Әдебиятлар: 15,18,20,25;
14-Лекция. Қарақалпақстан ҳәм Хорезм регионы.
Аннотация. Бул регионның жайласыўы, өзгешеликлери, климат, топырақ шарияты, суў ресурслары, экологиялық машқалалары, аўыл хожалығының раўажланыўы келтирилген.
Бул регион мәмлекетимиздиң арқа зонасында болып, Әмиўдәрьяның қуярлығында жайласқан, шығыс-арқада Хорезм ўәлаляты менен, қубла- батыста Қызылқум сахрасында, арқа-шығыста Қазақстан менен, қубла- батыста Туркменстан менен шегараласқан.
Климат шәраяты бойынша кейинги жылларда Арал теңизиниң қуррыўы менен кескин өзгерислерге алып келмекте. 1960-2015 жыллардағы Нөкис, Шымбай, Қоңырат метеостанциялардың бақлаўы бойынша ҳаўа ыссылығының 1,0-1,8 0С қа көтерилген. Метеостанциялардың мағлыўматлары бойынша январь-февраль қыс айларында суўық температурасы кемейип, июнь-июль айларында ыссылық 5,0-5,9 0С қа көтерилмекте. Жаўын-шашынның муғдары айрым жыллар кеңейип азайып 90-100 мм ди курайды. Қыс айларында суўық 30-35 0С ға жетеди, ал жаз айларында 40-45 0С ыссылыққа жетеди.
Ҳаўа ыссылығы жыйындысы 2660-2780 0С болып, ашық күнлер 201-208 күнди қурайды. Қыс айларында жерде муз қатыўы 70-100 см ге жетеди. Ҳаўаның салыстырма ығаллығы жаз айларында 15-30 % ке жетеди. Жыллық ығаллықтың парланыўы 1000-1200 мм ге жетеди ямаса жаўған жаўын- шашынның муғдарына салыстырғанда 10-12 мәртебе зыят. Демек, дийханшылық тек суўғарыў арқалы өсип раўажланады.
Бул регионның геоморфология, литология ҳәм рельефи бойынша өзгешеликлерге ийе. Геоморфологик шәраяты ҳәзирги Әмиўдәрьяның қуярлығы сахра зоналарынан ибарат. Литологиялық дүзилиси заманагөй дәрья дельталарынан ибарат болып теңиз бәлентлигинен 50-100 м де жайласып, 154,21 мың/м2 болып, қыялығы бойынша 0,0001-0,0002 мм ди курайды.
Геоморфологик районлар бойынша төмендегилерден ибарат: Пәс тегислик ҳәм аллювиал таў алды платолар, аллювиал тегисликлер, дәрья дельталары, қумлы аккумлияциялар, суў майданлары, қатлобанлардан ибарат.
Гидрогеологиясы бойынша А.М.Кац (1976), Ф.Раҳимбаев (1978) мағлыўматлары бойынша республика аймағында еки тийкарғы гидрогеологиялық районларға бөлинген.
1. Әмиўдәрьяның қәдимги тегислиги.
2. Қызылқум ҳәм қаратаўдың ески дәрья жатқызықлары болып бөлинеди.
Жер асты суўлары арқаға қарап 0,00025-0,00027 қыялық пенен жылжыған. Оның тезлиги 3-8 м/сутка ға жетеди. Жер асты суўының қуярлығы Судочье, Дәрьялық, Жылтырбас көллери болып есапланады.
Республиканың улыўма суўғарылатуғын жерлер майданы 500 мың га болып, соннан 263,5-279,1 мың/га жерге дийханшылық исленеди. Жер асты суўы минерализациясы 1-3 г/л болған жерлер 215,8-230,7 мың/га қурайды.
Әмиўдәрья ағын суўының минерализациясы әсте-ақырын арытпақта. Кейинги жыллары 1,331г/л ге жетти. Әмиўдәрья суўы кем жыллар ГОСТ талабына жуўап бермейди. Бул регионға Әмиўдәрья суўын жыл бойы тәминлеў ушын Түйемойын суў сақлағышы қурылған.
Топырағы жер асты суўының қәддине байланыслы автоморф тақыр топырақлар, ярым гидроморф отлақлы-аллювиал, гидроморф топырақлар батпақлы-отлақлы топырақлар болып бөлинеди. Усының менен бир қатарда жерасты суўына байланыслы отлақлы-тақырлы инсан тәсири менен өзгериўине байланыслы оазисли жерлерге бөлинеди.
Бул регионлар климаты бойынша арқа ҳәм қубла зоналарға бөлинеди. Бул климат шәраятына туўры келетуғын ғаўаша сортлары егиледи. Олардан: Шымбай-5018, Дослық-2, Бухара-6, Омад, С-4727 ҳ.т.б.
Хорезм областы батысдан ҳәм арқадан Әмиўдәрья ҳәм Қарақалпақстан Республикасы менен шегараласқан, арқа батысдан Туркменистан мәмлекети, қублада Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятлары менен шегераласқан. Орайлық қаласы Ургенш қаласы болып 10 районға бөлинген. Улыўма жер майданы 276,575 мың/га болып тийкарғы суўғарыў дереги Әмиўдәрья болып есапланады Ташсақа, Қылышбай Питнакарна, Октябрарна, Ургенчарна каналлары арқалы жерлер суўғарылады. Жылына 2220,44 млн/м3 ағын суў алынады.
Жер асты суўы жақын жайласқан болып 1950 тексериў қудығы бойынша мағлыўмат алып барады. Бул ўәлаят жерлери жер асты суўы ағымы Сарықамыш тәрепке ағып тийкарынан изейкешлер жәрдеминде жер асты суўының қәдди төменлеп турады. 10489,2 км изйкеш коллекторлар 3718,2 км хожалық аралық изейкешлер менен тәмийнленген.
Ўәлаяттың жер фонды 80 % суўғарылып егиледи. Ҳәзирги ўақытта Ташсақа, Қарақум, Зангиузак жерлерин өзлестириў тез пәт пенен алып барылмақта.
Do'stlaringiz bilan baham: |