 
6. Насруллаев Ә. Заман ҳәм лиро-эпикалық поэзия. Нөкис: 
«Қарақалпақстан», 1964; Мәмбетниязов Т. Жаңа қарақалпақ поэзиясы ҳәм 


77 
дәўир талабы. Нөкис: «Билим», 1994; Султанов Қ. Заманлас жаным 
менен… Нөкис: «Қаракалпақстан», 1972. 
7. Сейтжанов Т. Жайҳун жананлары. Сейтжанов Т шығармалы. II том. 
Нөкис: «Қарақалпақстан», 1992. 
8. Турдиев Ш. Улуғ Ватан уруши мавзуидаги романларда 
қаҳроманлик масаласи. //Ўрта Осиё ва Қозоғистон халқлари адабиётидаги 
роман жанрини типологик ўрганиш. Тошкент: «Фан», 1991. 

Download 1,37 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   ...   63




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish