Өндирис вариантлары
1
|
2
|
3
|
4
|
5
|
6
|
7
|
8
|
9
|
Кокос
|
80
|
70
|
60
|
50
|
40
|
30
|
20
|
10
|
0
|
Балық
|
0
|
5
|
10
|
15
|
20
|
25
|
30
|
35
|
40
|
Өндирис имканиятлары сызығы
Робинзон бир саат кокос жыйнаўдан ўаз кешсе ол 10 кокос пистесинен ўаз кешкен болады, бирақ ол қосымша 5 кг балық аўлайды. Демек, 10 кокос пистесиниң алтернатив қуны 5 кг балыққа тең.
Робинзонның өндирис имканиятлары сызығы формуласын анықлаймыз. Робинзон бир күнде L саат ислейди дейик. Соннан Lb саатты балық аўлаўға, Lk саатты кокос пистеси жыйнаўға сарыплайды.
Д емек, Lb+ Lk=8 (1).
Робинзонның кокос пистеси ҳәм балық өндирис функцияларын жазамыз:
K=10× Lk B=5×Lb (2)
Бул жерде: K – кокос муғдары (дана);
B – балық муғдары (кг.da)
(2)- формулалардан Lk ҳәм Lb лерди анықлаймыз
(3) (1) қоямыз:
Жуўап: (4) – функция арқалы Робинзонды өндирис имканиятлары сызығын ҳәм 8 саатлық жумыс күнинде кокос ҳәм балық өндиристиң барлық комбинацияларын анықлаў мүмкин.
3. Фермерде балл бонитети ҳәр-түрли болған үш егин майданы бар. Ол бул майданларға бийдай яки пахта егиўи мүмкин. 1-майданнан 160 т картошка яки 50 т бийдай, 2-майданнан 300 т картошка яки 100 т бийдай, 3-майданнан болса 140 т картошка яки 60 т бийдай алыўы мүмкин. Фермердиң өним имканияты сызығын графикте сүўретлең.
Шешими:
Өз бетинше ислеў ушын мәселе ҳәм тапсырмалар
1. Еки арал болып, олардың бири робинзонлар аралы, екиншиси ҳиндулар аралы. Еки арал да гөш ҳәм бийдай өндирис пенен шуғылланады. Робинзонлар аралыда бир исши бир жылда 1 тонна гөш яки 20 центнер бийдай ислеп шығарады. Ҳиндулар аралыда болса бир исши 2 тонна гөш яки 10 центнер бийдай ислеп шығарады. Робинзонлар аралыда 400 адам, ҳиндулар аралыда 100 адам өним өндирис пенен шуғылланады.
1) Араллардың өндирис имканиятлары сызығы сызылсын.
2) Гөштиң ҳәм бийдайдың алтернатив қәрежетлери есаплансын.
3) Еки арал биргеликте ислеўге қарар етти. Олҳалда, мийнет бөлистирилиўи нәтийжесинде олардың биргеликтеги өндирис имканиятлары сызығы қандай көринисинде болады; қайсы арал қанша гөш ҳәм бийдай ислеп шығарады?
2. Азат ҳәм Аман стул пенен стол ислеп шығарады. Азат 1дана стул өндириске 1 саат, 1 стол өндириске 2 саат ўақыт сарыплайды. Аман болса 1 дана стул өндириске 2 саат, 1 стол өндириске 1 саат ўақыт сарыплайды.
a) Егер олар бир күнде 10 саат ислейди Азат ҳәм Аманның өндирис имканиятлары табылсын.
b) Олардың биргеликте ислегенлериндеги өндирис имканиятлары анықлансын.
c) Аман таза технологиядан пайдалана баслады. Нәтийжеде ол 2 стул өндириске 1 саат, 3 стол өндирис ушын да 1 саат ўақыт сарыплайтуғын болды. Аманның таза технологиядан пайдаланғандағы ҳәмде олардың биргеликтеги өндирис имканиятлары сызығы графикте сәўлелендирилсин.
3. Белгили бөлиниўинше, “ABS” нефт компаниясы күнине 150 тонна өнимди тутыныўшыларға жеткерип береди. Компания тек ғана 2 түрдеги өнимлер бензин ҳәм дизел жанылғысы ислеп шығарады. Дизел жанылғысының бензинге салыстырғанда шекли трансформация коэффициенти - 0.5 ге тең.
a) Бензин ҳәм дизел жанылғысы ушын компанияның 1 айлық өндирис имканияты сызығы сызылсын.
b) Таза технология келиўи пенен өндирис көлеми 20% ге ҳәм бензин алыў имканияты алдыңғыға салыстырғанда 30% ге артты. Компанияның таза өндирис имканияты сызығы алдыңғыдан қандай парық етиўин тәрийплең?
c) Егер, бензин өндиристи графиктиң X оқына жайластыратуғын болсақ, өндирис имканияты сызығының жатықлық коэффициенти алдыңғы өндирис имканияты сызығы жатықлық коэффициентинен неше процентке парықланады?
