Қарақалпақ МӘмлекетлик университети экономика кафедрасы микроэкономика пәнинен



Download 2,13 Mb.
bet56/64
Sana01.05.2022
Hajmi2,13 Mb.
#601483
TuriЛекция
1   ...   52   53   54   55   56   57   58   59   ...   64
Bog'liq
4 амелий маселелер

II КЕЙС ТЕКСТИ.
MUQАDDIMА
Ҳүрметли студентлер! Оқып үйрениў даўамында гуўасы болғанымыздай, базарлы экономика шараятында аңлы ҳәрекет етип атырған ҳәр бир коммерцияға тийкарланған фирманың бас мақсети - пайданы максималластырыўдан ибарат. Пайдага ерисиўи ушын хожалық жүритиўши субъектлер белгили дәрежеде ҳәрекетлер етиўге мажбур.
Товар ҳәм хызметлерди өндирис ушын сарыпланатуғын экономикалық ресурслар ҳәрекетлер дерегин пайда етеди. Белгили муғдарда өним өндиристи тәмийинлеў ушын өндирис факторлары түрли салыстырмада өз-ара байланысы мүмкин екенлиги бизге аян. Демек, бүгин сизлерге усынбақшы болған кейсимиз усы ҳәрекетлер ҳәм олардың анализине бағышланады. Буның ушын сиз азиз студентлерден өндирис қәрежетлери ҳаққындағы билимлериңизди беккемлеп алыў ҳәм “қайталаў билимлер анасы” бойынша жумыс тутыўыңызға туўры келеди. Сонда ғана, усы Кейсда берилген машкалалы жағдайға өз жүзеки қарасларыныз, шешим ҳәм жуўмақларыңызды баян ете аласыз. Қойылган машқалалы жағдайға туўры ҳәм анық шешимлерди бера алыў нәтийжесинде болса, сиз билимлериңизди тереңлестириўга, конликпелер пайда болыўына ҳәмде прогматиклик қәбилийетиңизди раўажландырыўға ерисеңиз деген үмиттемиз.
Кейсда нәзерде тутылп атырған жағдайлар Республикамызда хызмет жүритилип атырған Янгийўл “BIОKIMYO” ОАJ мысалында болады. (Мағлыўмат ҳәм экономикалық көрсеткишлер жәмийеттиң жыллық есабатларынан алынып дүзилген)
Азиз студентлер, лекцияда еситкен яки ғәрезсиз рәўишде оқыў қолланбалардан пайдаланып үйренген болсаңыз, өндирис қәрежетлери жаратылыўы күтилип атырған товар ҳәм хызметлердиң көлемине үзликсиз байланыслы. Және сол нәрсени көп bоrа айтып өткен едик, экономист өндирис қәрежетлерине фирманың финанслық балансына қызығатуғын бухгалтерге уқсас карамайды. Бухгалтерлер фирма финансын ретроспектив тәризде түсиниўге қараслы болады, себеби олар актив (кирим) менен пассив (шығын)ды қадағалаўлары ҳәм өтмистеги фирма хызмети нәтийжелилигин баҳалаўларына туўры келеди.
Экономисшилер ҳәм басшылар, керисинше, фирманың перспективасы менен қызығады. Олар келеси ҳәрекетлер ҳәм оларды қандай пәсейтириў ҳәм ҳәмде нәтийжеликти қандай асырыў ҳаққында қағыйдлар. Олардың тийкарғы машкаласы - өндирис ресурсларға кетип атырған кәрежетлерди оптималластырыўдан ибарат.
Усынылып атырған усы кейс, жоқарыда биз айтып өткен мәселелерген бағышланғаны себепли актуаллықты пайда етеди. Соның менен бирге, машкалалы жағдайды қамрап алған усы кейсти шешиў даўамында сизлер төмендегилерге:

  • Өтилген темаларды беккемлеўге;

  • Ойларыңызды түсиник дәрежесине келтириў имканиятына;

  • қәрежетлерди классификациялаўға;

  • орташа қәрежетлерди есаплаў ҳәм шекли қәрежетлердиң әҳмийетин аңлап жетиўге ерисесиз.

Келиң енди сизлерге “Өндирис қәрежетлери” ҳаққында ийелеген билимлеринизди тексерип көриў ҳәм bаhоlаsh мақсетинде реал өмиримзден алынған материаллар тийкарында жаратылган машкалалы жағдайымызды усынамыз. (Шәртти дыкқан пенен лқып шыгыўыңызды талап етиледи!)
Ҳүрметли студентлер илимди көз алдыңызға келтириң, Сизди Ташкент ўалаяты Таза жол қаласынжа хызмет жүритип атырған азық-аўқат кәрханасы болыў, “BIОKIMYO” ОАJдың бас баслығы қәнийге сыпатынжа жәрдемге шақырады. Сизде ойлаўдың пайда болыўы ушын жәмийет баслығы кәрхананың тарийхы менен байланыслы ҳәмде бүгинги күнде әҳмийетке ийе болған ҳәм қәнигелесиў дәрежеси сәўлеленген мағлыўматлар (таблицалар, сызылмалар) менен таныстырды.









Download 2,13 Mb.

Do'stlaringiz bilan baham:
1   ...   52   53   54   55   56   57   58   59   ...   64




Ma'lumotlar bazasi mualliflik huquqi bilan himoyalangan ©hozir.org 2024
ma'muriyatiga murojaat qiling

kiriting | ro'yxatdan o'tish
    Bosh sahifa
юртда тантана
Боғда битган
Бугун юртда
Эшитганлар жилманглар
Эшитмадим деманглар
битган бодомлар
Yangiariq tumani
qitish marakazi
Raqamli texnologiyalar
ilishida muhokamadan
tasdiqqa tavsiya
tavsiya etilgan
iqtisodiyot kafedrasi
steiermarkischen landesregierung
asarlaringizni yuboring
o'zingizning asarlaringizni
Iltimos faqat
faqat o'zingizning
steierm rkischen
landesregierung fachabteilung
rkischen landesregierung
hamshira loyihasi
loyihasi mavsum
faolyatining oqibatlari
asosiy adabiyotlar
fakulteti ahborot
ahborot havfsizligi
havfsizligi kafedrasi
fanidan bo’yicha
fakulteti iqtisodiyot
boshqaruv fakulteti
chiqarishda boshqaruv
ishlab chiqarishda
iqtisodiyot fakultet
multiservis tarmoqlari
fanidan asosiy
Uzbek fanidan
mavzulari potok
asosidagi multiservis
'aliyyil a'ziym
billahil 'aliyyil
illaa billahil
quvvata illaa
falah' deganida
Kompyuter savodxonligi
bo’yicha mustaqil
'alal falah'
Hayya 'alal
'alas soloh
Hayya 'alas
mavsum boyicha


yuklab olish