EslаЕслетпе. Барлық электрон таблицаларда математикалық есапласыўларды әмелге асырыўда ячекадағы жайласқан санлар көрсетилмейди, балким санлар жайласқан ячейкалардың адреслери көрсетиледи.
Буның ушын D4 ячейкаға төмендеги формуланы жазамыз:
=B4+C4
Нәтийжеде D4 ячейкада 1337510 саны пайда болады.
D4 ячейкада жайласқан формуланы D4:D14 ячейкаларға көшириў зәрүр болады. Буның ушын курсорды D4 ячейкаға қоямыз ҳәм ячейканың төменги оң мүйешинде «+» белгиси пайда болады. Усы белгини D14 ячекасына шекем тартып барамыз. Соннан D4:D14 ячейкyаларында сайкес рәўиште улыўма қәрежетлердиң жыйындылары пайда болады.
8. E4 ячейкаға =B4/A4 формуласын киритемиз.
9. F4 ячейкаға =C4/A4 формуласын киритемиз.
10. G4 ячейкаға =D4/A4 формуласын киритемиз.
11. H4 ячейкаға =(D4-D3)/(A4-A3) формуласын киритемиз.
12. Барлық ячейкаларға сәйкес рәўиштеги қәрежетлерди есаплаў формулалары киритилгеннен соң, оларды 7-бантте келтирилген усыл менен 14-қатарына шекем тартып шығамыз. Нәтийжеде ҳәр бир қәрежетлердиң қунлары есаплап шығылады ҳәм сәйкес ячейкаларға жайласады. Усы ҳәрекет процессин төмендеги 2-сүўретте келтиремиз.
13. Мәселеде келтирилген барлық түрдеги графиклерди жасаў ушын Excel дастури Mаstеr diаgrаmm пайдаланамыз. Өндирис қәрежетлерин анық рәўиште сызықлы график арқалы бақлаў мүмкин.
14. Графикти жасаўда, ҳәр бир көрсеткиш жайласқан үстинлерди белгилеп алыў зәрүр. Буның ушын бир қәрежетти таңлаўымыз зәрүр. Мәселен, өзгериўшең ҳәрекетлер суммасы графигин ислеп шығарылған өним муғдары арқалы жасаймыз.
15. Kурсорды А3 ячейкаға қойып, А14 ячейкаға шекем белгилеп аламыз ҳәмде Ctrl кнопкасын басып, S3 ячейкадан S14 ячейкаларды белгилеймиз.
Еслетпе. Бир неше үстинлерде жайласқан мағлыўматлар арасынан айрымларын таңлап алыўда Ctrl кнопкасын басып турыў shаrt!
Нәтийжеде 5-сүўретте келтирилген диапаозон белгиленеди. Усы диапазон жәрдеминже өзгериўшең қәрежетлердиң ислеп шығылған өним муғдары арасындағы сызықлы графигин алыўымыз мүмкин.
2-суўрет. Қәрежетлердиң есапланған қунлары
Еслетпе. Айырым жағдайларда мағлыўматларды группалаўда, бирдей группаға тийисли үстинлерди таза исши қағазға өткерип есапласыўлар, графимклерди жасаў мақсетке муўапық болады. Себеби бул пайдаланыўшының мағлыўматлар менен ислеўин аңсатластырамыз.
3-суўрет. График жасаў ушын мағлыўматлар диапазонын белгилеў
16. Белгиленген диапазон мағлыўматлары тийкарында сызықлы графикти жасаймыз.
17. Пиктографик қатарсындағы «Мастер диаграмм» кнопкасын басамыз, нәтийжеде экранда ҳәр түрли диаграммаларды жасаўда пайдаланатуғын төмендеги экран пайда bыlаdi (4-суўрет).
4-суўрет. «Мастер диаграмм» менюсы диаграммалар түрлерин таңлаў
18. Kелтирилген диаграммалар түрлери арасынан, яғный «Tip» бөлиминен «Tоchеchnаya» түрин ҳәм «Vid» бөлиминен болса көринисиндеги сызықлы диаграмманы таңлаймыз ҳәмде «Dаlее» кнопкасы басамыз. Нәтийжеде төмендеги көринисиндеги график пайда болады (5-суўрет)
Жоқарыда келтирилген басқа түрдеги көрсеткишлердиң ҳәм графиклерди келтирип өтилген (15) – (18) бәнттеги ҳәрекетлер жәрдеминде жасаў мүмкин.
Шекли ҳәрекетлер (MC) график көринисинде тәрийпленеди:
450 дал спирт өнимин ислеп шығарылғанда орташа өзгериўшең ҳәрекетлер (AVC) өзиниң ең минимал қунына ийе болады, яғный 450 дал азық-аўқат спиртин өндиристе AVC=1157.07 сўм.
451 дал спирт өнимин өндиристен баслап орташа өзгериўшең ҳәрекетлер өсе баслайды. Буның себеби сонда, яғный өндирис процессине қосымша ресурслар енгизиледи, бул болса өзгериўшең қәрежетлердин өсиўине алып келеди.
“BIОKIMYO” ОАJ тәрепинен ислеп шығарылып атырған спирт өниминиң баҳасы 2596.75 сумға тең болғанда ашық акционерлик жәмийетиниң зыянсыз ислеў точкасы деп қабылланады.
“BIОKIMYO” ОАJ өнминиң баҳасы 1157.07 сумнан төмен болса, өндирис шәртсиз рәўиште жабылады. Себеби жәмийет қысқа мүддетли аралықта хызмет көрсетип атырғанда P=AVC шарт орынланады, яғный өнимниң баҳасы оған сарыпланған қәрежетлерге тең болып. Фирма өнимниң баҳасы 1157.07 сумнан жоқары болғанда ғана өнимди өндирис фирма ушын рентабел есапланады.
“BIОKIMYO” ОАJ экономикалық нәтийжеге ийе болыўы ушын ҳәр бир дал спирт өними өндиристе өзгериўшең қәрежетлерди (TVC) (бир дана өнимге туўры келетуғын қәрежетлерди) кемейтириўи лазым. Сол ҳалда жәмийеттиң экономикалық нәтийжеси артады, яғный өнимлерди сатыўдан алатуғын пайдасы артып барады.
Искономист тәрепинен ақырына жеткерилмеген қәрежетлерге тийисли болған таблицалар төмендегише толтырылады:
2- таблица
Do'stlaringiz bilan baham: |