4. “Күшим ата” фермер хожалығында түрли балл бонитетине ийе болған үш егин майданы бар. Ол бул майданларға бийдай яки пахта егиўи мүмкин. Ол 1-майданнан 100 т картошка яки 50 т бийдай, 2-майданнан 80 т картошка яки 30 т бийдай, 3-майданнан болса 40 т картошка яки 20 т бийдай алыўы мүмкин. “Күшим ата” фермер хожалығының өним имканияты сызығын графикте сүўретлең.
5. Қазақстанда бир дийхан 1 жылда 2000 кг ақ жүзим яки 3000 кг қызыл жүзим жетистире алады. Азербайжанда болса бир дийхан 1 жылда 1 адам 4000 кг ақ жүзим 1000 кг қызыл жүзим жетистире алыў имканиятына ийе. Қазақстанда жүзим жетистириўде 400 мың адам, Азербайжанда болса 100 мың адам бәнт. Қазақстан президенти Назарбаев Азербайжан президенти Алиев пенен жүзим өндиристе өз-ара бирге ислесиўди усынды. Егер усы усыныс әмелге асса, биргеликтеги жүзим жетистириў имканиятлары сызығы графикте сәўлелендирилсин.
6. Али Набиев ҳәм Азат Ғаниев сыр ҳәм калбаса ислеп шығарады. Али Набиевтың Азат Ғаниевқа салыстырғанда сыр өндириси 2 есе артық, яғный 1 саатта 40 кг ге тең сыр ислеп шығарады. Азат Ғаниев атақлы шарўашы болғанлығы себепли саатына 20 кг калбаса ислеп шығарады. Бул Али Набиевтикинен 2 есе көп болып табылады.
Али Набиев 300 кг сырды Азат Ғаниевтиң 700 кг калбасасына алмасыўын усыныс етти. Бул усыныс Азат Ғаниев ушын пайдалыма?
Қандай жағдайда алмасыў еки тәреп ушын да пайдалы болады?
7. АҚШ да 1 т мәкке жетистириўдиң алтернатив қәрежети 0.2 т бийдайға тең ҳәм АҚШ максимал дәрежеде 100 млн тонна бийдай жетистире алады. Канадада 1 т бийдайдың алтернатив қәрежети болса 2 т мәккеге тең ҳәм Канада мәмлекети максимал 50 млн тонна мәкке жетистире алады.
a) Канада АҚШ yordami пенен өз мүтәжин 60 млн тонна мәкке пенен тәмийинлей аладыма?
b) Еки мәмлекет ортасында еркин саўда жолға қойылса, АҚШ максимал қанша өним экспорт ете алады?
8. Фермерде 3 бирдей өлшемдеги бирақ ҳәр түрли өнимдарлыққа ийе жер майданы бар. Фермер бул жерлерде картошка, түрп ҳәм бийдай жетистирмекши. Ол биринши майданнан 20 т картошка яки 8 т түрп яки 4 т бийдай алыўы мүмкин, екинши майданнан болса сайкес рәўиште 15 т, 9 т ҳәм 2 т, үшиншисинен болса 12 т, 7 т ҳәм 3 т. Егер фермерде A т (A<15) түрп жеткерип бериў мажбурияты болса, фермердиң өндирис имканияты сызығы сәўлелендирилсин.
9. Фермерде 2 ҳәр түрли өнимдарлыққа ийе жер майданы бар. Бул майданларда ол гешир, түрп ҳәм помидор жетистирмекши. Фермер биринши майданнан 50 т гешир яки 20 т түрп яки 10 т помидор жетистире алады, екинши майданнан болса болса сайкес рәўиште 20 т гешир, 10 т түрп, 8 т помидор жетистириўи мүмкин.
a) Егер фермер ушын 10 т түрп жетистириў шәрт болса, оның өндирис имканияты сызығы сызылсын.
b) Фермер бир ўақыттың өзинде 10 т түрп, 7 т помидор ҳәм 25 т гешир жетистире аладыма?
10. Сырғалы районында 2 фермер хожалығы картошка ҳәм гешир жетистириў пенен шуғылланады. Биринши фермер өзиниң 100 гектарлық жеринен 3000 т картошка яки 2000 т гешир алыўы мүмкин, екинши фермер өзиниң 150 гектарлық жер майданынан 4800 т картошка яки 2400 т гешир алыўы мүмкин.
a) Улыўма өндирис имканияты сызығы сызылсын.
b) Егер фермер хожалықлары ортасында еркин саўда жолға қойылса, улыўма өндирис имканияты сызығы қандай өзгереди?
11. Робинзон ҳәм Жумабай кокос пистесин териў ҳәм балықшылық пенен шуғылланады. Робинзон бир күнде 5 балық тута алады яки 15 кг писте тере алады. Жумабай болса 15 балық яки 5 кг писте тере алады. Екеўиниң биргеликтеги өндирис имканияты сызығы сызылсын.
12. Комиловлар ҳәм Заировлар шаңарағы саат ҳәм телефон ислеп шығарады. 1 саат ҳәм 1 телефон өндирис ушын кеткен ўақыт саат есабыда таблицада сәўлелендирилген
Do'stlaringiz bilan baham: |